#Аль-Малик аз-Захир Рукн ад-дунийа ва-д-дин
Султан Бейбарыс
#ТОЛҒАНЫСЫ
Әкем Жамақ, анам Әйнек руўым Берш-Елбарлы,
"Еки рең"ли көзден аққан жастан жузим қуўарды,
Балгарларға қуллық күним балалықты туўарды,
Сындырмастан сақлап қалды... жолбарыс руўҳ қанымда.
Дамашққа палақманның тасы яңлы атылдым,
Мәмлюклердиң Әмирине қулы болып сатылдым,
Әке орнын басқан инсан, тәкирарладым, атын мың,
Ала ад-динь Айтегин аль Бундуклардың жанында.
Мәмлюклердиң сап ҳужданы, ары баслы намысы,
Өзгелерди наҳақ жағып, жанбаған ҳеш "қамыс"*ы,
Египетти он жети жыл қорғап- руўҳ жолбарысы,
Қуръан менен динин қорғаў болды мүслим қанында.
(*үйлер көбинше қапа-қамыстан болған)
Мәмлекеттиң қорғанышын нығайттым ҳәм көркейттим,
Уллы даңқын Европадан та, Шығысқа үлкейттим,
Үмбетиме көз алартса шердей терим үрпейттим,
Халқым болды, елим болды, арымда бар, жанымда.
Солай сүйдим, Аллаҳ таълам ҳақсүний* деп сүйгендей,
Ел шуўласа ҳеш бир бенде күймес, жаным күйгендей,
Халық сақлар, журегиниң бир мушына түйгендей,
Бир ақ сүтти емген яңлы, бинәдай бир қарында.
(*Иләҳий қудирет пенен жаратылған)
"Уллы дәстан тарийхында жазылып ат-жолбарыс,
Бас ураны, Пайғәмберден мусылманлық ар-намыс,
Бахрит династиясынан, мамлюк султан Бейбарыс"-
-Деп сегиз жүз жыллық тойым тойлар урпақ жанымда.
Мен Бейбарыс,мен жолбарыс, сақладым үрип-салтымды,
Жаман емес, жақсылықтан тараттым өз даңқымды,
Арқамнан тас атқанға да туттым нан, суў,қантымды,
Себеп Қыпшақ қаны ағар қайнаўытлы қанымда.
Зульфия Жийемуратова
Қарақалпақстан, Қоңырат
⚡️Танлаýда 1-орынды алған қосық
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz

Telegram
QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
Веб-сайт kungrad.uz
Instagram: https://www.instagram.com/press_qonirat/
Facebook: https://www.facebook.com/qongiratrkuz
you tube: https://www.youtube.com/channel/UCkNiyucL-YJJZMkXlUE9igg
мүрәжат ушын: @Qonirat_hakimine_murajatbot

👍13