QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
7.47K subscribers
51.1K photos
5.55K videos
31 files
15.8K links
Download Telegram
#БИЛЕСИЗ_БЕ?

🔰 Нызамшылыққа көре, Өзбекстандағы жоқары билим журтларында билим алып атырған“Ҳаяллар дәптери"не киргизилген жәрдемге мүтәж ҳаял-қызлар яки олардың жоқары билим журтларында тәлим алып атырған еки ямаса оннан артық перзентлериниң биреýине
БЕМ ның 15 есесине шекем (4 млн 950 мың сумға дейин) төлем-контрактын төлеп бериý бeлгиленген.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉@qongiratrkuz‌‌
👍2
#Билесиз_бе

Кәмбағал ҳәм жумыссыз пуқараларды исбилерменликке тартыў, олардың мийнет белсендилигин асырыў жүзесинен төмендеги жеңилликлер белгиленген:

🔹исбилерменлерге жумыс орынларын ҳәм шараятларын жаратыў ,майыплылығы бар болған шахсларға бейимлестириў ушын ҳәр бир бейимлестирилетуғын жумыс орны ушын БЕМ ның 40 есеси (13 млн 200 мың сўм) муғдарына шекем;

🔹исбилерменлик жумысын баслап атырған жумыссыз пуқараларға исбилерменлик субъекти сыпатында дизимнен өткеннен соң дәслепки үш ай даўамында алынған имарат ҳәм объекттиң ижара төлеми;

🔹өнерментлердиң “Өнермент”бирлеспесине ағзалық төлеми қәрежетлерин қаплаў ушын субсидия ажыратылады.‌‌

Каналға ағза болың:↙️
➡️@qongiratrkuz
👍6
#Билесиз_бе

🔰 Нызамшылыққа көре, Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры тәрепинен “Социаллық қорғаў бирден-бир реестри " мәлимлеме системасында дизимге алынған исбилерменлик басламаларын әмелге асырыў ушын кредит муғдарының 75 % ине дейин, бирақ БЕМ ниң 150 есесинен артық болмаған коммерциялық банклер кредитлери бойынша кепиллик берилиўи белгиленген.


Қоңырат районы ҳәкимлиги
Мәлимлеме хызмети

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
👍5
#Билесиз_бе

❗️1-октябрь – байрам қарсаңында неше күн дем алыс болады?

Мийнет кодексине көре, 1-октябрь – Оқытыўшылар ҳәм устазлар күни жумыс ислемейтуғын байрам күни есапланады.

Быйыл 1-октябрь екшемби (улыўма дем алыс күни) күнине туўры келмекте. Дем алыс күни ислемейтуғын байрам күнине туўры келгенде, ол байрамнан соңғы жумыс күнине көшириледи.

Солай етип, ҳәптесине 5 күн ислейтуғын хызметкерлер 3 күн – 30-сентябрь (шемби), 1-октябрь (екшемби) ҳәм 2-октябрь (дүйшемби) дем алады.

Ҳәптесине 6 күн ислейтуғын хызметкерлер болса, 2 күн – 1-октябрь (екшемби) ҳәм 2-октябрь (дүйшемби) дем алады.

Бул қағыйда барлық хызметкерлер – жеке кәрханалар ҳәм мәмлекетлик жумыста ислейтуғын хызметкерлер ушын да әмел етеди.

Үзликсиз ислеп шығарыў, халыққа ҳәр күни хызмет көрсетиў, нәўбетшилик тийкарында ислеў зәрүрлиги болғанда ғана дем алыс күни көширилмейди.

Бул қағыйда Президенттиң 2022-жыл, 23-декабрьдеги Пәрманында да белгилеп қойылған.

❗️Айлық байрамнан кейин бериледи ме?

💰Айлық (ис ҳақы) төленетуғын күн дем алыў күнине ямаса исленбейтуғын байрам күнине туўры келип қалғанда мийнет ҳақы усы күнлер қарсаңында төленеди.

🧾 Айлық төлеў мүддети жәмәәтлик шәртнамаларында белгиленеди, көпшилик жәмәәтлик шәртнамаларында айлық берилетуғын күн сыпатында жаңа басланған айдың 1-күни белгиленген, сондай жағдайларда айлық 1-октябрьден алдын төлениўи керек.

⚠️ Айлық алыў ўақты кешиктирилсе, кешиктирилген ҳәр бир күн ушын Орайлық банк қайта қаржыландырыў ставкасының 10 % муғдарында компенсация төлениўи лазым.

@qongiratrkuz
👍143
#Билесиз_бе

🏢 Нызамшылыққа муўапық, “Жаслар дәптери"не киргизилген, исбилерменлик жумысын  баслаў ушын имарат ҳәм объектлерди ижараға алған жас исбилерменлерге бир жыллық ижара қәрежетлериниң 30 %и, бирақ БЕМниң 25 есесине шекем (8 млн 250 мың сўмға шекем) муғдары компенсация етилиўи белгиленген.

@qongiratrkuz
👍7
#Билесиз_бе

🔰 Мийнетке жарамлы, майыплылығы болған ҳаял-қызларды жумыс пенен тәмийнлеген жумыс бериўшилер ушын 6 ай даўамында ҳәр айда БЕМ ның 2 есеси (660 мың сум)нан кем болмаған муғдарда субсидия ажыратылыўы белгиленген.

@qongiratrkuz
👍4
#Билесиз_бе

🗓 Нызамшылықка көре, егер салық мәжбүриятын орынлаў мүддетиниң соңғы күни дем алыс (жумыс ислемейтуғын) күнине туўры келсе, оннан кейинги биринши жумыс күни мүддеттиң таўсылыў күни
есапланады.

▶️ Сондай-ақ,салық төлеўши салық мәжбүриятын мүддетинен алдын орынлаўға ҳақылы.


Қоңырат  районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/qongiratrkuz
👍6
#Билесиз_бе

“Ҳаяллар дәптери"не киргизилген исбилерменлик ҳәм өзин-өзи бәнт етиў искерлигин басламақшы болған ҳаял-қызларға әспаб-үскене,мийнет қураллары ҳәм басқа тараўларда қолланылатуғын мийнет қураллары ҳәм үскенелерин сатып алыў ушын 7 миллион сўмға шекем Халықты исбилерменликке тартыў жәмғармасы есабынан нызамшылықта белгиленген тәртипте яки 10 миллион сўмға шекем “Ҳаяллар дәптери" жәмғармаси қаржылары есабынан субсидия ажыратылыўы белгиленген.

Каналға ағза болыў:
➡️@qongiratrkuz
👍6
#Билесиз_бе

Нызамшылыққа  көре, төмендеги “Жаслар дәптери”не  киргизилген наўқас жасларға мәмлекетте яки шет мәмлекетлерде емлениў  менен байланыслы қәрежетлерди қаплаў ушын  жаслар жетекшисиниң усынысы тийкарында БЕМ ның 50 есесинен (16 млн 500 мың сўм) аспаған  муғдарда субсидия ажыратылыўы белгиленген.

🔹"Темир дәптер"ге киргизилген шаңарақ перзенти;

🔹"Ҳаяллар дәптери" не киргизилген ҳаяллар перзенти;

🔹"Социаллық қорғаў бирден-бир  реестри" МС на киргизилген шаңарақ перзенти;

🔹Саламатлығында нуқсаны бар ҳәм шаңарағы кем тәмийнленген жас пуқара

📝 Бунда арза бериўши мәҳәлледеги жаслар жетекшисине  арза береди.

Қоңырат районы ҳәкимлиги
Мәлимлеме хызмети

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
👍141
#Билесиз_бе

🔰 Мектеплерде оқыў жылы даўамындағы дем алыслардың мүддетлери төмендегише белгиленеди:

гүзги билимлендириў дем алысы — 4-ноябрьден баслап 6 календарь күн;
қысқы дем алыс — 28-декабрьден баслап 14 календарь күн;
бәҳәрги дем алыс — 21-марттан баслап 7 календарь күн;
жазғы дем алыс — ақырғы басқышлы бақлаў сынағы өткерилген күннен баслап 1-сентябрьге шекем.

Дем алыстың ақырғы күни байрам (ислемейтуғын) күнге туўра келип қалған жағдайда, оқыў сабақлары кейинги жумыс күнинен баслап даўам еттириледи.

🗓 I-класс оқыўшылары ушын февраль айы даўамында қосымша бир ҳәптелик дем алыс белгиленеди.

https://t.iss.one/joinchat/AAAAAERIzOESrE0olZr7Ng

@qongiratrkuz
👍10
#Билесиз_бе

Нызамшылыққа көре, майыплылығы болған шахслар санаторий-курортта бийпул сағламластырыў, сондай-ақ, дәри қураллари, майыплылығы болған шахсларға қараў ушын мөлшерленген медициналық буйымлар ҳәм майыплылығы болған балалар ушын арнаўлы шыпалы азық-аўқат өнимлери менен тәмийнлениў ҳуқықына ийе.

@qongiratrkuz
👍5🔥1
#Билесиз_бе

Үй-жай шараятларын жақсылаўға мүтәж болған пуқараларды төмендеги социаллық критериялар бойынша баҳалаў (анықлаў) subsidiya.idm.uz дәстүрий тәмийнат системасында автоматластырылған тәризде әмелге асырылады:


арза бериўшиниң"Labor — migration" бағдарламасында дизимнен өткенлиги,сырт елде ўақтынша мийнет искерлигин әмелге асырып атырғанлығы;

арза бериўшиниң жас шаңарақлар тайпасына киретуғынлығы ҳәм 30 жастан аспаған пуқара екенлиги;

арза бериўшиде, соның ишинде, оның өмирлик жолдасының атында республиканың барлық аймақлары көлеминде мүлк ҳуқықы менен турақ жайдың бар ямаса жоқлығы.

Каналға ағза болыў:
@qongiratrkuz
👍7
#Билесиз_бе

❗️Нызамшылыққа көре,жапырақлар төгилиўи дәўиринде төгилген жапырақларды ҳәр күни жыйнастырыў зәрүр.


Бунда, топланған жапырақлар арнаўлы ажыратылған орынлар яки компост таярлаў майданларына алып шығылады.Топланған жапырақларды алып шығып кетиў аймақларды тазалаў ушын жуўапкер болған физикалық ҳәм юридикалық шахслар тәрепинен яки шәртнама тийкарында қәнигелестирилген шөлкемлер тәрепинен әмелге асырылады.

____


❗️Қонунчиликка кўра, хазонлар тўкилиши даврида тўкилган баргларни ҳар куни йиғиштириш зарур.


Бунда, тўпланган барглар махсус ажратилган жойлар ёки компостёрлаш майдонларига олиб чиқилади. Тўпланган баргларни олиб чиқиб кетиш ҳудудларни тозалаш учун масъул бўлган жисмоний ва юридик шахслар томонидан ёки шартнома асосида ихтисослашган ташкилотлар томонидан амалга оширилади.

@qongiratrkuz
👍2
#Билесиз_бе

💰 Жаслардың исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў мақсетинде ҳәр бир баслама ийеси болған жасқа 50 млн сўм муғдарында, жәми 10 млрд сўмға шекем грантлар ажыратылыўы белгиленген.

🔰 Бунда грант қаржылары:

▫️онлайн төлемлерди қабыл етиўши веб-сайт жаратыўға, сырт елдеги туризм көргизбе ҳәм ярмаркаларда қатнасыўға бағдарланады;
▫️грант қаржылары сырт елден Өзбекстанға 3 жыл кеминде 200 туристлер ушын тур шөлкемлестириў шәрти менен ажыратылады.

Каналға ағза болыў:
@qongiratrkuz
👍5
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Билесиз_бе

E -AUKSION

Электрон онлайн платформадан дизимнен өтиў ҳәм аукционда қатнасыў
____

Электрон онлайн платформадан рўйхаттан ўтиш ва аукционда қатнашиш

@qongiratrkuz‌‌
👍6
#билесиз_бе

Новруз, сондай-ақ, Навруз (парсы тилинен алынғанда "жаңа күн"дегенди аңлатады)
Наýрыз- иран хәм түрк халықларының астрономиялық қуяш календары бойынша бәҳәрдиң келиýи белгиленетуғын байрамы. Наýрыз ислам дәстүрлерине ҳеш қандай қатнасы жоқ миллий байрам.
Бийдай-Наўрыз байрамының тымсалы.

•┄┄┄┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄┄┄┄•

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

@qongiratrkuz
    
👍42
#Билесиз_бе

🔰Нызамшылыққа көре, 2024-жылда тоғай қорының 1,5 мың гектар жер майданларында бөлип алып ислеўшилик тийкарында нәл жетистириў жумысларын жолға қойыў арқалы кеминде 10 мың халықтың бәнтлиги тәмийинлениўи белгиленген.

🔘Бунда:
🌱тоғай қорының бар жерлериниң ҳәзирги жағдайы (тайпасы)нан келип шыққан ҳалда ҳәр бир нәл жетистириўшиге кеминде 5 гектарға шекем жерлер шәртнама тийкарында бириктириледи.
Нәл жетистириў ушын талап етилетуғын дәслепки мақсетли қаржылар Экология қоры есабынан ажратылады.
____

🔰Қонунчиликка кўра, 2024 йилда ўрмон фондининг 1,5 минг гектар ер майдонларида касаначилик асосида кўчат етиштириш ишларини йўлга қўйиш орқали камида 10 минг нафар аҳолининг бандлиги таъминланиши белгиланган.

🔘Бунда:
🌱ўрмон фонди мавжуд ерларининг жорий ҳолати (тоифаси)дан келиб чиққан ҳолда ҳар бир кўчат етиштирувчига камида 5 гектаргача ерлар шартнома асосида бириктирилади.
Кўчат етиштириш учун талаб этиладиган даслабки мақсадли маблағлар Экология жамғармаси ҳисобидан ажратилади.

@qongiratrkuz
👍4🔥1
#Билесиз_бе

Нызамшылыққа көре, халық ҳәм исбилерменлерге субсидия ажыратыў менен байланыслы барлық хызметлер басқышпа-басқыш “Халық ҳәм исбилерменлик субъектлерине субсидия ажыратыўдың бирден-бир электрон платформа”сына өткерилиўи белгиленген.

▶️ Соның менен бирге, субсидияларды ажыратыўдың мақсетке муўапықлығы электрон платформа арқалы онлайн тексериледи.
__

#Биласизми

Қонунчиликка кўра, аҳоли ва тадбиркорларга субсидия ажратиш билан боғлиқ барча хизматлар босқичма-босқич “Аҳоли ва тадбиркорлик субъектларига субсидия ажратишнинг ягона электрон платформа”сига ўтказилиши белгиланган.

▶️ Шунингдек, субсидияларни ажратишнинг мақсадга мувофиқлиги электрон платформа орқали онлайн текширилади.

@qongiratrkuz
👍3
#Билесиз_бе?

Президенттиң 2020-жыл 30-октябрь күнги ПП-6099-санлы Пәрманына бола, мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлердиң кәсиплик аўқамлары ҳәм жумыс бериўшилер ортасындағы жәмәәтлик шәртнамаларында:

▫️жумыс күни даўамында ислеп шығарыў гимнастика шынығыўлары;

▫️технология, ислеп шығарыў ҳәм жумыс шараятларынан келип шығып, хызметкерлерге ислеп шығарыў гимнастикасы шынығыўларын орынлаўы ушын жумыс ўақтына киргизилетуғын арнаўлы тәнепислер белгилениўи көрсетилген.

@ARGOS_QR
👍3
#Билесиз_бе

🔖Мәҳәлле профилактика инспекторлары тәрепинен анықланған ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ушын ҳәкимшилик қамаққа алыў жазасы қолланылған шахсларды арнаўлы қабыллаўханаларға алып барыў ўазыйпасын әмелге асырыўшы районлараралық ҳәкимшилик конвой топарлары шөлкемлестириледи.
_

#Биласизми

🔖 Маҳалла профилактика инспекторлари томонидан аниқланган маъмурий ҳуқуқбузарликлар учун маъмурий қамоққа олиш жазоси қўлланган шахсларни махсус қабулхоналарга олиб бориш вазифасини амалга оширувчи туманлараро маъмурий конвой гуруҳлари ташкил этилади.

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
👍2🔥1