QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
14.8K subscribers
46.5K photos
4.9K videos
27 files
14.2K links
Download Telegram
#Дослық_фестивалы

ӨЗБЕКСТАН- УЛЫЎМА ҮЙИМИЗ

Қоңырат районындағы 1-санлы Кәсип-өнер мектебинде «Өзбекстан – улыўма үйимиз» атамасында дослық фестивалы болып өтти.

🔰 Фестивальда билим дәргайы жәмәәти ҳәм оқыўшы жаслар қатнасыўында түрли миллетлердиң өзине тән миллий саз әспаблары, сондай-ақ, миллий ойынлар, миллий үрп-әдет, дәстүрлери сәўлеленген қол өнери үлгилери, сүўретлер көргизбелери шөлкемлестирилди.

Илажда Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы районлық бөлими баслығы Ж.Өсербаев сөзге шығып, елимизде барлық миллет ҳәм халықлардың тили, мәденияты, үрп-әдет ҳәм дәстүрлерин сақлаў және раўажландырыў ушын барлық шараятлар жаратылғанлығы, миллетлер арасында өз- ара мийрим-шәпәәтти буннан былай да беккемлеўге айрықша итибар қаратылып атырғанлығын атап өтти.

Әлбетте бундай илажлар көп миллетли халқымыздың аўызбиршилигин, бир-биреўге ҳүрмет-иззет туўғыларын беккемлеўи менен де әҳмийетли.

     🌐Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Telegram | Website | Instagram |
УouTube
#Фоторепортаж
#Өзбекстан_улыўма_үйимиз
#Миллетлер_аралық_татыўлық

Фестивальдан фото көринислер

    
🌐Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Telegram | Website | Instagram |
УouTube