QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
14.8K subscribers
46.5K photos
4.9K videos
27 files
14.2K links
Download Telegram
ПАЛ ҲӘРРЕШИЛИГИ - ЕРИНШЕКЛЕР УШЫН ЕМЕС

    🐝Инсан өзи сүйген жумысы менен шуғылланса бахытлы турмыс кеширеди. Қоңыратлы Мансур Джуманиязовқа бундай қуўаныш бағышлаған хобби- пал ҳәррешилиги болды. "Қаңлы" аўыл пуқаралар жыйыны ҳәким жәрдемшисиниң усынысы менен  менен кредит алып  дәслеп 4 пал ҳәрресиниң уясын сатып алды.

   -Пал ҳәррешилиги ериншеклер ушын емес, себеби ҳәррелер ҳәттеки қыста да уйықламайды. Пал ҳәрресин бағыўшы болса олар менен бирге мийнет етеди. Инвентарьды тәртипке келтиреди, кейинги мәўсимге рамкаларды таярлайды. Ҳәзир уялардың санын 30 ға жеткердим,-
дейди Мансур.
    -Мен ушын ҳеш қандай қосымталарсыз ҳәм химиялық араласпасыз органикалық пал жетистириў оғада әҳмийетли. -Соның ушын шаңландырыў мақсетинде уяларды бағлы орынларға жайлаўға көширемен.

Қаҳарманымыздың жетистирген палы тәбийий тазалығы себепли жоқары баҳаланады. Себеби, ол пал ҳәррелери менен тиллесе алады. Қалай дейсиз бе?
Жақсысы, бизди социаллық тармақларда  бақлап барың⬇️

Telegram | Website | Instagram |
УouTube
#Хosh_xabar

⚡️Qaraqalpaqstan Respublikası mektep oqıwshıları ortasındaǵı Intellektual Olimpiada oyınlarınıń "Zakovat" boyınsha oyınlar juwmaqlandı.

➡️Oyın juwmaǵına kóre:
🥇PIIMA (Qońırat QMI)
🥈Alfraganus (Ellikqala 71-mektep)
🥉Estofa (Taqiyatas (7-mektep)



Telegram | Website | Instagram |
УouTube
#Xosh_xabar

⚡️Qaraqalpaqstan Respublikası mektep oqıwshıları ortasındaǵı
"Erudit-Kvartet" Intellektual Olimpiada oyınları juwmaqlandı.


➡️Oyın juwmaǵına kóre:
🥇Bermud (Qońırat 34-mektep)
🥈Wisdom (Ellikqala QMI)
🥉PIIMA (Qońırat QMI)


🎊Jeńimpazlarǵa "Zakovat" NNT tárepinen tayarlanǵan kitaplar toplamı hám diplom sawǵa etildi.

Telegram | Website | Instagram |
УouTube
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
ҚОҢЫРАТЛЫ "МИЧУРИН"
  
🌳 Қоңырат районының  географиялық жайласыýы, топырағының өнимдарлығы, қала берсе, дийханларымыздың жердиң тилин түсинип, түрли егинлерден мол зүрәәт топлаýдың әдисин билиýи жылдың төрт паслында да дийханшылық етиýге имкан береди. Бул имканиятлардан өнимли пайдаланып атырған заманласларыздың бири
"Қаңлы" АПЖ турғыны Қуўанышбай аға Әўезов та
жасы 70 тен асқанына қарамастан үй алды қыйтақ жерин пайызлы бағқа- шаңарағының тийкарғы дәрамат дерегине айналдырып, бәршеге үлги болмақта.


  Әнжир, алма, алмурт, жүзим, шийе, ерик, беҳи, черешня (гилос), анар, ҳинд анары сыяқлы мийýелердиң астына чеснок, пияз, гешир, қыяр ҳәм басқа да көк өнислерден егип, шаңарағынан аýысқанын базарға арзан баҳада шығармақта. Бағшылықтың әдисин алған Қуўанышбай аға жергиликли мийўе тереклеринен басқа қулпынай, крыжовник, смородина, облепиха, малина сыяқлы жемислерди, декоратив тереклердиң де бир неше түрлерин де жетистирип, өз тәжирийбесин жасларға үйретиўден жалықпайды.
   

Telegram | Website | Instagram |
УouTube