#билесиз_бе
Жас шаңарақтың турақ жай ижарасы мәмлекет тәрепинен қаплап бериледи
✅ «Жаслар дәптери»не киргизилген социаллық қорғаўға мүтәж жас шаңарақларға турақ жайдың ижарасы төлемин қаплаў ушын мәмлекет тәрепинен субсидия ажыратылады.
✅ Субсидия 12 ай даўамында төленеди.
✅ Субсидияның ҳәр айлық муғдары БЕМның 3 есесин (990 000 сум) қурайды.
✅ Субсидия бериў ушын шаңараққа төмендеги талаплар қойылады:
1) Ерли-зайыплының екеўи де 31 жасқа толмаған болыўы;
2) Екеўиниң де атында турақ болмаўы;
3) Алдын мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде жеңилликли ипотека кредитлери арқалы турақ жай менен тәмийинленген болмаўы;
4) Ипотека кредитлери бойынша субсидиялар ямаса турақ жай менен тәмийинлеўге байланыслы жеңилликлерден пайдаланбаған болыўы;
5) Екеўинен биреўи «Жаслар дәптери»не киргизилген болыўы.
✅ Арза бериўши субсидия алыў ушын Қәўендерлик кеңесине (баслығы - ҳәким, хаткери - жаслар ислери агентлигиниң район (қала) бөлими баслығы) төмендеги ҳүжжетлерди тапсырыўы тийис:
✅турақ жай ижарасы шәртнамасы нусқасы. Бул шәртнамада ижараға бериўшиниң аты ҳәм фамилиясы, ФШЖИН, банк картасының реквизитлери, ижара мүддети, ижараның бир айлық төлеми муғдары көрсетилген болыўы керек.
✅ижара шәртнамасының салық уйымында есапқа қойылғанлығы ҳаққындағы билдирги.
⚡️ Арза Қәўендерлик кеңеси тәрепинен тийисли мәкан пуқаралар жыйынындағы жаслар жетекшиси менен биргеликте үйренилип, субсидияны ажыратыў ямаса ажыратпаў ҳаққында қарар қабыл етеди. Субсидия ажыратылмағанда оның себеплери анық көрсетилиўи керек.
✅Субсидия бериў ҳаққында қарар қабыл етилсе, ижара төлеми ҳәр айдың 5-сәнесине шекем ижараға бериўшиниң (турақ жай ийесиниң) банк картасына өткерип бериледи.
❗️Субсидия бериў дәўиринде жаслар жетекшиси субсидия алып атырған пуқараның сол турақ жайда жасап атырғанлығын ҳәр айда кеминде бир мәрте тексерип турады. Егер пуқара ол жайда жасамай атырғанлығы анықланса, субсидия бериў тоқтатылады.
➡️https://t.iss.one/qongiratrkuz

Telegram
QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
Веб-сайт kungrad.uz
Instagram: https://www.instagram.com/press_qonirat/
Facebook: https://www.facebook.com/qongiratrkuz
you tube: https://www.youtube.com/channel/UCkNiyucL-YJJZMkXlUE9igg
мүрәжат ушын: @Qonirat_hakimine_murajatbot

📗«Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген ҳаял-қызларға қандай жәрдемлер бериледи?
🔺социаллық қорғаўға мүтәж жумыссыз ҳаял-қызлар ушын:
✅ бәнтлигин тәмийинлеў;
✅ зәрүр жағдайларда, сектор баслығы усынысы менен бир мәртелик материаллық жәрдем бериў;
🔺исбилерменлик пенен шуғылланыўды қәлеўши ҳаял-қызлар ушын:
✅исбилерменликти жолға қойыўға жәрдемлесиў;
🔺 бағыўшысы жоқ ҳаял-қызлар ушын:
✅ бир мәртелик материаллық жәрдем бериў;
✅ зәрүр жағдайларда, сектор баслығы усынысы менен аўыр турмыс шараятындағы (турақ жайы оңлаўға мүтәж, бирақ оны оңлаўға жағдайы жетпейтуғын) ҳаял-қызлардың турақ жайын оңлап бериў;
🔺социаллық қорғаўға мүтәж I ҳәм II топар майыплығы бар болған,қыстаýлы медициналық емлениўге мүтәж ҳаял-қызлар ушын:
✅бир мәртелик материаллық жәрдем бериў;

✅зәрүрли медициналық жәрдем көрсетиў;
🔺 турақ жайға мүтәж ҳаял-қызлар ушын:
✅ ижарасын төлеп бериў, социаллық үйлерге жайластырыў, турақ жай менен тәмийинлеў;
✅зәрүр жағдайларда, сектор баслығы усынысы менен бир мәртелик материаллық жәрдем бериў;
🔺қарамағында майыплығы болған перзенти бар ҳаял-қызлар ушын:

✅ зәрүр жағдайларда, сектор баслығы усынысы менен қыйтақ жерден ҳәм дийқаншылықтан дәрамат дереги ретинде пайдаланыўы ушын жәрдемлесиў.
Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz

#БИЛЕСИЗ_БЕ?
🔰 Нызамшылыққа көре, Өзбекстандағы жоқары билим журтларында билим алып атырған“Ҳаяллар дәптери"не киргизилген жәрдемге мүтәж ҳаял-қызлар яки олардың жоқары билим журтларында тәлим алып атырған еки ямаса оннан артық перзентлериниң биреýине БЕМ ның 15 есесине шекем (4 млн 950 мың сумға дейин) төлем-контрактын төлеп бериý бeлгиленген.
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉@qongiratrkuz

#Билесиз_бе
Кәмбағал ҳәм жумыссыз пуқараларды исбилерменликке тартыў, олардың мийнет белсендилигин асырыў жүзесинен төмендеги жеңилликлер белгиленген:
🔹исбилерменлерге жумыс орынларын ҳәм шараятларын жаратыў ,майыплылығы бар болған шахсларға бейимлестириў ушын ҳәр бир бейимлестирилетуғын жумыс орны ушын БЕМ ның 40 есеси (13 млн 200 мың сўм) муғдарына шекем;
🔹исбилерменлик жумысын баслап атырған жумыссыз пуқараларға исбилерменлик субъекти сыпатында дизимнен өткеннен соң дәслепки үш ай даўамында алынған имарат ҳәм объекттиң ижара төлеми;
🔹өнерментлердиң “Өнермент”бирлеспесине ағзалық төлеми қәрежетлерин қаплаў ушын субсидия ажыратылады.
Каналға ағза болың:↙️
➡️@qongiratrkuz

🔰 Нызамшылыққа көре, Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры тәрепинен “Социаллық қорғаў бирден-бир реестри " мәлимлеме системасында дизимге алынған исбилерменлик басламаларын әмелге асырыў ушын кредит муғдарының 75 % ине дейин, бирақ БЕМ ниң 150 есесинен артық болмаған коммерциялық банклер кредитлери бойынша кепиллик берилиўи белгиленген.
Қоңырат районы ҳәкимлиги
Мәлимлеме хызмети

❗️1-октябрь – байрам қарсаңында неше күн дем алыс болады?
✅ Мийнет кодексине көре, 1-октябрь – Оқытыўшылар ҳәм устазлар күни жумыс ислемейтуғын байрам күни есапланады.
Быйыл 1-октябрь екшемби (улыўма дем алыс күни) күнине туўры келмекте. Дем алыс күни ислемейтуғын байрам күнине туўры келгенде, ол байрамнан соңғы жумыс күнине көшириледи.
Солай етип, ҳәптесине 5 күн ислейтуғын хызметкерлер 3 күн – 30-сентябрь (шемби), 1-октябрь (екшемби) ҳәм 2-октябрь (дүйшемби) дем алады.
Ҳәптесине 6 күн ислейтуғын хызметкерлер болса, 2 күн – 1-октябрь (екшемби) ҳәм 2-октябрь (дүйшемби) дем алады.
Бул қағыйда барлық хызметкерлер – жеке кәрханалар ҳәм мәмлекетлик жумыста ислейтуғын хызметкерлер ушын да әмел етеди.
Үзликсиз ислеп шығарыў, халыққа ҳәр күни хызмет көрсетиў, нәўбетшилик тийкарында ислеў зәрүрлиги болғанда ғана дем алыс күни көширилмейди.
Бул қағыйда Президенттиң 2022-жыл, 23-декабрьдеги Пәрманында да белгилеп қойылған.
❗️Айлық байрамнан кейин бериледи ме?
💰Айлық (ис ҳақы) төленетуғын күн дем алыў күнине ямаса исленбейтуғын байрам күнине туўры келип қалғанда мийнет ҳақы усы күнлер қарсаңында төленеди.
🧾 Айлық төлеў мүддети жәмәәтлик шәртнамаларында белгиленеди, көпшилик жәмәәтлик шәртнамаларында айлық берилетуғын күн сыпатында жаңа басланған айдың 1-күни белгиленген, сондай жағдайларда айлық 1-октябрьден алдын төлениўи керек.
⚠️ Айлық алыў ўақты кешиктирилсе, кешиктирилген ҳәр бир күн ушын Орайлық банк қайта қаржыландырыў ставкасының 10 % муғдарында компенсация төлениўи лазым.
@qongiratrkuz

🏢 Нызамшылыққа муўапық, “Жаслар дәптери"не киргизилген, исбилерменлик жумысын баслаў ушын имарат ҳәм объектлерди ижараға алған жас исбилерменлерге бир жыллық ижара қәрежетлериниң 30 %и, бирақ БЕМниң 25 есесине шекем (8 млн 250 мың сўмға шекем) муғдары компенсация етилиўи белгиленген.

🔰 Мийнетке жарамлы, майыплылығы болған ҳаял-қызларды жумыс пенен тәмийнлеген жумыс бериўшилер ушын 6 ай даўамында ҳәр айда БЕМ ның 2 есеси (660 мың сум)нан кем болмаған муғдарда субсидия ажыратылыўы белгиленген.

🗓 Нызамшылықка көре, егер салық мәжбүриятын орынлаў мүддетиниң соңғы күни дем алыс (жумыс ислемейтуғын) күнине туўры келсе, оннан кейинги биринши жумыс күни мүддеттиң таўсылыў күни есапланады.
▶️ Сондай-ақ,салық төлеўши салық мәжбүриятын мүддетинен алдын орынлаўға ҳақылы.
Қоңырат районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
✅https://t.iss.one/qongiratrkuz

✅ “Ҳаяллар дәптери"не киргизилген исбилерменлик ҳәм өзин-өзи бәнт етиў искерлигин басламақшы болған ҳаял-қызларға әспаб-үскене,мийнет қураллары ҳәм басқа тараўларда қолланылатуғын мийнет қураллары ҳәм үскенелерин сатып алыў ушын 7 миллион сўмға шекем Халықты исбилерменликке тартыў жәмғармасы есабынан нызамшылықта белгиленген тәртипте яки 10 миллион сўмға шекем “Ҳаяллар дәптери" жәмғармаси қаржылары есабынан субсидия ажыратылыўы белгиленген.
Каналға ағза болыў:

✅ Нызамшылыққа көре, төмендеги “Жаслар дәптери”не киргизилген наўқас жасларға мәмлекетте яки шет мәмлекетлерде емлениў менен байланыслы қәрежетлерди қаплаў ушын жаслар жетекшисиниң усынысы тийкарында БЕМ ның 50 есесинен (16 млн 500 мың сўм) аспаған муғдарда субсидия ажыратылыўы белгиленген.
🔹"Темир дәптер"ге киргизилген шаңарақ перзенти;
🔹"Ҳаяллар дәптери" не киргизилген ҳаяллар перзенти;
🔹"Социаллық қорғаў бирден-бир реестри" МС на киргизилген шаңарақ перзенти;
🔹Саламатлығында нуқсаны бар ҳәм шаңарағы кем тәмийнленген жас пуқара
📝 Бунда арза бериўши мәҳәлледеги жаслар жетекшисине арза береди.