Қўнғирот туманида “оғир тоифадаги” ёшлар билан индивидуал ишлаш буйича тизимли ишлар ташкил этилмоқда
Ўзбекистон Республикаси Президенти Ш.М.Мирзиёевнинг 2023 йил 11 апрель кунги “Ёшлар сиёсати соҳасидаги ишлар натижадорлигини ошириш ҳамда улар билан ишлаш тизимини янада такомиллаштириш чора-тадбирлари”га бағишланган видеоселектор йиғилишида “Ёшлар баланси” асосида ижтимоий аҳволи, қобилияти ҳамда қизиқишларига қараб ёшлар 3 тоифага (яшил”,“сариқ”,“қизил”) га ажратилиб, “қизил” тоифадаги жами 842 нафар ёшлар тумандаги сектор раҳбарлари, ҳоким ўринбосарлари ва корхона ташкилот раҳбарларига номма-ном бириктирилиб берилган эди.
Бириктирилиб берилган ёшлар билан ҳар бир раҳбар ёшлар муаммоларини ўрганиб уларга амалий ёрдамлар кўрсатмоқда.
👉@qonjasnews_1

#Futbol⚽️
📌Búgin sporttıń mini futbol túrinen qızlar ortasında Mámleketlik qáwipsizlik xızmeti kubogi jarısınıń Qońırat rayonlıq basqıshı bolıp ótti.
⚡️Qızǵın bellesiwlerge bay ótken jarısda 4 sektordan komandalar jeńimpazlıq ushın óz-ara kúsh sınasdı.
🎗Jarıs juwmaǵında:
🥇-orındı 3 -sektor komandası
🥈-orındı 2-sektor komandası
🥉-orındı 4-sektor komandası qızları iyeledi.
🏆Jeńimpaz 3-sektor komandası jarıstıń Qaraqalpaqstan Respublikası basqıshına jollanba aldı
Kanalımızǵa aǵza bolıń👇👇👇
@qonjasnews_1

Алыс ҳәм шетки аймақларда ислеп атырған шыпакерлерге айлық үстеме ҳәм үй-жай алыў ушын жеңиллик белгиленген
Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Бирлемши медициналық-санитария жәрдемин халқымызға жақынластырыў ҳәм медициналық хызметлердиң нәтийжелилигин арттырыў бойынша қосымша ис-иләжлар ҳаққында"ғы 2022-жыл 25-апрельдеги ПҚ-215-санлы қарарының 4-бәнтине муўапық:
2022-жыл 1-июлдан баслап алыс ҳәм шетки аймақларда шаңарақлық шыпакерлик пунктлери ҳәм шаңарақлық поликлиникалардың шыпакерлери ушын "Аўыл шыпакери" бағдарламасының жетилистирилетуғыны, бунда усы бағдарлама шеңберинде:
➖алыс ҳәм шетки аймақлардағы шыпакерлик пунктлери ҳәм шаңарақлық поликлиникаларда жумыс алып барып атырған барлық шыпакерлердиң айлық мийнет ҳақысына қосымша 2 миллион сум муғдарында айлық үстеме белгилениўи ҳәмде оларға өзи ислеп атырған алыс ҳәм шетки аймақтан ипотека тийкарында үй-жай сатып алыўда үй-жай баҳасының 50 процентине шекемги болған бөлеги, бирақ базалық есаплаў муғдарының 500 есесинен аспаған муғдарда жергиликли бюджет қаржылары есабынан қаплап берилетуғыны;
➖алыс ҳәм шетки аймақларда үзликсиз үш жыл ислеген шыпакерлер клиникалық ординатураға тест сынақларысыз қабыл етилетуғыны белгиленген.
Алыс ҳәм шетки аймақлардың дизими менен танысыў ушын-https://lex.uz/uz/docs/6200123#6201968
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter

Қоңыратлы жас спортшы халықаралық турнир жеңимпазлары қатарында
Усы жылдың 16-18-май күнлери арасында Қазақстан Республикасында спорттың "Картэ-До" түринен халықаралық "Касуя" кубоги жарыслары болып өтти.
Қоңыратлы жас спортшы Н.Сагидуллаев жарыстың финал басқышына шекем жетип, сыйлы 2-орынды ийеледи.
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz

‼️Рәсмий: Сентябрьден баслап 10-11-класс оқыўшылары өзи қәлеген пәнлерди таңлап оқыўы мүмкин
✅2023/2024-оқыў жылынан баслап улыўма орта билим бериў мекемелеринде жаңа оқыў программалары басқышпа-басқыш әмелиятқа киргизиледи.
Бунда 10-11-класс оқыўшыларының қызығыўшылығы ҳәм қәбилетине сәйкес болған қәнигелескен программалар тийкарында билим бериў әмелияты енгизиледи.
👉 10-11-класлардағы 14 мәжбурий пәнлер раўажландырылған жаңа оқыў жобасы тийкарында оқыўшыларға 8 мәжбурий пән ҳәм 2 таңлаў пән (химия -биология, математика физика, тарийх-ҳуқық, ана тили ҳәм әдебият-шет тили)ди таңлаў мүмкиншилиги жаратылады.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
✅2023/2024-оқыў жылынан баслап улыўма орта билим бериў мекемелеринде жаңа оқыў программалары басқышпа-басқыш әмелиятқа киргизиледи.
Бунда 10-11-класс оқыўшыларының қызығыўшылығы ҳәм қәбилетине сәйкес болған қәнигелескен программалар тийкарында билим бериў әмелияты енгизиледи.
👉 10-11-класлардағы 14 мәжбурий пәнлер раўажландырылған жаңа оқыў жобасы тийкарында оқыўшыларға 8 мәжбурий пән ҳәм 2 таңлаў пән (химия -биология, математика физика, тарийх-ҳуқық, ана тили ҳәм әдебият-шет тили)ди таңлаў мүмкиншилиги жаратылады.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Быйыл қабыллаў қашаннан басланады?
✅ Быйыл қабыллаў ушын абитурентлердиң ҳүжжет тапсырыў процеси 20-июньнан 20-июльға шекем (усы күни де) даўам етеди. Шет тилинен кәсиплик дөретиўшилик имтихан тапсырыўшы абитурентлер болса, 10-июльға шекем ҳүжжет тапсырып болыўы керек.
Халықаралық пресс клубтың "Қабыллаў-2023: квоталар, имканиятлар ҳәм жеңилликлер" темасындағы сессиясынан
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
✅ Быйыл қабыллаў ушын абитурентлердиң ҳүжжет тапсырыў процеси 20-июньнан 20-июльға шекем (усы күни де) даўам етеди. Шет тилинен кәсиплик дөретиўшилик имтихан тапсырыўшы абитурентлер болса, 10-июльға шекем ҳүжжет тапсырып болыўы керек.
Халықаралық пресс клубтың "Қабыллаў-2023: квоталар, имканиятлар ҳәм жеңилликлер" темасындағы сессиясынан
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Қыйтақ жерде жумыс ислеп мийнет стажына ийе болыў мүмкин
Пуқаралар өзлериниң қыйтақ жерлеринде төмендеги искерлик түрлерин жолға қойса ҳәм жылына БЕМның кеминде 1 есеси муғдарында социаллық салық төлеп барса, усы дәўир олардың мийнет стажына қосылады:
➖шәрўашылық, ыссыхана, қусшылық, қояншылық, пал ҳәррешилиги, балықшылық, бағшылық, лимоншылық, гүлшилик.
✅Қыйтақ жер ийелерин кооперация тийкарында жумыс пенен бәнт қылған исбилерменлик субьектлерине төмендеги товарларды алыўы ушын субсидия ажыратылады:
➖қус (таўық), қусшылық ушын кетек, азықлық жем ҳәм дәри өнимлери;
➖жүзим нәли, пал ҳәрре, пал ҳәрре уясы ушын қуты ҳәм азықлық жеми;
➖қоян, қоян кетеги ҳәм азықлық жеми;
➖балық шабақлары, жасалма ҳәўиз ҳәм азықлық жеми;
☝️Бул субсидия қыйтақ жер ийесине базалық есаплаў муғдарының 20 есесине шекем ҳәким жәрдемшилериниң усынысына тийкар бериледи.
✍Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉@qongiratrkuz

Қоңырат районында шаңарақлық кәрханалар саны қанша?
Қарақалпақстан Республикасы статистика басқармасы мағлыўматларына бола, 2023-жылдың 1-апрель жағдайына Қоңырат районында 125 шаңарақлық кәрханалар дизимнен өткен болып, өткен жылға салыстырғанда 46 ға көбейген.
📍https://kungrad.uz/3113.html
✍Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉@qongiratrkuz
Қарақалпақстан Республикасы статистика басқармасы мағлыўматларына бола, 2023-жылдың 1-апрель жағдайына Қоңырат районында 125 шаңарақлық кәрханалар дизимнен өткен болып, өткен жылға салыстырғанда 46 ға көбейген.
📍https://kungrad.uz/3113.html
✍Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉@qongiratrkuz
Жас археологлар Қоңыратта
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети тарийх қәнигелиги студентлери Қоңырат районы аймағындағы "Бограхан" тарийхый естелигинде археологиялық изертлеў жумысларын алып бармақта. Район орайынан 15 км қашықлықта жайласқан бул тарийхый орын белгили археолог С.П.Толстов басшылығындағы экспедиция тәрепинен өткен әсирдиң 50-60-жылларында анықланған.
Бул тарийхый орын Уллы жипек жолы бойындағы қалалардан бири болып, Ислам дини дереклеринде "Мадмина Хвонд Борахан" атамалары менен аталып келген.
Бүгин район ҳәкиминиң биринши орынбасары Ж.Сейтмуратов археологиялық изертлеў жумысларының барысы менен танысыў мақсетинде тарийхый естелик жайласқан орында болып, жас археологлар менен ушырасты.
Археологиялық изертлеў жумысларына тарийх факултети археология кафедрасы баслығы Ж.Ҳәкимниязов басшылық етпекте.
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети