QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
8.18K subscribers
45.9K photos
4.81K videos
27 files
13.9K links
Download Telegram
ХАБАРЛАНДЫРЫЎ

ACWA Power компаниясы Қарақалпақстанның Қоңырат районында қуўатлылығы  1500 МВт болған самал электр станциясын қурыўды режелестирмекте

Усыған байланысты ACWA Power компаниясы ўәкиллери самал электр станциясының қоршаған орталыққа тәсирин баҳалаў (ESIA) бойынша жергиликли жәмәәтлер менен ушырасыўлар өткереди.

Ушырасыўға жергиликли басқарыў уйымлар ўәкиллери, ҳаял-қызлар, жаслар ҳәм билимлендириў шөлкемлери ўәкиллери қатнасыўы мүмкин.

Ушырасыўлар төмендеги кесте тийкарында усы жылдың 19-20-май күнлери болып өтеди:

19-май күни саат 10:00 де Қоңырат районы ҳәкимлиги имаратында ҳәм саат 14:00 Елабат посёлка пуқаралары жыйынында;

20-май саат 10:00 де Қырққыз посёлка пуқаралары жыйынында ҳәм саат 14:00 Жаслық посёлка пуқаралары жыйынында.

Байланыс телефоны: +998903197721 Саида Юсупова, Green Business Innovation бөлиминиң баслығы

👉@qongiratrkuz
ХАБАРЛАНДЫРЫЎ

Ҳүрметли районымыз турғынлары!

2023-жыл 18-май күни саат 14:00ден 17:00 ге шекем Алтынкөл ППЖ аймағындағы Алтынкөл ГРС теги газ есаплаў үскенесиниң мәмлекетлик көриктен өткерилиўине байланыслы Бердақ , Қашы, Қаратал, Ханжап, Таллық, Қумбыз, Моншақлы мәкан пуқаралар жыйынлары ҳәм Алтынкөл посёлка пуқаралар жыйыны аймақларын газ бенен тәмийинлеў ўақтынша тоқтатылады.

Пуқаралардан газ тармақларында үзилис болған ўақытта  қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етиўин сораймыз.

Каналға ағза болыў
👉@qongiratrkuz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Хитойга давлат ташрифи билан келган Президент Шавкат Мирзиёев Сиань шаҳрида тантанали кутиб олинди

Президента Шавката Мирзиёева, прибывшего с государственным визитом в Китай, торжественно встретили в городе Сиане

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Изленгенге_имканият_бар

Дүнья жәмийетшилигинде имкәнияты шекленген болыўына қарамастан, ҳәр қыйлы тараўларда бийик шыңларға шыққан инсанлар аз емес. Буның бәршеси инсанның ишки әлеминиң гөззаллығында.

Бүгинги күнде 12 мүшеси пүтин бола тура, мәмлекеттиң жәрдемине қолын созған, қандай да бир жеңиллик болса, сол жерде тайын турған айырым инсанларды көрип кеўил өксисе, имкәнияты шекленген болсада мийнет етип, көпшиликке өрнек болған инсанларды көрип көзиң қуўанады.

Бизиң бүгинги қаҳарманымыз, турмыс сынағына төтепки берип, бас иймеген Малика апа да усындай көпшиликке өрнек боларлықтай ҳақ кеўил ҳәм мийнеткеш инсанлардың бири.

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
ХАБАРЛАНДЫРЫЎ

Ҳүрметли районымыз турғынлары!

Үргенч Трансгаз кәрханасының 17-май күнги 977-Д санлы телефонаграммасына тийкар Қоңырат УМГ тәрепинен Қоңырат АГРС-30де газ есаплаў үскенесиниң мәмлекетлик көриктен өткерилиўине байланыслы 2023-жыл 19-май күни саат 14:00ден 17:00 ге шекем Санаат, Қоңырат, Тарақлы, Азатлық, Темир жол, Наўайы, Гүлабат, Алмазар, Бостан, Жиңишке, Ҳәким ата, Түркистан, Мыңжарған, Туран мәкан пуқаралар жыйынлары ҳәм Қоңырат, Қаңлы, Өрнек, Кийет, Мийнетабат, Әдебият аўыл пуқаралар жыйыны аймақларын газ бенен тәмийинлеў ўақтынша тоқтатылады.

Пуқаралардан газ тармақларында үзилис болған ўақытта  қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етиўин сораймыз.

Каналға ағза болыў
👉@qongiratrkuz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Барлық әмеллер халқымыздың турмыс абаданлығы ушын

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрьдеги ПҚ-408-санлы қарары тийкарында Қарақалпақстан Республикасы аймағында, соның ишинде Қоңырат районында көлемли қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары алып барылыўы режелестирилген.

Районда 18,7 млрд сумлық қаржы тийкарында 61,3 км ишки хожалық жолларды оңлаў, соннан 12,4 км жолға асфальт, 48,9 км жолга ЩПС төселиўи белгиленген. Бунда тийкарынан жазда қум-шаңғытлы, жаўын-шашынлы күнлерде ылайлы көшелерди қум-щебень араласпалы жолларға айландырыў, социаллық объектлер, биринши дәрежели асфальтланыўы керек көшелерге асфальтобетон қапламасын төсеў жумыслары алып барылмақта.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Ҳәким ҳәм исбилермен ушырасыўы болып өтти
Бүгин Қоңырат районы ҳәкимлигиниң мәжлислер залында район ҳәкимлиги ҳәм саўда санаат палатасының басламасы менен "Ҳәким ҳәм исбилерменлер" ушырасыўы шөлкемлестирилди.

Ушырасыўға район ҳәкими Б.Мадаминов, Қарақалпақстан Республикасы кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм Бәнтлик министрлигиниң бөлим баслығы Б.Ильясов, ҳәким орынбасарлары, саўда санаат палатасы ўәкиллери ҳәм жуўапкер мәкеме-шөлкем басшылары қатнасты. Онда сөзге шыққанлар усы жылдың 15-май сәнесинде Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында өткерилген видеоселектор мәжилисинде белгилеп берилген ўазыйпалар бойынша кең түрде түсиниклер берди.

Атап өтилгениндей, Президентимиз тәрепинен көтерилген басламалар елимизде  кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеўдиң нәтийжели жаңа басқышы болып табылады. Әсиресе, 2023-жылдың 1-июнь сәнесинен баслап пүткил Республикамыз бойлап “20 мың исбилермен – 500 мың маман қәниге” бағдарламасының әмелге асырылыўы, онда исбилерменлерге берилип атырған салық ҳәм бажыхана жеңилликлери буннан былай да халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге өзиниң унамлы тәсирин тийгизетуғыны анық.

Ушырасыўда жуўапкер тараў ўәкиллери исбилерменлер менен ашық сәўбетлесип, олардың мүрәжатлары ҳәм пикир-усыныслары тыңлады. Соның менен бирге, әмелге асырылған жумыслар нәтийжелери үйренилип, алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды.


👉@qongiratrkuz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёев Хитой Халқ Республикаси Раиси Си Цзиньпин билан музокаралар ўтказди. Олий даражадаги учрашувдан сўнг икки томонлама ҳужжатларни имзолаш маросими бўлди.

Президент Республики Узбекистан Шавкат Мирзиёев провел переговоры с Председателем Китайской Народной Республики Си Цзиньпином. После встречи на высшем уровне состоялась церемония подписания двусторонних документов.

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Хитойга давлат ташрифининг биринчи куни: олий даражадаги тадбирлар ва "Марказий Осиё - Хитой" саммити иштирокчиларини қутлаш маросими

Первый день государственного визита в Китай: мероприятия на высшем уровне и церемония приветствия участников саммита "Центральная Азия - Китай"

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Қўнғирот туманида “Беш ташаббус олимпиядаси” доирасида рақс танлови ўтказилди.

@yangidavr_rasmiy