QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
14.8K subscribers
46.8K photos
4.94K videos
27 files
14.2K links
Download Telegram
Ана тили-инсан кеўлиндеги нур,
Ана тили-ҳеш солмайтуғын гүл,
Ана тили-теңиз астындағы дүр,
Ана тили-кеўиллер гоззаллығыдур

1989-жыл 1-декабр куни Қарақалпақ тили қабыл етилди.
Усы мүнәсибет пенен районымыздағы 2-санлы улыўма билим бериў мектебинде Қарақалпақ тилиниң мәмлекетлик тил бийлигине 30 жыл толыў мүнәсибети менен әдебий кеше өткерилди.


Каналымызға ағза болың
👇👇👇👇
@qongiratrkuz ҳәм @hakimsaparov
Сайлаўалды илажлар даўам етпекте
Усы жылдың 22-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мәжлиси нызамшылық палатасы, Халық депутатлары районлық ҳәм қалалық Кеңеслерине болып өтетуғын сайлаўлар мүнәсибети менен Коңырат вагон ремонтлаў депосы (ВЧД-14) мәкемеси мәжлислер залында сайлаўалды дәстүри бойынша үгит-нәсият илажы өткерилди. Илаж даўамында район әдиллик бөлими баслығы ҳәмде район сайлаў комиссиясы баслығы тәрепинен кәрхана хызметкерлерине жаңадан қабыл етилген сайлаў кодекси ҳәм нызамшылығымызға киритилип атырған өзгерислер бойынша мағлуматлар берилди.


Каналымызға ағза болың
👇👇👇👇
@qongiratrkuz ҳәм @hakimsaparov
Республикамыздың бәрше мектеплеринде русс тили пән айлығы даўам етип атыр. Усы мүнасибет пенен районымызда жайласқан 36-санлы улыўма билим бериў мектебинде байрам кешеси шөлкемлестирилди.
Бул байрам кешесинде мектеп оқыўшылары белсенди қатнасты.
"Ўатанды мәртлер қорғайды” таңлаўының районлық басқышы болып өтти
“Ўатанды мәртлер қорғайды” таңлаўының районлық басқышы болып өтти

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 4-август күнги “Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери әскерий хызметшилериниң руўхый-ағартыўшылық дәрежесин асырыў системасын еле де жетилистириў ҳаққында”ғы қарары ҳәм Президентимиз тәрепинен алға қойылған 5 басламаның орынланылыўын тәмийинлеў мақсетинде усы жылдың 29-ноябрь күни Жаслар аўқамы районлық Кеңеси тәрепинен Қырық-қыз посёлка пуқаралар жыйыны аймағындағы 99574-санлы әскерий бөлимде “Ўатанды мәртлер қорғайды” атамасындағы Республикалық шығармалар таңлаўының районлық басқышы болып өтти. Таңлаўға 30-жасқа шекемги жас хызметшилер қатнасты. Таңлаў жуўмағында сыйлы биринши орынды Р.Ж.Уролов ийеледи ҳәм таңлаўдың Республикалық басқышына жоллама алыўға еристи. Таңлаў жуўмағында жеңимпазларға диплом ҳәм саўғалар тапсырылды. Әскерий бөлимге районлық Жаслар аўқамы тәрепинен 50 ден аслам әдебий китаплар саўға етилди.
Депутатлыққа талабанлардың сайлаўшылар менен ушырасыўы

Бүгин Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қоӊырат районлық Кеӊеси тәрепинен районымыздағы 6-санлы улыўма билим бериў мектебинде 20-санлы "Хорезм" сайлаў округынен район Кеңеси депутатлығына талабан Г.Туребаевтың жаслар менен ушрасыўы болып өтти.