Қоңыратта пуқараға жәрдем берилди
2019-жыл 21-ноябрьден 22-ноябрьге өтер түнде Қоңырат районы «Таллық» мәкан пуқаралары жыйыны, Сейтжанов көшеси 7-үйде жасаўшы пуқара Абдихалиқов Өсербайдың үйинде өрт шығып, бахытсыз ҳәдийсе жүз берди. Усы бахытсыз ҳәдийсе себепли пуқара Абдихалиқов Өсербайдың турақ жайы ҳәм мал-мүлклери толығы менен жанған, ең ашынарлысы Өсербайдың бес жасар қызы өрт ишинде қалып, бахытсыз ҳәдийсе қурбаны болды. Қоңырат районы бас имамы Рахат Умаров ўақыя болған жерге барып, жағдайды көрди, шаңарақ ийелерине кеўил билдирип, сабыр тиледи ҳәм райондағы «Хаким Сулайман» мешити тәрепинен үй-руўзыгер буйымларынан материаллық жәрдемлер берди.
Дерек: paziylet.uz

2019 жыл 26 ноябрь күни Президентимиз тәрепинен алға сүрилген бес әхмийетли басламаның орынланыўы бойынша районымызда бир қатар илажлар амелге асырылмақта. Атап айтқанда усы бес басламаның үшинши басқышының орынлаўын тәмийинлеў мақсетинде Республикалык "Баркамал аўлад" балалар орайында өткерилген "Кашфётчи болалар" көрик-таңлаўына Қоңырат районы Баркамал аўлад балалар орайы "Робототехника" дөгерек ағзасы Махсетбаев Бегис "Авиаракетамодель"бағдары бойынша қатнасып 1-орынды ийелеп 1-дәрежели диплом менен сыйлықланды ҳәм Өзбекстан Республикасы басқышына жоллама алды. "Робототехника" бағдары бойынша Махсетов Улугбек 2-орынды ийелеп 2-дарежели диплом менен сыйлықланды.
ХАБАРЛАНДЫРЫЎ
Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қоӊырат районлық Кеӊеси тәрепинен 2019-жыл 28-ноябрь күни саат 11-00 де районымыздағы 10-санлы музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде "Бирмиз. Қолды қолға беремиз" сүрени астында үгит-нәсият илажы өткериледи.
Илаж даўамында партияның сайлаўалды дәстүри ҳәм алға қойылған мақсетлери түсиндириледи ҳәм концерт бағдарламалары менен даўам етеди.

Районымыздағы "Қырық кыз" посёлка пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан Uz-Kor Gas Chemical карханасының мәжлислер залында
Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПҚ-4436-санлы "Диний ағартыўшылық тараў хызметин раўажландырыў бойынша қосымша ис илажалры ҳаққында" ғы ҳәм
"Тойлар, шаңарақлық салтанатлар, мереке ҳәм мәресимлерди өткериўди тәртипке салыў системасын еле де жетилистириў ҳаққында"ғы Олий Мәжлис палаталары қарарларының мазмун-мәниси тийисли қәнийгелер тәрепинен кеңнен түсиндирилди

"БИРМИЗ. ҚОЛДЫ ҚОЛҒА БЕРЕМИЗ" АТАМАСЫНДА САЙЛАЎАЛДЫ ИЛАЖЫ БОЛЫП ӨТТИ
Бәршемизге белгили усы жылдың 22-декабрь күни Өзбекистан Республикасы Олий мажлиси Нызамшылық палатасына, Халық депутатлары ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық Кеңеслерине сайлаўлар болып өтеди. Усы мүнәсибет пенен Мәмлекетимиздеги сиясий партиялар өзлериниң сайлаўалды үгит-нәсият илажларын даўам еттирмекте. Бүгин усындай үгит-нәсият илажларының бири районымыздағы 10-санлы музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде
Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қоӊырат районлық Кеӊеси тәрепинен "Бирмиз. Қолды қолға беремиз" сүрени астында шөлкемлестирилди. Онда партияның районлық Кеңеси ўәкиллери, депутатлар, партия белсендилери ҳәм жаслар қатнасты. Илажда партия белсендилери тәрепинен партияның алға қойған мақсетлери ҳаққында жыйналғанларға түсиник берилди. Илаж районлық мәденият бөлими тәрепинен концерт бағдарламалары менен даўам етти.

Қоңырат районы Бәнтликке көмеклесиў орайы ҳәм район ҳәкимлиги, район прокуратурасы, Жаслар аўқамы районлық Кеңеси ҳәм Ҳаял-қызлар комитети менен биргеликте 10-санлы музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде бос жумыс орынлары мийнет ярмаркасы шөлкемлестирилди.
Ярмаркаға жәми район аймағында жайласқан 65 кәрхана ҳәм мәкемелер өзлериндеги бар болған 241 бос жумыс орынлары менен қатнасты. Мийнет ярмаркаға жәми 100 ден аслам пуқара қатнасып 36-пуқараға жумысқа жайласыў ушын район аймағында жайласқан мәкеме ҳәм кәрханаларға жолламалар берилди хам райондагы Ахборот ресурс орайы, Темир жол кәрханасы, Қоңырат газ тармақлары сыяқлы кәрханалар менен мийнет шәртнамаларын дүзди. 41 пуқараға ҳуқықый мәслаҳатлер берилди.