QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
8.09K subscribers
45.9K photos
4.81K videos
27 files
13.9K links
Download Telegram
#АШЫҚ_СӘЎБЕТ

Үй алды қыйтақ жери-қосымша дәрамат дереги

Мағлыýматларға қарағанда , Жер жүзи халқының 1 миллиардтан асламы ашлықта күн  кеширип, ҳәр күни 25 мың адам жарлылық хәм ашлықтан көз жумбақта.
"Бирин көрип пикир ет
,бирин көрип шүкир ет"дегениндей, елимиздеги ашық аспанымыз, тынышлық-қәтержамлығымыз, базарларымыздың молшылығы шүкирлик туйғысын оятпай қоймайды. Ал, журтымыздың, соның ишинде Қоңырат районындағы "Қаңлы"аўыл пуқаралар жыйынының географиялық жайласыýы , топырағының өнимдарлығы, қала берсе, аймақ турғынларының жердиң тилин түсинип, түрли егинлерден мол зүрәәт топлаýдың әдисин билиýи жылдың төрт паслында да дийханшылық етиýге имкан береди.

Хабарыңыз бар, Президентимиз Сырдәрьяның Сайхунобод районында үй қапталы қыйтақ жеринен нәтийжели пайдаланыў имканиятларын толық иске салыў арқалы халықтың дәраматларын асырыў бойынша өткерген видеоселектор жыйналысында бир қатар ўазыйпаларды белгилеп берген еди.

Бүгин Қоңырат районы ҳәкими Бекзод Мадаминовтың басшылығында "Қаңлы"аўыл пуқаралар жыйынында аймақ турғынлары ҳәм мәҳәлле жетилиги, жергиликли ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң қатнасыўында Сайхунобод тәжирийбесин енгизиў бойынша жумыслар додаланды.

"Қаңлы"аўыл пуқаралар жыйынында1070 хожалықта 5521 адам жасайды.Әзелден бағманлар ели болған бул аўыл халқы 134 гектар үй қапталы қыйтақ жерлеринен өнимли пайдаланып келмекте. Деген менен қыйтақ жер ийелерине бүгинги жаратылып атырған имканиятлардан ,жеңилликлерден толық пайдаланылмай атырғанлығы қатаң сынға алынды.

Халықты үй алды қыйтақ жеринен кең пайдаланыўға үйретиў, бир жылда кеминде 2-3 мәрте зүрәәт алыў, кооперацияға бириккен ҳалда барлық хожалықларда биогумус жетистириўди жолға қойыў, улыўма алғанда,  шаңарақларды үй қапталы қыйтақ жеринен турақлы дәрамат алыўға үйретиў, үйден шықпаған ҳалда бизнес етиўди енгизиў бойынша кең түрде пикирлер алмасылды.

Ашық сәўбет даўамында, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң"Жасларға жер ажыратыў  арқалы олардың дәраматларын асырыў ҳәм бәнтлигин тәмийнлеў , сондай-ақ,жаңа жер майданларын өзлестириў илажлары ҳаққында" ғы 2024-жыл 5 -апрельдеги ПҚ-153-санлы қарарының мазмун-әҳмийетине де кең түрде тоқтап өтилди.

Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
#ашық_сәўбет

Үй алды қыйтақ жери-қосымша дәрамат дереги

Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
Президент фармони билан:

2024 йил 1 июндан бошлаб "Хорижда иш" меҳнат миграцияси электрон дастурий мажмуасида рўйхатдан ўтган ва ташкиллаштирилган меҳнат миграциясига кетаётган фуқароларга:

хорижий тиллар ва касб бўйича малака имтиҳонларини топшириш билан боғлиқ харажатларини қоплаш учун БҲМнинг 3 бараваригача;

"Ишчи виза"ни расмийлаштириш билан боғлиқ харажатлар учун БҲМнинг 5 бараваригача;

Йўл чиптаси учун БҲМнинг 2 бараваригача миқдорда компенсация тўланади.

2024 йил 1 сентябрга қадар хорижда вақтинча ишлаётган юртдошларимизга ёрдам кўрсатиш учун туну кун ишлайдиган Call-марказ ташкил этилади. Чет элдан чиқувчи абонентлар учун қўнғироқларни бепул амалга ошириш имконияти яратилади.

2024-2025 йилларда Буюк Британияда (Лондон), Германияда (Берлин), Туркияда (Истанбул) ва Саудия Арабистонида (Ар-Риёд) Агентликнинг ваколатхонларини очиш режалаштирилмоқда. Буюк Британия, БАА, Венгрия, Германия, Латвия, Полша ҳамда Япония давлатларидаги дипломатик ва консуллик муассасаларида меҳнат миграцияси масалалари бўйича атташе лавозими киритилади.

2024 йил 1 июлдан бошлаб хусусий бандлик агентликларига хорижда меҳнат фаолиятини амалга ошириш истагида бўлган шахсларга чет элда ишга жойлаштириш бўйича хизматлар кўрсатганлик учун ҳақ ундиришга рухсат берилади. Бунда хорижда меҳнат фаолиятини амалга ошириш истагида бўлган фуқаролар томонидан тўланадиган маблағлар тижорат банкларида очилган махсус ҳисобварақда сақланади. Хусусий бандлик агентлиги шартнома мажбуриятларини тўлиқ бажарганидан сўнг унинг ҳисобварағига ўтказилади.

2024 йил 1 июндан бошлаб хорижда ишлаб қайтган шахсларни ишга олган иш берувчиларга ҳар бир ходим учун 12 ой давомида ойига 500 минг сўмдан субсидия тўланади.

Манба
Президент пәрманы менен:

2024- жыл 1- июньнан баслап "Хорижда иш" мийнет миграциясы электрон бағдарлама комплексинде дизимнен өткен ҳәм шөлкемлестирилген мийнет миграциясына кетип баратырған пуқараларға:

тиллер ҳәм кәсип бойынша қәнигелик имтиханларын тапсырыў менен байланыслы қәрежетлерин қаплаў ушын БЕМ ның 3 есесине шекем;

"Ишчи виза"ны рәсмийлестириў менен байланыслы қәрежетлер ушын БЕМ ның 5 есесине дейин;

Жол билети ушын БЕМ ның 2 есесине шекемги муғдарда компенсация төленеди.

2024- жыл 1-сентябрьге шекем сырт елде ўақытша ислеп атырған журтласларымызға жәрдем көрсетиў ушын күни- түни ислейтуғын Call-марказ шөлкемлестирилди . Шет елден шығыўшы абонентлер ушын қоңыраўларды бийпул әмелге асырыў имканияты жаратылады.

2024-2025- жылларда Уллы Британияда (Лондон), Германияда (Берлин), Туркияда (Истанбул) ҳәм Саудия Арабстанында (Ар-Риёд) Агентликнинг ўәкилханаларын ашыў режелестирилмекте Уллы Британия, БАА, Венгрия, Германия, Латвия, Польша ҳәм Япония мәмлекетлериндеги дипломатиялық ҳәм консуллық шөлкемлерде мийнет миграциясы мәселелери бойынша атташе лаўазымы енгизиледи.

2024 -жыл 1- июльдан баслап жеке бәнтлик агентликлерине шет елде мийнет искерлигин әмелге асырыў тилегинде болған шахсларға шет елде жумысқа жайластырыў бойынша хызметлер көрсеткени ушын ҳақ өндириўге рухсат бериледи. Бунда шет елде мийнет искерлигин  әмелге асырыў тилегинде болған пуқаралар тәрепинен төленетуғын қаржылар коммерциялық банклерде ашылған арнаўлы есап бетинде сақланады. Жеке меншик бәнтлик агентлиги шәртнама мәжбуриятларын толық орынлағанынан соң оның есап бетине өткериледи.

2024- жыл 1- июньнан баслап шет елде ислеп қайтқан шахсларды жумысқа алған ис бериўшилерге ҳәр бир хызметкер ушын 12 ай даўамында айына 500 мың сўмнан субсидия төленеди.

Дерек

Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
"ҮШ ӘЎЛАД УШЫРАСЫЎЫ"

Қоңырат районындағы 1-санлы қәнигелестирилген мектеп интернатында ""Үш әўлад ушырасыўы" шөлкемлестирилди.
Тарийх, бүгин ҳәм келешекти өзинде жәмлеген бундай руўхый-ағартыўшылық илажлар елимиз турмысындағы ең ибратлы дәстүрлердиң бирине айналып бармақта.
Ушырасыўда өз-ара сәўбетлерде мәмлекетимизде инсан факторына жоқары итибар берилип , жәмийетимиздиң ҳәр бир ағзасына ғамхорлық көрсетилип атырғанлығы, инсан қәдир-қымбатын, оның арзыў-нийетлерин жүзеге шығарыўға имканият жаратып бериў тийкарғы ўазыйпаға айналғаны тастыйықланды.
Жасы үлкен ата ҳәм аналарымыз өмири ҳәм мийнет искерлиги даўамында топлаған бай тәжирийбеси, жаслық дәўириндеги өзине сай қыйыншылықлар, нураныйларға көрсетилип атырған ҳүрмет-иззет ҳаққында өзлериниң кеўилден шыққан пикирлерин билдирди.
Бүгинги еркин ҳәм абат жәмийетимиз,пәраўан турмысымыз, булардың бәри мәмлекетимиз басшысы тәрепинен әмелге асырылып атырған өзгерис ҳәм жаңаланыўлар нәтийжеси екенлиги атап өтилди.

@qongiratrkuz
  Елимизде халқымыз ушын  жақсылық, меҳир-мириýбет, жоқары адамгершилик, шүкирлилик  тымсалы болған Рамазан айында республикамыздың барлық аймақларында  қайырқомлық илажлар әмелге асырылмақта.
Исбилермен Джуманазаров Алишер Рустамович тәрепинен Қоңырат, Мойнақ, Шоманай, Шымбай районларында жасаўғы жәрдемге мүтәж шаңарақларға 20 тонна азық-аўқат өнимлери тарқатылды.
 Бундай қайырлы ислер жәмийетимизде кеңпейиллик орталығын беккемлеýге хызмет етеди.
                                                                  
•┄┄┄┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄┄┄┄•

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

@qongiratrkuz