QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
8.05K subscribers
46K photos
4.82K videos
27 files
13.9K links
Download Telegram
#Өзин_өзи_бәнтлеў

Қоңырат районындағы "Ҳәким ата" мәкан пуқаралар жыйыны  ҳәким жәрдемшиси Рустам  Бегимбаев мәҳалле халқын исбилерменлик,  дийханшылық,  үй алды қыйтақ жеринен нәтийжели пайдаланыўға қамтып алып,  турмыс абаданлығын асырыў  ҳәм кәмбағаллықты  қысқартыўға көмеклеспекте .
Ҳәр бир шаңараққа кирип, ўақтынша жумыссыз  болған,  лекин қолынан жумыс келетуғын,  исбилерменликке қәбилети  ҳәм қызығыўшылығы бар,  өнер менен шуғылланыўды қәлейтуғын пуқаралар , әсиресе жаслар менен саўбетлесип,  олардың  қәлеўине қарай  әмелий жәрдем көрсетпекте. 
Гүлбәҳәр Атамуратова үйинде тигиў цехын ашып, өзин-өзи бәнтлеў менен бирге ,қоңсысы Эльмира Каримованы да жумыс пенен тәмийнледи.Үйинде ашқан тигиўшилик цехында биргеликте жумысын жолға қойып, шаңарақларына дәрамат таўып отыр.
-Ҳәм перзентлеримиз тәрбиясына, ҳәм үй жумысларына, ҳәм буйыртпаларды питкериўге арқайын үлгеремиз.Усындай шараятларды жаратып берип атырған Президентимизге миннетдаршылық билдиремиз,- дейди Гүлбәҳар Атамуратова.

➡️ @qongiratrkuz
    
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Президент Жиззах вилоятига ташрифини базальтдан замонавий маҳсулотлар ишлаб чиқараётган корхона билан танишувдан бошлади
____

Президент Жиззах ўәлаятына сапарын базальттан заманагөй өнимлер ислеп шығарып атырған кәрхана менен танысыўдан баслады.


Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
🔥Tólepbergen Qayıpbergenovtıń "Qaraqalpaqnama" kitabınıń audio variantı shıqtı

Súyikli jazıwshımız Tólepbergen Qayıpbergenovtıń kitapqumar jámiyetshiligimizge usınılıp otırǵan “Qaraqalpaqnama” roman-essesi óz waqtında xalıqaralıq Maxmud Qashqariy sıylıǵına miyasar bolǵan. Roman-esse XX ásirdegi pútkil túrkiy xalıqlar ádebiyatınıń jańalıǵı sıpatında qaraqalpaq tilinen basqa ózbek, qazaq, orıs tillerinde birneshe million nusqada basılıp shıqqan. Milliy ádebiyatımızdıń, hátteki túrkiy tilles ádebiyatlardıń tuńǵısh janrı bolǵan bul roman-essede avtor qaraqalpaq xalqınıń ótmishi, házirgisi hám keleshegi haqqında tereń oy juwırtadı.

Audiokitap: BOOKY NUKUS

Dawamlılıǵı: 11 saat
Bahası: 29 000 sum


Satıp alıw ushın: https://booky.uz/book/qaraqalpaqnama-suyikli-jaziwshimiz-tolepbergen-qay

📲 Telegram | Instagram | YouTube | Vebsayt
#өзин_өзи_бәнтлеў

Бәнтликти тәмийнлеў арқалы шаңараққа дәрамат киреди, аймақтың инфраструктурасы жақсыланады.
Қоңырат районы орайынан 350 километр қашықлықта жайласқан республикамыздың ең шетки аймағы есапланған "Қарақалпақстан"посёлка пуқаралар жыйынында да халықты исбилерменликке тартыў, жеке бизнести раўажландырыў арқалы турақлы дәрамат дерегин жаратыўға айрықша итибар қаратылмақта.
Аймақ ҳәким жәрдемшиси Жамила Аметованың көмеги менен алған жеңилликли кредит есабынан менен өзин-өзи бәнт еткен жаслардың бири Жанат Балшықбаева ҳәзирги күнде гөззаллық салонын ашып, халыққа турмыслық хызмет көрсетпекте.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
@qongiratrkuz
Мүбәрек рамазан айында саўаплы ислер даўам етпекте 


   Рамазан айы жақсы тилеклер айы.Мухаддес Ислам дининиң бес шәртиниң бири- ораза тутыý –барлық мөмин -мусылманларга тән болған ағла пазыйлет болып есапланады.
   Усы күнлерде орынларда жайылып атырған аýызашар дәстурханлары сабыр тақат пенен  ораза әмеллерин  орынлап атырған журтласларымызды бир орынға жәмлемекте.

"Азатлық" мәкан пуқаралар жыйынындағы пайызлы орынлардың биринде ораза әмеллерин орынлап атырған аймақ турғынлары қатнасыўында өткерилген илажда мийманлар, имам кәтиблер , район ҳәкими орынбасарлары шығып сөйлеп, бәршени мүбәрек рамазан айы менен қутлықлады. 
                                                                  
Жыйналғанлар саўаплы ислер ушын қәўендерлерге өз миннетдаршылығын ҳәм шүкиршилигин билдирип, халқымыз ушын дүньядағы ең жақсы тилеклерди тиледи.

•┄┄┄┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄┄┄┄•

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉@qongiratrkuz‌‌