QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
8.22K subscribers
45.6K photos
4.76K videos
27 files
13.8K links
Download Telegram
💫Мәҳәллелер арасында өткерилетуғын "Билим ринг" интеллектуал турнири ушын дизимнен өтиў силтемелери: Сиз қайсы район (қала) турғыны болсаңыз, сол район (қала) үстине басып, командаңыз бенен регистрациядан өтсеңиз болады.

👉Нөкис қаласы
👉Әмиўдәрья районы
👉Беруний районы
👉Бозатаў районы
👉Кегейли районы
👉Қанлыкөл районы
👉Қараөзек районы
👉Қонырат районы
👉Мойнақ районы
👉Нөкис районы
👉Тақыятас районы
👉Тахтакөпир районы
👉Төрткүл районы
👉Хожели районы
👉Шымбай районы
👉Шоманай районы
👉Елликқала районы

📌Турнир қағыйдалары ҳаққындағы толық мағлыўматларды @BILIMRING мәнзилинен яки мәҳәллеңиздиң жаслар жетекшисинен алыўыңыз мүмкин.

Регистрациядан өтиў 12-апрель (сол күни да) күнине шекем даўам етеди.
1993-жыл 9-апрель - Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы қабыл етилген күн

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

👉👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенине 29 жыл толды

Тийкарғы нызамымыз болған Конституциямыздыӊ қабыл етилген байрамы ҳәммемизге мүбәрек болсын!
Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы 1993-жыл 9-апрель күни он екинши шақырық Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Советиниң он екинши сессиясында қабыл етилген.

Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы алғы сөз, 6 бөлим, 26 бап, 121 статьядан ибарат.


#_Республика_Руўхыйлық_ҳәм_ағартыў_орайы_Қоңырат_районы_бөлими

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
Конституциям

Сенсең Бабам әрман еткен Уллы хат,
Әдиллик ҳәм теңлик тилер халқына,
Көплер саған үңилипте көрмеген,
Көп адамлар бармай атыр парқына.

Кимлер сеннен пайдаланып нызамды,
Өз мәпине жумсап болды сый талап ,
Бойын атып жылар еди Маман бий,
Көзлерине сүрме етип сыйпалап

Мурат шайық соқыр көзи ашылып,
Кетер еди сени қолға алғанда,
Кете берди үмит етип жан себил,
Маңлайына бир тийгизиў әрманда.

Маман ушын жаны қурбан Оразан,
Басы булытқа тийгенинше ушпайма,
Әйтеўирақ бир параққо деместен,
Журегинен саған орын ашпайма?

Еркинлигим конституция китабым,
Мен билемен сенде Бабам қаны бар,
Сени Уллы хат деп суртип көзлерге,
Ардақласын Қарақалпақ жаны бар.

Қоңырат районы ХББне қараслы 7-санлы мектептиң Дөретиўши-мадений маселелер бойынша үгит-нәсиятлаўшысы
Зульфия Жийемуратова
09.04.2022ж

#_Республика_Руўхыйлық_ҳәм_ағартыў_орайы_Қоңырат_районлық_бөлими

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

👉👉@qongiratrkuz
ГЕРБИМ

Қуяш баба шуғла шашқан сағымнан,
Сары салы масақларға малынған,
Пахта атыз аппақ көрпе жамылған,
Көзлериме тотыясаң гербим.

Амиўдәрья менен Арал теңизим,
Суўретлеген саҳра елим кеңисин,
Аллаярдай бабам ушын жеңисим,
Көзлериме ҳур-зиясаң гербим.

Сегиз қырлы форма дослық тымсалы,
Аўызбирлик халықлардың той сәни,
Безек берер жасыл майса ,жуўсаны,
Көзлериме тотыясаң гербим.

Қанатларын кеңнен керген қумай қус,
Мақсетиңди бүге алмаған талай қыс,
Миллион көзлер ҳәўес пенен қараймыз,
Көзлериме тотыясаң гербим.

Ай ҳам жулдыз мусылманлық ийманым,
Тәзим етип өтпеўге мен қыймадым,
Сен жигирма тоғыз жыллық мийманым,
Көзлериме тотыясаң гербим.

Қоңырат районы ХББне қараслы 7-санлы мектептиң Дөретиўши-мадений маселелер бойынша үгит-нәсиятлаўшысы
Зульфия Жийемуратова.
08.04.2022 ж.

#_Республика_Руўхыйлық_ҳәм_ағартыў_орайы_Қоңырат_районлық_бөлими

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

👉@qongiratrkuz
#Онлайн
#Спорт

Қоңырат районында Бес баслама олимпиадасы шеңберинде ғалабалық спорт жарысларының ашылыўы болып өтпекте.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
Forwarded from Karakalpakstan.uz
9-апрел Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик герби ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилген күн

«Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик герби ҳаққында»ғы Нызам 1993-жыл 9-апрелде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Советиниң ХII сессиясында қабылланды.


Толық оқыў:https://karakalpakstan.uz/kk/news/show/3627


Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/QResMinistrlerKenesi
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ КОНСТИТУЦИЯСЫ ҚАБЫЛ ЕТИЛГЕНИНЕ 29 ЖЫЛ ТОЛДЫ

Бәршемизге белгили Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы 1993-жылы 9-апрель күни қабыл етилген.

Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 29 жыллығы менен Қоңырат районы ҳәкимлиги жәмәәти атынан қызғын қутлықлаймыз!

Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы Алғы сөз, 6 бөлим, 26 бап ҳәм 121 статьядан ибәрат.  

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
#Биласизми

Уй-жойга субсидия олиш учун қандай ҳужжатлар керак?

🏘 Ипотека кредитлари бўйича субсидия олиш учун
шахслар ариза билан исталган туман (шаҳар) Давлат хизматлари марказига ўзи келиб мурожаат этади ёки Ягона интерактив давлат хизматлари порталида рўйхатдан ўтади.

🔘 Анкета-ариза электрон тарзда тўлдирилади ва унга қуйидагилар электрон тарзда илова қилинади ёки маълумотлар тақдим этилади:

● жисмоний шахснинг шахсий идентификация рақами маълумотлари;
● оила аъзоларининг (жисмоний шахснинг) шахсий идентификация рақами маълумотлари ва никоҳ қайд этилганлиги гувоҳномаси (тўлиқ оила ва никоҳ ҳамда вояга етган фарзандлар мавжуд бўлган тақдирда) ва (ёки) фарзандлар туғилганлиги ҳақидаги гувоҳномалар (вояга етмаган фарзандлар бор бўлган тақдирда) нусхалари;
● белгиланган тартибда никоҳ бекор қилинганлиги ҳақидаги гувоҳнома ёки никоҳ ҳақиқий эмас деб тан олинганлиги тўғрисида суд қарори (никоҳ қайд этилган ҳолатда) ёки оилавий ҳолати тўғрисида ФҲДЁ архивидан маълумотнома нусхаси (никоҳ қайд этилмаган ҳолатда);
● доимий яшаш жойи бўйича рўйхатга олинган жойидан кадастр рақами ва турига тегишли маълумотлар (агар турар жойи доимий яшаш жойи бўйича рўйхатга олинган жойи билан тўғри келса);
● доимий яшаш жойи бўйича рўйхатга олинган жойидан уй дафтарининг ёки квартиралар бўйича карточканинг нусхаси (агар турар жойи доимий яшаш жойи бўйича рўйхатга олинган жойи билан тўғри келса);
● ариза берувчи ва биргаликда қарз олувчиларнинг даромади ва ушлаб қолинган даромад солиқлари тўғрисидаги маълумотнома (қўшимча даромадлар бўлса солиқ декларацияси).

❗️Юқоридагилардан ташқари маълумот ва ҳужжатларни талаб қилиш қатъиян тақиқланади.

⚠️ Шунингдек, субсидия олиш учун мурожаат қилган ариза берувчидан “Ижтимоий ҳимоя ягона реестри” АТ орқали олиш мумкин бўлган ҳужжатларни (маълумотларни) талаб қилиш ман этилади.

Бундан ташқари, меҳнат мигрантлари номидан ипотека кредитлари бўйича субсидия олиш тўғрисидаги аризани унинг оила аъзолари бериши мумкин.

☑️ Хизматлар ариза берувчиларга бепул амалга оширилади.

Каналга уланиш👇👇👇
https://t.iss.one/huquqiyaxborot
#Онлайн
#Қоңырат_районы

Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенлигине 29 жыл толыўы мүнәсибети менен районлық Мәденият сарайында байрам илажы болып өтпекте.

Илажды районымыз ҳәкими Б.Мадаминов кирис сөз бенен ашып берип, бәршени конститутуциямыздың 29 жыллығы менен қутлықлады.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
« Конституциям- нызамым!»

Конституция әдалаттың шырағы,
Халқымызды қорғайды ол мудамы.
Әмир Темир қылышындай қайралған,
Нахақлыққа қарап турмай шалады.

Статьялардың хәр биринде имкан бар,
Уйрен, излен әмел етсең дур гәухар.
Инсан қәдирин уллылаған заманда,
Талқан болар әдалатсыз қыр таулар.

Ерназар, Маман бий әрман еткен кун,
Келип жетти мине парауанлық түн.
Мәмлекет нызамының хәр бири,
Қорғайды мәртлери халқымның жүгин.


Қоңырат районы ХББ не қараслы 41-санлы улыума билим бериу мектебиниң Мәмлекет хәм хуқық тийкарлары пәни оқытыушысы
Қурманова Қундыз Ерғалиевна
https://t.iss.one/qonirathaqiyqati
#Жасыл_мәкан

🌱Қоңырат районында "Жасыл мәкан" улыўма миллий ҳәрекети шеңберинде "Әҳмийетли 40 күн" акциясы даўам етпекте.
Акцияға Районлық мектепке шекемги билимлендириў бөлими баслығы ҳәм бөлим хызметкерлери де белсене қатнаспақта.

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz