QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
14.8K subscribers
46.6K photos
4.92K videos
27 files
14.2K links
Download Telegram
#байрам_нәпеси

ЕҢ УЛЛЫ,ЕҢ ӘЗИЙЗ БАЙРАМ

Салтанатлы түрде ашылған амфитеатрда Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң отыз еки жыллығы мүнәсибети менен "Жаңа турмыс ушын,Жаңа Өзбекстан ушын!" сүрени астында байрам илажы көтериңки руўхта болып өтти.
  Илажда район ҳәкими Б.Мадаминов шығып сөйлеп, район халқын байрам менен қызғын қутлықлады ҳәм соңғы жыллары районда ҳәр бир тараýда ерисилип атырған жетискенликлерди атап өтти.

  Байрам қуўанышлары мәденият бөлими тәрепинен таярланған "Жаңа турмыс ушын, Жаңа Өзбекстан ушын!"театрластырылған хореографиялық музыкалы композициясы менен даýам етти. Ана ýатанды,халықлар дослығы ,миллетлер аралық татыýлықты улығлаýшы йошлы намалар,республикамызға белгили көркем өнер шеберлери тәрепинен атқарылған халқымыздың кеýилине қонымлы қосықлар байрам қатнасыýшыларына үлкен заўық бағышлады.
Байрам илажына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Комитет баслығы Ш.Отемисов қатнасты.

Қоңырат  районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/qongiratrkuz
#байрам_нәпеси

Байрам илажынан фотокөринислер

Қоңырат  районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
➡️@qongiratrkuz
#байрам_нәпеси

⚡️Қоңырат районы ҳәкимлиги тәрепинен Өзбекстан Көзи әззилер жәмийетиниң Қоңырат районы бөлимшеси ағзалары ушын Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 32 жыллық байрамы мүнәсибети менен байрам дəстурханы жайылды.Район ҳәкиминиң орынбасары Ж.Сейтмуратов жыйналғанларды байрам менен қутлықлап,шаңарақларына аманлық,пайыз-берекет тиледи.Өз гезегинде көзи әззилер жәмийетине көрсеткен хызметлери ушын " Қаңлы" АПЖ , "Мийнетабад "АПЖ ,"Қоңырат"МПЖ баслықлары ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды.

Қоңырат районы ҳәкимлиги
Мәлимлеме хызмети

👉@qongiratrkuz
#байрам_нәпеси

⚡️Қоңырат районы орайынан 200 километр қашықлықта жайласқан"Жаслық"посёлка пуқаралар жыйыны халқы да елимиз ғәрезсизлигиниң 32 жыллығын жоқары кейпиятта күтип алды.Байрам мүнәсибети менен түрли ойын тамашалар,концерт бағдарламасы болып өтти.Байрам мүнәсибети менен район ҳәкиминиң орынбасары А.Мамутов бир қатар
социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлардың жағдайынан хабар алып,оларға байрам саýғаларын тапсырды.

Қоңырат районы ҳәкимлиги
Мәлимлеме хызмети

👉@qongiratrkuz
#online
#Жаңа_өмир_ушын_жаңа_Өзбекстан_ушын
#байрам_нәпеси

  Бир қатар мәҳәлле хызметкерлери сыйлықланбақта.

  Қонырат районы ҳәкимлиги ҳәм район Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик бөлими тәрепинен  Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң отыз еки жыллығы мүнәсибети менен илаж өткерилмекте.
Илажда район ҳәкими орынбасары Ж.Сейтмуратов тәрепинен елимиздиң раўажланыўы жолында аянбай мийнет етип атырған, ғәрезсизлигимизди еле де беккемлеў, мәҳәлле институтын раўажландырыўға мүнәсип үлес қосып киятырған бир қатар аýыл  ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары баслықлары ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.Районның барлық орынларында байрам илажлары көтериңки руýхта даýам етпекте.


Қоңырат районы ҳәкимлиги
Мәлимлеме хызмети

➡️@qongiratrkuz
#Live
#Байрам_нәпеси

  Саўда ярмаркалары халық хызметинде

  Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигине 33 жыл толды. Қоңырат районының барлық орынларында байрам нәпеси ҳүкимлик етпекте.
 Байрам алдынан халық ушын ең зәрүрли болған гөш, ун, мәйек, қумшекер, өсимлик майының баҳаларының жасалма рәўиште асырылмаўы, базарда ең керекли, көп қолланылатугын өнимлерге арзан баҳалар қойылыўы тийисли уйымлар тәрепинен қадағаланбақта.

  Ҳәзирги ўақытта Қоңырат дийхан баразында район ҳәкимлиги, Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти, "Қоңырат дийхан базары" АЖ тәрепинен арзанластырылған аўылхожалығы өнимлери ярмаркасы  шөлкемлестирилмекте.
Бул саўда ярмаркасынан райондағы фермер хожалықлары тәрепинен жетистирилген азық- аўқат өнимлери арзан баҳаларда сатылмақта. Аймақ турғынлары гөш, гүриш, мийўе-палыз, кондитер өнимлерин арзан баҳаларда сатып алыў имканиятына ийе.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
#Байрам_нәпеси

"ТАРАҚЛЫ" МПЖ ИМАРАТЫ ПАЙДАЛАНЫЎҒА ТАПСЫРЫЛДЫ

"Тарақлы" мәкан пуқаралар жыйынының ири оңлаўдан шыққан имаратының пайдаланыўға тапсырылыўы аймақ халқын үлкен қуўанышқа бөледи.

Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда район ҳәкими Бекзод Мадаминов сөзге шығып, аўыл халқын елимиз ғәрезсизлигиниң 33 жыллығы менен қутлықлады.  Мәмлекетимизди турақлы раўажландырыў, халықтың турмыс абаданлығын асырыў ҳәм олардың бүгинги күнинен разы болып, ертеңги күнине исеним менен жасаўын тәмийнлеўде әлбетте, мәҳәллениң орны үлкен.

Илажда нураныйлар жаңа түске енген имараттың ҳәм онда искерлик көрсетип атырған хызметкерлер тек жақсылық ушын, елимизде алып барылып атырған реформаларды халыққа жеткериў, орынланыўын тәмийнлеў ушын хызмет етиўин тиледи.
Мәҳәлле имаратын ири оңлаўда салмақлы үлес қосқан қәўендерлер район ҳәкиминиң ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды.
Буннан соң мийманлар кең ҳәм пайызлы имараттағы мәҳәлле жетилигини ҳәм келген пуқаралар ушын жаратылған шараятлар менен танысты.

 Telegram
#БАЙРАМ_НӘПЕСИ

Президентимиздиң басламасы менен жас әўладты тәрбиялаўда "устаз-шәкирт "дәстүрине әмел етиў, устазларды улығлаў, олардың арттырған тәжирийбесинен өнимли пайдаланыў мәселесине айрықша итибар қаратылып атырғаны бийкарға емес. Район ҳәкимлиги тәрепинен байрам мүнәсибети менен бир қатар нураныйлардың шаңарақларына барып, ҳүрмет-иззет көрсетилиўи
усындай ийгиликли ислердиң әмелий даўамы десек қәтелеспеймиз.

  Район ҳәкими Бекзод Мадаминов "Гүлабад" МПЖ да  жасаўшы ҳүрметли мийнет нураныйы Әдилбай Нурыллаевтың 
шаңарағында болып,
байрам саўғаларын тапсырды.

  Бир кесе шай үстинде сәўбет даўамында елимизде әмелге асырылып атырған жедел реформалар тийкарында халықтың абаданлығы, жаслардың бахытлы келешегин тәмийнлеў сыяқлы ийги мақсетлер жәмленгенлиги атап өтилди.

Өз гезегинде ҳүрметли нураный жасларымызды елимиздеги тынышлықты көз-қарашығындай асыраўға шақырыўдан шаршамайтуғынлығын айтты.

Қоңырат районы ҳәкимлигиниң
Мәлимлеме хызмети


Telegram | Website | Instagram |
УouTube
#Байрам_нәпеси
#Инсан_қәдири

Балаларға байрам саўғалары тапсырылды.

Қоңырат районын социал-экономикалық раўажландырыў "Жол картасы"на муўапық  районда жасаўшы жәрдемге мүтәж шаңарақлардың 130 дан аслам перзентлерине Қашқадәрья ўәлаяты ҳәкимлиги тәрепинен мектеп формалары ҳәм оқыў қураллары инам етилди.

  Саўғаларды район ҳәкими Бекзод Мадаминов ҳәм Қашқадәрья ўәлаяты ҳәкиминиң орынбасары Зиёда Аминова тапсырды. Балаларды Ғәрезсизлик байрамы ҳәм жаңа оқыў жылының басланыўы менен қутлықлап, оқыўларында табыс тиледи. Илаж даўамында жас талантлылар тәрепинен атқарылған йошлы нама ҳәм қосықлар балаларға ҳәм олардың ата-аналарына бир әлем заўық бағышлады.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook