QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
9.23K subscribers
45.4K photos
4.73K videos
27 files
13.7K links
Download Telegram
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Ибрат

ӨЗИ СӨЙЛЕЙ АЛМАСА ДА, КЕЎЛИ САЙРАП ТУРҒАН АЛЁНКА

⚡️Айырымлар өмирдеги арзымас өмир қыйыншылықларынан налып,төрт мүшеси саў болса да мийнет еткиси келмейди.
Ашынарлысы олар дени саў бола турып, "мәмлекет мени бағады" деген түсиникте жасайды.
Қоңырат районында жасаўшы
өнермент қыз Алёнка Қыдырниязованың искерлиги жәмийетимиздеги "алма пис,аўзыма түс"дейтуғын адамларға өрнек болса арзыйды. Ол сөйлей алмайды,еситпейди...
Лекин, дүньяқарасы оғада кең бул қыз екинши топар майыбы болыўына қарамастан, өзин ҳеш қашан "имканиятым шекленген" деп есапламайды.
Керисинше, өнери менен шаңарағына, ел-журтқа пайдасын тийгизиўге асығады.
Шаңарақ ағзалары менен бирге бесик соғып, бесикке нәрестени бөлеў ушын зәрүрли болған буйымларды тигип, қарыйдарларға таяр түринде жеткерип береди.
Еситпесе де, сөйлей алмаса да, бүгинги турмысынан налымайтуғын, шүкирлилиги көп
бул өнермент қыз көпшиликке
ибрат мектеби бола алады десек асыра айтқан болмаймыз.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

➡️https://t.iss.one/qongiratrkuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Ибрат

ТАЛАПЛЫҒА НУР ЖАЎАР


Өзгеден жәрдем күтпестен,
ҳеш кимге мүрәжат та етпестен,майыплылығын себеп қылмай, мийнет етип,халыққа хызмет көрсетип киятырған заманласымыз Аманкос Туйешиев бүгин есикпе-есик кирип, пул сорайтуғын, жақсы,аңсат жумыс таўып бериң деп негизи мийнеттен қашып жүретуғын айырымларға ибрат болыўы анық.
Ол 2-топар майыплылығы болыўына қарамастан усташылық пенен шуғылланып келмекте. Қарыйдарлардың буйыртпасына қарай, мебель, ҳәр түрли үй дәскелерин соғады.
Бийкарға қарап отырыў ,бул әсиресе ер азаматларға жараспайды,-дейди қаҳарманымыз.

•┄┄┄┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄┄┄┄•

Қоңырат районы ҳәкимлиги  Мәлимлеме хызмети

👉@qongiratrkuz‌‌
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Ибрат
#өзин_өзи_бәнт_етиў

ҚОЙ БАҒЫП ,ҮЙЛИ-ЖАЙЛЫ БОЛҒАН ӘШИРБАЙ АҒА

  Өзгеден жәрдем күтпестен,
ҳеш кимге мүрәжат та етпестен, майыплылығын себеп қылмай, мийнет етип, бахытлы ҳәм пәраўан турмыс кеширип атырған шаңарақлардың бири "Тарақлы"мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы Худайбергеновлар шаңарағы аймақтағы ең үлгили шаңарақлардың бири. Ерли -зайыплылар екеўи де тәғдирдиң иси менен 2-топар майыплылығы болыўына қарамастан, қорасында нәсилли қой бағып, оның қыйынан үй алды қыйтақ жеринде биогумус ислеп шығарып, базарға шығармақта. Әширбай ағаның ҳадал мийнет арқалы шаңарағына турақлы дәрамат киргизип, перзентлерин де мийнетке үйретип отырғаны бүгин есикпе-есик кирип, пул сорайтуғын, "жақсы, аңсат жумыс таўып бериң "деп, негизинде мийнеттен қашып жүретуғын айырымларға ибрат болыўы анық.

•┄┄┄┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄┄┄┄•

Қоңырат районы ҳәкимлиги  Мәлимлеме хызмети

👉@qongiratrkuz‌‌
#Ибрат

Жасы үлкенлерге ҳүрмет
көрсетиў, олардың елимиздиң раўажланыўы жолындағы үлгили ислерин ибрат етип көрсетиў бүгин халқымыздың жақсы дәстүрлериниң бирине айланды.
Қоңырат районы ҳәкими Бекзод Мадаминовтың басшылығында районлық телекоммуникация тармағында 33 жыл пидәкерлик пенен мийнет етип келген Дүйсен аға Дәўлетов салтанатлы рәўиште сый-ҳүрмет пенен  ҳүрметли дем алысқа шығарып салынды.
Тараў пидайыларына,нураныйларға көрсетилип атырған айрықша итибар, әлбетте бүгинги жас қәнигелерди өз кәсибине деген садықлығын, сүйиспеншилигин асырыўда, ўатанға пидайылық пенен хызмет етиўине үндейди.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉@qongiratrkuz‌‌
#Ибрат
#өзин_өзи_бәнт_етиў

ҚОЙ БАҒЫП ,ҮЙЛИ-ЖАЙЛЫ БОЛҒАН ӘШИРБАЙ АҒА

  Өзгеден жәрдем күтпестен,
ҳеш кимге мүрәжат та етпестен, майыплылығын себеп қылмай, мийнет етип, бахытлы ҳәм пәраўан турмыс кеширип атырған шаңарақлардың бири "Тарақлы"мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы Худайбергеновлар шаңарағы аймақтағы ең үлгили шаңарақлардың бири. Ерли -зайыплылар екеўи де тәғдирдиң иси менен 2-топар майыплылығы болыўына қарамастан, қорасында нәсилли қой бағып, оның қыйынан үй алды қыйтақ жеринде биогумус ислеп шығарып, базарға шығармақта.  Әширбай ағаның ҳадал мийнет арқалы шаңарағына турақлы дәрамат киргизип, перзентлерин де мийнетке үйретип отырғаны бүгин есикпе-есик кирип, пул сорайтуғын, "жақсы, аңсат жумыс таўып бериң "деп, негизинде мийнеттен қашып жүретуғын айырымларға ибрат болыўы анық.

•┄┄┄┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄┄┄┄•

Қоңырат районы ҳәкимлиги  Мәлимлеме хызмети

👉@qongiratrkuz‌‌
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Ибрат
#өзин_өзи_бәнт_етиў

"ҚАЛАЎЫН ТАПСАҢ ҚАР ДА ЖАНАДЫ"

  Өзгеден жәрдем күтпестен,
ҳеш кимге мүрәжат та етпестен, майыплылығын себеп қылмай, ҳадал мийнети арқалы дәрамат таўып отырған шаңарақлардың бири -"Тарақлы"мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы Худайбергеновлар шаңарағы ҳаққында "Хабар" бағдарламасында

•┄┄┄┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄┄┄┄•

Қоңырат районы ҳәкимлиги  Мәлимлеме хызмети

👉@qongiratrkuz‌‌
#ИБРАТ

"ТАС ТА ГҮЛЛЕЙДИ"...

   Буннан бир неше жыл алдын тай жүрсе туяғы, қус ушса қанаты күйетуғын  ушы- қыйыры жоқ шөлистанлық болып жатырған Үстирт кеңислигин бүгин бағы-бостанға айналады деп ким ойлапты дейсиз?
Қоңырат районындағы"Елабад" посёлка пуқаралар жыйынында жасаўшы Баҳадыр Қудайбергенов та усындай ийгиликли иске үлесин қосып, аймақтағы тасланды жерди бағ қыламан дегенинде оған ҳеш ким исенген жоқ еди.
Аймақ ҳәким жәрдемшиси Қуўатбай Мәмбетмуратовтың  усынысы менен 33 миллион жеңилликли кредит алып, 20 соток жер майданына ҳәр түрли мийўе нәллерин егип бағ жаратты. Мине бүгин ол мийнетлериниң жемисин термекте.
-"Жерге қарасаң, жер сени бағады",-деген емес пе, алма, ерик, қәрели, шабдалы, беҳи, жүзим сыяқлы ҳәр түрли мийўе нәллерин ектим,-дейди Баҳадыр Қудайбергенов.
-Тәрбия берген нәл бир күн келип жемисин бергениндей, бүгин жетистирген мийўелеримди сатып, шаңарағыма күнине 300 -500 мың дәрамат таўып атырман.

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#ҚАРАҚАЛПАҚСТАН_ТЕЛЕКАНАЛЫ
#ИБРАТ

"ТАС ТА ГҮЛЛЕЙДИ"...

   Буннан бир неше жыл алдын тай жүрсе туяғы, қус ушса қанаты күйетуғын  ушы- қыйыры жоқ шөлистанлық болып жатырған Үстирт кеңислигин бүгин бағы-бостанға айналады деп ким ойлапты дейсиз?
"Елабад" посёлка пуқаралар жыйынында жасаўшы Баҳадыр Қудайбергенов та усындай ийгиликли иске үлесин қосып, аймақтағы тасланды жерди бағ қыламан дегенинде оған ҳеш ким исенген жоқ еди.
Аймақ ҳәким жәрдемшиси Қуўатбай Мәмбетмуратовтың  усынысы менен 33 миллион жеңилликли кредит алып, 20 соток жер майданына  ҳәр түрли мийўе нәллерин егип бағ жаратты. Мине бүгин ол мийнетлериниң жемисин термекте.
-"Жерге қарасаң, жер сени бағады",-деген емес пе, алма, ерик, қәрели, шабдалы сыяқлы ҳәр түрли мийўе нәллерин ектим,-дейди Баҳадыр Қудайбергенов.
-Тәрбия берген нәл бир күн келип жемисин бергениндей, бүгин жетистирген мийўелерим шаңарағыма  дәрамат болмақта.

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
#ИБРАТ
85 жасында тигиўшилик пенен шуғылланып атырған ана
⬇️⬇️⬇️
#Ибрат
#Сайхунабад__тәжирийбеси

Мәҳәлле жетилиги ҳәр бир басламада ең дәслеп өзлери басқаларға үлги болыўы тийис.
"Тарақлы" мәкан пуқаралар жыйыны жаслар жетекшиси Дамир Мояддинов "Сайхунабад тәжирийбесин" ендириўде аўыл турғынларына ибрат болып келмекте.

Үй алды қыйтақ жеринен ақылға муўапық пайдаланып, ықшам ғана парникте пияз, чеснок ҳәм көк өнислерди жетистирмекте.
Қорасында қой, сыйыр, таўық, үйрек бағып, биогумус жетистириўдиң де әдисин алған
ол шаңарағын таза тәбийий азық- аўқат өнимлери менен тәмийнлемекте.

•┄┄┄┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄┄┄┄•

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

@qongiratrkuz