#Сайхунобад_тәжирийбеси
"Киет"аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы Шамуратовлар шаңарағы да үй алды қыйтақ жеринен ақылға муўапық пайдаланып, шаңарағына дәрамат киргизбекте. Ықшам ғана ыссыханасында қыяр егип, базарды арзан ҳәм тәбийий таза өним менен тәмийнлеп отыр. Ашық майданларға болса ҳәр түрли мийўе, палыз егинлерин егип, үй әтирапын пайызлы бағқа айналдырған. Шаңарақтағы ул перзент Абдулла Нурыллаев әкесинен бағшылықтың әдисин алып, бүгинги күнде аймақтың кескин ықлым шараятына бейимлескен ҳәр түрли мийўели ҳәм декоратив нәллерди де жетистирмекте.
-Ҳәзир базарға күнине 50-60 кг қыяр шығарып отырмыз, бир килограмын орташа 10 мыңнан есаплағанда бул 500мың- 600мың дегени.
Быйыл мийўелеримиз де молшылық. Жоқары оқыў орнында оқыйман. Бос ўақытларымда усы бағқа қарайман."Жерге бақсаң-жер сени бағады"дейди ғой.Барлық қәрежетлеримиз қыйтақ жеримизден қапланып отыр.
Пайызлы бағқа кирсең бир жағынан заўықлансаң,екинши тәрептен саламатлыққа да пайдасы көп,-дейди Абдулла.
Telegram || Instagram |
УouTube | Facebook