#Шүкирлилик
Қоңырат районы орайынан 350 км қашықлықта жайласқан "Қарақалпақстан" посёлкасының абатлығын тәмийнлеўге, көклемзарластырыў абаданластырыў жумысларына аймақ халқының белсенди қатнасыўын ҳәм жуўапкершилигин асырыў, бул бойынша үгит-нәсият жумысларының алып барылыўы, жаратылып атырған имканият ҳәм жеңилликлердиң нәтийжесинде аймақ турғынлары үй қапталы қыйтақ жерлеринен нәтийжели пайдаланып, таўық, кой-ешки, түйе бағыўды жолға койып, шаңарақларына қосымша дәрамат алыўды баслады. Аймақ турғыны Жалғас Маханов 2-топар майыплылығы болыўына қарамастан , үйинде шарўашылық пенен шуғылланып, сыйыр, қой- ешки бағып шаңарағына дәрамат таўып отырған заманласларымыздың бири.
" Мийнеттен қашпаў керек,- дейди ол,- мине мен майып болсам да, өзимди кемис санамайман. Басында еки жанлық алып бақтым, әстен -әстен көбейтип, ҳәзир, қой-ешкилеримниң, сыйырларымның саны көбейди. Ақлықларым қыдырып келген ўақытта туўылған қозы ылақларды саўғаға берип жиберемен. Буннан артық бахыт барма?"
➥ @qongiratrkuz