QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
7.48K subscribers
49.8K photos
5.39K videos
31 files
15.4K links
Download Telegram
#Қашқадәрья_сапары

Сондай-ақ,Қоңырат районы ҳәкими районның социал- экономикалық көрсеткишлери ҳәм имканиятлары ҳаққында ўәлаят исбилерменлерине презентация жасады.Буннан соң Қоңырат  районы ҳәм ўәлаят
исбилерменлери санаат,ислеп шығарыў ҳәм қурылыс, аўылхожалығы  тараўларында өз-ара пикир алмасып,бирге ислесиў бойынша келисип алынды.

https://t.iss.one/qongiratrkuz
#Қашқадәрья_сапары

Делегация қурамындағы фермерлер ҳәм аўыл хожалығы қәнигелери ўәлаяттағы бир қатар фермер хожалықларында болып, ўәлаят фермер хожалықлары баслықлары ҳәм тараў хызметкерлери менен өз-ара тәжирийбе алмасты.

➡️https://t.iss.one/qongiratrkuz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Республика тез жәрдем орайы аймақлық филиалының ашылыў мәресими болып өтти

Республика тез ёрдам маркази ҳудудий филиалининг очилиш маросими бўлиб ўтди


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
#Қашқадәрья_сапары

Сапар даўамында Қоңырат районы ҳәкими Бекзод Мадаминов Косон районындағы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебине,сондай-ақ,Мәденият орайына да барып, китап ҳәм саўғалар тапсырды.

Делегация қурамындағы ҳәким жәрдемшилери,жаслар жетекшилери, ҳаял-қызлар белсендилери Қарши қаласындағы бир қатар мәкан пуқаралар жыйынларында да болып, кәмбағаллықты қысқартыў, ҳаял-қызларды ҳәм жасларды исбилерменликке тартыў ,шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарында алып барылып атырған  жумыслар менен жақыннан танысып, өз-ара тәжирийбе  алмасты.

➡️https://t.iss.one/qongiratrkuz
Бироздан сўнг Президент Шавкат Мирзиёев раислигида қишлоқ хўжалигида янги захираларни ишга солиш ҳамда 2024 йилги устувор вазифалар юзасидан видеоселектор йиғилиши бошланади.

Бираздан соң Президент Шавкат Мирзиёевтың басшылығында аўыл хожалығында жаңа резервлерди иске салыў ҳәм 2024-жылғы тийкарғы ўазыйпалар бойынша
видеоселектор жыйналысы басланады.

Facebook|Instagram|X
ХАБАРЛАНДЫРЫЎ❗️

Қоӊырат районында  2024-жыл 12-февраль күни саат 09:00 ден 18:00  аралығында  "Гербиш завод" фидеринде  киши оӊлаӯ жумыслары өткерилиӯине байланыслы электр энергиясы менен тәмийнлеў ўақтынша тоқтатылады.

Қоңырат РЭТК

https://t.iss.one/qongiratrkuz
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Кембридж халықаралық эксперти Стив Кинг менен ушырасты

Онда Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри Х.Умарова видео байланыс арқалы, Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри Г.Кожабаева қатнасты.

Ушырасыўда билимлендириў тараўында инновациялық жаңаланыўларды, улыўма орта билимлендириў мәкемелериниң оқыў процессине халықаралық тән алынған билимлендириў бағдарламаларын енгизиў, билимлендириў тараўында хызмет кѳрсетиўши халықаралық шѳлкемлер менен бирге ислесиў ҳәм басқа да әҳмийетли мәселелер бойынша сөйлесилди.

Соның менен бирге, ҳүрметли Президентимиз тәрепинен тараўға қаратылып атырған итибар кең түрде атап өтилди.

Онда сондай-ақ, республикамызда мәмлекетлик улыўма орта билим бериў мектеплеринде халықаралық «Кембридж» оқыў бағдарламасын жолға қойыў мәселелери талқыланды.

Айтып өтиў орынлы, Нѳкис қаласындағы 46-санлы мектеп (Прогресc) республикамыздағы ең алдыңғы мектеплердиң бири болып, балаларға жоқары дәрежеде сапалы билим бериўде орны гиреўли болып келген. Бирақ, айырым себеплерге бола көрсеткишлери бираз пәсейип, билим бериў дәрежесин реформалаў талап етилмекте.

Усы мақсетте республикамизда биринши мәрте 46-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде (Прогресс) халықаралық тән алынған Кембридж оқыў бағдарламасы тийкарында оқыў процессин жаңа оқыў жылынан баслап жолға қойыў режелестирилмекте.

Өткерилген ушырасыўда билимлендириў тараўын раўажландырыў, бул бағдарда алдағы режеге киргизилген жумыслар көлемин еле де кеңейтиў, бирге ислесиўди беккемлеў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Forwarded from Joqarǵı keńes.uz
Президент раислигида аграр соҳадаги устувор вазифалар ва режаларга бағишланган йиғилиш бошланди.

Соҳада сўнгги йилларда амалга оширилган ислоҳотлар натижасида деҳқон-фермерларнинг манфаати, даромади ошиб, маҳсулот кўпайди, кластер тизими ривожланиб, юқори унумли техника ва чуқур қайта ишлаш кириб келди, янги навлар ва агротехнология кўпаймоқда.

Жумладан, ўтган йили соҳада ишлаб чиқариш 4,1 фоизга ўсиб, 426 триллион сўмни ташкил қилди. Экспорт эса қарийб 2 миллиард долларга етди. 152 минг гектар боғ ва токзорлар барпо қилинди.

2023 йил илк бор 3 миллион 700 минг тонна пахта, 8 миллион тонна ғалла ҳосили олинди. Бундай рақамлар яқин тарихимизда ҳеч қачон бўлмаган.

Президент басшылығында аўыл хожалығында баслы ўазыйпалар ҳәм режелерге арналған мәжилис басланды.

Тараўда соңғы жылларда әмелге асырылған реформалар нәтийжесинде дийқан-фермерлердиң мәплери, дәраматы артып, өнимлер көбейди, кластер системасы раўажланып, жоқары өнимли техника ҳәм терең қайта ислеў кирип келди, жаңа сортлар ҳәм агротехнология көбеймекте.

Соннан, өткен жылы тараўда ислеп шығарыў 4,1 пайызға өсип, 426 триллион сумды қурады. Экспорт болса дерлик 2 миллиард долларға жетти. 152 мың гектар бағ ҳәм жүзимзарлар жаратылды.

Усы жылы биринши мәрте 3 миллион 700 мың тонна пахта, 8 миллион тонна ғәлле өними алынды. Бундай санлар жақын тарийхымызда ҳеш қашан болмаған.

Facebook|Instagram|X