#Қашқадәрья_сапары
Президент Шавкат Мирзиёевтың 2022-жыл 23-24-февраль күнлери Қарақалпақстанға болған сапары даўамында Қоңырат районы Қашқадәрья ўәлаятына бириктирилген еди.
Усы жылдың 8-9-10-февраль күнлери Қоңырат районы ҳәкими Бекзод Мадаминов басшылығындағы ҳәким орынбасарлары, жергиликли кеңес депутатлары, исбилерменлер ҳәм ҳәким жәрдемшилери,ҳаял-қызлар белсендилеринен ибарат делегация ўәкиллери санаат, исбилерменлик ,киши бизнес, мәҳәлле, аўыл хожалығы ҳәм қурылыс тараўларында тәжирийбе алмасыў бойынша Қашқадәрья ўәлаятына барды.
Делегация ўәкиллерин ўәлаят ҳәкимниң инвестиция мәселелери бойынша орынбасары Олимхон Рустамов күтип алды.
Дәслеп район ҳәкими ҳәм делегация ўәкиллери Қаршы қаласындағы "UzShoes" Жуўапкершилиги шекленген жәмийети Өзбекстани-Белоруссия қоспа кәрханасының искерлиги менен жақыннан танысты. Кәрхана жылына 500 мың жуп ерлер, ҳаяллар ҳәм балалар аяқ кийимлерин ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе болып, бул жерде 155 жаңа жумыс орынлары жаратылған.
https://t.iss.one/qongiratrkuz

Буннан соң делегация ағзалары
"Safe Collection " тигиўшилик кәрханаcының жумыслары менен танысты.
Кейинги мәнзил-Косон районындағы
"Bunyodkor Textile"жуўапкершилиги шекленген жәмийети тоқымашылық кластери болды.Кәрхананың жыллық жип ислеп ислеп шығарыў қуўатлылығы 7200 тоннаны қурамақта.
Соннан 6500 тоннасы таяр гезлеме тәризинде ,10 млн данасы болса трикотаж өнимлери көринисинде ислеп шығарылмақта. Жылына 28 млн АҚШ долларлық өним экспорт ететуғын тоқымашылық кластеринде 500 турақлы жумыс орны жаратылған.