QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
8.03K subscribers
46K photos
4.83K videos
27 files
13.9K links
Download Telegram
Китап ҳеш қашан шаршамайтуғын, сизиң ҳәр қандай еркелигиңизди көтеретуғын, қалыс ҳәмде садық дос, сондай-ақ, устаз болып есапланады.
📚📚📚

#_Республика_Руўхыйлық_ҳәм_ағартыў_орайы_Қоңырат_районы_бөлими
https://www.instagram.com/p/CLdbRyqncY6/?igshid=sl55h7c9yafz
Китап ҳеш қашан шаршамайтуғын, сизиң ҳәр қандай еркелигиңизди көтеретуғын, қалыс ҳәмде садық дос, сондай-ақ, устаз болып есапланады.
📚📚📚

#_Республика_Руўхыйлық_ҳәм_ағартыў_орайы_Қоңырат_районы_бөлими
https://www.instagram.com/p/CMGtdWaH-B3/?igshid=jnv99fhxcegl
🌺Гүллан халықымызды кирип келген "21-март - Наўрыз байрамы" менен шын кеўилден қутлықлаймыз!

Бәршениң шаңарақларына тынышлық-аманлық, беккем ден-саўлық, таўсылмас бахыт тилеймиз!

Наўрыздан наўрызға, байрамнан байрамға бәршемиз аман-саў жетисе бергеймиз!

➡️ #_Республика_Руўхыйлық_ҳәм_ағартыў_орайы_Қоңырат_районы_бөлими
https://www.instagram.com/p/CMq-Fj5n52X/?igshid=xnwdk4b5ld0q
🔷Бүгин 2021-жыл 1-апрель күни Қоңырат районы ҳәкимлигиниң үлкен мәжилислер залында Район ҳәкиминиң орынбасары Ж.Сейтмуратов, Районның бас имомы Р.Умаров, Қоңырат районы бөлиминиң кекселер ҳәм ветеранларды қоллап-қуўатлаў ҳәм сиясий белсендилигин арттырыў бойынша орынбасари A.Нурыллаев, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Қоңырат районы бөлими баслығы У.Тилеумуратова, Кеӊес ағзалары,Мәрифат тарғибатшылар ағзалары, оқыў орынлары ҳәм тийисли тараў басшылары қатнасыўында Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайыныӊ гезектеги Кеӊес мәжилиси болып өтти. Күн тәртибинде 2020-жыл әмелге асырылған жумыслар ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 2021-жыл 12-март күнги 4-санлы мәжилис баянламасында белгиленген ўазыйпалардың оринланыўын тәмийинлеў ҳаққында, 2021-жылға мөлшерленген ис-илажлар көрип шығылды, сондай-ақ тийисли “Жол карта” белгилеп алынды ҳәм тастыйықланды.

Қоңырат районы ҳәкимлигиниң расмий каналы:

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенине 28 жыл толды

Тийкарғы нызамымыз болған Конституциямыздыӊ қабыл етилген байрамы ҳәммемизге мүбәрек болсын!
Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы 1993-жыл 9-апрель күни он екинши шақырық Қарақалпақстан
Республикасы Жоқарғы Советиниң он екинши сессиясында қабыл етилген.

Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы алғы сөз, 6 бөлим, 26 бап, 121 статьядан ибарат.


#_Республика_Руўхыйлық_ҳәм_ағартыў_орайы_Қоңырат_районы_бөлими

Қоңырат районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

@qongiratrkuz
🔰Қоңырат районы Ҳалық билимлендириў бөлимине қараслы 36-санлы улыўма билим бериў мектеби оқыўшылары арасында "9-май Еслеў ҳәм қәдирлеў күни " атамасында шығарма жазыў бойынша таңлаў шөлкемлестирилди.

#_Республика_Руўхыйлық_ҳәм_ағартыў_орайы_Қоңырат_районы_бөлими

https://t.iss.one/qongiratrkuz
«ЖАСЛАРДЫҢ РУЎХЫЙ ДҮНЬЯСЫН АСЫРАЙЫҚ!»

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев басшылығында 2021-жыл 19-январь күни Республика Руўхыйлық ағартыў Кеңесиниң видеоселектор тәризинде өткерилген мәжилисиниң ўазыйпаларын орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде руўхый-ағартыўшылық салалардағы жумысларды жаңа система тийкарында жолға қойыў мақсетинде ҳәзирги ўақытта Районлық ИИБ ҳәм де Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Қоңырат районы бөлими менен биргеликте орынларда үгит-нәсият жумыслары турақлы түрде алып барылмақта.
Усы жыл 10-май күни "Есемурат жыраў" атындағы 10-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде "Арал жулдызлары" ансамбли тәрепинен «Жаслардың руўхый дүньясын асырайық!» атамасында мәдений илаж шөлкемлестирилди. Оған районлық Ишки ислер уйымлары хызметкерлери ҳәм де шаңарақ ағзалары, усы мектептиң оқыўшылары қатнасты.
Илаж даўамында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң "Арал жулдызлары" ансамблиниң концерт бағдарламасы ҳәм юмор-сатираға бай сахналық көринислери қойып берилди.

Қоңырат районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/qongiratrkuz

https://www.instagram.com/p/COvYE-eHYUS/?igshid=x5owsjlx2h4w
#_21_май_куни_Мәлимлеме_китапханашылары_күни

Усы мүнәсибети менен Қоңырат районы Мәлимлеме-китапхана орайының фондын байытыў мақсетинде Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Қоңырат районы бөлими ҳәм де районылық ХББ не қараслы 51-санлы улыўма билимбериў мектебиниң дөретиўши-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсыятлаўшысы, жас шайыр А.Худъяров тәрепинен
«Үшинши Ренессансқа мениң үлесим» ураны астында өткерилген акция шеңберинде А.Худъяровтың қәлемине тийисли болған "Толқыннан туўылған сезимлер" атлы китабынан Мәлимлеме-китапхана орайына 200 данасын саўға ретинде тапсырылды,
Жас келешек әўладларымыздың руўҳый камал табыўында «Үшинши Ренессансқа мениң үлесим» акциясының бөлип өтты.

Қоңырат районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
@qongiratrkuz
#халықаралық_сәне

Бүгин 26-июнь – Халықаралық нәшебентликке қарсы гүресиў күни

Нәшебентлик – бул инсаның ден саўлығына зыян жеткереди
ҳәм пүткиллей зыянлайды, ал гейде өлимге алып барады.

#_Республика_Руўхыйлық_ҳәм_ағартыў_орайы_Қоңырат_районы_бөлими

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

https://t.iss.one/qongiratrkuz
Миссионерлик әсир машқаласы.
Миссионерлик ҳаққында гәп кетер екен ең алды менен усы түсиниктиң мәнисин түсинип алыўмыз керек болады. Миссионерлик латын тилинен алынып «mission» -«жибериў» «ўазыйпа бериў» «тапсырманы орынлаўшы» мәнилерин аңлатады. Белгиленген ўазыйпасы бир динге сыйыныўшы халықлар арасында басқа бир динди үгит нәсийҳат қылыўдан ибәрат. Миссионерлик ең биринши буддалық шеңберинде эрамыздан алдынғы үшинши әсирден баслап тарқалып баслаған. Бүгүнги күнге келип миссионерлик тараўы менен актив шуғылланыўға ҳәрекет етип атырған көплеген конфессиялар барлығын айтып өтиў керек. Сондай болсда бир ҳақыйқатдан көз жумып болмайды яғный «World Book» инциклопедиясында келтирилген мағлыўматларға қарағанда дүниядағы бәрше миссионердиң 2/3 бөлими христиан миссионерлери көрсетилген. Әсиресе протестантлик заманагөй миссионерликтиң тийкарғы сүйенши болып турғанлығын айтып өтиў лазым. Миссионерлик пенен бир бирне тығыз байланыслы Прозелитизм бойынша ҳәм айтып өтсек. Прозелитизм туўрыдан-туўры бир динге исенген пуқараларға өз дининен шығып ҳәмде басқа бир динди қабыл қылыўға мәжбүр етиў мәнисин билдиреди. Прозелитизм келтириб шығарып атырған унамсыз көриниси өмирлик мысалларда ҳәм көриў мүмкин. Әсиресе биз қонсы болған айрым мәмлекетлерде христиан динин қабыл қылған адамлар өмирден көз жумғанна соң оның өлигин қойымшылықға қойыў менен байланыслы машқалалар келип шықпақда. Өлиниң мусылман ата-анасы өзиниң баласының өлигин христиан қойымшылығына қойыўды кәлемеген, ал мусылманлар болса христиан дини ўәкиллериниң өлигин мусылманлар қойылған жерге қойылыўын қәлемеген, нәтийжеде соның себебинен ҳәр түрли келиспеўшиликлер келип шықпақда. Жоқарыда келтирилген «Конфессия» сөзи латын тилинен алынып «confession» өзлеримиздин тилге аўдарғанда «сыйыныў» деген мәнисти аңлатады. Диний конфессия дегенде, белгили бир диний талим ишинде дөрелген, өзлерине мас белгилерине ийе сыйыныў усыллары ҳәмде оларға ериўши топарлар киреди. Ҳәзирги ўақытда тийисли маманлар тәрепинен дуния жүзинде жүзлеген диний конфессиялар бар есаплайды. Республикамызда Адиллик министрлигинен дизиснен өткен 16 конфессиялар өтип солардың 15 исламий емес конфессиялар қатарына киреди. Бүгинги күнде инсанлар динниң мазмун мәнисин түсиниўге, оның инсан ҳәм жәмийет өмиринде тутқан орнын аңлаўға болған умтылыў күшеймекде. Усындай жағдайлардан көплеген сырт мәмлекетлер пайдаланып өзлериниң сиясий мақсетлерин әмелге асырыўда мәмлекет арасында динлер ара, миллетлер ара келиспеўшиликлер келтирип шығарып, мәмлекеттин суверентетин, бирлигин, каўипсизлигин бузыўға ҳәмде әмелдеги мәмлекетлик дизимдеги конституцияны нызамға қайшы өзгертириў сыяқлы мәселелерде пайдаланып келмекде. Боларға Суданның екиге бөлинип кетиў яғный Арқа ҳәм Батысға. Украинадағы православ шеркеўине сыйыныўшылар менен протестант шеркеўи сыйыныўшылары ортасында келиспеўшиликлер туўры мысал бола алады.
•••••┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄•••••
Коңырат районы ИИБ ТЭКГТ
хызметкери Т.Атажанов.
Диний ислер бойынша комитет районлық бас қәнигеси Ю.Қалекеев
Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Қоңырат районы бөлими бас қәнигеси А.Туреев

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

https://t.iss.one/qongiratrkuz