QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
15K subscribers
46K photos
4.84K videos
27 files
14K links
Download Telegram
#Жаңа_өмир_ушын_жаңа_Өзбекстан_ушын

  Қоңырат районы "Таллық" мәкан пуқаралар жыйынында нураный аналар,өрнекли ҳаяллар ҳәм көше басы ҳаялларының қатнасыўында Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң отыз еки жыллығы мүнәсибети менен байрам илажы шөлкемлестирилди. "Жаңа ѳмир ушын, Жаңа Ѳзбекстан ушын!" деген идеяны ѳзинде жәмлеген бул илаж: "Ҳаял бахытлы болса—шаңарақ бахытлы, шаңарақ бахытлы болса —жәмийет бахытлы болады"деп аталды.Ҳаял-қызлар белсендиси Несибели Мамбезияева тәрепинен шөлкемлестирилген
байрам илажында мәҳәлледеги үлгили шаңарақ бийкелери жасларға ибрат боларлық гүрриңлери менен бөлисти.Халқымыздың миллий әспаблары,үй дәскелери ,миллий тағамлары ҳаққында жасларға көргизбели тәризде үгит нәсиятларын алып барды.Миллий тағамлар асылып,жас талантлы қызлар тәрепинен атқарылған йошлы намалар,аяқ ойынлар илаж қатнасыýшыларына үлкен заўық бағышлады

Қоңырат районы ҳәкимлиги
Мәлимлеме хызмети

➡️@qongiratrkuz
#Жаңа_өмир_ушын_жаңа_Өзбекстан_ушын

"ТАЛЛЫҚ"МПЖ

Қоңырат районы ҳәкимлиги
Мәлимлеме хызмети

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz‌‌
Президент Шавкат Мирзиёевнинг мамлакатимиз мустақиллигининг 32 йиллигига бағишланган тантанали маросимдаги нутқидан иқтибослар

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Әзиз Ўатанласлар!
Қəдирли дослар!

Гүллəн халқымызды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси ҳәм Министрлер Кеӊеси атынан елимиз тарийхындағы қутлы сәне, еӊ уллы ҳәм еӊ әзиз әййям – Ғәрезсизлигимиздиң 32 жыллық байрамы менен қызғын қутлықлаймыз.

Ҳүрметли Ўатанласлар!

Быйылғы ғəрезсизлик байрамы ҳүрметли Президентимиздиң арнаўлы қарары тийкарында “Жаңа турмыс ушын, Жаңа Өзбекстан ушын!” деген сүрен астында өткерилмекте.
Бул сүрен кеўиллерге өзгеше илҳам-йош бағышлап, келешекке деген исенимди жəне де беккемлеў менен бирге, гүллəн халқымызды ийгиликли мақсетлерге ҳəм дөретиўшилик ислерге руўхландырыўы менен əҳмийетли саналады.

Бүгингидей жаңаланыўлар ҳəм раўажланыўлар дəўиринде елимизде жүз берип атырған кең көлемли ийгиликли ислерге үлес қосыў, халқымыздың турмыс дәрежесин буннан былай-да жақсылаў, миллетлер аралық татыўлықты, дослық қатнасықларын беккемлеў, ең тийкарғы байлығымыз болған тынышлықты сақлаў, оның қәдирине жетиў усы елде жасап ҳəм мийнет етип атырған ҳәр бир инсан ушын əдиўли миннет ҳəм парыз болыўы тийис!

Әзиз дослар!

Бəршеңизди және бир мәрте Ғәрезсизлигимиздиң 32 жыллық байрамы менен қызғын кутлықлаймыз.
Шаңарақларыңызға аманлық тилей отырып, елимиздиң және де гүллеп-раўажланыўы, халқымыздың бахытлы ҳәм абадан турмысы жолындағы барлық жумысларыңызда табыслар тилеймиз!

Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Биз бир бўлсак – ягона халқмиз, бирлашсак – Ватанмиз! Ўзбекистон Республикаси мустақиллигининг 32 йиллиги муборак бўлсин, азиз ватандошлар!

Только сплоченные – мы единый народ, только вместе – мы сильная страна! С 32-летием независимости Республики Узбекистан, дорогие соотечественники!

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Президент Шавкат Мирзиёев иштирокида шу йилнинг август ойида ўтган асосий тадбир ва воқеалар

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
⚡️ҚОҢЫРАТ РАЙОНЫ ҲӘКИМИ БЕКЗОД БАХОДИРОВИЧ МАДАМИНОВТЫҢ 1-CEHТЯБРЬ-ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ҒӘРЕЗСИЗЛИГИ КҮНИНЕ БАЙРАМ ҚУТЛЫҚЛАЎЫ
⬇️
Ассалаýма әлейкум ,қәдирли дослар !

Әзийз Қоңыратлылар!

Ўатанымыздың Ғәрезсизлиги – халқымыз ушын күш-қудирет ҳәм илхам дереги,раýажланыý ҳәм пәраýанлық тийкары.Усы күнлерде ғәрезсиз мәмлекетимиздиң барлық аймақларындағы қала ҳәм аýыллар,мәҳәлле ҳәм гүзарлар байрам қушағында.Себеби,елимиз турмысындагы умытылмас тарийхый күн,халқымыздың арзыý үмитлери иске асқан гәрезсизликтиң 32 жыллығын көтериңки кейпиятта,үлкен шадлық пенен белгилемектемиз.
Сизлерди мәмлекетимиздиң жәмийетлик турмысындағы бүгинги қутлы сәне –Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң 32 жыллығы менен шын кеýилден қутлықлайман!
Мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң өткен 32 жылы тарийхый қысқа дәýир болыýына қарамастан әсирлерге татыйтуғын жаңаланыý ҳәм өзгерислер әмелге асырылғаны әйне хақыйқат. Республикамызда жүз берип атырған жаңаланыýлар қатары районымызда да түпкиликли өзгерислер жүз берип, социал-экономикалық ,санаат, курылыс ҳәм абаданластырыӯ тараýларында үлкен нәтийжелерге ерисилди.Ен тийкарғысы, халықтың жасаý шараяты жақсыланып, турмыс дәрежеси әдеýир асты. Районымызда үлгили жойбардағы уй–жайлар қурылысы,жаңадан санаат ҳәм қайта ислеý кәрханаларының иске қосылыýы, жолларымыздың рәýан асфальтланыýы,жаңадан таза ишимлик суý тармақларының тартылыýы районымыз орайынан узақ аймақлардағы аýылларымыздың да келбетин пүткиллей өзгертип жиберди. Сөзимиздиң дәлийли сыпатында aйтып өтсек, усы жылдың өткен ярым жыллығында районда санаат өнимлерин ислеп шығарыý көлеми 661,5 млрд сумды қурап,өткен жылдың усы дәýирине салыстырғанда 115,1 % кe , хызметлер ислеп шығарыý көлеми 956,9 млрд. сумды қурап,өткен жылдың усы дәýирине салыстырғанда 101,1% ке өсти.
Аýыл хожалығында фермерлеримиз тәрепинен мәмлекетке ғәлле тапсырыý режеси артығы менен орынланды.
Хурметли Президентимиздиң басламасы менен «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы» деп аталған 2023-жылдың дәслепки күнлеринен баслап-ақ,алдымызда турған мақсет ҳәм ýазыйпаларды әмелге асырыýға қаратылған социал-экономикалық,сиясий ,
ҳуқықый тараýдағы кең көлемли реформаларды,ең әýеле,инсан мәплери,ҳуқық ҳәм еркинликлери нәтийжелилигин асырыýға қаратылған илажларды әмелге асырыýға айрықша итибар каратылып келинбекте.
«Жаңа турмыс ушын,жаңа Өзбекстан ушын!» деген сүрен астында белгиленип атырган бүгинги қутлы әййамда ҳүрметли нураныйларымыз,ветеран ата- аналарымызға ,мәмлекетимизге ҳәр тәреплеме жетик кадрларды таярлап берип атырған зиялыларымызға, халық билимлендириу тараýы пидайыларына,жигерли жасларымызға,заманагөй имаратларды,жолларды қурып атырған курылысшыларымызға,қулласы,
районымыз көлеминде ерисилип атырған жетискенликлерге үлес қосып киятырған барлық тараý ýәкиллерине жоқары ҳүрмет пенен миннетдаршылық билдиремиз.

Қәдирли дослар!

Сизлерди және бир мәрте ең уллы ,ең әзийз байрамымыз- Елимиз ғәрезсизлигиниң 32 жыллығы менен шын журектен қутлықлайман!Бәршеңизге беккем ден саýлық, шаңарақлық бахыт,Уатанымыздың гүллеп –раýажланыýы жолындағы жумысларыңызда тасқын табыслар тилеймен!
Журтымызда тынышлық ҳәм қәтержамлық мәңги болсын,дәстурханыңыздан қут-берекет арымасын!

Ҳүрмет пенен
Бекзод Бахадирович Мадаминов
Қоңырат районы ҳәкими


➡️@qongiratrkuz