QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
7.49K subscribers
50.3K photos
5.45K videos
31 files
15.6K links
Download Telegram
«Qaraqalpaqstan» telekanalı | 1-sentyabr

❗️Әзийз Қоңыратлылар!

Бүгин
19:00де Қоңырат районында Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң отыз еки жыллығы мүнәсибети менен амфитеатрда өткерилген байрам концерт бағдарламасын Қарақалпақстан телеканалында тамашалаң.

Қоңырат районы ҳәкимлиги
Мәлимлеме хызмети

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz‌‌
#«Qaraqalpaqstan»_telekanalı | 1-sentyabr

❗️Әзийз Қоңыратлылар!

Бүгин
20:00де Қоңырат районында Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң отыз еки жыллығы мүнәсибети менен амфитеатрда өткерилген байрам илажынан таярланған репортажды Қарақалпақстан телеканалы "Хабар"бағдарламасынан көриýиңизге болады .

Қоңырат районы ҳәкимлиги
Мәлимлеме хызмети

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz‌‌
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң отыз еки жыллығы мүнәсибети менен елимиздиң раўажланыўы жолында аянбай мийнет етип атырған, ғәрезсизлигимизди еле де беккемлеў, өсип киятырған жас әўладты Ана-Ўатанға садықлық руўхында тәрбиялаўда жемисли мийнет етип атырған бир қатар ўатанласларымызды сыйлықлаў мәресими болып өтти.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
#байрам_нәпеси

⚡️Қоңырат районы ҳәкимлиги тәрепинен Өзбекстан Көзи әззилер жәмийетиниң Қоңырат районы бөлимшеси ағзалары ушын Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 32 жыллық байрамы мүнәсибети менен байрам дəстурханы жайылды.Район ҳәкиминиң орынбасары Ж.Сейтмуратов жыйналғанларды байрам менен қутлықлап,шаңарақларына аманлық,пайыз-берекет тиледи.Өз гезегинде көзи әззилер жәмийетине көрсеткен хызметлери ушын " Қаңлы" АПЖ , "Мийнетабад "АПЖ ,"Қоңырат"МПЖ баслықлары ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды.

Қоңырат районы ҳәкимлиги
Мәлимлеме хызмети

👉@qongiratrkuz
#байрам_нәпеси

⚡️Қоңырат районы орайынан 200 километр қашықлықта жайласқан"Жаслық"посёлка пуқаралар жыйыны халқы да елимиз ғәрезсизлигиниң 32 жыллығын жоқары кейпиятта күтип алды.Байрам мүнәсибети менен түрли ойын тамашалар,концерт бағдарламасы болып өтти.Байрам мүнәсибети менен район ҳәкиминиң орынбасары А.Мамутов бир қатар
социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлардың жағдайынан хабар алып,оларға байрам саýғаларын тапсырды.

Қоңырат районы ҳәкимлиги
Мәлимлеме хызмети

👉@qongiratrkuz
#online
#Жаңа_өмир_ушын_жаңа_Өзбекстан_ушын
#байрам_нәпеси

  Бир қатар мәҳәлле хызметкерлери сыйлықланбақта.

  Қонырат районы ҳәкимлиги ҳәм район Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик бөлими тәрепинен  Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң отыз еки жыллығы мүнәсибети менен илаж өткерилмекте.
Илажда район ҳәкими орынбасары Ж.Сейтмуратов тәрепинен елимиздиң раўажланыўы жолында аянбай мийнет етип атырған, ғәрезсизлигимизди еле де беккемлеў, мәҳәлле институтын раўажландырыўға мүнәсип үлес қосып киятырған бир қатар аýыл  ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары баслықлары ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.Районның барлық орынларында байрам илажлары көтериңки руýхта даýам етпекте.


Қоңырат районы ҳәкимлиги
Мәлимлеме хызмети

➡️@qongiratrkuz