Forwarded from QR Mektepke shekemgi hám mektep bilimlendiriw ministrligi
#Дыққат_жаналық!
Ҳүрметли ата-аналар! 2023-жылдың сентябрь айынан баслап мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң балалар тағамнамасында жаңа рецепт бойынша аўқатландырыў енгизиледи!
Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлигине қараслы барлық мәмлекетлик МШБШинде тәрбияланыўшылардың саламат ҳәм қәўипсиз аўқатланыўын шөлкемлестириў мақсетинде 2023-жылдың сентябрь айынан баслап “Ақылбай аспаз, бақшалар ушын тағамлар рецепти” топламынан пайдаланған ҳалда дүзилген бирден-бир мәўсимлик тағамнама бойынша аўқатландырыў шөлкемлестириледи!
#Еслетип_өтемиз!
Усы жылдың июль айында “Ақылбай аспаз, бақшалар ушын тағамлар рецепти” топламынан пайдаланған ҳалда дүзилген бирден-бир мәўсимлик тағамнаманы әмелиятқа енгизиў усы тағамнама тийкарында тәрбияланыўшылардың аўқатланыўын шөлкемлестириў бойынша барлық МШБШ директорлары аспаз ҳәм мийирбикелери ушын оқыў-семинарлары ҳәм шеберлик сабақлары өткерилди.
Илажлар даўамында, Қарақалпақстан Республикасы Аспазлар бирлеспеси қәнигелери тәрепинен «Ақылбай аспаз, бақшалар ушын тағамлар рецепти» топламынан пайдаланған ҳалда дүзилген бирден-бир мәўсимлик тағамнамалар тийкарында аўқатларды таярлаў, өнимлерге технологиялық ислеў бериў, тағамларды таярлаў технологиялары көрсетип өтилген ҳәм МШБШ аспазлары менен биргеликте әмелде «Ақылбай аспаз, бақшалар ушын тағамлар рецепти» тийкарында 25-30 түрдеги тағамлар аспазлар тәрепинен таярланып, қәнигелер тәрепинен баҳаланған.
Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги Мәлимлеме хызмети