#Ашық_сәўбет
Жаслар дәптери-имканият ҳәм нәтийже
👇👇👇
📍https://kungrad.uz/1081.html
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz

Ҳаял-қызлар арасында жынаятшылықтың алдын алыў мәселелери додаланды
Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң тийисли бийлигине тийкар усы жылдың 19-январь сәнесинен 19-февральға шекем "Ҳаял қызлар арасында урлық жынаятының алдын алыў айлығы" өткерилмекте. Усы мүнәсибет пенен орынларда ҳаял-қызлар менен байланыслы жынаят ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша үгит-нәсият илажлары алып барылмақта.
Ашық сәўбет тәризинде өткерилген илаж бүгин 35-санлы улыўма билим бериў мектебиниң жыйналыслар залында болып өтти. Илажға Қоңырат районы ҳәкиминиң орынбасары У.Тилеўмуратова, Қоңырат районы ИИБ ЖҚХ ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бөлимшеси ҳаял-қызлар мәселелери бойынша аға инспекторы майор Ж.Утениязова ҳәм "Қоңырат" МПЖ аймағында жасаўшы ҳаял-қызлар қатнасты.
Илаж даўамында, район аймағында жасаўшы ҳаял-қызлар тәрепинен исленген жынаятлар додаланып, алдағы ўақытларды жынаятшылықтың алдын алыў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.
👉@qongiratrkuz

Жаслар дәптери-имкәният ҳәм нәтийже
Келешегимиз ийелери болған жасларымыздың арзыў-нийетлерин, қәбилетлерин жүзеге шығарыў мәмлекетимиз сиясатының ең әҳмийетли бағдары болып, бул жолда үлкен жумыслар әмелге асырылып атыр.
👉 Толық оқыў
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
📱@qongiratrkuz

Мәденият сарайында Өзбекстан Республикасы Президентиниң исбилерменлер менен болып өтетуғын "Ашық сәýбети" шеңберинде Мойнақ,Қоңырат,Шоманай ҳәм Қанлыкөл районлары исбилерменлери ҳәм фермер хожалықлары баслықларының қатнасыýында ашық сәўбет болып өтти.
Оған Өзбекстан Республикасы Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министриниң орынбасары Ҳ.Тешабаев, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары А.Отеулиев, Бизнес омбудсманның Қарақалпақстан Республикасындағы жетекши инспекторы Б.Даýқараев ,Қоңырат районы ҳәкими Б.Мадаминов ҳәм бир қатар министрликлер, хожалық бирлеспелери, коммерциялық банклер басшылары қатнаcты.
Ашық сәўбет даўамында кредит,кадастр ҳүжжетлери мәселелери, жаңа бизнес жойбарлары ҳәм жумыс орынларын жарaтыý бағдарындағы мүрәжатлар,исбилерменлердиң усыныс ҳәм пикирлери қабыл етилди. Мүрәжатларды үйрениý бойынша арнаýлы штаб дүзилип, орынланыýы қадағалаўға алынды.

#ашық_сәўбет
Кемшиликлер талқыланып,ўазыйпалар белгиленди
⚡️Бүгин Қоңырат районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында район ҳәкими Б.Мадаминовтың басшылығында аўыл хожалығында кешиктириўге болмайтуғын ўазыйпаларға бағышланып аўыл ҳәм суў хожалығы қәнигелери, фермер хожалықлары басшылары қатнасыўында ашық сәўбет болып өтти.
Онда райондағы пахта тапсырыў шәртнамалы режесин орынлай алмаған фермер хожалықларының жумыслары кең түрде додаланды.
Ушырасып атырған машқалаларға айрықша итибар қаратылып, фермер хожалықларын қоллап-қуўатлаў бойынша анық режелер белгилеп алынды.
Ижараға алынған жерлерден нәтийжели пайдаланбай атырған фермерлардиң жумыслары сын көз қарастан талқыланды.
@qongiratrkuz

#тоқсанбасты_усылы
Палыз егинлерин тоқсанбасты усылында егиў тәбийий витаминли азық - аўқатлар жетиспеўшилиги сезилетуғын ерте бәҳәрде базарларымызға қосымша өним, халқымызға жақсы дәрамат алыўға тийкар болады.
Қоңырат районы ҳәкими Б.Мадаминов ҳәм райондағы сектор баслықлары 3-сектор аймағында жайласқан "Оңғарбай Курбаниязов" массивинде фермер хожалықлары баслықлары менен ушырасып, сәўбетлести. Ушырасыўда егиннен босаған майданларға тоқсанбасты усылында пияз ҳәм чеснок егиў, гүзлик бийдайды азықландырыў ҳәм пахта далаларындағы жыйын-терим жумысларын жаўын-шашынлы күнлерге қалдырмастан жеделлестириў ҳәм ушырасып атырған машқалаларды сапластырыў бойынша пикирлер алмасылып, усыныслар билдирилди.
https://t.iss.one/qongiratrkuz

ҚОҢЫРАТ РАЙОНЫНДА ЖУМЫССЫЗ ЖАСЛАРҒА ДИЙХАНШЫЛЫҚ ЕТИЎ УШЫН ЖЕР БӨЛИП БЕРИЛЕДИ
Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында жаслар бәнтлигин тәмийнлеў мәселелерине бағышланып өткерилген жыйналыста 2024-жылы халықтың бәнтлигин тәмийнлеў ушын 60 мың 500 гектар жер жасларға дийханшылық ушын ажыратылатуғынлығы атап өтилген еди.
Қоңырат районы ҳәкими Бекзод Мадаминов ҳәм Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Қоңырат районы бөлими баслығы Э.Исматов райондағы бир қатар жумыссыз ҳәм дийханшылық етиў тилегин билдирген жаслар менен ушырасып, ашық сәўбет өткерди.
Ашық сәўбет даўамында
район ҳәкими жер ажыратыў тәртиби, жер алған жаслардың экспортбап егинлер жетистириўге оқытылыўы,оларға мини техника,туқым ҳәм нәллер сатып алыў ушын ажыратылатуғын субсидиялар ҳаққында кең түрде түсиник берди.Сондай-ақ,Президенттиң усы жылдың 18-январындағы "Аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкаларын ижараға бериў тәртибин жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында"ғы
Пәрманының да мазмун -әҳмийети түсиндирилди.
Ашық сәўбет даўамында район ҳәкими тәрепинен “Өзбекстан – 2030” стратегиясын “Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы”нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында"ғы Президент Пәрманы (ПФ-37-сон, 21.02.2024 й.)менен районда жаслар ушын жаратылып атырған имканиятлардан пайдаланыў бойынша кең түрде мәлимлеме берилип, өз-ара пикирлер алмасылды.
•┄┄┄┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄┄┄┄•
➥ @qongiratrkuz

Елимизде «Жасыл мәкан » улыýма миллий жойбары шеңберинде алып барылып атырған илажлардан баслы мақсет орынларда жасыл майданларды көбейтиý, экологиялық жағдайды жақсылаýдан ибарат. Мәденият сарайында Қоңырат районы ҳәкими Бекзод Мадаминовтың басшылығында өткерилген мәжилисте "Жасыл мәкан" улыýма миллий жойбары шеңберинде алып барылып атырған жумыслар сын көз,-қарастан көрип шығылды. Быйылғы бәҳәрги көклемзарластырыý мәýсиминде Қоңырат районы бойынша 1млн нан аслам мийўели ҳәм декоратив нәллерди егиý, 32 орында тутзарлықлар жаратыў режелестирилген. Егилген нәллерди минерал хәм органикалық төгинлер менен азыкландырыý ,зыянкеслерден қорғаý жумыслары қадағалаýға алыныўы зәрүрлиги, биогумус ҳәм жергиликли төгин менен ислеý берилген ҳалда әтир гүл, райхан, назбайгул, лаванда сыяқлы емлик қәсийетине ийе өсимликлерди уй алды қыйтақ жерлерине, көшелерге, салма бойларына, мәдений дем алыý бағларына егиý нәзерде тутылған.

#АШЫҚ_СӘЎБЕТ
#Үй_алды_қыйтақ_жери_қосымша_дәрамат_дереги
Бүгин Қоңырат районы ҳәкими Бекзод Мадаминовтың басшылығында "Қаңлы"аўыл пуқаралар жыйынында аймақ турғынлары ҳәм мәҳәлле жетилиги, ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң қатнасыўында өткерилген ашық сәўбет даўамында Сайхунобод тәжирийбесин енгизиў бойынша жумыслар додаланды.
⬇️⬇️⬇️

Үй алды қыйтақ жери-қосымша дәрамат дереги
Мағлыýматларға қарағанда , Жер жүзи халқының 1 миллиардтан асламы ашлықта күн кеширип, ҳәр күни 25 мың адам жарлылық хәм ашлықтан көз жумбақта.
"Бирин көрип пикир ет
,бирин көрип шүкир ет"дегениндей, елимиздеги ашық аспанымыз, тынышлық-қәтержамлығымыз, базарларымыздың молшылығы шүкирлик туйғысын оятпай қоймайды. Ал, журтымыздың, соның ишинде Қоңырат районындағы "Қаңлы"аўыл пуқаралар жыйынының географиялық жайласыýы , топырағының өнимдарлығы, қала берсе, аймақ турғынларының жердиң тилин түсинип, түрли егинлерден мол зүрәәт топлаýдың әдисин билиýи жылдың төрт паслында да дийханшылық етиýге имкан береди.
Хабарыңыз бар, Президентимиз Сырдәрьяның Сайхунобод районында үй қапталы қыйтақ жеринен нәтийжели пайдаланыў имканиятларын толық иске салыў арқалы халықтың дәраматларын асырыў бойынша өткерген видеоселектор жыйналысында бир қатар ўазыйпаларды белгилеп берген еди.
Бүгин Қоңырат районы ҳәкими Бекзод Мадаминовтың басшылығында "Қаңлы"аўыл пуқаралар жыйынында аймақ турғынлары ҳәм мәҳәлле жетилиги, жергиликли ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң қатнасыўында Сайхунобод тәжирийбесин енгизиў бойынша жумыслар додаланды.
"Қаңлы"аўыл пуқаралар жыйынында1070 хожалықта 5521 адам жасайды.Әзелден бағманлар ели болған бул аўыл халқы 134 гектар үй қапталы қыйтақ жерлеринен өнимли пайдаланып келмекте. Деген менен қыйтақ жер ийелерине бүгинги жаратылып атырған имканиятлардан ,жеңилликлерден толық пайдаланылмай атырғанлығы қатаң сынға алынды.
Халықты үй алды қыйтақ жеринен кең пайдаланыўға үйретиў, бир жылда кеминде 2-3 мәрте зүрәәт алыў, кооперацияға бириккен ҳалда барлық хожалықларда биогумус жетистириўди жолға қойыў, улыўма алғанда, шаңарақларды үй қапталы қыйтақ жеринен турақлы дәрамат алыўға үйретиў, үйден шықпаған ҳалда бизнес етиўди енгизиў бойынша кең түрде пикирлер алмасылды.
Ашық сәўбет даўамында, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң"Жасларға жер ажыратыў арқалы олардың дәраматларын асырыў ҳәм бәнтлигин тәмийнлеў , сондай-ақ,жаңа жер майданларын өзлестириў илажлары ҳаққында" ғы 2024-жыл 5 -апрельдеги ПҚ-153-санлы қарарының мазмун-әҳмийетине де кең түрде тоқтап өтилди.
Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети