QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
8.04K subscribers
46K photos
4.82K videos
27 files
13.9K links
Download Telegram
#Онлайн
#Жаңа_оқыў_жылы_басланды

Елимиздиң барлық билимлендириў шөлкемлеринде жаңа 2022-2023-оқыў жылы басланды. Қоңырат районы улыўма орта билим бериў мектеплери де дәслепки оқыў жылының қоңыраўын қағып, ғәрезсизлик сабақларынан оқыўды баслап жиберди.

Район ҳәкими Б.Мадаминов райондағы 7-санлы улыўма билим бериў мектебинде болып, оқытыўшылар менен оқыўшыларды жаңа оқыў жылының басланыўы менен қутлықлады. 1-класс оқыўшылары ушын арнаўлы Президент саўғасы болған оқыў қуралларын тапсырмақта.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Онлайн
#Жаңа_оқыў_жылы_басланды

Қоңырат районында қанша оқыўшы 1-класқа қабылланды?

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
#Жаңа_оқыў_жылы_басланды

Бүгин районымыз ҳәкими Б.Мадаминов "Өрнек" АПЖ аймағындағы 7-санлы улыўма билим бериў мектебинде өткерилген "Биринши қоңыраў" илажына қатнасты. Илаж Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары мәмлектлик гимнлериниң жаңлаўы менен басланды. Онда сөзге шыққан районымыз ҳәкими Б.Мадаминов оқыўшы ҳәм устазларды ғәрезсизлигимиздиң 31 жыллығы ҳәм жаңа оқыў жылының басланыўы менен қутлықлады.

Сондай-ақ, районымыз ҳәкими оқыўшыларға "Жаңа Өзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз" атамасында ғәрезсизлик сабақларын өтти. Ғәрезсизлик сабағы даўамында халқымыздың 31 жыл даўамында ерискен жетискенликлери, Президентимиз тәрепинен әмелге асырылып атырған реформалардың мазмун мәниси, кейинги жылларда мәмлекетимизде билимлендириў тараўындағы реформалар, жасларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған мәмлекет сиясаты ҳәм басқада бир қатар көрсеткишлер ҳәм ерисилген нәтийжелерге тоқталып өтти.

Оқыўшылар менен ушырасыў даўамында мектепке биринши қәдем қойған балаларға Президент саўғалары тапсырылды.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉@qongiratrkuz
#Жаңа_оқыў_жылы_басланды

Бүгин Қоңырат районындағы барлық билимлендириў шөлкемлеринде жаңа 2023-2024-оқыў жылы көтериңки кейпиятта басланды. Райондағы улыўма орта билим бериў мектеплеринде дәслепки оқыў жылының биринши  қоңыраўлары қағылып, "Жаңа турмыс ушын,Жаңа Өзбекстан ушын!"ураны астында ғәрезсизлик сабақлары өтилди.


Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
#Жаңа_оқыў_жылы_басланды

Елимиздеги барлық билимлендириў шөлкемлеринде жаңа 2023-2024-оқыў жылы көтериңки кейпиятта басланды. Қоңырат районындағы улыўма орта билим бериў мектеплеринде де дәслепки оқыў жылының биринши қоңыраўлары қағылып,"Жаңа турмыс ушын,Жаңа Өзбекстан ушын!"ураны астында ғәрезсизлик сабақлары өтилди.

Район ҳәкими Б.Мадаминов райондағы 34-санлы айырым пәнлер тереңлестирилип оқытылатуғын класслары бар улыýма орта билим бериý мектебинде болып,мектеп жәмәәтин, ата-аналарды ҳәм оқыўшыларды жаңа оқыў жылының басланыўы менен қутлықлады.1-класс оқыўшыларына арнаўлы Президент саўғасы-оқыў қуралларынан ибарат топламлар салтанатлы жағдайда тапсырылды.Мектеп оқыýшылары тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы жыйналғанларға үлкен заýық бағышлады.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
#online
#Жаңа_оқыў_жылы_басланды

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
#Жаңа_оқыў_жылы_басланды

  ⚡️Бүгин 4-сентябрьде Қоӊырат  районындағы  49 мектепте 2023-2024-оқыў жылының  дәслепки сабақлары басланды. Быйылғы оқыў жылында 2400 ден аслам балалар улыýма билим бериў мектеплериниң  1-класына  қабыл етилди.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Жаңа_оқыў_жылы_басланды

  ⚡️4-сентябрьде Қоӊырат  районындағы  49 мектепте 2023-2024-оқыў жылының  дәслепки сабақлары басланды. Быйылғы оқыў жылында 2400 ден аслам балалар улыýма билим бериў мектеплериниң  1-класына  қабыл етилди.34-санлы мектепте болып өткен "Биринши қоңыраý"кешесинен таярланған репортаж Қарақалпақстан телеканалында

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
#Биринши_қоңыраў
#Жаңа_оқыў_жылы_басланды

   Елимиздеги барлық билимлендириў шөлкемлеринде жаңа 2024- 2025- оқыў жылы көтериңки кейпиятта басланды. Қоңырат районындағы улыўма орта билим бериў мектеплеринде де дәслепки оқыў жылының биринши  қоңыраўлары қағылып, "Биз бир болсақ- бир халықпыз, бирлессек Ўатанбыз!" ураны астында ғәрезсизлик сабақлары өтилди.

  Район ҳәкими Б.Мадаминов райондағы 43- санлы улыýма орта билим бериý мектебинде болып, мектеп жәмәәтин, ата-аналардыө ҳәм оқыўшыларды жаңа оқыў жылының басланыўы менен қутлықлады.1-класс оқыўшыларына арнаўлы Президент саўғасы- оқыў қуралларынан ибарат топламлар салтанатлы жағдайда тапсырылды. Мектеп оқыýшылары тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы жыйналғанларға үлкен заýық бағышлады.

Быйылғы оқыў жылында райондағы 49-мектепте 2308 оқыўшы туңғыш рет мектеп босағасына қәдем таслады.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook