Район пуқаралары медициналық тексериўден өткерилди
Елимизде пуқаралардың денсаўлығын сақлаў ҳәм саламат турмыс тәризин тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылмақта. Усы мақсетте Қоңырат районында да район турғынлары жетекши шыпакерлер тәрепинен турақлы түрде медициналық көриклерден өткерип келинбекте.
Қонырат РМБ көп тармақлы поликлиникасында өткерилген нәўбеттеги медициналық көриктен өткериў илажында да районымыздың бир қатар турғынларына Республикалық илмий-әмелий медицина орайының шыппкерлери тәрепинен наўқаслығын емлеў бойынша әҳмийетли мағлыўматлар берилди.
Соның менен бирге, наўқаслығы себепли көп тармақлы поликлиникаға келиў имкәнияты болмаған пуқаралар жасаў үйлеринде медициналық көриктен өткерилди.
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉@qongiratrkuz

Мәмлекеттиң итибары ҳәм жәрдемине мүтәж болған жаслар район сектор басшылары ҳәм мәкеме-шөлкемлер басшыларына атпа-ат бириктирилип, олар ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланып келинбекте. Усы тийкарда жаслар менен индивидуал ислесиўдиң жаңаша системасына негиз жаратылмақта.
Бүгин Қоңырат районы Айрықша жағдайлар бөлими баслығы М.Халмуратов "Өрнек" АПЖ аймағындағы өзи аталыққа алған жаслардың машқала ҳәм усынысларын тыңлаў мақсетинде олардың шаңарақларында болып, жаслар менен жақыннан пикирлесип, олардың мүрәжатларын тыңлады.
Соның менен бирге, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде бир қатар жасларға кепсерлеў үскенелерин ҳәм жеңил конструкциялы қурылмаларды оңлаў үскенелерин тапсырып, олардың алдағы жумысларында табыслар тиледи.

#YIL_TO'GARAK_RAHBARI
QORAQALPOG'ISTON RESPUBLIKA BOSQICHI
🔰Xabaringiz bor, Maktabgacha va maktab ta'limi vazirligi huzuridagi Respublika “Barkamol avlod” bolalar maktabi tomonidan "Yangi imkoniyatlar oyligi" doirasida "Yil to‘garak rahbari" tanlovi e'lon qilingan edi.
✅ Shu munosabat bilan Qoraqalpogʻiston Respublika "Barkamol avlod" bolalar maktabida "Hunarmandchilik va qo'l mehnati" yo'nalishida faoliyat yuritayotgan hamda ilg'or ish tajribalariga ega bo'lgan to'garak rahbarlarini aniqlash maqsadida "Yil to'garak rahbari" tanlovining Qoraqalpogʻiston Respublika bosqichi tashkil etildi.
⚡️ Ushbu tanlovda Qo'ng'irot tumani "Barkamol avlod" bolalar maktabi
🧵🪡"Hunarmandchilik va qo'l mehnati"yo'nalishi
"Kashtachilik "to'garak rahbari Kadirbaeva Gulshat faxrli 1-o'rinni egallab Respublikasi bosqichiga yo'llanmani qo'lga kiritdi.
Keyingi bosqichda Kadirbaeva Gulshatga jamoamiz nomidan omad tilab qolamiz.
Qo'ng'irot tumani "Barkamol avlod" bolalar maktabi Axborot xizmati
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz

Qońırat rayonında xızmetler islep shıǵarıw kólemi
2023-jıldıń yanvar-may aylarında Qońırat rayonında xızmetler islep shıǵarıw kólemi 696,3 mlrd. somdı quradı. Ósiw páti ótken jıldıń sáykes dáwirine salıstırǵanda 101,1% ti quradı.
📍https://kungrad.uz/3303.html
Qońırat rayonı Statistika bólimi
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
2023-jıldıń yanvar-may aylarında Qońırat rayonında xızmetler islep shıǵarıw kólemi 696,3 mlrd. somdı quradı. Ósiw páti ótken jıldıń sáykes dáwirine salıstırǵanda 101,1% ti quradı.
📍https://kungrad.uz/3303.html
Qońırat rayonı Statistika bólimi
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
ЖОҚАРЫ НӘТИЙЖЕ КӨРСЕТКЕН БӨЛИМ ХЫЗМЕТКЕРЛЕРИ ХОШАМЕТЛЕНДИ.
🇺🇿 Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен басқарманың жумысларын муўапықластырыў ҳәм усы жылдың май айында әмелге асырылған жумыслардың жуўмағы бойынша мәжилис өткерилди.
Мәжилисте Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы Х.Кайпназаров, басқарма баслығының орынбасарлары,бөлим баслықлары ҳәм олардың қәнийгелери, сондай-ақ,район (қала) бөлим баслықлары ҳәм қәнийгелери қатнасты.
Илажда дәслеп, Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы Х.Кайпназаров басқарманың қала ҳәм районлық бөлимлери тәрепинен май айында белгиленген ўазыйпалардың қанаатландырарлы түрде әмелге асырғанлығын ҳәм июль айында әмелге асырылыўы тийис болған бир қатар ис-илажлар ҳаққында айтып өтти.
Буннан соң, басқарма баслығыныӊ биринши орынбасары А.Сейтахов сөзге шығып, өз сөзинде барлық район (қала) бөлим баслықларына өз аймағында искерлигин алып барып атырған исбилерменлер ҳәм хызмет көрсетиўши коммерциялық банклер менен тығыз байланыс орнатыў арқалы оларға юридикалық хызметлер жолға қойыў ҳәм де турақлы түрде медиация өткерип барыў кереклигин айтып өтти.
Сондай-ақ, жыйналыста басқарма баслығыныӊ орынбасары М.Косназаров 2023-жыл июнь айында исбилерменлик субъектлерине хызмет көрсетиў сапасын ҳәм санын асырыў бойынша пикир ҳәм усынысларын билдирди.
Мәжилис даўамында басшылық етиўши көрсеткишлери жоқары болған Шоманай, Қанлыкөль ҳәм Қоңырат районлары басқармасының бөлимлери ушын қымбат баҳалы компютер ҳәм компютер техникалары салтанатлы түрде тапсырылды. Буннан тысқары, басқарманың барлық қала ҳәм район бөлими қәнийгелери Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен таярланған сертификатлар менен сыйлықланды.
Илаж соңында усындай иләжларды шөлкемлестириў бойынша ўазыйпалар белгиленип алынды.
🏢Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/sspchamberuz

Мийирбийкелер академиясы шөлкемлестириледи
"Ҳәкимшилик реформалар шеңберинде денсаўлықты сақлаў тараўында мәмлекетлик басқарыўды нәтийжели шөлкемлестириў ис-илажлары ҳаққында"ғы ПҚ-197-санлы Президент қарары қабыл етилди.
Қарар менен, медицинаның бирлемши буўынында медициналық-санитария жәрдемин көрсетиўдиң төмендегилерди нәзерде тутатуғын жетилистирилген системасы енгизиледи:
🔹район (қала) дәрежесинде амбулатор ҳәм стационар шараятда халықтың ең көп мүрәжатларына себеп болып атырған кеселликлер ҳәм жағдайларды есапқа алған ҳалда, Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қапланатуғын медициналық жәрдемниң кепилленген көлеминиң дизими қәлиплестириледи;
🔹бирлемши медицина-санитариялық жәрдем мекемелериниң шыпакерлери тийисли аймақта ең көп тарқалған кеселликлер ҳәм жағдайлар бойынша қысқа мүддетли курсларда оқытылады.
2024-жылдан баслап жыллық медициналық көриклер шеңберинде нураныйларды мақсетли скриниңнен өткериў бағдарламасы енгизиледи.
2023/2024-оқыў жылынан баслап, төмендегилер шөлкемлестириледи:
Чилонзор Абу Али ибн Сино атындағы Жәмийетлик саламатлық техникумы тийкарында Мийирбийкелер академиясы;
медицина колледжлери тийкарында Абу Али ибн Сино атындағы Жәмийетлик саламатлық техникумлары;
Соның менен бирге төмендегилер енгизиледи:
медицина Жоқары оқыў орынларында оқыў мүддети 4 жыллық "Жоқары қәнигеликке ийе мийирбийке" бакалавриат тәлим бағдары бойынша қәнигелерди таярлаў;
техникумлардың усыныслары тийкарында қабыллаў параметрлери ҳәмде қосымша түрде категорияластырылған төлемли-контракт тийкарында оқыўға қабыллаў;
🔸медицина жөнелисиндеги мәмлекетлик Жокары оқыў орынлары студентлериниң билимлерин 2 басқышлы (фундаментал ҳәм клиникалық-әмелий көнликпелер) баҳалаў ҳәм олардың қәнигелигин тастыйықлаў миллий системасы;
🔸медицина хызметкерлериниң қәнигелигин арттырыўға қаратылған үзликсиз кәсиплик тәлим порталы.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter

Алыс Мойнақ ҳәм Қоңырат районларындағы көше сәрдарлары менен ушырасыў болып өтти
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Қоңырат ҳәм Мойнақ районларының белсенди жаслары ҳәм көше сәрдарлары менен ушырасты.
Ушырасыўда елимизде алып барылып атырған жаслар сиясаты, оларға қаратылып атырған үлкен итибар, сондай-ақ, жаратылып берилип атырған шараятлар ҳаққында кең түрде сөз етилди.
Ҳақыйқатында да, бүгин жасларға оғада үлкен мүмкиншиликлер жаратылып берилип атырғаны шын мәнисинде «Өзбекстан – имканиятлар мәмлекети» деген пикирдиң айқын мысалы есапланады. Себеби, өз қабилетин, талантын жүзеге шығарыўды, исбилерменлигин жолға қойып, оны кеңейтиўди, илим-пән, билимлендириў, кәсип үйрениў, өнер ийелеў, улыўма ҳәр қандай тараўларда өз жумысын жолға қойыўды нийет еткен ҳәр бир жасқа барлық шараятлар жаратылған.
Усындай жаратылған шараятлардан нәтийжели пайдаланып, елимиз жаслары арасынан бир қатар жөнелислерде жетискенликке ерискен жаслар, дүньяға белгили спортшылар ҳәм басқа да қатарының алдынғылары жетилисип шықпақта. Ең баслысы, усындай жаслар елимиздиң байрағын дүньяға танытып атыр.
Ушырасыў соңында өзиниң белсендилиги менен теңлеслери арасында үлги болып атырған бир қатар жаслар "Үмит ушқыны" көкирек белгиси ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети