Қоңырат районында жәрдемге мүтәж шаңарақлардың турақ-жайларын оңлаў жумыслары даўам етпекте
Елимизде инсан қәдир-қымбаты жоқары қәдирият дәрежесине көтерилмекте. Мәмлекетимиз тәрепинен жәрдемге мүтәж шаңарақларды қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың турмыслық шараятларын жақсылаў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылып атырғанлығы ҳеш кимге сыр емес.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февраль күнги 52-санлы қарары тийкарында бүгинги күнде Қоңырат районында да үлкен әмелий жумыслар әмелге асырылмақта.
Усы қатары райондағы "Қаратал" мәкан пуқаралар жыйынындағы жәрдемге мүтәж пуқаралардың жайларының төбесин шиферлаў жумыслары даўам етпекте.
Қоңырат районында Қашқадәрья ўәлаятының 14,1млрд сумлық қаржылары есабынан жәми 934 үй оңланыўы режелестирилген. Соннан 889 үйдиң төбеси шиферланыўы, 45 үйди толық қайтадан қурып бериў белгиленген.
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/qongiratrkuz

Қоңырат районы «Қоңырат» АПЖ аймағында 2023-жыл 22-июнь күни саат 09:00 ден 14:00 ге шекем «Өзбекстан» фидеринде киши оңлаӯ жумыслары өткерилиӯине байланыслы электр энергиясы менен тәмийинлеў ўақтынша тоқтатылады.
Район ҳәкими район орайындағы "Өзбекстан" көшесинде реконструкция жумысларын әмелге асырыў бойынша аймақ турғынлары ҳәм көше бийлери менен ушырасты
Пуқараларға мүнәсип турмыс шараятын жаратыў, олардың аўырын-жеңил, узағын жақын қылыў бүгинги күнниң баслы ўазыйпасына айланбақта. Бүгин, районлық мәденият бөлиминде өткерилген ушырасыўда да халқымызға мүнәсип турмыс шараятын жаратыў бағдарындағы бир қатар мәселелер додаланды.
Ушырасыўға район ҳәкими Б.Мадаминов, сектор басшылары, район орайындағы Өзбекстан көшесинде жайласқан мәҳәлледеги пуқаралар, көше бийлери ҳәм исбилерменлер, сондай-ақ мәҳәлле белсендилери қатнасты.
Район орайындағы көп жыллардан берли оңлаў жумыслары әмелге асырылмағанлығы себепли жарамсыз ҳалға келип қалған "Өзбекстан" көшесиндеги 3,2 км аралықтағы ески жолды толық реконструкция қылыў, жақтыландырыў шырақларын орнатыў ҳәм жолдың ҳәр еки тәрепи бойлап пиядалар ушын арнаўлы жоллар(тротуар)ды қурыў сыяқлы мәселелер бойынша аймақ турғынлары өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирди.
Соның менен бирге, көше бойында жайласқан ҳәр бир хожалық өзлериниң жасаў үйи әтирапларының тазалығына айрықша итибар қаратыўы, турақ жайларының сыртқы фасадларын оңлаўы ҳәм абаданластырыў жумысларын алып барыўы лазымлығы айрықша атап өтилди.
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉@qongiratrkuz

Қоңырат районы орайынан өтиўши Өзбекстан көшесинде оңлаў жумыслары баслап жиберилди
Жақында Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев орынларда мәҳәлле белсендилери ҳәм көше бийлери менен ашық-айдын пикирлесиў түринде ушырасыўлар өткерген еди. Онда көше бийлери тәрепинен бир қатар әҳмийетли мәселелер көтерилип, пуқараларды қыйнап киятырған машқалалар атап өтилди.
Өз нәўбетинде Жоқарғы Кеңес Баслығы бул мәселелерди шешиў илажларын көриў бойынша ўазыйпаларды белгилеп алып, жуўапкерлерге тийисли тапсырмаларды берген еди.
Жоқарғы Кеңес Баслығының Қоңырат районы көше бийлери менен болып өткен ушырасыўында бийлер район орайынан өтиўши Өзбекстан көшесин оңлаў бойынша өзлериниң усынысын билдирген еди.
Арадан ҳеш қанша ўақыт өтпестен-ақ бул мүрәжат Қоңырат районлық жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен қолға алынып, қурылыс-оңлаў жумыслары баслап жиберилди.
Жергиликли әҳмийеттеги бул жолдың 3,2 километр узынлықтағы гөне қапламасы, жол фрезасы жәрдеминде қырып алып тасланып, жаңадан асфальт төселиўи нәзерде тутылған.
Әлбетте халқымыздың ийгилиги ушын жәмленген мақсетлерди орынлаў жолында халқымыздың барлық ўәкиллери менен ушырасыўлар өткериў, оларды тыңлаў өзиниң унамлы нәтийжесин берери сөзсиз.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter