QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
14.8K subscribers
46.6K photos
4.91K videos
27 files
14.2K links
Download Telegram
#Ғәлле_2023
Ғәлле орымын сапалы өткериўге арналған көргизбели семинар болып өтти

Бүгин Қоңырат районы "Қўнғирот озуқа экинлари" фермер хожалығында биринши бийдай орымына старт берилди. Усы мүнәсибет пенен фермер хожалықтың дала майданында көргизбели семинар шөлкемлнстирилди. Семинарға район ҳәкими Б.Мадаминов, сектор басшылары, ҳәким орынбасарлары, район фермерлери, комбайыншылар ҳәм басқада аўыл хожалығы тараўына байланыслы жуўапкерлер қатнасты.

Семинарда район ҳәкими Б.Мадаминов сөзге шығып быйылғы мапаз дәўиринде қәўипсизлик қәделерине қатан әмел етиў, жетилистирилген өнимди сепситпестен тез күнлер ишинде сапалы орып алыў ҳәм соның менен бирге комбайыншыларға қолай шәраятлар жаратыў бойынша тараў басшыларына көрсетпелер берди.

Семинар соңында,  районның жасы үлкен нураныйлары
ғәлле орымы мәўсиминиң берекетли келиўин сорап, қуран қатым қылды.

Мағлыўмат ушын: Районымызда
2023-жыл өними ушын 130 фермер хожалықлары тәрепинен жәми 3400 гектар майданда орым жумыслары алып барылыўы режелестирилмекте. Ғәллени өз ўақтында сапалы орып алыў ушын 13 отряд дүзилген болып, 13 комбайын орым жумысларына таяр.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉@qongiratrkuz