Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Қоңыратта "Жас гвардияшы әскерий спорт жарысының районлық басқышы ѳткерилди
Миллий Гвардияның Қарақалпақстан Республикасы Қорғаў басқармасы Қоңырат районы Қорғаў бөлими тәрепинен улыўма билим бериў мектеплери арасында "Жас гвардияшы" әскерий спорт жарысы өткерилди.
Жарыс жуўмағында Қоңырат районы ХББне қараслы 35-санлы улыўма билим бериў мектеби командасы сыйлы 1-орынды ийелеп, жарыстың кейинги басқышына жоллама алды.
Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz

Forwarded from Iqtisodiyot va moliya vazirligi
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Loyihada faol qatnashib, tumaningiz (shahringiz), mahallangiz yo‘llarining ravon bo'lishiga hissa qo'shing!
#ochiq_budjet #mening_yolim
Telegram | Facebook | Instagram | Youtube
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Forwarded from Iqtisodiyot va moliya vazirligi
#tashabbusli_budjet #ochiq_budjet #mening_yolim
Telegram | Facebook | Instagram | Youtube
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Тайынлаў
Қоңырат районы абаданластырыў басқармасы баслығы лаўазымына Артиков Аскар Асамаддинович тайынланды.
Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
Қоңырат районы абаданластырыў басқармасы баслығы лаўазымына Артиков Аскар Асамаддинович тайынланды.
Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
Ҳәдислерде "Ким ораза инсанға аўызашар (ифтарлық) берсе, оған ораза тутқанның саўабы бериледи",-деп келтирилген. Бул айда кекселер, бағыўшысынан айрылғанлар, наўқаслар ҳәм жәрдемге мүтәж инсанлар ҳалынан хабар алынып, оларға меҳир үлесилмекте. Соның менен бирге ифтарлық дәстүрханлары жайылып, аўызашарлар шөлкемлестирилмекте.
Бүгин районымыздағы пайызлы орынлардың биринде Түркистан мәҳәллеси турғынлары ушын ифтарлық дәстүрханы жайылды. Ифтарлықтан алдын диний уламалар қатнасында "Тыныш ўатанға шүкиршилик жарасар" атамасында сәўбет шөлкемлестирилди.
Онда сөзге шыққанлар бүгинги күндеги елимизде ҳүким сүрип турған тынышлықтың қәдирине жетиў, миллетлер аралық татыўлық, диний кеңпейиллик ҳәм басқа да руўхый-ағартыўшылық мазмунында түсиниклер берди ҳәм елимиздиң пәраўанлығы ушын қуръан сүрелери оқылды. Жыйналғанлар бундай саўаплы ислерге бас қосқан бәршеге өзлериниң шексиз миннетдаршылықларын ҳәм шүкираналықларын билдирди.
Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
Бүгин районымыздағы пайызлы орынлардың биринде Түркистан мәҳәллеси турғынлары ушын ифтарлық дәстүрханы жайылды. Ифтарлықтан алдын диний уламалар қатнасында "Тыныш ўатанға шүкиршилик жарасар" атамасында сәўбет шөлкемлестирилди.
Онда сөзге шыққанлар бүгинги күндеги елимизде ҳүким сүрип турған тынышлықтың қәдирине жетиў, миллетлер аралық татыўлық, диний кеңпейиллик ҳәм басқа да руўхый-ағартыўшылық мазмунында түсиниклер берди ҳәм елимиздиң пәраўанлығы ушын қуръан сүрелери оқылды. Жыйналғанлар бундай саўаплы ислерге бас қосқан бәршеге өзлериниң шексиз миннетдаршылықларын ҳәм шүкираналықларын билдирди.
Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
Қоңыратлы мийнеткешлер шаңарағы ҳаққында билесизбе?...
Мәмлекетимизде шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў, әсиресе, халықтың қыйтақ жерден үнемли пайдаланыўын қоллап-қуўатлаўға қаратылған айрықша итибар жоқары нәтийжелерди бермекте.
Қоңырат районында да усындай итибар нәтийжесинде қыйтақ жерден үнемли пайдаланып, базарларымыз молшылығы ҳәм арзаншылығына мүнәсип үлес қосып атырған заманласларымыз көпшиликти қурайды. Қоңырат районы Алмазар мәҳәллесиндеги Бөрибаевлар шаңарағы да әйне усындай тынып-тыншымас шаңарақлардан. Шаңарақ баслығы Бөрибаев Сәбит субсидия тийкарында үй алды қыйтақ жерине ықшам ыссыхана шөлкемлестирип, шаңарақ ағзалары менен биргеликте ҳәр қыйлы палыз өнимлерин қыстың қәҳәрли күнлери де халқымыз дәтүрханына үлесип келмекте.
-Қыстың соңғы күнлери отырғызған нәллеримиз, әйне күнлерде ҳасылға кирмекте. Ыссыханамызда помидор, қыяр ҳәм редиска сыяқлы витаминге бай өнимлерди жетистирдик ҳәм мийнетимизге жараса дәрамат алмақтамыз,-дейди қаҳарманымыз.
Сәбит аға тек дийханшылық пенен шекленип қалмастан, өзиниң бәнтлигин тәмийинлеп ерлер ушын Шаштәрезхана шөлкемлестирип, аймақ турғынларына хызмет көрсетпекте.
Қоңырат районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
👉@qongiratrkuz

Ишки жоллар қурылыс барысынан көринислер
Тарийхтан белгили болғанындай, жол салыў, көпир қурыў-ең саўаплы әмеллерден саналады. Пуқаралардың узағын жақын, аўырын жеңил қылыўда ишки жоллардың әҳмийети оғада жоқары. Сонлықтан да елимизде ишки жолларды жаңадан қурыў ҳәм реконструкция қылыў жумысларына айрықша итибар қаратылмақта.
Президентимиз тәрепинен мәҳәллелер инфраструктурасын жақсылаў, жаңадан ишки жолларды салыў ҳәм реконструкция қылыў бойынша бир қатар пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилди. Соған муўапық республика масштабында мәҳәллелердеги ишки жолларды оңлаў ҳәм реконструкция қылыў жумыслары даўам етпекте.
Районымыздағы «Алмазар» МПЖ аймағындағы көшелерде оңлаў жумыслары алып барылып, ҳәзирги күнде жолларға ЩПС (қум-щебень араласпасы) төсеў жумыслары қызғын пәтлер менен әмелге асырылып, мәҳәлле орайындағы көшелер асфальт төсеў ушын таяр ҳалатқа келтирилди.
Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
📱@qongiratrkuz