QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
8.03K subscribers
46K photos
4.83K videos
27 files
13.9K links
Download Telegram
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Барлық жумыслар ҳәм реформалар халқымыздың абаданлығы ушын деген ийгиликли идея әтирапында жәмленген

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Қоңырат районындағы мәҳәллелерде ушырасып атырған машқалаларға шешим табыў ҳәм алдағы әмелге асырылыўы тийис ўазыйпаларды белгилеп алыў мақсетинде көше бийлери, нураный-аксақаллар ҳәм белсендилер менен ушырасты.

Онда дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы сөзге шығып Президентимиз басшылығында республикамыз ушын қаратылып атырған үлкен итибар, әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында кең түрде атап өтти.

Ҳүрметли Президентимиздиң "Халқымыз разы болса, жумысымызда өним ҳәм берекет болады." деп атап өткениндей, бүгинги күнде халқымызға мүнәсип турмыс шараятын жаратыў, олардың абадан өмир сүриўин тәмийинлеў бағдарында алып барылып атырған салмақлы жумыслар турмыста өз сәўлелениўин таўып атыр.

Усы жумыслардың даўамы сыпатында Жоқарғы Кеңес Баслығы барлық районлардағы кѳше бийлери менен ушрасып, халқымызды разы етиў жолында және қосымша қандай жумысларды алып барыў кереклиги бойынша пикир алыспақта.

Бүгинги ушырасыў да ашық-айдын пикирлесиў түринде болып, көше бийлери менен Қоңырат районындағы мәҳәллелерди ҳәр тәреплеме раўажландырыў, пуқараларға мүнәсип шараят жаратыў бағдарында ўазыйпалар белгиленди.

Өз нәўбетинде көше бийлери тәрепинен бир қатар әҳмийетли мәселелер көтерилип, машқалалар атап өтилди.

Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен көтерилген барлық мәселелер белгилеп алынып, алдағы ўақытта бул жумысларды орынлаў бойынша қадағалаўға алынды.

Толық мағлыўмат


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Қоңырат районында Мүбәрек Рамазан айында районның Санаат МПЖ ҳәм Жиңишке, Ҳәкимата МПЖлар да жасаўшы пуқаралар ушын ифтарлық дәстурханы жайылды.

👉 Толық оқыў

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Qońırat rayonı IIB baslıǵı orınbasarı, mayor Sultanbek Jarilkaganovtıń rayon puqaralarına indentifikaciya ID-kartası menen rayon puqaraların hújjetlestiriwdi jedellestiriw baǵdarındaǵı múrájatı.

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Мүддетинен алдын даўыс бериў тәртиби

✔️ Референдум күни өз жасаў орнында болыў имканиятына ийе болмаған даўыс бериўши мүддетинен алдын даўыс бериў ҳуқықына ийе.

🗓 Референдумда мүддетинен алдын даўыс бериў 19-26-апрель күнлери әмелге асырылады.

Каналға ағза болыў 👉 @referendum_QQR
ХАБАРЛАНДЫРЫЎ

Ҳүрметли жолаўшылар, техникалық себеплерге көре, 2023-жылдың 16-апрель күнинен баслап 2-май күнине шекем төмендеги поездлар ҳәрекети дизимине өзгерислер киритиледи.

🚃 128-санлы "Қоңырат-Андижан" жөнелиси
🚃 Қоңырат 09:33 - Андижан 06:58

🚃 53-санлы "Қоңырат-Ташкент" жөнелиси
🚃 Қоңырат 11:10 - Ташкент 06:07

🚃 Қосымша мағлыўматты Ташкент қаласындағы 1005 қысқа телефон номери, аймақлардағы темир жол кассалары ҳәмде мағлыўмат бюросынан билип алыўыңызға болады.

🚃 Еслетип өтемиз: Билетлерди тек ғана темир жол кассаларынан емес, электрон тәризде де алыўыңызға болады: https://chipta.railway.uz

Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги мәлимлеме хызмети

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Кеўил билдириў

Усы жылдың 17-апрель күни екинши Жәҳән урысы қатнасыўшысы, мийнет ветераны Наметуллаев Оразбай дүньядан өтти.

Оразбай Нәметуллаев өз өмириниң бәҳәрин, әйне жигитлик ўақтын урыс майданларында жаўға қарсы гүрес жүргизип өткерди.

Ол 1924-жылда 5-май күни Қоңырат районында туўылған.

Урыс басланған жыллары 1942-жылы Бурынғы Аўқам армиясына хызметке шақырылған. Сержантлар таярлаў мектебинде оқып, «Сержант», буннан соң, взвод командириниң орынбасары болды.

1943-жылдың февраль айынан 1943-жыл июнь айына шекем 949- оқшы полк, 1943-жыл декабрь айынан 1944-жыл май айына шекем 104-гвардияшылар полки, 1944-жыл май айынан 1947-жыл июнь айына шекем 78-гвардияшы механизацияласқан полк бағдарлаўшысы (наводчик) болды.

Белгород қаласы Орловская станцияси жанында қарсы ҳүжимге қатнасты. Украинаның Харьков ҳәм Кировоград қалаларын азат етиўде қатнасып, ғажжа-ғаж урыста 2 мәрте жарақат алды.
Молдавияның Яссы ҳәм Кишинев қаласын азат етиўде қатнасады.

Карпат таўлары арқалы өтип Румынияны азат етиўде, буннан соң Венгрияның пайтахты Будапештти азат етиўде жаўынгерлик шеберлиги ҳәм өз шәпиклигин көрсетти.

1945-жыл 2-май күни Альп таўына 1112 метрге шекем көтерилип, усы жердеги бекинисте жеңисти күтип алады.

Қаҳарманларша саўаш жүргизген жаўынгер армия қатарынан 1947-жылы өз үйине қайтады.

Урыс жылларында көрсеткен ерлиги ушын бир неше мәрте орден ҳәм медальлар менен сыйлықланды.

Мийнет ветераны, ержүрек жаўынгер урыс жуўмақланғаннан кейин халық хожалығының түрли тараўларында халқымыз ийгилиги жолында аянбай мийнет етти. Жәмийетлик-сиясий жумысларда белсенди қатнасты. Ел перзентлерин тәрбиялаўдай машақатлы ҳәм мақтанышлы кәсип ийеси яғный, муғәллим сыпатында мийнетлери теңсиз еди.

Ардақлы нураный, аўзы дуўалы ата сыпатында барқулла орны төрде болды.

Халқымыз урыс ветераны, ержүрек жаўынгер, пидайы оқытыўшы ҳәм ардақлы нураный Оразбай Нәметуллаевтың жарқын естелигин барқулла ядында сақлайды.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
❗️ Президент пәрманы менен ипотека кредитлери ҳәм субсидияларды ажыратыў тәртибине төмендеги өзгерислер киргизилди:

банклерге ипотека кредитлерин рәсмий дараматқа ийе болмаған физикалық шахсларға да ажыратыўға рухсат етилди. Бунда, бул пуқаралардың төлеў қәбилети олардың банк картасындағы айланбасы, ижара, коммунал ҳәм басқа қәрежетлерин есапқа алыў арқалы анықланады;

банклерге дәслепки төлем муғдары, жеңилликли дәўир мүддети ҳәм басқа көрсеткишлерден келип шығып, кредитлер бойынша сиясий қатламластырылған процент ставкаларын орнатыў ҳуқықы берилди. Бунда, дәслепки төлемди көбирек төлеген пуқара арзанырақ кредит алыў мүмкиншилигине ийе;

субсидияға ажыратылған қаржыларды тезирек жумсаў ушын, субсидия хабарнамасының әмел етиў мүддети 12 айдан 4 айға түсирилди. Бунда, пуқара 4 айда сертификаттан пайдалана алмаса, ол субсидияға қайта арза тапсырыўы мүмкин;

Экономика ҳәм финанс министрлигине Халықшыл комиссиялардың жуўмағына тийкарланып қәте ажыратылған субсидия сертификатларын туўрыдан-туўры бийкарлаў ҳәм төлемлерди тоқтатыў ҳуқықы берилди.

2023-жыл ушын ипотека кредитлери бойынша субсидиялар ажыратыўға тийисли арзалар 2023-жыл 1-майдан 2023-жыл 1-декабрьге шекем қабыл етиледи;

2023-жыл ушын ҳәр бир қарыз алыўшыға ажыратылатуғын ипотека кредитиниң ең көп муғдары 2022-жылда белгиленген муғдарда сақлап қалынады.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#befarqemasman

"Қўнғирот МТУ" УК ходимлари:

— Бугун мамлакатимиз аҳолисининг 18 миллиондан ошиғроғини ёшлар ташкил этади. Шу ёшлар қаторида жамиятнинг тўлақонли аъзоси сифатида бемалол айтишимиз мумкинки, янгиланаётган Конституцияда ёшларнинг ҳуқуқ ва эркинликлари, уларнинг интеллектуал ва ижодий салоҳиятларини рағбатлантириш, маънавий салоҳиятларини юксаклаштириш учун алоҳида боб киритилмоқда. Бу бизнинг ҳақ-ҳуқуқларимиз, эркинликларимиз давлат томонидан яна бир карра ҳимояланишидан далолатдир. Азиз ёшлар, янгиланаётган Конституцияни қабул қилиш жараёнида ўз айтар сўзимиз билан иштирок этайлик. Мамлакатимизнинг, ўзимизнинг тақдиримизга бефарқ бўлмайлик.

@menbefarqemasman
Халқымыздың меҳир-мүриўбет, өз-ара ҳүрмет ҳәм жәрдемге мүтәжлерге жәрдем қолын созыў сыяқлы өзине тән пәзийлетлери әсирлер даўамында қәлиплесип келген. Халқымыздың бундай ағла пәзийлетлери әйне бүгингидей рамазан күнлеринде және де айқын көринбекте.

Рамазан айын халқымыз әззелден сабырсызлық пенен күткен. Себеби бул айда қылынған қайырлы ислердиң саўабы үлкен болыўы ҳәдислерде көрсетилген. Сонлықтан да рамазан айында бәрше пуқаралар бир-биреўге жәрдем көрсетиўге, мүшкилин аңсат етиўге асығады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты Р.Даулетназарова ҳәм Қоңырат районы Нәгиранлар жәмийети баслығы И.Ембергеновалар район аймағында жасаўшы имкәнияты шекленген пуқаралар ҳәм жәрдемге мүтәж шаңарақлар ҳалынан хабар алып, оларға азық-аўқатлық өнимлерди тапсырды.

Бундай қайыр-сақаўат илажлары районымыз бойлап ҳәр күни даўас етпекте.

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Қарақалпақстан Республикасында көрсетилген базар хызметлери көлеми

2023-жылдың январь-март
айларында Қарақалпақстан Республикасында көрсетилген базар хызметлери көлеми 2 трлн. 712,7 млрд. сумға жетти. Оның номинал көлеми 392,2 млрд. сумға асты.

Салыстырма эквивалентте өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда өсим пәти 106,1% ти қурады.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Өзбекстанда Рамазан ҳайыты мүнәсибети менен барлық хызметкерлер избе-из 3 күн дем алыўы мүмкин

22-апрель — шемби;

23-апрель — екшемби;

24-апрель — дүйшемби ( көширилген дем алыс күни).


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM