QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
8.05K subscribers
46K photos
4.82K videos
27 files
13.9K links
Download Telegram
#Дықкат_ескертиў

Өзбекстан ҳәм Карақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, бүгинги күнде “Quramax Medical” тәрепинен ислеп шығарылған дәри-дармақ өнимлерин, республика бойлап дәриханаларда сатылыўын қадағалаўға алды.
Ҳүрметли пуқаралар дәриханалардан дәри өнимлерин сатып алып атырған ўақытта оның қайсы компанияда ислеп шығарылғанына итибар бериўиңизди соранамыз.
Егерде республикамыздағы дәриханалар “Quramax Medical” компаниясының дәри өнимлерин сатып атырғанына гуўа болсаңыз, сол ўақыттың өзинде Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң исеним телефонларына ямаса телеграм бот каналына толық мағлыўмат қалдырыўыңызды соранамыз.
Егерде өзбасымшалық пенен дәриханаларда “Quramax Medical” компаниясының дәрилери сатылып атырғанлығы анықланса, дәрихана ийеси ҳәм сатыўшы тийисли тәртипте жуўапкершиликке тартылатуғынлығын ескертип өтемиз.
Қарақалпақстан Республикасында қала ҳәм бәрше район медицина бирлеспелерине “Quramax Medical” дәри өнимлери бойынша тийисли тараў қәнигелерине тапсырмалар ҳәм көрсетпе хатлар берилген.
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен бул жағдайлар бойынша қадағалаў орнатылған болып, тийисли тәртипте жумыслар әмелге асырылмақта.

Байланыс: #Исеним_телефон
☎️ +998612260048

#Телеграм_бот @qrdssm1_bot


ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети

@qrdssm