QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
8.21K subscribers
45.7K photos
4.78K videos
27 files
13.8K links
Download Telegram
#Jaslar_aylıǵı
#Медиа_тур

🔹Қоңырат районындағы 9262-санлы МҚХ шегара әскерий бөлиминде 54-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшылары қатнасыўнда "Армия ҳәм жаслар" атамасында иләж шөлкемлестирилди. Иләжға Республика руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы районлық бөлими, әскерий хызметшилер, мектеп оқытыўшылары ҳәм оқыўшылары қатнасты.
🔹Иләжды шөлкемлестириўден мақсет жаслардың әскерий хызметке қызығыўшылығын арттырыў ҳәм оларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў болып саналады.
Иләжда сөзге шыққанлар елимизде әскерий тараўдың әҳмийети, әскерий хызметшилердиң өмир жолы ҳәм көрсеткен ерликлери ҳаққында айтып өтти.
🔹Буннан соң әскерий хызметшилер қатнасында жаўынгерлик қураллардан пайдаланыў бойынша түсиник берилди.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болың
👇👇👇
https://t.iss.one/qongiratrkuz
#медиа_тур

Қоңырат районы халық билимленлириў бөлимине қараслы улыўма билим бериў мектеплериндеги питкириўши класс оқыўшыларын кәсипке бағдарлаў мақсетинде район аймағында жайласқан мәкеме-шөлкемлерге турақлы түрде саяхатлар шөлкемлестирилип келинбекте. Бүгин усындай саятхатлардың бири "Қоңырат ун заводы" акционерлик жәмийетине шөлкемлестирилди. Оған районымыздағы 7,18,46-санлы мектептиң оқыўшылары қатнасты. Саяхат даўамында "Қоңырат ун заводы" акционерлик жәмийетиниң маман қәнигелери тәрепинен оқыўшыларға өним ислеп шығарыў процесси толық таныстырылды.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болың
👇👇👇
https://t.iss.one/qongiratrkuz
#медиа_тур

Қоңырат районы халық билимленлириў бөлимине қараслы улыўма билим бериў мектеплериндеги питкириўши класс оқыўшыларын кәсипке бағдарлаў мақсетинде "Қоңырат ун заводы" акционерлик жәмийетине мектеп психологлары ҳәм РАИБДО лары менен биргеликте
саяхат шөлкемлестирилди. Оған районымыздағы 36 ҳәм 37-санлы мектептиң оқыўшылары қатнасты. Саяхат даўамында "Қоңырат ун заводы" акционерлик жәмийетиниң маман қәнигелери тәрепинен оқыўшыларға өним ислеп шығарыў процесси толық таныстырылды.

Каналға ағза болың
👇👇👇
https://t.iss.one/qongiratrkuz
#Медиа_тур
Мектеп оқыўшылары ушын саяхат шөлкемлестирилди

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 7-февраль күнги "Ишки туризмди жедел раўажландырыўды тәмийинлеў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында"ғы ПҚ-3514-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў ҳәм оқыўшылардың руўхый дүньясын байытыў мақсетиде Қоңырат районы ХББне қараслы 47-санлы улыўма билим бериў мектебиниң жоқары класс оқыўшылары қатнасында Республикамыздың бир қатар орынларына саяхат шөлкемлестирилди.

Саяхат шеңберинде оқыўшылар И.В.Савицкий атындағы көркем-өнер музейиндеги тарийхый экспонантлар менен таныстырылды. Буннан соң оқыўшылар И.Юсупов атындағы дөретиўшилик мектеби менен танысты.

Саяхат жуўмағында Нөкис қаласы орайында жайласқан "Ҳәсиретли ана" естелигине барып, урыс қатнасыўшылары еске алынды.


Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
#Медиа_тур

Ғәрезсизлигимиздиң 31 жыллық мүнәсибети менен Қоңырат районы Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў бөлими ҳәм райондағы пуқаралар жыйынлары басшылары қатнасында Мойнақ районындағы тарийхый орынларға медиа тур шөлкемлестирди. Медиа тур даўамында Мойнақ районы Экология музейи ҳәм Ҳәким ата Сулайман Бақырғаний зиярат орынларында болып, миллий қәдириятларымыз бенен жақыннан танысты.
👇👇👇
https://kungrad.uz/1095.html

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
#Медиа тур

📌Инсан қәдири уллы, ол узақ келешектен үмит күтип емес, әйне бүгинги турмысынан разы болып жасаўы керек. Әлбетте, буның ушын ҳәр кимниң өзине сай кәсиби болыўы ҳәм соның арқасында белгили дәрежеде дәраматқа ерисиўи лазым. Аймақларға бириктирилген ҳәким жәрдемшилериниң де ең тийкарғы ўазыйпаларының бири халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм бул арқалы пуқаралардың турақлы дәрамат дерегине ерисиў саналады.

📍https://kungrad.uz/1438.html

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

👉👉@qongiratrkuz
#Хожели_тәжирийбеси
#Медиа_тур

Президентимиздиң усы жылы 20-январь күнги "Мектеплерде шет тиллерин ҳәм кәсипке үйретиў системасын раўажландырыў мәселелери" бойынша өткерилген мәжилисинде берилген тапсырмаларды орынлаў мақсетинде Хожели районы ХББне қараслы 14-санлы мектепте "Кәсипке оқытыў орайы" Қарақалпақстан Республикасында үлгили тәризинде шөлкемлестирилген еди.

Усы мүнәсибет пенен, бүгин,  Қоңырат районы ҳәкиминиң жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары А.Мамутов, Қоңырат районы ХББ баслығы Ф.Ергуланова ҳәм райондағы жәми 49 улыўма орта билим бериў мектеплериниң директорлары менен биргеликте тәжрийбе алмасыў мақсетинде Хожели районында болды.

Иләж қатнасыўшылары Хожели районында үлги тәризинде шөлкемлестирилген мектепте жаратылған бәрше қолайлықлар менен жақыннан танысты ҳәм орайдың жумысларын еледе жетилистириў бойынша өз-ара пикир алмасып, тәжрийбелерин арттырды.

Telegram|Web Sayt|Facebook|Instagram|You tube|
#медиа_тур

Қоңырат районындағы "Таллық"мәкан пуқаралар жыйынында медиа-тур шөлкемлестирилди.
Медиа-тур даўамында ғалаба хабар қураллары ўәкиллери аймаққа  бириктирилген  ҳәким жәрдемшиси Зухра Туребаеваның жаңа жумыс орынларын жаратыў арқалы кәмбағаллық ҳәм жумыссызлықты кемейтиў бағдарында алып барып атырған жумыслары менен танысты. Ҳәким жәрдемшисиниң усынысы менен жеңилликли кредит есабынан 1000 бас таўық ҳәм оларға тийисли вакцина ҳәм жем өнимлерин алып үй шараятында өзин -өзи бәнт еткен Гуламжан Сапарбаев бүгинги күнде өз жумысын және де кеңейтиў мақсетинде "lD GULAMJAN"ислеп шығарыў кооперативин шөлкемлестирип, және 10 пуқараның бәнтлигин тәмийнлеўди мақсет еткени дыққатқа ылайық.

  •┄┄┄┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄┄┄┄•
@qongiratrkuz
#Медиа_тур

Қоңырат районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети ҳәм Қарақалпақстан телерадиокомпаниясы дөретиўшилик жәмәәти менен биргеликте Қоңырат районында аймақлардың инфраструктурасын жақсылаў,халықтың бәнтлигин тәмийнлеў арқалы кәмбағаллықты қысқартыў бағдарындағы жумыслар менен таныстырыў мақсетинде медиа тур шөлкемлестирилди.
"Рәўшан"аўыл пуқаралар жыйыны аймағында "Абат шаңарақ-абат көше- абат мәҳәлле" принциплерин енгизиў бағдарында алып барылған жумыслар,жумыссыз жаслардың,ҳаял қызлардың бәнтлигин тәмийнлеў бағдарындағы әмелий жумыслар нәтийжеси менен танысты.Сондай -ақ,ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийнлеў,оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша ажыратылып атырған субсидиялардың Майли жумсалыўы да көзден өткерилип,бул бағдардағы жумыслар өз нәтийжесин берип атырғанлығының гуўасы болды.

•┄┄┄┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄┄┄┄•
@qongiratrkuz
#Медиа_тур

  Қоңырат районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети, Өзбекстан телерадиокомпаниясы, Қарақалпақстан телеканалы журналистлериниң қатнасыўында турақлы экономикалық өсиў арқалы халықтың абадан турмысын тәмийнлеў бағдарында ҳәким жәрдемшилери тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша медиа-тур өткерилди.
Медиа-тур даўамында ғалаба хабар қураллары ўәкиллери "Киет", "Ханжап" мәкан пуқаралар жыйынлары ҳәким жәрдемшилериниң көмеги менен өз исбилерменлигин жолға қойып, халықты кәмбағаллықтан шығарыўда басқаларға өрнек болып атырған бир қатар заманласларымыздың искерлиги  менен жақыннан танысты.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook
#Медиа_тур

Қоңырат районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети,  Қарақалпақстан телерадиокомпаниясы ҳәм "Қоңырат ҳақыйқаты" газетасы  дөретиўшилик жәмәәтлери менен биргеликте Қоңырат районында аймақлардың инфраструктурасын жақсылаў, халықтың бәнтлигин тәмийнлеў арқалы кәмбағаллықты қысқартыў бағдарындағы алып барылып атырған  жумыслар менен таныстырыў мақсетинде медиа тур шөлкемлестирилди.
Медиа -тур шеңберинде ғалаба хабар қураллары ўәкиллери "Таллық", "Қаратал"МПЖ лары ҳәм"Рәўшан"АПЖ ларына бириктирилген ҳәким жәрдемшилериниң аймақта халықты исбилерменликке тартыў арқалы кәмбағаллықты қысқартыў, жумыссызлықты кемейтиў бағдарындағы әмелий жумыслардың нәтийжеси менен танысты. Сондай -ақ, жас исбилерменлерди ҳәр тәреплеме қоллап- қуўатлаў арқалы жаңа жумыс орынларын  жаратыў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша ажыратылып атырған субсидиялардың мәнзилли жумсалыўы да талқыланып, бул бағдардағы жумыслар өз нәтийжесин берип атырғанлығының гуўасы болды.


Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook