QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
8.07K subscribers
45.9K photos
4.81K videos
27 files
13.9K links
Download Telegram
#Семинар
#тоқсанбасты_усылы


Тоқсанбасты-мол дәрамат дереги

Қоңырат районында гүзги тоқсанбасты егинлерди егиў , үй алды қыйтақ жерлеринен нәтийжели пайдаланыў бойынша семинар болып өтти. Семинарда Қарақалпақстан  Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары  Д.Қайыпов, район ҳәкими Б. Мадаминов халқымыздың овощ-палыз өнимлерине болған талабын толық қанаатландырыў мақсетинде егиннен босаған майданларға суўыққа шыдамлы егинлерден  пияз, чеснок  егиў базарларымызға қосымша өним , халқымызға  жақсы дәрамат  келтиретуғынлығын тастыйықлап өтти.
Азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийнлеў ушын
тоқсанбасты егинлерди  өз ўақтында егип , агротехникалық илажларды  орынлаў бойынша көрсетпелер берилди.
Районда  2024 - жылдың зүрәәти ушын 777 гектар барлық тайпадағы хожалықлардың майданларында тоқсанбасты овощ-палыз егинлерин егиў нәзерде тутылған. Соннан 75 гектар фермер хожалықларында, 70 г халықтың  үй алды қыйтақ жерлеринде, 632 гектар дийхан хожалықларында пияз, чеснок егиледи.

➡️https://t.iss.one/qongiratrkuz
#Семинар
#тоқсанбасты_усылы

Қоңырат районы "Қоңырат"аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 'Махсетов Рамазан" фермер хожалығында  2024-жылдың ерте бәҳәринде район халқын овощ палыз егинлери менен тәмийнлеў мақсетинде тоқсанбасты усылында чеснок, пияз егиў бойынша көргизбели семинар болып өтти.
Семинарда Қарақалпақстан  Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары Д.Қайыпов тоқсанбасты усылы
тәбийий витаминли азық-аўқат там-тарыслығы сезилетуғын ерте бәҳәрде базарларымыздың молшылығына тийкар болатуғынлығын атап өтти.
Семинарда бул усылдың абзаллықлары, егиў усыллары ҳаққында пикир алмасты.
-Әдетте климаттың глобал өзгериўин есапқа алмағанда елимизде қыс 15-декабрьден 15-мартқа шекем даўам етеди. Яғный 90 күн. Егилген тухымлар бул дәўир ишинде  тығыз топырақ астында қалады. Бәҳәрги қуяш жерди  қыздырып баслағаннан өнип шығады. Соның ушын жасы үлкенлер бул процессти тоқсан күн өтиўин нәзерде тутқан ҳалда "тоқсанбасты"усылы деп атаған,- дейди  аўыл ақсақалларының бири Жумабай Сапарбаев.
 
 @qongiratrkuz
#online
#Семинар
#тоқсанбасты_усылы


Тоқсанбасты-мол дәрамат дереги

Бүгин Қоңырат районындағы 2-сектор аймағындағы "Даниэл Муса" фермер хожалығында  гүзги тоқсанбасты  егинлерди егиў , үй алды қыйтақ жерлеринен нәтийжели пайдаланыў бойынша семинар болып өтпекте. Семинарда сөзге шыққанлар халқымыздың овощ-палыз өнимлерине болған талабын толық қанаатландырыў мақсетинде егиннен босаған майданларға суўыққа шыдамлы егинлерден  пияз, чеснок  егиў ерте бәҳәрде базарларымызға қосымша өним , халқымызға  жақсы дәрамат  келтиретуғынлығын тастыйықлап өтти.
Тоқсанбасты усылын үй алды қыйтақ жерлерине де енгизиў бойынша усыныслар билдирилди. Жақсы тилеклер менен алдыннан таярланған егислик майданға пияз тухымлары егилмекте.
Районда  2024 - жылдың зүрәәти ушын 777 гектар барлық тайпадағы хожалықлардың майданларында тоқсанбасты овощ-палыз егинлерин егиў нәзерде тутылған. Соннан 75 гектар фермер хожалықларында, 70 г халықтың  үй алды қыйтақ жерлеринде, 632 гектар дийхан хожалықларында пияз, чеснок егиледи.

@qongiratrkuz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Семинар

Тоқсанбасты усылы-мол дәрамат дереги

Қоңырат районындағы 2-сектор аймағындағы "Даниэл Муса" фермер хожалығында  гүзги тоқсанбасты егинлерди егиў, үй алды қыйтақ жерлеринен нәтийжели пайдаланыў бойынша семинар болып өтти. Семинардан таярланған репортаж Қарақалпақстан телеканалында

@qongiratrkuz
#семинар

"Электрон онлайн аукционларды шөлкемлестириў" АЖ Қарақалпақстан Республикасы ўәкили Руслан Есимбетов тәрепинен Қоңырат районындағы "Мийнетабад"АПЖ ҳәм "Алтынкөл" ППЖ да семинар шөлкемлестирилди.Семинар даўамында пуқаралар,исбилерменлер ҳәм жаслар  "Е-auksion" саўда платформасында саўдаға шығарылып атырған мүлклер, дийхан ҳәм аўыл хожалығы жерлери, исбилерменлик ушын жер майданлары, киши ҳәм жаслар санаат зоналары жер майданлары ҳәм бул мүлклер саўдасына қатнасыў тәртиби менен  таныстырылды.

@qongiratrkuz
#семинар

Қоңырат РМШҳМБ бөлимине қараслы 36-санлы улыўма билим бериў мектебинде райондағы барлық мектеплер психологларының қатнасыўында физикалық, руўхый зорлық ҳәм кемситилиў, оның келип шығыў себеплери, сапластырыў ҳәм алдын алыўға бағышланған семинар болып өтти.
Семинарды өткериўден мақсет физикалық- психологиялық зорлық ,кемситилиў шараятында жасап атырған инсанларға жәрдем бериўден ибарат.Семинар даўамында психологлар оқыўшылар арасында бундай жағдайлардың алдын алыў ҳәм жүз бериўине жол қоймаў бойынша билим ҳәм көнликпелерин асырды.

•┄┄┄┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄┄┄┄•

Каналға ағза болыў:
@qongiratrkuz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Биз_ҳәм_ҒХҚ
#семинар

Қоңырат РМШҳМБ бөлимине қараслы 36-санлы улыўма билим бериў мектебинде райондағы барлық мектеплер психологларының қатнасыўында физикалық, руўхый зорлық ҳәм кемситилиў, оның келип шығыў себеплери, сапластырыў ҳәм алдын алыўға бағышланған семинар болып өтти.Илаждан таярланған репортаж Қарақалпақстан телеканалында.

•┄┄┄┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄┄┄┄•
Каналға ағза болыў:
@qongiratrkuz
#семинар

Республика исши топары тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 15-ноябрьдеги "Халық ҳәм киши бизнести раўажландырыўды қаржылай қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында"ғы ПҚ-366 - санлы қарарының мазмун-әҳмийетин исбилерменлик субъектлерине үгит-нәсиятлаўға бағышланған семинар болып өтти. Семинарда , сондай-ақ, киши бизнести раўажландырыўды қаржылай ҳәм институционал қоллап-қуўатлаў, мәҳәллеге шықкан ҳалда халық ҳәм исбилерменлик субъектлери арасында мәмлекет ресурсларында киши ҳәм орта бизнес ушын белгиленген қаржы имканиятлары ҳаққында үгит- нәсият алып барыў, оларды оқытыў арқалы бизнес басламаларын қаржылай ҳәм консультатив қоллап-қуўатлаў бойынша усыныслар билдирилди.

@qongiratrkuz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Биз_ҳәм_ҒХҚ
#семинар

"Жаслық" ППЖ аймағындағы РМШҳМБ бөлимине қараслы 54-санлы улыўма билим бериў мектебинде райондағы барлық мектеплер психологларының қатнасыўында физикалық, руўхый зорлық ҳәм кемситилиў, оның келип шығыў себеплери, сапластырыў ҳәм алдын алыўға бағышланған семинар болып өтти.Илаждан таярланған репортаж Қарақалпақстан телеканалында.

•┄┄┄┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄┄┄┄•
Каналға ағза болыў:
@qongiratrkuz
#семинар

Қоңырат районы «Бәркамал әўлад» балалар мектебинде, ҳаял-қызлардың жәмийеттеги ролин асырыў, гендер теңлик ҳәм шаңарақ мәселелери бойынша республика комиссиясының 2023-жыл 24-ноябрьдеги «Мәҳәллелерде ҳаял-қызлар белсендиси жумысын нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм  шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар менен ислесиў бойынша үлгили система жаратыў ҳаққында»ғы 8-санлы баянламасының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде семинар шөлкемлестирилди.

Семинар даўамында районымызда үлгили мәҳәлле системасын жаратыў ушын таңлап алынған «Мыңжарған» ҳәм «Қумбыз» мәҳәллелериниң ҳаял-қызлар белсендилери ҳәм мәҳәллелердеги киши исши топар ағзалары тәрепинен шаңарақларды үйрениў нәтийжесинде анықланған машқалаларды шешиў ушын ислеп шығылған жол карталары ҳәм  презентациялары менен таныстырылды.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉@qongiratrkuz