QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
14.9K subscribers
46.2K photos
4.86K videos
27 files
14K links
Download Telegram
АНА ТИЛИМЕ

Қайғымды да сениң менен қайғырдым,
Ярым әсир сениң менен биргемен,
Уўайымнан, тәшўишимнен айырдың,
Пәлекетти алып кеттиң иргемнен.

Күлгенде де сениң менен күлгенмен,
Жақынларым сениң менен қамсықты,
Өмирди де сениң менен билгенмен,
Анамнан да сениң менен жан шықты.

"Инга" деген нәрестениң жылаўын,
Алып келдиң сен үйимди толтырып,
Өшип қалған бахытымның қалаўын,
Сен от қылдың және қайта жандырып.

Қапа болсам сен жанымның азығы,
Сүрниккенде сен орнымнан турғыздың,
Ойнақласам бас жибимниң қазығы,
Уйтқы болып турмысымды қурғыздың.

Тәўеллемсең, сен мазалы тилимсең,
Сениң менен мен достымды жубаттым,
Ғәзебимсең, сен ызғарлы үнимсең,
Сениң менен душпанымды қулаттым.

Қарақалпақ деп дүния таныр өзимди,
Сениң менен баянласам сөзимди,
Қыйқуў салып талай дәўир өтседе,
Ҳеш бир кимсе жоғалталмас көзимди.

Абат КРАМОВ
2019-жыл, 28-ноябрь.
Қанлыкөл районы

#mamleketlik_tilge_30jıl

@makan_uz