QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
14.9K subscribers
46.1K photos
4.85K videos
27 files
14K links
Download Telegram
Қыс мәўсиминиң биринши күнинде қандай ҳаўа-райы болады

Өзбекстан Республикасы Гидрометеорология хызмети орайының берген мағлыўматларына қарағанда Республикамыз аймағында 1-декабрь күни түнде 0-3°с суўық, күндизи 12-15°с әтирапында жыллы болады.
Қоңырат районы аймағында хаўаның температурасы түнде 1-3°с суўық, ал күндиз 6-9°с әтирапында жыллы болыўы гүзетилмекте.
Қоңырат районы 37-санлы улыўма билим бериў мектебинде Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенине 30 жыл толыў мүнәсибети менен өткерилген әдебий кешеден көринислер.
АНА ТИЛИМЕ

Қайғымды да сениң менен қайғырдым,
Ярым әсир сениң менен биргемен,
Уўайымнан, тәшўишимнен айырдың,
Пәлекетти алып кеттиң иргемнен.

Күлгенде де сениң менен күлгенмен,
Жақынларым сениң менен қамсықты,
Өмирди де сениң менен билгенмен,
Анамнан да сениң менен жан шықты.

"Инга" деген нәрестениң жылаўын,
Алып келдиң сен үйимди толтырып,
Өшип қалған бахытымның қалаўын,
Сен от қылдың және қайта жандырып.

Қапа болсам сен жанымның азығы,
Сүрниккенде сен орнымнан турғыздың,
Ойнақласам бас жибимниң қазығы,
Уйтқы болып турмысымды қурғыздың.

Тәўеллемсең, сен мазалы тилимсең,
Сениң менен мен достымды жубаттым,
Ғәзебимсең, сен ызғарлы үнимсең,
Сениң менен душпанымды қулаттым.

Қарақалпақ деп дүния таныр өзимди,
Сениң менен баянласам сөзимди,
Қыйқуў салып талай дәўир өтседе,
Ҳеш бир кимсе жоғалталмас көзимди.

Абат КРАМОВ
2019-жыл, 28-ноябрь.
Қанлыкөл районы

#mamleketlik_tilge_30jıl

@makan_uz
1-декабрь Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик тил қабыл етилгенине 30 жыл толыўы мүнәсебети менен ҳәммеңизди тил байрамы менен шын жүректен қутлықлаймыз!
🎉🎉🎉🎉🎉🎉🎉🎉🎉🎉
Жайхун жағасында өскен байтерек,
Түби бир шақасы мың болар демек,
Сен сондай саялы қуяшлы елсең,
Тынышлық ҳәм ығбал сендеги тилек.

1 декабрь - Қорақалпоқ тили куни

Каналымызға ағза болың
👇👇👇
@qongiratrkuz ҳәм @hakimsaparov
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 28-январь күнги "Жер участкаларын бериў хәм жеке тәртиптеги үй-жай қурыў ушын жер участкаларына мийрас етип қалдырылатуғын барқулла ийелик етиў ҳуқықын реализация қылыўдың заманагөй хәм ашық-айдын механизмлерин киритиў бойынша қосымша ис-иләжлары ҳаққында"ғы 63-санлы қарарының орынланылыўын тәмийинлеу мақсетинде район аймағында жасаўшы пуқаралардың https://e-auksion.uz сайтына кириўин хәм дизимнен өтиўин аңсатластырыў ушын видео роликти усынамыз.

Каналымызға ағза болың
👇👇👇
@qongiratrkuz ҳәм @hakimsaparov
Бәлентлерди гөзлеген Қоӊырат

https://karakalpakstan.uz/kk/news/show/1582

👉 Телеграм каналимизга аъзо бўлинг - https://t.iss.one/QRMinistlerKenesi
1992-жыл 14-октябрьинде Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясында 3-декабрь "Халықаралық нагиранларды қорғаў қүни" деп жәриялады.
Ҳүрметли каналымыз ағзалары!
Сизге Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Нөкис қаласы ҳәм район ҳәкимликлериниң рәсмий телеграм каналлары мәнзиллери дизимин усынамыз.
Усы каналларға ағза болың ҳәм Министрлер Кеңеси, Нөкис қаласы ҳәм район ҳәкимликлериниң жаңалықлары менен танысып барың!

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси - t.iss.one/QRMinistlerKenesi

Әмиўдәрья районы ҳәкимлиги - t.iss.one/amudarya
Беруний районы ҳәкимлиги - t.iss.one/beruniy_news
Бозатаў районы ҳәкимлиги - t.iss.one/bozataw_uz
Қанлыкөл районы ҳәкимлиги - t.iss.one/kanlikulnews
Қараөзек районы ҳәкимлиги - t.iss.one/qhaki
Кегейли районы ҳәкимлиги - t.iss.one/kegroy
Қоңырат районы ҳәкимлиги - t.iss.one/qongiratrkuz
Мойнақ районы ҳәкимлиги - t.iss.one/newmuynakcity
Нөкис қаласы ҳәкимлиги - t.iss.one/paytaxt_city
Нөкис районы ҳәкимлиги - t.iss.one/nukusrayoni
Тақыятас районы ҳәкимлиги - t.iss.one/taqiyatasrk
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги - t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Төрткүл районы ҳәкимлиги - t.iss.one/turtkulhokim_uz
Хожели районы ҳәкимлиги - t.iss.one/xodjeyli_rk
Шымбай районы ҳәкимлиги - t.iss.one/shimbayrk
Шоманай районы ҳәкимлиги - #Shomanay rayoni
Елликқала районы ҳәкимлиги - t.iss.one/ellikqala1977
Audio
«Nókis-FM» radiosınıń «Qaraqalpaqstan-Online» informaciyalıq baǵdarlamasınıń 3.12.2019-jıl saat 17-00degi sanı.


Bul sanda efirge berilgen maǵlıwmatlar:
1. Balalarǵa bayram sawǵası
2. Belgiyalı professor Nókiste
3. Shımbayda «Saylaw hám jaslar» ushırasıwı bolıp ótti
4. Qaraózekte puqara múrajati orınlandı
5. Qońıratta «Mártler qorǵaydı Watandı» shıǵarmalar tańlawı ótkerildi
Ески үлгидеги паспортын биометриялық паспортқа алмастырмағанлар жәриймаға тартылады
https://makan.uz/jamiyet/10504-i.html

@makan_uz
3-декабрь "Халықаралық нагиранлар күни" мүнасибети менен бүгин 41-санлы улыўма билим бериў мектебиниң жаслар жетекшиси ҳәм психологы, мектеп сардарларлары менен биргеликте Қаратал мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы 2-класс үй оқыўшысы Сақлапов Беҳруздың ҳалынан хабар алынды.
"Биз сиз бенен ҳәмийше биргемиз"

36-санлы улыўма билим бериў мектебинде үй жағдайында билим алып атырған оқыўшы Полатова Раноның жағдайынан мектеп жәмаати тәрепинен хабар алынды.
ҲЕШКИМ ИТИБАРДАН ШЕТТЕ ЕМЕС
ҲЕШКИМ ИТИБАРДАН ШЕТТЕ ЕМЕС

3-декабрь "Халықаралық нәгиранларды қорғаў күни" мүнасибети менен бүгин Районлық мәмлекетлик хызметлер орайы хызметкерлери менен биргеликте Санаат мәкан пуқаралар жыйыны аймағында социаллық жәрдемге мүтәж А.Елмуратова ҳәм Ж.Байымбетовалардың ҳалынан хабар алынды.
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
«Jaslar-TV» telekanalınıń «Qaraqalpaqstan-Online» informaciyalıq baǵdarlamasınıń 3.12.2019-jıldaǵı sanı.

Bul sanda efirge berilgen maǵlıwmatlar:
1. Balalarǵa bayram sawǵası
2. Belgiyalı professor Nókiste
3. Shımbayda «Saylaw hám jaslar» ushırasıwı bolıp ótti
4. Qaraózekte puqara múrajati orınlandı
5. Qońıratta «Mártler qorǵaydı Watandı» shıǵarmalar tańlawı ótkerildi

«Jaslar-TV» telekanalınıń «Хаbar» bólimi

Telegram: @JaslarTV_official_channel
Социаллық қорғаў-уллы мақсетимиз!

3-декабрь "Халықаралық нәгиранларды қорғаў күни" мүнасибети менен Өзбекстан Халық демократиялық партия белсендилери ҳәм районлық Нураный қоры менен биргеликте
Хан-жап мәкан пуқаралар жыйыны аймағында социаллық жәрдемге мүтәж пуқаралардың жағдайынан хабар алынды.
Депутатлқққа талабанлардыӊ район халқы менен ушырасыўы