QARAQALPAQSTAN JASLARÍ
218 subscribers
5.14K photos
907 videos
9 files
2.58K links
Мүрәжат ушын: @qaraqalpaqjaslar_officialBot
Download Telegram
Нукус шаҳрида Ўзбекистон Қаҳрамони Муса Ерниязовнинг вафоти муносабати билан таъзия маросими бўлиб ўтди.
Унда Президент Шавкат Мирзиёев иштирок этиб, марҳумнинг оила аъзоларига, халқимизга чуқур ҳамдардлик билдирди.
Муса Ерниязов улкан раҳбарлик қобилияти, инсоний фазилатлари билан ҳурмат қозонгани таъкидланди.
- Муса Ерниязов қаҳрамон халқнинг қаҳрамон раҳбари эди, - деди давлатимиз раҳбари.

В городе Нукусе состоялась траурная церемония в память о Герое Узбекистана Мусе Ерниязове.
Президент Шавкат Мирзиёев принял участие в церемонии и выразил глубокие соболезнования семье покойного и нашему народу.
Глава государства отметил, что Муса Ерниязов снискал уважение как незаурядный лидер и выдающаяся личность.
- Муса Ерниязов был героическим руководителем героического народа, - сказал Президент.

#Mirziyoyev #safar #Qoraqalpogiston #taziya

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Forwarded from Paytaxt_City
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы – Өзбекстан Республикасы Сенаты Баслығының орынбасары, Өзбекстан Қаҳарманы
Муса Тажетдинович Ерниязовтың қайтыс болыўына байланыслы Республика ҳүкиметине, марҳумның шаңарақ ағзаларына, ағайин-туўысқанларына, жақынларына, пүткил халқымызға терең қайғырыў менен кеўил айтамыз.
Муса Ерниязов қарақалпақ халқының ҳақыйқый перзенти ҳәм қаҳарманы еди. Ол пүткил өмири даўамында турмыстың қыйын соқпақларынан өтип, бай тәжирийбеси, искерлиги, ақыл-парасаты ҳәм билими арқасында өзинен жарқын из қалдырды. Ел-журтымыздың дәрти ҳәм тәшўиши менен жасап, қарақалпақ халқының ел сүйген азаматы болды.
М.Ерниязов қайсы лаўазымда, қандай тараўда ислемесин, машқала ҳәм қыйыншылықлардан, аўыр шараятлардан унамлы ҳәм дурыс шешим таба алды. Республикамызды 18 жыл басқарған даўиринде елимиздиң гүллеп раўажланыўына, үлкен қурылыс, абаданшылық, дөретиўшилик ислериниң алып барылыўына тиккелей бас-қас болып, ийгиликли ислерге белсендилик пенен қатнасты. Республикамыз экомикасынының алға илгерлеўине салмақлы үлесин қосып, елимиздиң ардағына айланды.
Әсиресе, пайтахтымыз Нөкис қаласының көркине-көрик, шырайына-шырай қосыўына, қурылыс-архитектуралық имаратлардың, зәўлим ҳәм саўлатлы жайлардың бой тиклеўине, бир қатар ири кәрханалардың иске түсиўинде пидайылық көрсетти ҳәм оның аты менен байланыслы болды.
Қарақалпақ халқының ел ағасы, өз халқын сүйген пидайы азаматы, мәмлекетлик ғайраткер, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Тажетдинович Ерниязовтың жарқын келбети, бийминнет хызмети халқымыздың қәлбинде мәңги сақланып қалады.

НӨКИС ҚАЛАСЫ ҲӘКИМЛИГИ
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесига

Қорақалпоғистон Республикаси Вазирлар Кенгашига

Давлат ва жамоат арбоби, Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгеси раиси – Ўзбекистон Республикаси Сенати Раисининг ўринбосари, Ўзбекистон Қаҳрамони Муса Тажетдинович Ерниязовнинг вафоти Фарғона вилояти аҳлини ҳам қайғуга солди.

Бу инсон умрининг салкам йигирма йилини Қорақалпоғистон халқининг бахтли келажагини таъминлаш йўлида сарфлади. Қорақалпоғистонликларнинг қўлга киритган барча ютуқларида халқ тилида мехр билан “ота” деб аталган етакчининг чексиз хизмати бор.

Қорақалпоғистонликлар Муса Ерниязов номи билан фахрланишга тўла хақлидирлар. У қаерда, қандай вазифада ишламасин Ватанимиз ва халқимизга ҳалол, сидқидил хизмат қилди.

У эришган ҳаётдаги энг катта бойлик – халқ ишончи эди. Айниқса, Орол бўйидаги экологик вазиятни изга солиш, одамлар турмуш даражасини юксалтириш борасидаги улкан бунёдкорлик ишлари халқ қалбидан чуқур ўрин олган.

Муса Тажетдинович яратган раҳбарлик мактаби ва тажрибаси ҳам кўплаб ёшларга ўрнак ва ибрат бўлиб қолади. Бу қалби кенг ва пок инсон фарғоналикларнинг кўхна Қорақалпоғистонда ҳамкорликда деҳқончилик қилишлари, чорвачиликни ривожлантиришлари учун ҳам барча шароит яратиб берганди. Фарғона вилоятида этник қорақалпоқлар яшайдиган қишлоқ аҳли ҳолидан хабардор бўлиб турарди.

Замонамизнинг мамлакат тараққиётига беқиёс хисса қўшган етук давлат арбоби, билимдон раҳбарларидан бири Муса Тажетдинович Ерниязовнинг порлоқ хотираси биз, фарғоналикларнинг ҳам қалбларида доимо сақланиб қолади.

Қорақалпоқ халқига, марҳумнинг оила аъзоларига ҳамдардлигимизни билдирамиз.

Ш.Ғаниев, Л.Муродова, Т.Холдоров, Э.Сиддиқова, И.Султонов,
Б.Темиров, У.Умаров, П.Эргашева, М.Мамадалиева, О.Хошимов

https://joqargikenes.uz/oz/4182.html
Кеўил айтыў

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Тажетдинович Ерниязовтың өмирден көз жумыўына байланыслы Өзбекстан Республикасы Министирлер кабинети жанындағы Агро саанат комплекси үстинен қадағалау инспекциясы Қарақалағыстан Республикасы баскармасы жамаати атынан марҳумның барлық жақынларына, ағайин-туўысқанларына, досларына ҳәм Қарақалпақ халқына терең қайғырыў менен кеўил айтамыз.
Өзбекстан Қаҳарманы
Муса Тажетдинович Ерниязов дерлик 50 жыллық мийнет жолы даўамында өзиниң үлкен басшылық потенциалы, бай билим ҳәм тәжирийбеси, мәнәўий пазыйлетлери менен, Ўатанымызға шексиз муҳаббаты ҳәм садықлығы менен ҳақылы түрде халқымыздың қәлбинен терең орын алған уллы инсан еди.
Оның тиккелей басшылығында Қарақалпақстан Республикасын социал-экономикалық раўажландырыў, Арал бойындағы экологиялық жағдайды жақсылаў, халықтың турмыс дәрежесин арттырыў бойынша үлкен дөретиўшилик ҳәм абаданластырыў жумыслары әмелге асырылды.
Қарақалпақ диярында кейинги жыллары жүз берген барлық үлкен өзгерислер Муса Тажетдинович Ерниязовтың аты ҳәм әмелий жумысы менен тығыз байланыслы.
Ол қарақалпақ елиниң ҳақыйқый жетекшиси сыпатында бәрқулла халықтың дәрти ҳәм тәшўишлери менен жасады. Әсиресе, кексе әўлад ўәкиллери, мийрибан апа-сиңлилеримиз, әзиз жасларымыздың турмыс ҳәм мийнет шараятларын жақсылаў, олардың мүнәсип келешегин тәмийинлеў жолында айрықша белсендилик көрсетип, шын кеўилден хызмет етти.
Халқымыздың уллы перзенти, белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, ҳақ кеўил ҳәм пидайы инсан Муса Тажетдинович Ерниязовтың жарқын естелиги қәлбимизде мәңги сақланып қалады.

Өзбекстан Республикасы Министрлер кабинети жанындағы Агросанаат комлекси үстинен қадағалаў инспекциясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы

Каналға ағза болыў: 👉 @Kar24uz
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Президент: Муса Ерниязов қаҳарман халықтың қаҳарман басшысы еди - https://joqargikenes.uz/4184.html

Президент: Муса Ерниязов қаҳрамон халқнинг қаҳрамон раҳбари эди -
https://joqargikenes.uz/oz/4195.html
Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёев Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгеси Раиси, Ўзбекистон Қаҳрамони Муса Ерниязов хотирасига бағишланган таъзия маросимларида иштирок этиб, Нукусдан Тошкентга қайтиб келди.

Президент Республики Узбекистан Шавкат Мирзиёев, приняв участие в траурных мероприятиях в память о Председателе Жокаргы Кенеса Республики Каракалпакстан, Герое Узбекистана Мусе Ерниязове, вернулся из Нукуса в Ташкент.

#Mirziyoyev #safar #Qoraqalpogiston #taziya

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИНИҢ БАСЛЫҒЫ, ӨЗБЕКСТАН ҚАҲАРМАНЫ МУСА ТАЖЕТДИНОВИЧ ЕРНИЯЗОВТЫҢ ҚАЙТЫС БОЛЫЎЫ МҮНӘСИБЕТИ МЕНЕН КЕЎИЛ БИЛДИРИЎ

Наўайы мәмлекетлик кәншилик институты Нөкис филиалы жәмәәти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ Баслығы, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Тажетдинович Ерниязовтыӊ қайтыс болыўы мүнәсибети менен республика ҳүкиметине, марҳумныӊ шаӊарақ ағзаларына, жақынларына, ағайин-туўысқанларына ҳәм халқымызға тереӊ қайғырыў менен кеўил айтады.

Елимиздиӊ гүллеп-раўажланыўы жолында көп жыллар халқымыз ушын пидайы хызмет еткен қарақалпақ халқыныӊ басшысы Муса Тажетдинович Ерниязов республикамыз жасларыныӊ ҳақыйқый ғамхоршысы еди.

Оның кѳп қырлы жәмийетлик-сиясий искерлигинде халқымызды, әсиресе, жасларымызды миллий ҳәм улыўмаинсаный қәдириятлар руўхында тәрбиялаў айрықша орын ийелейди.

Республикамызға жоқары мағлыўматлы илимий-педагог кадрларды таярлаўға да баслы итибар қаратып, республикамыздыӊ барлық жоқары оқыў орынларыныӊ нәтийжели жумыс алып барыўында, олардыӊ материаллық-техникалық базаларыныӊ жақсыланыўы бойынша нәтийжели жумысларды әмелге асырып кетти.

Наўайы мәмлекетлик кәншилик институты Нөкис филиалы профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслары марҳумның шаңарақ ағзаларына, туўған-туўысқанларына, пүткил халқымызға терең қайғырыў менен кеўил айтып, республикамыздыӊ жоқары билимлендириў системасының раўажланыўына айрықша үлес қосқан уллы инсанды ҳеш қашан умытпайды!

Муса Тажетдинович Ерниязовтыӊ жарқын естелиги әўладлар жүрегинде мәӊги сақланады.

Наўайы мәмлекетлик кәншилик институты Нөкис филиалы жәмәәти.
Forwarded from Deleted Account
​​ЕЛДИҢ АҒАСЫ

(ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕӉЕСИ БАСЛЫҒЫ МУСА ТАЖЕТДИНОВИЧ ЕРНИЯЗОВТЫӉ ҚАЙТЫС БОЛЫӮЫ МҮНӘСИБЕТИ МЕНЕН КЕӮИЛ БИЛДИРИӮ)


Пайымызға тийип бахытлы заман.
Турмысымыз татыў, ел болды аман.
Қуяш нурын шашты серпилип думан.
Кәрўанға бас болды елдиң ағасы.

Ел хызмети сизге ығбал ҳәм несип.
Ис туттыңыз жети өлшеп бир кесип.
Қарақалпақлардың абройы өсип.
Берекет тымсалы елдиң ағасы.

Қутлы қәдемиңиз оңынан баслап.
Не бир машақатты арқаға таслап.
Дәрья кәнарына сыймай ҳалласлап.
Теңсиз дәўлет болды, елдиң ағасы.

Тоқшылықтан дерек - телекте дәни.
Булақтай көз жарды байлықтың кәни.
Қала хәм аўылдың шырайы, сәни.
Искерлик нышаны - елдиң ағасы.

Дийқаншылық, шарўашылық, қурылыс.
Тараўларда пайда болды бурылыс.
Дәўирге сай раўаж, абадан турмыс.
Ел деп еңиренди елдиң ағасы.

Қарым-қатнас жасаў - дослық белгиси.
Ҳәр үйден жаңлады шадлық күлкиси.
Аўызбиршиликтиң нағыз үлгиси.
Төрели сөзи бар елдиң ағасы.

Жаршылар жар салды. Патшадан Пәрман.
Пүткил ел қуўанды тапқандай дәрман.
Мәрт халықтан шықты Сиздей Қаҳарман.
Алғысқа мүнәсип елдиң ағасы.

Ардақлы ақсақал, қәдирли инсан.
Кеўлим қабарып тур отырсам-турсам...
Пұткил қарақалпақтың алғысы мың сан.
Сиз ҳәм разы болың, елдиң ағасы!

Байжан УЗАҚОВ,
1-август 2020-жыл,
Нөкис қаласы.
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Asem Sirimbetova, [01.08.20 18:12]
Өзбекстан Қаҳарманы Муса Ерниязовтың қайтыс болыўы мүнәсибети менен кеўил билдириў
Белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы - Өзбекстан Республикасы Сенаты Баслығының орынбасары, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Тажетдинович Ерниязовтың 2020-жыл 31-июль күни 73 жасында қайтыс болғанлығы ҳаққында хабарды еситип терең қайғыға түстик.
Бәршемиз ушын қәдирли болған инсан ел ағасын жоғалтыў халқымыз ушын аўыр жоғалтыў болды. Муса Тажетдинович Ерниязов 50 жыллық мийнет жолы даўамында қарақалпақ халқының ҳақықый пидайы жетекшиси сыпатында халықтың дәрти ҳәм тәшўишлери менен жасады.
Өзиниң үлкен басшылық потенциалы, жоқары билим ҳәм тәжирийбеси менен Қарақалпақстан Республикасын социал-экономикалық раўажландырыў, Арал бойындағы экологиялық жағдайды жақсылаў, халықтың турмыс дәрежесин арттырыў бойынша да ийгиликли ислер әмелге асырылды. Әсиресе мәмлекетимизде парламентаризм системасын раўажландырыўда зәрүр болған әҳмийетли нызамларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў жолында белсендилик көрсетти.
2002-жылдан берли Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы - Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының орынбасары еди. 2019-жыл "Өзбекстан Қаҳарманы" атағы менен сыйлықланған.
Қарақалпақ халқының ел ағасы, халқымыздың уллы перзенти мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, пидайы, жанкүйер инсан Муса Тажетдинович Ерниязовтың жарқын естелиги қәлбимизде мәңги сақланып қалады. Марҳумның шаңарақ ағзаларына, ағайин-туўысқанларына, дослары ҳәм жақынларына терең қайғырыў менен кеўил айтамыз.

O'zLiDeP Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси жәмәәти
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
КЕЎИЛ БИЛДИРИЎ

Белгили мәмлекетлик ғайраткер, атақлы жәмийетлик искер, ҳақыйқый ел перзенти, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Тажетдинович Ерниязов дүньядан ѳтти. Бул жоғалтыӯ пүткил халқымыз ушын аўыр мүсийбет болды.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети профессор-оқытыӯшылар жәмәәти, алым ҳәм илимпазлар, студент-жаслар бул мүсийбетти терең қайғыра отырып, марҳумның шаңарақ ағзаларына, ағайин-туӯысқанларына ҳәм Республика Ҳүкиметине кеўил билдиреди.

М.Т.Ерниязов өзиниң мийнет жолы даўамында елимиздин социаллық, эканомикалық ҳәм мәдений жақтан гүллеп- раӯажланыўына кѳп хызметлер етиӯ менен бирге республикамызда илим ҳәм билимлендириӯ тараӯына да айрықша итибар қаратты, әсиресе жасларды қоллап-қуӯатлап, оларға қол-қанат болды. Сондай-ақ, ел басшымыз халқымыздың тынышлығын, аӯыз биршилигин ҳәм турақлылығын тәмийинлеӯде мүнәсип жол басшылық етти. Ол қайсы тараўда жумыс алып барса да терең ақыл, үлкен тәжирийбе менен басшылық ете билиўи арқалы өмириниң ақырына шекем ел хызметинде болды.

Биз халқымыз ушын пидайы хызмет еткен ел перзентин ҳеш ўақытта умытпаймыз. М.Т.Ерниязовтың жарқын естелиги мәңги ядымызда сақланып қалады.

Қарақалпақ мәмлекетлик университети жәмәәти
Forwarded from Karakalpakstan.uz
ҲАМДАРДЛИК
Forwarded from Karakalpakstan.uz
Азиз юртдошлар!

Бугун биз учун ғоятда қайғули кун!

Куни кеча Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгеси Раиси, Ўзбекистон Республикаси Олий Мажлиси Сенати Раисининг ўринбосари, Ўзбекистон Қаҳрамони, ҳурматли устозимиз Муса Тажетдинович Ерниязов 73 ёшида вафот этдилар.

Бу бутун халқимизни чуқур қайғуга солди.

Муса Тажетдинович ўз ҳаётини қорақалпоқ диёрининг равнақи ва ривожланишига бағишлади.

Оқсоқолимиз ўзининг қарийб 50 йиллик меҳнат фаолияти давомида бир қанча масъулиятли лавозимларда сидқидилдан меҳнат қилиб, Қорақалпоғистон Республикасининг ижтимоий-иқтисодий ривожланишига, халқимиз турмуш фаровонлигининг ошишига ўз хиссасини қўшган, халқимиз ва давлатимизга садоқат билан, ҳалол ва фидокорона хизмат қилган инсондир.

Муса Тажетдинович Қорақалпоғистоннинг чин фарзанди, ҳақиқий қаҳрамони эди. Бу юртнинг ҳар қаричини беш қўлдай билар, қаерда қандай муаммо бор, одамлар қандай шароитда яшаяпти, нима қилса ушбу муаммолар барҳам топади, бунинг учун қандай ечим керак, барчасини биларди ва ҳаётини охирги кунларигача шу ишларга бағишлади.

У киши бир умр ўзи каби содда, тўғри сўз ва камтарин одамларга елкадош бўлиб, ҳар бир фуқаромизнинг дарду ташвишлари билан яшади.

Ҳар қандай мураккаб шароитда ҳам халқимиз манфаатини ўйлаб, халқимизга хизмат қилишни ўз ҳаётининг маъно-мазмуни деб билди.

Айниқса, 18 йил давомида республикамизни фавқулодда ақл-идрок, катта тажриба билан бошқарганида барча соҳаларда изчил ислоҳотлар амалга ошди.

Жумладан, оҳирги 4 йил ичида амалга оширилган кенг кўламли бунёдкорлик ишлари бугун кўз олдимизда мужассам бўлиб, натижаси кўрина бошлади. Шундай эзгу ишлари туфайли Муса Тажетдинович қорақалпоқ халқининг меҳри, ҳурматини қозондилар.

Албатта, Муса Тажетдиновичда бу ҳурмат, салоҳиятга эришиш учун пойдевор бор эди.

Яъни, 1971 йили Тошкент қишлоқ хўжалигини ирригациялаш ва механизациялаш муҳандислари институти, 1986 йили Тошкент олий партия мактабларида таҳсил олган.

1983–1989 йилларда Қорақалпоғистон Республикаси Уй-жой коммунал хўжалиги вазири,2000-2001 йилларда Чимбой тумани ҳокими, 2001-2002 йилларда Қорақалпоғистон Республикасиси Вазирлар Кенгаши Раисининг қурилиш ва коммуникациялар масалалари бўйича ўринбосари бўлган.

2002 йилдан буён Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг раиси – Ўзбекистон Республикаси Олий Мажлиси Сенати раиси ўринбосари эди.

Муса Тажетдинович раҳбарлик фаолияти давомида:

2006 йили “Меҳнат шуҳрати” ордени;

2007 йили “Фидокорона хизматлари учун” ордени;

2011 йили “Ўзбекистон Республикасида хизмат кўрсатган қурувчи” фахрий унвони;

2019 йилда “Ўзбекистон Қаҳрамони” унвони билан мукофотланган.

Азиз дўстлар!

Муса Тажетдиновичнинг хотирасига бўлган ҳурмат ва эҳтиромингизни биз аввало бутун Қорақалпоқ халқига бўлган ҳурмат ва эҳтиром ифодаси сифатида қабул қиламиз.

Устозимиз Муса Тажетдиновичнинг бетакрор тимсоли барчамизни Ватанни ҳақиқий фарзандлик меҳри билан севишга, жонажон Ўзбекистонимизга, Муҳтарам Президентимизга садоқат билан хизмат қилишга даъват этиб туради.

Оқсоқолимиз, отамиз Муса Тажетдиновичнинг вафоти муносабати билан бутун қорақалпоқ халқига, Муса Тажетдиновичнинг оила аъзолари ва қариндошларига чуқур таъзия изҳор қиламан!

Азиз ватандошлар!

Биз бугун марҳум устозимиз, оқсоқолимиз
Муса Тажетдиновичнинг чуқур хотираси олдида бош эгиб, юртимиз ривожи ҳамда халқимиз манфаати учун барча салоҳиятимизни сафарбар этиб, садоқат билан хизмат қилиб, устозимиз бошлаган ишларни давом эттирамиз!


Қорақалпоғистон Республикаси
Вазирлар Кенгашининг Раиси Қаҳраман Сариев
Forwarded from Karakalpakstan.uz
КЕЎИЛ БИЛДИРИЎ
Forwarded from Karakalpakstan.uz
Әзиз Ўатанласлар!

Бүгин биз ушын оғада қайғылы күн!

Күни кеше Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының орынбасары, Өзбекстан Қаҳарманы, ҳүрметли устазымыз Муса Тажетдинович Ерниязов 73 жасында бул өмирден көз жумды.

Бул ўақыя пүткил халқымызды терең қайғыға салды.

Муса Тажетдинович өз өмирин қарақалпақ үлкесиниң раўажланыўына бағышлады.

Ақсақалымыз өзиниң дерлик 50 жыллық мийнет жолы даўамында бир қанша жуўапкерли лаўазымларда шын жүректен хызмет етип, Қарақалпақстан Республикасының социаллық-экономикалық раўажланыўына, халқымыздың турмыс пәраўанлығының артыўына өз үлесин қосқан, халқымыз ҳәм мәмлекетимизге садықлық пенен, ҳадал және пидәкерлик пенен хызмет еткен инсан.

Муса Тажетдинович Қарақалпақстанның ҳақыйқый перзенти, ҳақыйқый қаҳарманы еди. Бул үлкениң ҳәр бир қарыс жерин бес бармағындай билетуғын, қай жерде қандай машқала бар, адамлар қандай шараятта жасап атыр, не ислесек бул машқалаларды шешиўге болады, буның ушын қандай шешим керек, барлығын билетуғын еди ҳәм ол өз өмирин ақырғы күнлерине шекем усы машқалаларды шешиўге бағышлады.

Ол бир өмир өзи сыяқлы ақкөкирек, туўры сөзли ҳәм кишипейил адамлар менен бирге болып, ҳәр бир пуқарамыздың дәрти, тәшўиши менен жасады.

Ҳәр қандай қыйын шараятта да халқымыздың мәпин ойлап, халқымызға хызмет етиўди өз өмириниң мазмун-мәниси деп билди.

Әсиресе, 18 жыл даўамында республикамызды айрықша ақыллылық, үлкен тәжирийбе менен басқарған ўақтында барлық салаларда избе-из реформалар әмелге асырылды.

Атап айтқанда, соңғы 4 жыл ишинде әмелге асырылған кең көлемли дөретиўшилик жумыслары бүгин көз алдымызда бой тиклеп, нәтийжеси көрине баслады. Усындай ийгиликли ислериниң арқасында Муса Тажетдинович қарақалпақ халқының меҳири ҳәм ҳүрметине еристи.

Әлбетте, Муса Тажетдиновичта бундай ҳүрмет ҳәм потенциалға ерисиў ушын тийкар бар еди.

Яғный, ол 1971-жылы Ташкент аўыл хожалығын ирригациялаў ҳәм механизациялаў инженерлери институтыда, 1986-жылы Ташкент жоқарғы партия мектеплеринде билим алған.

1983-1989-жылларда Қарақалпақстан Республикасы Үй-жай коммунал хожалығы министри,2000-2001-жылларда Шымбай районы ҳәкими, 2001-2002-жылларда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының қурылыс ҳәм коммуникациялар мәселелери бойынша орынбасары болған.

2002-жылдан берли Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы – Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты баслығының орынбасары еди.

Муса Тажетдинович басшы лаўазымда ислеген ўақтында:

2006-жыл “Меҳнат шуҳрати” ордени;

2007-жыл “Пидәкерлик хызметлери ушын” ордени;

2011-жыл “Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген қурылысшы” ҳүрметли атағы;

2019-жылда “Өзбекстан Қаҳарманы” атағы менен сыйлықланған.

Әзиз дослар!

Муса Тажетдиновичтиң жарқын естелигине болған ҳүрмет-иззетиңизди биз, бәринен бурын, пүткил Қарақалпақ халқына болған ҳүрмет-иззеттиң көриниси сыпатында қабыл етемиз.

Устазымыз Муса Тажетдиновичтиң жарқын келбети бәршемизди Ўатанды ҳақыйқый меҳир менен сүйиўге, жанажан Өзбекстанымызға, Ҳүрметли Президентимизге садықлық пенен хызмет етиўге шақырып турады.

Ақсақалымыз, атамыз Муса Тажетдиновичтиң бул дүньядан өтиўи мүнәсибети менен пүткил қарақалпақ халқына, Муса Тажетдиновичтиң шаңарақ ағзалары ҳәм ағайин-туўысқанларына терең қайғырыў менен кеўил айтаман!

Әзиз Ўатанласлар!

Биз бүгин марҳум устазымыз, ақсақалымыз
Муса Тажетдиновичтиң жарқын келбети алдында бас ийип, елимиз раўажланыўы және халқымыздың пәраўанлығы ушын барлық потенциалымызды иске қосып, садықлық пенен хызмет етип, устазымыз баслаған ийгиликли ислерди даўам еттиремиз!

Қарақалпақстан Республикасы
Министрлер Кеӊесиниӊ Баслығы Қаҳраман Сариев