Forwarded from QR Mektepke shekemgi hám mektep bilimlendiriw ministrligi
#30_июнь_Жаслар_күни
#Байрам_қутлықлаўы
ӘЗИЗ ЖАСЛАР!
Сизлерди, сизлер арқалы пүткил халқымызды – Жаслар күни мүнәсибети менен қызғын қутлықлайман.
Бәршемизге мәлим, бүгинги күнде мәмлекетимизде Президентимиз тәрепинен жасларға кең имканиятлар ҳәм жетерли шараятлар жаратылып берилмекте. Заманагөй мектеплер, Президент мектеби ҳәмде спорт комплекслери қаншадан-қанша халықтың дем алыў орынлары қурылмақта. Булардың бәршеси тек жаслар ушын жаратылған имканиятлардың жемиси.
Буннан тысқары, жасларға итибарды күшейтириў, жас әўладты мәденият, көркем-өнер, физикалық тәрбия ҳәм спортқа тартыў, оларда мәлимлеме технологияларынан нәтийжели пайдаланыў көнликпесин қәлиплестириў, жаслар арасында китапқумарлықты кең ен жайдырыў, ҳаял-қызлар бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде, әсиресе мәмлекетимиз басшысы руўхый-ағартыўшылық тараўларындағы жумысларды жаңа система тийкарында жолға қойыў бойынша 5 әҳмийетли басламаны илгери сүрген еди. Мине, усы баслама тийкарында Республикамыздың бәрше аймақларында, қысқа ўақыт ишинде көлемли жумыслар әмелге асырылды.
Сондай-ақ, ҳәзирги күнде республикамыздағы улыӯма орта билим бериӯ мектеплеринде өткерилип атырған ҳәр қыйлы таңлаўларлар ҳәмде пән олимпиадаларында тәлим-тәрбия алып атырған жасларымыз ушын кең имканиятлар жаратылды. Соның менен бирге, мектеп оқыўшы жаслары арасында ҳәр қыйлы спорт жарыслары да, турнирлер де жолға қойылып, перзентлеримиздиң кәмил инсан болып жетилисиўинде үлкен хызмет атқармақта.
Усы мүмкиншиликлерден үнемили пайдаланған ҳалда елимиздиң гүллеп раўажланыўы жолында мүнәсип үлес қосатуғын жаслар болып жетилисиўиңизге исенемиз.
Қәдирли жаслар!
30-июнь – Жаслар күни мүнәсибети менен елимиздиӊ келешиги болған бәрше жасларды және бир мәрте байрам менен қызғын қутлықлайман. Сизлердиң ҳәр бириңизге беккем денсаўлық, мол табыс, шаңарағыңызға аманлық ҳәмде халық ийгилиги жолындағы пидайы ислериңизде күш-ғайрат тилеймен.
Ҳүрмет пенен,
Ахмед Наримбетов
Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириӯ министри