Paziyletuz | Рәсмий канал
64.9K subscribers
25.9K photos
3.7K videos
33 files
31.4K links
Download Telegram
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Таңғы_тилек

  🌺🤲 Екшемби таңы мүбәрек болсын!

  🌺🤲 Мүбәрек айда қылып атырған ийгиликли ислериңизди Аллаҳ таала Өз дәргайында қабыл етсин!

  🌺🤲
Аллаҳым ҳәр бир қылып атырған қайырлы исиңизден басқан ҳәр бир қәдемиңизден разы болсын!

  🌺🤲 Бәршемизге дүньядағы ең жақсы нәрсе – Аллаҳ тааланың муҳаббаты болсын!

  🌺🤲 Бүгинги басланып атырған жаңа күниңиз берекели ҳәм қуўанышқа толы болсын!

  🌺🤲 Аллаҳ таала бәршемиздиң Өзиниң ықласлы бенделеринен болыўымызды несип етсин!

  🌺🤲 Күниңиз мазмунли өтсин!


👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#Дуўа

   Таң атқанда оқылатуғын дуўа

    Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:

    Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам таң атқанда: «Аллоҳуммә бикә асбаҳнәә ўә бикә әмсәйнәә ўә бикә наҳйә ўә бикә нәмуўту ўә иләйкән нушуўр» дейтуғын еди.

    Мәниси: "Аллаҳым, Сениң атың менен таң аттырдық, Сениң атың менен түнди өткердик, Сениң атың менен тирилемиз ҳәм Сениң атың менен өлемиз. Тек Саған ғана қайтамыз".

    Имам Термизий рәўияты

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#сайлаў

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Шамсуддин Баҳауддинов сайлаўда қатнасып, ел-журт тәғдири ҳәм келешеги ушын мүнәсип талабанға даўыс берди

Бүгин елимизде сиясий байрам, Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы болып өтпекте. Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Шамсуддин Баҳауддинов сайлаўда қатнасыў ушын өз сайлаў участкасына барды. Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлағаннан соң, Қарақалпақстан мусылманлар қазыяты қазысы елимизге тынышлық ҳәм қәтержамлық, молшылық ҳәм берекет тилеп, әмелге асырылып атырған, мине усы сиясий процесс, президентлик сайлаўлары қайырлы ҳәм пайызлы өтиўин сорап, дуўа қылды.
Соң Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Шамсуддин Баҳауддинов өз пуқаралық ҳуқықынан пайдаланып, өзи мүнәсип деп билген талабанға даўыс берди.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#Сайлаў

Диний тараў ўәкиллери президентлик сайлаўында белсенди қатнаспақта

Бүгин елимизде әҳмийетли сиясий ўақыя – Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы болып өтпекте. Қарақалпақстан Республикасы сайлаўшыларынан бириншилерден болып имам хатиблер, имам найыплар, кексе жастағы нураный ҳажы аталарымыз ҳәм апаларымыз, сондай-ақ, Нөкис Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты оқытыўшылары менен исши хызметкерлери де өзлериниң конституциялық ҳуқықынан пайдаланып, Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында өз шаңарақ ағзалары менен белсенди қатнаспақта.
Демократиялық принциплер тийкарында өтип атырған президентлик сайлаўында сайлаўшылар өзлерине мүнәсип көрген талабанға даўыс берип, өз халқы, Ўатаны, шаңарағы ҳәм келешеги ушын бийпарық емеслигин көрсетип, ҳәр бир даўыс шешиўши әҳмийетке ийе болыўы мүмкинлигин сезинген ҳалда қатнаспақта.
Атап өтиў тийис, бул жылғы президентлик сайлаўы халықаралық принциплер тийкарында, сайлаўшылардың белсенди қатнасыўы менен өзгеше пайызлы өтпекте. Себеби, пуқаралардың сиясий белсендилиги өз ара татыўлықты, ел-журтқа сүйиспеншиликти, ертенги күнге болған исенимди аңлатады.
Аллаҳ таалаға шексиз шүкирлер болсын, ҳақыйқатында да, елимизде соңғы жыллары диний-ағартыўшылық тараўда үлкен унамлы өзгерислер ҳәм реформалар нәтийжесинде бир ғана Қарақалпақстан Республикасының өзинде қаншадан-қанша жаңа мешитлердиң ашылыўы, алдынғыларының толық реконструкциядан шығыўы, ҳаж ҳәм умра зыяратлары ушын квоталардың көбейтилиўи, улыўма мөмин-мусылманларға кең имканиятлардың жаратылыўы Аллаҳ тааланың елимизге берген уллы неъматларынан есапланады.
Бүгинги сайлаўларда тек ғана жасы уллы аталарымыз ҳәм апаларымыз емес, ал жасларымыз да белсенди қатнасып өз келешегине, журт тәғдирине бийпарық емеслигин әмелде тастыйықламақта.
Аллаҳ тааладан елимиздиң тынышлығын мәңги ҳәм халқымыздың ырысқы-несийбесин мол әйлеп, мәмлекетимизде өткерилип атырған президентлик сайлаўы бәрше ушын қайырлы болыўын сорап, дуўа қыламыз.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
"Нәсият" сөзиниң мәниси қандай?
Anonymous Quiz
13%
Қалыс, пәк
5%
Дәкки бериў
82%
Тәрбия, тәлим
"Аллаҳ тааланың айы" деп аталыўшы ай қайсы?
Anonymous Quiz
68%
Рамазан айы
16%
Муҳаррам айы
15%
Зулҳижжа айы
#сайлаў

  Ҳажылардың даўыс бериў процесси

  9-июль. Мәккәи мукаррама.

    Бүгинги күнде Саудия Арабстанында ҳаж сапарында болып турған ҳажыларымыз ерте таңнан "Рашидия" мийманханасында шөлкемлестирилген сайлаў участкасына келе баслады. Олар журтымыз тарийхындағы әҳмийетли сиясий процесс — Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында қатнасып, өзлерине мүнәсип көрген талабанға даўыс бере баслады.

    Сайлаўшылар өзлериниң конституциялық ҳуқықларынан пайдаланған ҳалда мәмлекетимиз ҳәм шет еллерде шөлкемлестирилген барлық қолайлықларға ийе сайлаў участкаларында даўыс берип атыр.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Сайлаў

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты диний тараў ўәкиллери Президентлик сайлаўында белсенди қатнасты!

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz