Paziyletuz | Рәсмий канал
65.3K subscribers
25.9K photos
3.71K videos
33 files
31.5K links
Download Telegram
#ҳикмет

Әкениң перзентине айтқан нәсиятлары:

— Әдиўли улым, байлықлардың ең жақсысы - ақыл.

— Кемшиликлердиң ең үлкени - ақмақлық.

— Қорқынышлы нәрселердиң ең жаманы - менменлик.

— Әўладтың, келип шығыўдың ең уллысы - шырайлы әдеп.

— Улым, ақмақ пенен ҳасла жолдас болма, себеби ол пайда орнына зыян береди.

— Ашкөз бенен дос болма, себеби оған итияжың түскенде, ол сени таслап кетеди.

— Жаманлық қылыўды жақсы көриўши менен ҳасла дос болма, себеби ол сени ўақты келгенде арзымаған нәрсе ушын сатып кетеди.

— Өтирикшиден узақ бол, себеби ол узақтағыны жақын, жақындағыны узақ етип көрсетеди.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uzв
#дуўа

Түнлердиң қайырлысы қандай болады?

Қайғыда ўақтыңызда дуўаларыңыз түнлерди нурландыратуғын.

Кеўлиңиз жай болғанда шүкиршилигиңиз тилиңизге көшетуғын ҳәм ҳәр бир алып-шығарып атырған демиңиз зикирге айланған түн қайырлы.

Дуўа-тилеклериңиздиң ең сайландыларын зикир моншағына дизиң.

Өйткени уламаларымыз: «Дуўа – бул бендениң есик қағыўы», деген.

«🤲Ҳәй бәрше есиклерди ҳикмет себебинен ашатуғын Аллаҳ!

🤲Ҳәй бәрше есиклер ашылыўын бир ғана себепке байлаўшы Аллаҳ!

🤲Ҳәй бендесине ҳәр бир ашылыўы мүшкил болған есиклерди аңсат ҳәм жеңил ашыўшы Аллаҳ!

🤲Бизлерди Өзиң қолла. Немат есиклериңди ҳеш қашан жаўма!»


Қайырлы түн әзизлер!

Сизди ҳәм шаңарағыңызды пазыйлет ҳеш қашан тәрк етпесин!

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#намаз_ўақытлары

Нөкис ўақты менен 10-июль күнги намаз ўақытлары

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Ассаламу алайкум!

Бүгин ҳәптениң дүйшемби күни



    Дүйшемби күниңиз қайырлы болсын!

     10-Июль                                 2023
     22-Зулҳижжа                       1444


🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱

    Аллаҳ таала бүгинги күниңизди тынышлық ҳәм аманлықта, жақсы кейпиятта, саўаплы әмеллер менен толы болып  өтиўин сизге несип етсин!
   

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Таңғы_тилек
ـ🌼🍃🌺🍃🌸🍃🌺🍃🌸
ـ🍃🌸🍃🌺🍃🌸           Ассаламу
ـ🌺🍃🌸                  алайкум

      әзизлер!         🍃l

🌼 Жаңа ҳәптениң биринши күни мүбәрек болсын!

🌼 Жаңа ҳәптеден үмит еткен барлық жақсы нийетлериңиз әмелге ассын!

🌼 Күниңиз мазмунлы ҳәм жақсы хабарларға толы болсын!

🌼 Ҳәр бир қайырлы исте Аллаҳ таала жәрдемшиңиз болсын!

🌼 Күниңиз қуўанышта ҳәм ийгиликли ислер менен және де мазмунлы өтсин!

🌼 Жақсылық ҳәм жақсылар мудамы жолдасыңыз болсын!

         ≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡
    🌸 Қайырлы күн әзизлер! 🌸
        ≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡

l🍃
l🌺🍃🌸
l🍃🌸🍃🌺🍃🌸
l🌼🍃🌺🍃🌸🍃🌺🍃🌸


👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#Дуўа

     Көп оқып жүриў усыныс етилген Қураны кәриймде келген дуўа

    "Ләә иләәҳә илләә анта субҳаанакә инний кунту миназ-золимийн".

    Мәниси: «Сеннен басқа илаҳ жоқ, Сен (бәрше кемшиликлерден) пәксең, әлбетте, мен (өзиме) зулым қылыўшылардан болдым».

    Әнбия сүреси, 87-аят

    Айырым алымлар бул аят ҳаққында былай деген:

    "Бунда таўҳид (Аллаҳ тааланың жалғызлығы), тасбиҳ ҳәм истиғфар бар".
    Соның ушын уўайым-қайғыға батқан, басына аўыр ис түскен, иси питпей атырған адамларға бул дуўаны көп оқып жүриў усыныс етиледи.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Forwarded from Muslim.uz
🌙 ДИНИЙ СОҲА ХОДИМЛАРИ ПРЕЗИДЕНТ САЙЛОВИДА ФАОЛ ҚАТНАШДИ

Бугун, 9 июль куни юртимиз аҳолиси ва хориждаги ватандошларимиз Ўзбекистон Республикаси Президенти сайловида иштирок этиб, Ватанимиз келажаги учун овоз беришди. Мазкур жараёнда диний соҳа ходимлари, хусусан, Ўзбекистон мусулмонлари идораси ва унинг ҳар бир ҳудудда жойлашган вакилликлари ходимлари, имом-хатиблар бошчилигидаги масжидлар жамоаси, отинойилар, диний таълим муассасалари мударрис ва талаба-ёшлари ўзларининг оила аъзолари билан бирга фаол иштирок этишди.
➡️ БАТАФСИЛ

Ўзбекистон мусулмонлари идораси Матбуот хизмати
Muslim.uz
@muslimuzportal | @Muftiy_Nuriddin_domla  | @mp3muslim | @diniysavollar
ПАЙҒАМБАРЫМЫЗ АЛАЙҲИССАЛАМНЫҢ ЕКИ ЖАСҚА АЙТҚАН ТИЛЕГИ

«Тилектиң ең жақсысы шырайлы етип айтылғаны емес, қабыл болғаны», - деген екен данышпанлар. Әлбетте, «Сөзге шеберлигиңнен не пайда, айтқан сөзиң көпшиликке сиңимли болмаса?!» дегениндей, журттың алдында шырайлы сөз сөйлеў бир бөлек, бирақ та еки жасқа шын мәниде жаны ашыған адам, ең алды менен, тилегиниң қабыл болыўын, олардың бахытлы өмир кешириўин қәлейтуғыны анық. Базыда қанша тойға барсақ та, аўзымызға түйирли сөз түспей, «Бахытлы бол» дегеннен ары қарай өте алмаймыз.

   Ал, адамзаттың ең абзалы, ең жақсы адам Пайғамбарымыз алайҳиссалам үйленген еки жасқа: «Аллаҳ берекет берсин, берекет жаўдырсын ҳәм араларыңызды тек жақсылықта қоссын» (Бәәракаллаҳу ләкә, ўә бәәракә ъаләйкә, ўә жәмәъа бәйнәкума фий хайр) – деп дуўа қылатуғын болған. Әлбетте, ең абзал адамның аўзынан шыққан сөз – ең ҳасыл сөз, тилеклердиң уллысы болатуғыны анық!
Енди, шаңарақ қурған еки жасқа айтар ең жақсы тилекти сиз де билип жүриң.

https://t.iss.one/alberuniyuz
​​#сүннетке_әмел_етемиз

Кесел болғанда дуўа қылыў

Сүйикли Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам қашан бир ағзасы аўырса, мүбәрек қолларын аўырған жерге қойып үш мәрте "Бисмилләҳ"ты айтып, жети мәрте "Әъуўзу билләҳи ўә қудротиҳи, мин шәрри мәә әжидуў ўә уҳазиру" деп айтатуғын еди".

Имам Аҳмад, Имам Муслим рәўияты

Қараң бул ис жүдә аңсат, бирақ саўабы үлкен. Гүналарымызды өширип, жәннетке жетелеўши бир әмел. Бирақ, жалқаўлығымыз ҳәм ериншеклигимиз себепли, бул иске онша итибар бермеймиз. Көпшилигимиз ҳәттеки бул дуўаны билмеймиз. Алдын билмеген болсақ, мине енди ядлап алайық. Билгенимизге әмел қылып, басқаларға да бул дуўаны үйретейик.

Себеби, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаламның сүннетлериниң жайылыўына үлес қосыў, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламға деген муҳаббатымыздың жоқары үлгиси есапланады.
Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам өзиниң қылған ислерин, "сүннетлер"ин анықлық пенен жеткерген адам ҳаққында: "Мениң гәпимди еситип, ядлап, сиңдирип, кейин адамларға жеткерген инсанды Аллаҳ таала неъматлантырсын" деп дуўа қылған.

Имам Термизий рәўияты

🔹Аллоҳумма солли ала сәййидинә Муҳаммад!

🔹Аллоҳумма солли ала сәййидинә Муҳаммад!

🔹Аллоҳумма солли ала сәййидинә Муҳаммад!


👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
"Инсанлардың ең қәдири азы – илими азы".

Бул ҳикметли сөзлерди ким айтқан?
Anonymous Quiz
29%
Усман разыяллаҳу анҳу
36%
Әлий разыяллаҳу анҳу
35%
Әбиў Бәкир разыяллаҳу анҳу
"Я Аллаҳым! Анам тәрбиямды шырайлы қылды. Оның саўабын Өзиң зыяда қыл", деп дуўа қылған саҳаба ким?
Anonymous Quiz
33%
Анас ибн Мәлик разыяллаҳу анҳу
41%
Умар разыяллаҳу анҳу
26%
Абдурраҳман ибн Аўф разыяллаҳу анҳу