This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Процесс
Нөкис қаласында көп қабатлы турақ жайлар ҳәм олардың әтирапларында қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылмақта
Ҳүрметли Президентимиздиң 5152-санлы қарарына тийкар ҳәзир де қаламыздағы "Ели абат'' ҳәм "Нур" МПЖ да көп қабатлы турақ жайлардың төбесин, фасадларын, кириў орынларын оңлаў, коммуникация тармақларын жақсылаў ҳәм басқа да бир қатар зәрүрли жумысларды әмелге асырылмақта.
Ҳүрметли пуқаралар ҳәм көше бийлери!
Көп қабатлы турақ жайлар ҳәм әтирапында әмелге асырылатуғын қурылыс жумысларының сапалы дәрежеде алып барылыўын ҳәм қаржылардың нәтийжели жумсалыўын қадағалап барыўда белсендилик көрсетиўиңизди сораймыз.
Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў:https://t.iss.one/nukuspress

#процесс
Инсанлардың дәрти менен ҳәким жүзбе жүз
-Халық дәрти, олардың машқаласы унамлы шешим табыўы керек.
Негизги мақсетимиз де усы емес пе?-А.Данияров.

#Ибрайым Юсупов көшеси
Нөкис сизди көзге көринбес дийўаллары менен қорықлай алады
-Ол дийўалларды биз көрмей турмыз ғой?!
-Ол қорған... Оны көриў, услаў мүмкин емес!
Ол Нөкисшилер жүрегинде жасырынған, оны сезип билиўимиз керек.
Биз аўызбиршилигимизди шын жүрек пенен сақласақ, бир-биримизге меҳрийбанлығымыз бул ҳәр қандай дийўалдан беккем емес пе?
Дунья ареналарында Өзбекстан ана Ўатанымыздың байрағын қыйыншылықларға қарамай, жеңиске ерискен мәўритлериндеги Олимпиада чемпионлари киби биз де бир күнлери аўыр экологиялық шараятлардан өтип, раўажланған мәмлекет болып келешекке өзимизден абат ел қалдырамыз.
Исенебериң!
Ким ойлапты дейсең, бир заманлары Нөкис "Жасыл мәкан" боларын.
Ким қиял етипти, Нөкис ақшамларында аймақлар көшесинде жулдызлар дым жақын нур шашады,деп!
Дийўалларымызды тастан емес меҳирден қурсақ, Нөкистеги бәрше жаңалықларды инсаныйлық, адамгершилик көз бенен көре билсек, кемшиликлерди "сабаққа дизе бермесек" бәрше жақсылықлар еле алдында бола береди. Ол ҳеш қашан теўсилмейди!

Нөкис қаласында "Аманлық гузары" МПЖ да жайласқан 40-санлы улыўма орта билим бериў мектебине 3 қабатлы 330 орынлық қосымша имарат қурыў жумыслары алып барылмақта.
Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў:https://t.iss.one/nukuspress
Нөкис қаласында "Аманлық гузары" МПЖ да жайласқан 40-санлы улыўма орта билим бериў мектебине 3 қабатлы 330 орынлық қосымша имарат қурыў жумыслары алып барылмақта.
Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў:https://t.iss.one/nukuspress
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Процесс
Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай
Президентимиздиң тапсырмасы менен мәмлекетимизде кәмбағаллықты қысқартыў улыўма миллий ҳәрекетке айланбақта.
Ҳүрметли Президентимиз қатнасындағы видеоселекторларында шығып сөйлеў сөзинде бурынлары сиясатта ашық айтылмаған, неше жыллар даўамында жасырып келинген кәмбағал адамлардың машқалаларына нәтийжели шешимлер табыўда дәраматлы жумыс орнын жаратып бериў, мүнәсип шараятта турмыс кешириўи, инсанлардың бүгин бахытлы жасаўы ушын бағдарындағы жумысларға итибар қаратады.
Хош, мәмлекетимизиң бас бағдарындағы әҳмийетли мәселелерди Нөкис қаласында орынланыўына нелерге итибар қаратылып атыр?

#Халық_ийгилиги_жолында
#Процесс
"Ушар тарелкалар"ма "ушар" шиферлар ма?
Усы жылдың февраль ҳәм май айында қаламыздағы "Айдын жол" МПЖ аймағындағы Ерназар Алакөз көшеси 7-А көп қабатлы турақ жайының, сондай-ақ, "Шайырлар аўылы" МПЖ аймағындағы А.Досназаров көшесиндеги көп қабатлы турақ жай төбелериниң шиферлары қолайсыз ҳаўа-райы яғный, күшли самал болған ўақытта жарамсыз ҳалға келип қалған еди.
Нөкис қаласы ҳәкимлиги тәрепинен жәмийетлик мүрәжатларды үйренип шығып, ҳәзирде жоқарыда көрсетилген көп қабатлы турақ жайлардың төбелериниң шиферланыўына әмелий жәрдем көрсетилип, улыўма есапта 84 хожалықтың гүз-қыс мәўсимин зыянсыз өткериўде әмелий жәрдем көрсетилмекте.

#Билип_қойған_жақсы
Алыс мәнзиллерди жақынлатыўшы жол
"Басламалы бюджет" жойбарының 2024-жыл I-мәўсиминде қаламыздағы "Наўқан бағ" ҳәм "Теле орай" МПЖ аймақларын бир-бири менен тутастырыўда темир жол өткели қурыў бойынша жоқары даўыс жыйнап, жойбарда жеңимпаз болған еди.
Жойбарға 1 млрд. 146 млн. қаржы ажыратылған болып, "Батырбек Хабибуллаев" ЖШЖ тәрепинен қурылыс жумыслары әмелге асырылып атыр.
"Наўқан бағ" ҳәм "Теле орай" МПЖларына барыўда 10 км жолды айланып өтиў керек еди. Яғный, пуқаралар ушын қолайсызлықлар келтирип шығарар еди. Жаңа жол қурылысы жуўмақланыўы менен 10 км қашықлықтағы жол қысқарып, ҳәрекет қәўипсизлиги тәмийинленеди.

Нөкисте шорланған бос орынлар "Жасыл мәкан"ға айландырылмақта
Быйылғы гүзги мәўсимдеги "Жасыл мәкан" 4×4 бағдарламасы бойынша жумыс алып барады.
4×4 дегенимиз, қаламыздағы 40 гектар жаңадан бос орынлар ашылып, яғный мәҳәллелердеги шор басқан, жарамсыз делинген жерлерге бағ жаратыў мақсетинде, экологиямызға шыдамлы 400 мың ҳәр түрдеги нәллер отырғызылыўы режелестирилген.
Бүгинги күнде жоқарыдағы мақсетлер жолында жумыслар үзликсиз даўам етпекте.
Соныда айтыўымыз керек, қала турғынларын "Жасыл мәкан''да биз бенен биргеликте, қол көмек болыўға шақырып қаламыз.
Сүўретте, қаламыздағы "Таслақ" МПЖ аймағындағы шорланған бос орынларға өнимдар деп табылған топырақлар жайылмақта.

Нөкис қаласы миллий нағыслар менен безелмекте
Қаламыздағы "гөбелек" көпир айланасына арнаўлы таслардан қарақалпақ миллий нағысларынан безеў жумыслары алып барылмақта.
Еслетип өтемиз, буннан алдын қаламыздағы Шымбай гүзары гүзар жолларына да таслардан миллий нағыслар менен өрилген еди.

Олар меннен бир сораўды сорайды...
Қаламыздағы дем алыў орынлары абаданластырыў басқармасы хызметкерлери тәрепинен тазаланып атыр.
****
Ашшы көл бойы, Истиқлол дем алыў орынлары кеше ғана жап-жасыл липасқа оранып турғандай еди. Демде ә? Демде жыл жуўмағына жетип атыр.
Дем алыў орынларында адамлар сийрек. Дерлик ушрата алмайсаң.
Бирақ, бул мәнзиллер сүўретшилерге илҳам инәм етеди.
Сарғыш тартқан боян, қамыслар арасынан гуўлеген суўықтың даўысы естиледи.
Бир нәрсе айтқысы келгендей...
...Бизден бахыт көрдиңиз бе?- деп атырғандай...