Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Нөкис_тәжрийбеси
Мәмлекетимизде биринши мәрте "Ҳүрмет"
Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен мәҳәлле системасына айрықша итибар көрсетилмекте.
Бүгинде бир ғана Нөкис қаласының аймақларындағы абаданластырыўларды алып қарасақ жеткиликли.
Мине 2023-жыл жуўмағында турмыз.
Хош, усы күнге шекем мәҳәлле системасында бийминнет ислеген хызметкерлерге Ҳүрмет көрсетилиўи керек емес пе?
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы А.Орынбаев тәрепинен ийгиликли исти қоллап-қуўатлаўын билдирип, Нөкис қаласы ҳәкимлиги тәрепинен биринши мәрте "Ҳүрмет 2023" сыйлықлаў мәресими жолға қойылды.
Сыйлықлаў кешесиниң атмосферасы қандай өткенлиги қызық па?
Видео көринислеримизди избе-изликте тамаша етиўге шақырып қаламыз.
Онда 2023-жылды ең,ең,ең үлгили, пидайылар "Ҳүрмет 2023" еристи.
Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/nukuspress

#Мениӊ_мәҳәллем
#Нөкис_қаласы_Дәрбент
Ҳәким жәрдемшиси – халыққа көмекши
Жас исбилермен Дилфуза Маткәримова ҳәким жәрдемшисиниӊ көмеги менен 33 миллион жеӊиллетилген кредит алып, өзи басқарып атырған балалар бақшасы ушын керекли турмыслық техникаларды сатып алды.
Бүгинги күнде балалар бақшасында қосымша 2 пуқараныӊ бәнтлиги тәмийинленип, бақшаға 23 бала қамтып алынған.

Аймақта гезектеги көп қабатлы 60 шаӊараққа мөлшерленген турақ жай қурылысы даўам етпекте.
Жуўапкер қурылысшыныӊ атап өтиўинше, турақ жай имараты усы жылдыӊ май айында толық пайдаланыўға тапсырылады.
https://t.iss.one/nukuspress

#Онлайн
#Нөкис_қаласы
Қалалық медициналық бирлеспеси де жойбарда белсене қатнаспақта
Усы жылдың 16-17-18-март күнлери мәмлекетимиз бойлап "Абадан ҳәм көркем мәҳәлле – елимиздиң көрки" улыўма миллий шембилик жойбары жәрияланды.
Жойбар шеңберинде Нөкис қалалық медициналық бирлеспеси ҳәм бирлеспеге қараслы барлық шаңарақлық поликлиника хызметкерлери белсене қатнасып, дөгерек-әтираплар жабайы шөплерден тазаланып, декоратив ҳәм мийўе нәллери егилмекте.
Сондай-ақ, тереклердиң түплери жумсатылып, оларға қайта ислеў берилмекте.

Рәсмийликтен бираз шетте шын кеўилден сәўбетлесиўлер...
Нөкис қаласы 24-санлы улыўма билим бериў мектеби жәмәәти оқыўшылардың жазғы үш ай демалысын мазмунлы өткериўдеги тәжирийбеси бойынша репортажымызды усынбақтамыз.
Нөкис қаласы 24-санлы мектеп директорының руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары М.Тажетдинованың айтыўынша, үш ай демалыста әдетте, айырым оқыўшылар үйинде өзлери қалады. Усы орында жас өспиримлер қараўсыз қалады. Мектебимиз жәмәәти менен келискен ҳалда оқыўшы жаслар арасында жынаятшылықтың алдын алыў мақсетинде, олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериўде мектебимизде "Китап алмасыў" дөгереги 1-июнь сәнесинен жумыс баслады. Жаслар менен сөйлесиўимиз оларды тыңлаўымыз керек. Бир-бири менен китаплары ҳәм қызығыўшылықларын бөлисиўин, оларды жеке өзин қалдырмаў ушын мектебимиздиң бос орынларының бирине демалыў шертеклерин қурып питкердик.
Психологлар да шетте қалып атырғаны жоқ. Тәрбиясы аўыр балалар менен сөйлесиўлер алып барып атырмыз,-дейди.

#Нөкис_жаңалықлары
60 жастың тағдири
Пайтахтымызда бой тиклеген IT PARK қурылысының жуўмақланыўы әҳмийетлиси Нөкис қаласы ҳәкимлиги ҳәм Санлы технологиялар министрлиги Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы менен
қаламыздағы IT тараўына қызығыўшы жаслар қоллап-қуўатланып ҳәзирде 60 жас дуньяға белгили байланыс хызметлери менен бирге ислесиўди жолға қойды.

#Нөкис өнерментшиликти қоллап-қуўатлайды
Арба да сынбайтуғын, өгиз де өлмейтуғын жолды тапқан уста өнермент
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 23-сентябрь күнги "Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай"бағдарламасын әмелге асырыўдағы илажлар Нөкис қаласында даўам етпекте.
- Кишкене ғана үйимде устахана бар. Усы жерде ҳәр түрли миллий сувинерлерди қолдан ислеймен.
Қосымша дәраматта! Жақында мәҳәллемизге бекитилген ҳәким жәрдемшисиниң усынысы менен қара мал алып, шарўашылықты да баслап жибердим. Мәмлекетимиздиң қолы берекетли болып, сыйырымыз баспақлаў алдында тур.
Ағаш устасы ҳәм шарўа болмақшыман.
Аўылда қолыңды қыбырлатсаң дәраматқа ийе боласаң. Ҳәзирде жай баслаў ушын азғантай ғәрежет жыйнап атырман. Бахтияр турмысқа тек мәмлекеттиң бергени менен емес, қосымша адам ҳәрекети менен жетсе болады-дейди биз бенен сәўбетлескен Мақсетбай Гулимбетов.