НЕ ЖАҢАЛЫҚ?
114K subscribers
19.7K photos
6.58K videos
87 files
13.1K links
Ең соңғы жаңалық ҳәм хабарлар тек ғана "НЕ ЖАҢАЛЫҚ?" каналында. Бизден узақласпаң!

👉 Байланыс: @baylanis24_bot
👉 Реклама: @ne_janaliq_reklama
Download Telegram
#онлайн

Хәзирги ўақытта Бозатаў районында Бердақ бағында "Республика жаслар ҳаўазы" фестивалына таярлық қызғын кетпекте. Айтыўларға қарағанда фестивал саат 10:00 де басланыўы күтилмекте.

➡️ @NE_JANALIQLIVE жаңалықлар!
#Онлайн

Бозатаў жаслар фестивали ҳәм "Жаслар ҳаўазы" фестивалы қызғын өтпекте. Фестивалди инстаграм каналымызда жанлы эфирде көрсеңиз болады.

https://instagram.com/ne_janaliq

➡️ @NE_JANALIQLIVE жаңалықлар!
#Онлайн

Фестивал изинен фестивал. "ISKANDER Tours" жәмәәты уйымластырған Елликқаладағы жабық фестивал қызғын өтпекте. Бүгин Елликқала районындағы тарыйхый болған Топырақ қала, Қызыл қала ҳәм Аяз қалаларына саяхатқа шықтық. Ҳәзир "BLACK EVENT" топары менен биргеликте ақшакөл бойында концерт болып атыр.

➡️ @NE_JANALIQLIVE жаңалықлар!
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#онлайн

Биринши болып рингге жерлесимиз Нурпейис Қарлыбаев (22 жас) қарақалпақша қосық астында көтерилди.

Ол қызыл мүйеште Әзербайжаннан 29 жаслы Руслан Маматовқа қарсы рингде урысады.

KRuz.uz

➡️ @NE_JANALIQ – LIVE жаңалықлар!
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#онлайн

Қарақалпақстанлы спортшы Ҳалық аралық турнирде әзербайжанлы спортшыны жеңди

Жуўмақ:

1-раунд. Нурпейис Қарлыбаев (22 жас).

2-раунд. Руслан Маматов (29 жас).

3-раунд Нурпейис Қарлыбаев (22 жас).

Рингде жерлесимиз Нурпейис Қарлыбаев жеңимпаз болды ҳәм оған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы Мурат Камалов тәрепинен естелик саўғасы, пул сыйлығы берилди.

KRuz.uz

➡️ @NE_JANALIQLIVE жаңалықлар!
#Онлайн

Нөкис қаласында ғәрезсизлигимиздиң 30 жыллығы мүнәсибети менен байрам бағдарламасы өткерилмекте.

Өзбекстан Республикасы мәмлекети ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы мүнәсибети менен "Жаңа Өзбекстанда еркин ҳәм абадан жасайық!" сүрени менен орайлық Амфитетрда байрам бағдарламасы өткерилмекте.

Салтанатлы байрам илажын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов ашып, гүллән халқымызды ең уллы, ең муқаддес байрам – елимиз ғәрезсизлигиниң 30 жыллық байрамы менен шын кеўилден қутлықлады.

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары мәмлекетлик гимнлери атқарылды.

Каналымыз атынан және бир мәрте бәршени бул уллы сәне менен қутлықлаймыз.

➡️ @NE_JANALIQLIVE жаңалықлар!
👍1
#онлайн

Нөкис қаласында өткерилип атырған II Халықаралық бақсышылық көркем өнер фестивалы шеңберинде Орайлық Амфитеатрда Халықаралық бақсышылық таңлаўы көркем өнери бойынша көрик таңлаўы болып өтпекте.

➡️ @NE_JANALIQLIVE жаңалықлар
#Онлайн

«Мега Нукус» жанында ЖТҲ жүз берди

Бүгин саат 20:30 әтирапында пайтахтымыз Нөкис қаласында жайласқан "Мега Нукус" алдында «Cobalt» ҳәм «Damas» автомобиллери арасында ЖТҲ жүз берди. Жарақатланғанлар хаққында анық мағлыўмат жоқ.

➡️ @NE_JANALIQLIVE жаңалықлар!
#Онлайн

Гөне қалада бир неше автомобиллер қатнасыўында жол транспорт ҳәдийсеси жүз берди

Гөне қала, Идеал метан жанылғы қуйыў шаҳабшасы қасында бир неше автомобиллер қатнасыўында жол транспорт ҳәдийсеси жүз берди.

Бул жол транспорт ҳәдийсеси себепли «ВАЗ», «Gentra» ҳәм еки «Cobalt» автомашиналарына зыян жетти. Ўақыяға автомобиллердиң аралықты сақламағаны себеп болғанлығы айтылмақта. Ҳәзирше жәбирленгенлер бойынша анық мағлыўмат жоқ.

➡️ @NE_JANALIQ – LIVE жаңалықлар!
👍12
#онлайн #live

⚡️Халық депутатлары Бозатаў районлық Кеңесиниң отыз сегизинши сессиясы өз жумысын баслады.

Сессияда күн тәртибине муўапық Бозатаў районының 2021-жылы социал-эканомикалық раўажландырыў бағдарында әмелге асырылған ўазыйпалар ҳәм 2022-жыл ушын белгиленген режелер ҳаққында район ҳәкими Кайпанов Махмуд Тенгеловичтың район халқына мүрәжаты тыңланбақта.

Мүрәжатты төмендеги силтеме арқалы жанлы тәризде бақлап барсаңыз болады.👇

👉https://www.facebook.com/ulugbek0221

Бозатаў районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

➡️ @NE_JANALIQ – LIVE жаңалықлар!
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Онлайн
«Зүрәәт байрамы» даўам етпекте


Ҳәзирги ўақытта гүрес жарыслары болып атыр

➡️ @NE_JANALIQ – LIVE жаңалықлар!
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Онлайн
«Зүрәәт байрамы»нан видеорепортаж


➡️ @NE_JANALIQ – LIVE жаңалықлар!
#Онлайн

НМПИ киши мәжилислер залында баспасөз конференциясы болып өтпекте

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында "Халықаралық жоқары оқыў орынлары ҳәм илимий орайлар менен бирге ислесиўдиң нәтийжелери және алдағы әмелге асырылатуғын жобалар" темасында баспасөз конференциясы болып өтпекте.

Конференцияны институттың Жаслар ислери ҳәм руўхыйлық ағартыушылық ислери бойынша проректор Қуўандық Қадиров баслап берди. Ол институтта сырт еллер менен бирге ислесиў нәтийжесинде билим алып атырған студентлер хаққында айтып өтти.

➡️ @NE_JANALIQLIVE жаңалықлар!
👍57
#Онлайн

Қарақалпақстан Республикасы Ишки Ислер Министрлигинде баспасөз конференциясы болып өтпекте

Бугин Қарақалпақстан Республикасы Ишки Ислер Министрлигинде 2021-жыл даўамында жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәм ҳуқықбузарлықлар профилактикасы жөнелисинде әмелге асырылған жумыслар бойынша баспасөз конференциясы болып өтпекте.

Қарақалпақстан Республикасы Ишки Ислер уйымлары тәрепинен өткен 2021-жылда жынаятлардың алдын алыў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылды. 66 шахс тәрепинен исленген коррупция ҳәм экономика тараўындағы 56 жынаят ашылып, олар ақыбетинде жеткерилген 1 млрд 176 млн 783 мың сумлық зыян өндирилди.

Ишки ислер уйымлары тәрепинен хызмет көрсетиў бағдарында 52 мың 786 пуқараға ID паспорт, 212 мың 240 пуқараға сырт елге шығыў биометрик паспорты, 72 мың 486 пуқараға айдаўшылық гуўалығы рәсмийлестирип берилди ҳәм 23 мың 920 шет ел пуқарасы есапқа алынды.

➡️ @NE_JANALIQLIVE жаңалықлар!
👍84
#Онлайн

Мойнаққа Наўайы мәмлекетлик кәншилик институтынан 100ге жақын жаслар келди

“Жасыл жыллық” улыўма миллий иләжында қатнасыў ушын "НКМК" АЖ, "Наўайыуран" ДК, " НКМК Фонды" ДМ ҳәм Наўайы мәмлекетлик кәншилик институтынан жәми 100 ге жақын жаслар Мойнақ районына жетип келди.

Мағлыўмат ушын, "Жасыл жыллык" улыўма миллий ҳәрекети 3 күн даўам етип, усы күнлер ишинде жаслар тәрепинен Аралға сексеўиллер егиледи ҳәм жаслар ушын мәдений дем алыў кешелери шөлкемлестириледи.

➡️ @NE_JANALIQLIVE жаңалықлар!
👍108
#жасылжыллық
#онлайн
1-күн: Бүгин Наўайыдан келген жаслар сексеўил егиў ушын Аралға қарай жол алды

➡️ @NE_JANALIQLIVE жаңалықлар!
👍160
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#онлайн

Ташкент қаласы. Учтепа районы ҳәкимлиги имәраты алды. ❄️

Жерлерде қар қапламы 10 см ден 20 см ге шекем болған. Пайтахтта саат 09:00 де ҳаўа температурасы -6.2 дәрежели суўықты қураған. Ҳаўаның ығаллығы 100%. Қар жаўмақта.

👉 Ең соңғы жаңалықлар