#әҳмийетли #мақала
ПАЛКЕРГЕ БАРЫП, АЎЫР ГҮНАҒА ҚОЛ УРМАҢ!
Ҳәзирги ўақытта халқымыз арасында палкерлик, дуўаханлық, сыйқыр менен шуғылланып атырғанлар ҳәм оларға мүрәжат етип атырғанлар көплеп ушыраспақта. Тилекке қарсы, олардың арасында динди нықап қылып алған «мақсым аға» атанғанлары да бар. Олар негизинде адамларды емес, өзлерин алдап атыр, нәпсиниң қулына айланып, ийманын сатпақта.
Бундайлар тек диннен шығып, Аллаҳ таалаға гүнакар болып ғана қалмай, ғайыпты билемен, деген даўагерлиги, жалған хабарлары менен адамлар арасына иритки салады, жақынларды бир-биринен айырады, бахытсыз өмир кешириўине себеп болады.
Өкинишлиси, палкерлердиң сөзи менен еки қоңсы бир-бирине душпан, перзент әкеге қарсы, қәйинене-келин, ерли-зайыплар, ҳәттеки туўысқанлар бир-бири менен жүз көрмес болып кетиў ҳалатлары ушыраспақта. Нәтийжеде, қаншадан-қанша шаңарақлардың аўызбиршилигине, тынышлығына зыян жетпекте.
Өзин ийман-итиқадлы есаплаған ҳәр бир мусылман палкерге ҳеш қашан жақынламаўы керек.
Палкердиң жуўабын тастыйықламаған ҳалда сораў бериў де ҳарам. Себеби, палкерликтиң негизи жалғаннан ибарат. Имам Муслим ҳәм Аҳмад рәўият қылған ҳәдисте Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ким палкерге келип, оннан қандайда бир нәрсе ҳаққында сораса, оның намазы қырық күнге шекем қабыл болмайды», – деди.
Ҳақыйқый мөмин ушын қырық күнлик емес, бир мезгил намазының қабыл болмай қалыўының өзи үлкен мүсийбет есапланады. Бул мүсийбет тек ғана палкерге барып, оннан бир нәрсе ҳаққында сораўдың жазасы. Оның айтқанына исене ме, жоқ па, бул – екинши мәселе.
Имам Аҳмадтың рәўиятында: «Ким палкерге яки порханға келип, оның айтқанын тастыйықласа, ҳақыйқатында да, Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламға нәзил болған нәрсеге күпир келтирипти», – делинген.
Яғный, ким палкерге барып, оған исенсе, оның айтқанын тастыйықласа, күпирге кеткен болады, диннен шыққан есапланады. Аллаҳ сақласын!
Аллаҳ таалаға ҳәм ақырет күнине ийман келтирген бенде ҳәр бир исте Пәрўардигарының разылығын табыўға тырысады. Пайғамбарымыз алайҳиссалам ҳәм де саҳабаи кирамлардың нәсиятларына ереди. Жақсылардан мәсләҳәт алып, жалатай, жалған сөйлейтуғынлардан узақласады. Буның менен өзин ҳақ жолдан адасыўдан сақлайды.
Палкерлер наўқаслыққа шатылып келгенлерге де түрли болар-болмас сөзлерди айтып, жин тийгени, напәк жерди басып алғаны, биреў оған ырым қылып, дуўа оқытқаны, бир нәрселер ислегени себепли кесел болғанын уқтырыўға ҳәрекет етеди. Ал, бүгинги күнде де сондай адамлардың өз дәртине шыпа излеп шыпакерлерге емес, ал палкер, дуўахан, порхан ҳәм қәлпеки тәўиплерге барып атырғаны өкинишли жағдай.
Ислам дини бундай ислерге қарсы аяўсыз урыс ашқан. Динимиз наўқасланған инсанларды ҳақыйқый тәўиплерге, шыпакерлерге барыўға шақырыў менен бирге, оларды түрли палкер, порхан, дуўахан ҳәм көз бояўшыларға барыўдан, олардың гәплерине исениўден қайтарады.
Гейде адамлардың, «палкерлердиң айтқанларының базылары дурыс шығады-ғо», деген гәплерин еситип қаламыз. Ҳақыйқатында да, айырым ўақытлары палкердиң гәпи туўрыға уқсап көринеди. Негизинде, адамларды палкерлер дузағына илиндиретуғын нәрсе де әне сол болады. Әне сол нәрсе не екенлигин Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам баян етеди:
«Ол ҳақтан болған бир кәлийма болып, жинлерден бири оны илип алып, «шериги»ниң қулағына таўықтың ғоқоқлаўына уқсатып, жеткереди. Ал, олар оған жүзден аслам жалғанды араластырып жибереди».
Бул ҳәдистеги «шерик» – палкер. Аўа, палкер жинниң шериги болады. Жин урмаған адам палкер болармеди?! Қайсы бир палкер жақсырақ үйренип шығылса, дәрҳал бул ҳақыйқат айдынласады.
Бәршемизге белгили, палкерлер ғайыпты билиўин айтады, болажақ ўақыялар туўралы хабар бермекши болады. Ал, негизи ғайыпты билиў тек ғана Аллаҳ таалаға тән. Қураны кәриймниң «Анъам» сүресиниң 59-аятында:
«Ғайыптың (жасырын ис ҳәм нәрселердиң) гилтлери Оның (Аллаҳтың) алдында. Оны Оннан басқасы билмейди», – дейди.
Даўамы бар...
➡ @MagzaniyshanUz

👍2
#әҳмийетли #мақала
ПАЛКЕРГЕ БАРЫП, АЎЫР ГҮНАҒА ҚОЛ УРМАҢ!
(Даўамы)
Аллаҳ таала бенделерин Аллаҳтың ғайып ислерин билиўин даўагерлик қылыўшы палкер, дуўахан ҳәм қәлпеки тәўиплерге алданбаўға шақырыў менен бирге бул сыяқлы адамларға ақыретте аўыртыўшы азаплар таярлап қойғанының хабарын береди:
«Және оларға дозақ азабын да таярлап қойдық. Өзлериниң Рәббисине күпир келтиргенлерге жәҳәннем азабы бар. Буншелли жаман жер!»
Тилекке қарсы, ҳәзирги ўақытта да айырым инсанлар палкерлер яки дуўаханлар барлық машқалаларды шешип береди, деп ойлайды. Жумысы жүриспей атырғанлар да, жаман түс көрип, шоршып оянатуғынлар да, түрли дәртлерге жолығып, наўқасланғанлар, саўдасы болмай атырған саўдагерлер, бир нәрсесин жойтып алғанлар, лаўазымды гөзлеген ҳәмелпаразлар, жоқары оқыў орнына кире алмай атырған жаслар, қулласы, көпшилик палкер ямаса дуўаханлардан жәрдем күтеди.
Жумысы жүриспей атырғанлар сол палкер яки дуўаханның өзи жалғыз баслы екенин, шаңарағы бузылған яки ең жақын адамлары да сол машқалаға дус келип жүргенин ойлап көрмейди. Жоқары лаўазымнан үмит етип жүрген ҳәмелпараз, бул адамның қолынан лаўазымға көтериў келсе, ең дәслеп өзи сол лаўазымға өзи ийе болмай ма ямаса неше жылдан берли жумыссыз жүрген балаларын, аға-инилерин жумыс пенен тәмийинлеп қоймаспеди, деп пикир жүритип көрмей ме екен?
Сондай-ақ, палкерлер, ҳақыйқатында да келешекти болжайтуғын болса, шаңарақтан ажырасып, үйине қайтып келип отырған қызының бахтын неге алдыннан көре алмаған?
Адамларға байып кететуғын дуўа жазып берер-миш? Не ушын сол дуўа менен өзи байып кете бермейди? Ҳақыйқатында да, келешекти болжайтуғын болса, не ушын қайсы лотореяда утыс бар екенин, қайсы санлар шығатуғынын билип, утып, байып кетпейди.
Палкер ҳәм дуўаханлар жоқары оқыў орынларына киргизетуғын дуўаларды билетуғын болса, не ушын өзиниң ул-қызлары неше жылдан берли оқыўға кире алмай жүр?
Ҳақыйқатында да, келешекти болжай алатуғын болса, спорт ойынларында қайсы команда утатуғынын алдыннан билип, соған пул тигип, не ушын миллионлаған пулды утып алмайды.
Айырымлар палкерлер өзлерин ақламақшы болып айтыўы мүмкин, лоторея – бул қумар. Ал, қумар – ҳарам деп. Әне усы жерге келгенде олар өзлериниң тилинен өзлери усланады. Динимизде қумар қаншелли ҳарам болса, пал ашыў, аштыртыў да соншелли ҳарам-ғо! Оларға Аллаҳтың кәламы менен жуўап беремиз. Аллаҳ таала Қураны кәриймде айтады:
«Ҳәй ийман келтиргенлер! Әлбетте, хамр (мәс қылыўшы ишимликлер), қумар, бутлар ҳәм (пал ашатуғын) шөплер – шайтанның исинен болған ипласлық. Солай екен, оннан шетлениң. Қәнекей, утысқа ериссеңиз
Палкер ҳәм дуўаханлар себепли бүгин жәмийетлик турмыста көплеген зыянлар, кеўилсизликлер ҳәм қарама-қарсылықлар келип шықпақта. Буның ең кишкенеси ретинде айтыў мүмкин – адамлар арасында душпанлық кейпияты, исенимсизликтиң тарқалыўы. Мәселен, бир адам палкерге басы көп аўыратуғынын айтып, мүрәжат етти. Палкер де бул жағдайда оны емлениўге буйырмайды. Ол өзиниң сада «клиент»ине: «Қәне, бир көрип жиберейин», дейди-де, карта, тас, моншақ таслап ямаса китап ашып: «Сизиң жақыныңызға кимдур дуўа оқытқан. Я ағайинлер арасынан, я қоңсылардан, ямаса бирге жумыс ислейтуғын биреў қатты дуўалатқан. Оған тез қарсы дуўа оқытпасаңыз, ақыбети жаман болады...» – деп оның мийин зәҳәрлейди. Соннан кейин ол үйине барған соң, душпанын излеп баслайды. Жақын арада айтысып қалған ямаса өкпелесип қалған ағайинлери, қоңсылары ҳәм кәсиплеслериниң дизимин дизип, өзинше бир нәрселерди ислеп яки палкерлерге ислетип жүреди. Нәтийжеде, жәмийетте өз ара душпанлық ҳәм исенимсизлик артып бара береди.
Даўамы бар ...

(«Мулк» сүреси, 5–6-аятлар).

(Маида сүреси, 90-аят).

👍3
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#ӘҲМИЙЕТЛИ!
#ХУРАФАТ
Жолбарыс майы менен емлейтуғын "тәўип" ҳаққында.
Разов Бахрамаддин
Нөкис қаласы “Имам ийшан Муҳаммад” жоме мешити имам-хатиби.
📲 Тарқатың: https://t.iss.one/nasiyatuz

#мақала #әҳмийетли
Заманагөй бузғыншылардан сергек болайық.
Бүгиги күнде инсаниятты өзиниң туўылып өскен ўатанына қыянет қылыўға шақырып атырған мусылманлар ортасына ала-аўызлық,бөлиниў келтирип шығарып атырған бўзғыншы ағымлар көбейип кетти. Ане сондай ағымлардан бири жасалма салафийлардыр.
«Салафийлик» термини араб тилиндеги «салаф» сөзинен алынган болып, «бабалар», «алдын жасап өткенлер» мәнилерин билдиреди.Ўламалар Пайғамбарымыз саллалахў алайхи ўасаллам дәўиринде жасаган мусылманларды «салыҳ аждадлар» дегенлер.
Бүгинги салафийлер өзлериң сол алдын жасап өткен «салафлар» ға ергесип атырғанлықларын даўа қылмақталар.Негизинде ҳақыйқый салыҳ салафлар дәўиринен кейин жасаған мусылманларға «салаф» яки «салафийлер» деп сыпат бериў мантыққа туўры келмейди.
Жасалма салафийлердиң қәтерлери жүдә ҳәм көп болып ,олар жәмийетти екиге бөледи,яғный «мусылман» ҳәм «динсизлер» ге ажыратады.Соның менен басқа диндегилерди душпан санап,динлер ара душпаншылық пайда қылыўға урынады.Олар тек ғана басқа дин ўәкиллерине емес, шарият бўйрықларын олар ойлағандай толық орынлай алмаған мусылманларғада зорлық,жаўызлық сиясатын қоллайды,себеби өзлерине ермегенлерди кәпирге шығарады.Интернетте саўбет алып барыў ўақтында кеўилинде гирбиң болмаған, ақкөкирек жасларымызға кўфр, ҳижрат,жиҳад,шаҳидлик киби түсиншелерди өзлериниң ғарезли мақсетлери жолында талқылап. Түрли питна ҳәм ўрыс ошақларына шақырып келмекте.
Қәте талықланып атырған исламый түсиншелер.
Такфир-мўьмин кисини тийкарсыз себеплер менен кәпирге шығарыў дегени. Өның қәўип-қәтери ҳаққында ҳәдийсте: «Егер бир кимсе өз бирадарына ҳәй кәпир, десе, сол сөз екеўиниң бирине қайтады» делинген.
Хижрат- бир орыннан екинши орынға көшиў мәнисин аңлатып, әмелде Расулуллаҳ саллалаҳў алайҳи ўасаллам басшылығыңда мўсылманлардың Мәкка қаласынан Мадийнаға көшип өтиўлерине айтылады.Расулуллаҳ саллалаҳў алайҳи ўасаллам дәўирлеринде ҳижрат қылыў-мусылманлардың малына ҳәм жанына қәўип-қәтер жеткенинен соң мәжбүрлик ҳәм зәрүрлик жүзесинен әмелге асырылды.
Соның ушын ҳәм Макка фатҳ (мусылманлар қаланы қайтарып алыўы) етилгеннен кейин ҳижрат қылыў бийкар қылынған. ҳәдийсте «ҳижраттың ең абзалы-Раббиң жаман көрген нарсени тәрк қылмағыңдур» делинеди.
Жиҳад-Аллаҳ жолыңдағы жиҳат делингенде теқ ғана ўрыс яғный саўаш майданындағы жиҳаттың өзи ғана назерде тутылмайды.Асиресе,бүгинги бизиң жасап атырған әсримизде шеттен бастырып кирген жаўдан Ўатанды қорғаў ушын болатуғын жиҳаттан басқа, бәрше ўрыс ошақларындағы «жиҳатлар» мусылманларды қырғын қылыў, Исламды жаман атлы қылыў ушын ғана «хызмет» қылмақта.
Шаҳидлик- дини, жаны, малы,шаңарағын қорғаў жолында өлтирилген кимсени шаҳид делинеди. Питнаға араласып өлген адам ҳеш қашан шаҳид саналмайды.
Хадийсте: «Кимде ким белгисиз,бийтаныс байрақ астында ўрыс қылса хам сол жолда өлтирилсе, ане ол жаҳилият өлимин таўыпты».делинген.
Билимсизлиқтиң шыпасы- сараў,егер билмесеңиз сораң.
Аллах таьала Қураны кариймде: «Егер билмесеңиз зикр аҳлинен сораң!»деп бўйырған.Усыннан келип шығып, уламаларымыз Ислам әлеминдеги төрт мәзҳәбтан бирин беккем услаўы ўажип екенлигин ескерткенлер. Мазҳәбсызлық пенен бенде өз динин қәтерге қойған болады. Себеби уламаларымыз «Мәзҳәбсызлық динсизликке қойылған көпирдир!»,дегенлер. Солай екен ҳәр биримиз халқымызды жат идеалардан сақлаўымыз дәркәр. Аллаҳ таьала бәршемизди туўры жолдан адаспай тынышлықтың қәдирине жетпекликти мияссар әйлесиң.
Кегейли районы "Мағзан ийшан" жаме мешити имам-хатиби
Юсупов Арзыўбай

Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#әҳмийетли #видео_ролик
ПАЛКЕРГЕ БАРЫП, АЎЫР ГҮНАҒА ҚОЛ УРМАҢ!!!
Устаз ШАМСУДДИН БАҲАУДДИНОВ
➠ @MagzaniyshanUz
ПАЛКЕРГЕ БАРЫП, АЎЫР ГҮНАҒА ҚОЛ УРМАҢ!!!
Устаз ШАМСУДДИН БАҲАУДДИНОВ
➠ @MagzaniyshanUz
👍2
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#ӘҲМИЙЕТЛИ
САМАРҚАНД САММИТИ – ГЛОБАЛ МАШҚАЛАЛАР ШЕШИМИ
🎙Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы орынбасары Устаз Икрам Шерниязов
•┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈•
Каналға ағза болыў:👇
👉 @hidayatnuriuz 👈

#әҳмийетли_мәсләҳәтлер
ЕРТЕ ОЯНЫЎ ӨМИРДИ УЗАЙТАДЫ!
Заманагөй илим-пәнниң тастыйықлаўынша, қуяш шығыўынан алдын ояныў өмирди узайтады, тоқымалар искерлигин жанландырады, инсанның ақылын жақсылайды.
Алымлардың атап өтиўинше, түнги саат 22:00 ден таңғы 04:00 геше 6 саат уйқылаў күндизги 12 саат уйқыға тең.
Субҳаналлаҳ!
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам таң намазы ушын ерте турыўға буйырған. Аллаҳ таала түнги уйқының әҳмийетли екени ҳәм де ләззетли уйқыға түртки екени, түнги уйқы инсан ушын липас болып, оны нәпси ҳәм денедеги машқалалардан қорғаўшы екенине ишара еткен:
«Аллаҳ таала – сизлер ушын түнди бир липас, уйқыны болса, бир рәҳәт етип қойған, ал күндизди (сизлер ушын) қайта тирилиў қылған Аллаҳ».
(Фурқон сүреси, 47-аят)
🔵 @MagzaniyshanUz

Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍9
#әҳмийетли_мәсләҳәтлер
ИЛАЖЫ БАРЫНША УЙҚЫНЫ ҚЫСҚАРТ!
Ықтыяжсыз уйқыда ҳеш қандай пайда жоқ. Уйқы - өлимниң иниси.
Түнди иҳя етиўди (илим, зикир менен уйқысыз өткериўди) уйқыға алмастырыў ҳәм уйқыны абзал көриўди ҳаўайы нәпсине бағынышлы болыў, деп есаплаған.
Шайх Абул Ҳасан әл-Аззаз раҳматуллаҳи алайҳи былай деген:
а) Тек итияж сезгенде аўқатлан;
б) Тек уйқы жеңгенде уйқыла;
с) Зәрүр болғанда сөйле;
Ибнул Ҳаўарий раҳматуллаҳи алайҳи айтады:
а) Мал-мүликтиң итияждан артықшасын тәрк қыл.
б) Итияждан артықша уйқыны да тәрк қыл.
Ҳәр нәрседен зәрүрин ал. Әне сонда, Ҳақ таала зикиринде боласаң.
Буны да бил, ҳәй бирәдар!
📚

“Ибадат ҳәм зикир әҳлине усыныслар” китабынан үзинди.
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❤1👍1
#әҳмийетли_мәселе
«Ширктен»-шайх Шибилий қайтарған.
Бизиӊ елимизде бир қанша зыярат орынлары бар. Солардан бири Кегейли районы Қумшунгил аӯыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Шиблий ата» зыярат орны есапланады. Бул жерге мәмлеткетимиздиӊ көплеген жерлеринен зыяратшылар келип саӯап үмитинде зыярат етеди. Зыярат қылыӯшылар ушын қолайлықлар жаратылған. Ҳәр бир инсан өзин руӯхый тәрбиялаӯ ушын, көбирек ибрат алыӯ ҳәм бүгинги күнге шукирлик қылыӯ ушын зыярат қылып турыӯ зәрүр. Базы инсанлар усы зыяраттыӊ негизги мақсетинен шалғып базы бидъат ҳәм хурафотларды ислеп атырғаны ашынарлы жағдай. Сондай ақ динимизде еӊ аӯыр гүналардан есапланған «ширк» әмеллерди ақыбетин ойламай, негизги мәнисин түсинбей ислеп гүналы болып атыр. Бизиӊ елимиз мусылманлар ели деп дүнья жүзи халықлары ҳүрмет етеди. Мусулман-деген сөздиӊ мәниси Ислам динине исениӯши ҳәм әмел етиӯши дегенди аӊлатады. Ислам дини болса тек жалғыз Аллаҳ талаға ибадат етиӯге, Оннан жәрдем сорап сыйыныӯға буйырады. Тилекке қарсы ҳәзирги ӯақытларда базы инсанлар Шайх Шибилий қәбирине келип өзлериниӊ мүтәжин қәбир ийесинен сорап атырғаныныӊ гүӯасы боламыз. Бул адасқан инсанларды бундай аӯыр гүнә ислерди ислемеӯге шақырамыз лекин базылары түсинсе, базылары бизди ата-бабаларымыз қылған әмелден тоспаӊ деп қапа болады. Лекин Ислам шарияты мусулман мусулманныӊ айнасы, бир-биримизди жаманлықтан қайтарыӯ, жақсылыққа буйырыӯ ӯазыйпамыз екенин еслеп бул исимизди тоқтатпаймыз. Бундай ис қылыӯдан усы сөз етип атырған шайх Шибилий ҳәзиретлери де өз заманында қайтарған. Улла суфилардан, шығыс әдебиятыныӊ белгили ӯәкиллеринен болған шайх Ибраҳим Муҳаммад Фаридиддин Аттор Нишопурий ҳәм өзиниӊ “Иләҳийнама” китабында шайх Шиблий ҳаққында төмендеги ҳикаяны келтиреди: бир қалада нанбай жасайтуғын екен. Ол Абубакр Шиблийдиӊ даӊқын еситип, шайхтыӊ өзин көрмей, оған кеӯил байлаған екен. Бирақ шайхты бир көрсем екен деп ойлап жүрер еди. Ол көрип ашық болмаған, бәлки еситип ашық болғанлықтан шайхтыӊ түр түсин өзинше қыялында сүӯретлеп, ҳәр түрли адамларды көз алдына келтирип көретуғын екен. Сол күнлердиӊ биринде шайх Абубакр Шиблий нанбай жасайтуғын қалаға келипти. Шайх қаланы айланып нанбайдыӊ дүканы қасынан өтипти, ҳәм бир гүлше нанды алып жей баслапты. Сол ӯақыт нанбай буны көрип, нанды шайхтыӊ қолынан тартып алыпты ҳәм қатты жекирнип жиберипти. Шайх Шиблий үмитсиз болып кетип қалыпты. Нанбайдыӊ қасындағы адам оған қарап:
— Бул адам Абубакр Шиблий болады. Шайх Шиблийға соншама ӯақыттан берли байланғаныӊ бар болса, не себептен оған бир бөлек нанды қызғандыӊ, оныӊ қолынан тартып алдыӊ, — депти.
Сонда нанбай өкинип, Шиблийдиӊ изинен жуӯырыпты. Шиблий әлле қашан қаладан шығып, шөлде кетип баратыр екен. Нанбай оныӊ изинен жетип барып, кеширим сорап, оған өзиниӊ ашық болғанын айтыпты. Сонда Абубакр Шиблий оған:
— Ондай болса зыяпат қыл. Мени сол зыяпатқа шақыр, — депти.
Нанбай бул сөзден қуӯанып кетипти, дәрҳал шайхтыӊ айтқанларын орынлапты. Дәбдебели зыяпат шөлкемлестирипти, қаланыӊ көзге көринген абыройлы адамларынан, бир қанша мийманларды мират етипти. Оларға ҳәр түрли тағамларға толтырып дәстурхан жайыпты. Шиблий дуаға қол жайып, бәршеге жақсылық тилепти. Мийманлар енди тағамға қол созғанда отырған әзизлерден бири Шиблийға мүражат етип сорапты:
— Ҳәй шайхи муршид, дозақый ким ҳәм жәннетий ким сол ҳаққында бизге айтсаӊыз?
Шиблий ҳәзрет жуӯап берипти:

#әҳмийетли_мәселелер
Ҳайўанды сойыўға тийисли ҳүкимлер
Аллаҳ таала бизлерге берген ҳәм жеўге ҳадал қылған ҳайўанлардың гөши тек шәрият жолы ме-нен сойылғанда ғана ҳадал болады. Ҳайўанларды шәрият бойынша сойыў усылы төмендегише: олар сойылатуғын жерге алып келинген соң, аяқлары байланып, геллеси қублаға қаратылып жатқызыла-ды (бул әмел мустаҳаб). Буған шекем пышақларды өткирлеп, алдын таярлап қойыў керек. Себеби, ҳайўан жатқызылғаннан соң пышақларды қайраў мәкириў. Бунда мал азарланады. Тиккелей пышақ тартыўдан алдын қассап «Бисмиллаҳи, Аллаҳу әк-бар», деп ҳайўанның алқымынан, мойын тәрепинен (яғный, көкирек тәрепинен) пышақ тартады. Пышақ тартыўда төрт нәрсе – қызылөңеш, еки қан тамыры ҳәм кегирдек кесилиўи керек. Ҳайўанның жаны толық шығып болғанша омыртқа тамырына пышақ тийгизилмейди, териси сылынбайды, геллеси толық жулынып алынбайды.
Ҳайўанды сойыўға жатқызыўдан алдын басына балға яки өткир найза урып яки электр тогы жәр-де¬мин¬де жығып сойыў шәрият бойынша мүмкин емес. Бул усыллар менен сойылған ҳайўан гөшин жеўге болмайды. Сойылған ҳайўанның сегиз ағ-засын – безлерин, еркеклик ағзасын, урғашылық ағзасын, арқа жолының ақырын, мәйеклерин, сойылғанда тамырдан атылып шыққан қанын, өт қал-тасын, қуўығын жеўге болмайды. Сойылған ҳайўан терисин сылыўдан алдын аўыз бенен үплеп исириў мәкириў есапланады. Бунда дем урғыштан пайдаланыў мүмкин.

👍7
#әҳмийетли_мәселе #ҳәдис
Расулаллаҳ соллаллаҳу алайҳи ўа саллам сондай деген: “Ким бир мәжилисте отырып, пайдасыз сөзлерди көп сөйлеп қойса, турыўынан алдын:
“Субҳанакаллаҳумма, Роббәнә ўа биҳамдика, әшҳаду әллә иләәҳә иллә әнтә әстағфирукә ўа әтубу илайка” десе, сол мәжилистеги гүнаҳлары кешириледи”.
Термизий рәўият қылған.
Дуўаның мәниси: “Аллаҳым, ҳәмдиң менен Сени пәклеп яд етемен. Гүўалық беремен, Сеннен басқа илаҳ жоқ. Саған истиғфар айтып, тәўбе қыламан”.
♻️ @MagzaniyshanUz

Мүнәжжимлердиң (жулдызға қарап болжаўшы) “башарат”ынан абайлы болың!
Аллаҳ таала: “(Ол –) ғайыпты билиўши. Өзиниң ғайыбынан ҳеш кимди хабардар етпейди.” деген (Жин сүреси, 26-аят).
Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам сондай деген:
“Ким аррафқа* барып, оннан бир нәрсе ҳаққында сораса, қырық күнге дейин намазы қабыл болмайды”.
*Арраф - палкер ҳәм соған уқсас ғайыпты билемен деўшилер.
✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨
👇👇👇👇👇

Audio
#ӘҲМИЙЕТЛИ
Адамлардың ең жақсысы көп пайдасы тийетуғыны.
Кегейли районы Мағзан
ийшан жоме мешити имам
хатиби Юсупов Арзыўбай
✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨
👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz
Адамлардың ең жақсысы көп пайдасы тийетуғыны.
Кегейли районы Мағзан
ийшан жоме мешити имам
хатиби Юсупов Арзыўбай
✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨
👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz
👍3
#әҳмийетли_мәсләҳәтлер
ЕРТЕ ОЯНЫЎ ӨМИРДИ УЗАЙТАДЫ!
Заманагөй илим-пәнниң тастыйықлаўынша, қуяш шығыўынан алдын ояныў өмирди узайтады, тоқымалар искерлигин жанландырады, инсанның ақылын жақсылайды.
Алымлардың атап өтиўинше, түнги саат 22:00 ден таңғы 04:00 геше 6 саат уйқылаў күндизги 12 саат уйқыға тең.
Субҳаналлаҳ!
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам таң намазы ушын ерте турыўға буйырған. Аллаҳ таала түнги уйқының әҳмийетли екени ҳәм де ләззетли уйқыға түртки екени, түнги уйқы инсан ушын липас болып, оны нәпси ҳәм денедеги машқалалардан қорғаўшы екенине ишара еткен:
«Аллаҳ таала – сизлер ушын түнди бир липас, уйқыны болса, бир рәҳәт етип қойған, ал күндизди (сизлер ушын) қайта тирилиў қылған Аллаҳ».
(Фурқон сүреси, 47-аят)
✈️ @MagzaniyshanUz

👍4
#әҳмийетли_мәселелер
Ҳайўанды сойыўға тийисли ҳүкимлер
Аллаҳ таала бизлерге берген ҳәм жеўге ҳадал қылған ҳайўанлардың гөши тек шәрият жолы ме-нен сойылғанда ғана ҳадал болады. Ҳайўанларды шәрият бойынша сойыў усылы төмендегише: олар сойылатуғын жерге алып келинген соң, аяқлары байланып, геллеси қублаға қаратылып жатқызыла-ды (бул әмел мустаҳаб). Буған шекем пышақларды өткирлеп, алдын таярлап қойыў керек. Себеби, ҳайўан жатқызылғаннан соң пышақларды қайраў мәкириў. Бунда мал азарланады. Тиккелей пышақ тартыўдан алдын қассап «Бисмиллаҳи, Аллаҳу әк-бар», деп ҳайўанның алқымынан, мойын тәрепинен (яғный, көкирек тәрепинен) пышақ тартады. Пышақ тартыўда төрт нәрсе – қызылөңеш, еки қан тамыры ҳәм кегирдек кесилиўи керек. Ҳайўанның жаны толық шығып болғанша омыртқа тамырына пышақ тийгизилмейди, териси сылынбайды, геллеси толық жулынып алынбайды.
Ҳайўанды сойыўға жатқызыўдан алдын басына балға яки өткир найза урып яки электр тогы жәр-де¬мин¬де жығып сойыў шәрият бойынша мүмкин емес. Бул усыллар менен сойылған ҳайўан гөшин жеўге болмайды. Сойылған ҳайўанның сегиз ағ-засын – безлерин, еркеклик ағзасын, урғашылық ағзасын, арқа жолының ақырын, мәйеклерин, сойылғанда тамырдан атылып шыққан қанын, өт қал-тасын, қуўығын жеўге болмайды. Сойылған ҳайўан терисин сылыўдан алдын аўыз бенен үплеп исириў мәкириў есапланады. Бунда дем урғыштан пайдаланыў мүмкин.
✈️ @MagzaniyshanUz
Ҳайўанды сойыўға тийисли ҳүкимлер
Аллаҳ таала бизлерге берген ҳәм жеўге ҳадал қылған ҳайўанлардың гөши тек шәрият жолы ме-нен сойылғанда ғана ҳадал болады. Ҳайўанларды шәрият бойынша сойыў усылы төмендегише: олар сойылатуғын жерге алып келинген соң, аяқлары байланып, геллеси қублаға қаратылып жатқызыла-ды (бул әмел мустаҳаб). Буған шекем пышақларды өткирлеп, алдын таярлап қойыў керек. Себеби, ҳайўан жатқызылғаннан соң пышақларды қайраў мәкириў. Бунда мал азарланады. Тиккелей пышақ тартыўдан алдын қассап «Бисмиллаҳи, Аллаҳу әк-бар», деп ҳайўанның алқымынан, мойын тәрепинен (яғный, көкирек тәрепинен) пышақ тартады. Пышақ тартыўда төрт нәрсе – қызылөңеш, еки қан тамыры ҳәм кегирдек кесилиўи керек. Ҳайўанның жаны толық шығып болғанша омыртқа тамырына пышақ тийгизилмейди, териси сылынбайды, геллеси толық жулынып алынбайды.
Ҳайўанды сойыўға жатқызыўдан алдын басына балға яки өткир найза урып яки электр тогы жәр-де¬мин¬де жығып сойыў шәрият бойынша мүмкин емес. Бул усыллар менен сойылған ҳайўан гөшин жеўге болмайды. Сойылған ҳайўанның сегиз ағ-засын – безлерин, еркеклик ағзасын, урғашылық ағзасын, арқа жолының ақырын, мәйеклерин, сойылғанда тамырдан атылып шыққан қанын, өт қал-тасын, қуўығын жеўге болмайды. Сойылған ҳайўан терисин сылыўдан алдын аўыз бенен үплеп исириў мәкириў есапланады. Бунда дем урғыштан пайдаланыў мүмкин.
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍4
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#әҳмийетли
❓Сораў: Рухсат етилген диний мазмундағы әдебиятты басқаларынан қандай ажыратыў мүмкин?
✅ @MagzaniyshanUz