Mag'zaniyshan.uz
1.32K subscribers
7.39K photos
444 videos
1 file
2.15K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, Кегейли районы "Мағзан ийшан" жаме мешитиниң Telegram каналы!
Download Telegram
#ибрат_алың!

Сизлерден алдыңғы солиҳ салафларда егер биреўи екиншиси менен ушырасып қалса:
“Ҳәй бирәдар! Өзимниң бәрше гүнаҳларымды көре алмайман ҳәм ҳәмме айыпларымды билеалмайман. Мабада менде бирер жақсылықты көрсеңиз, (онда даўамлы болыўға) буйырың. Егер бир жаманлықты көрсеңиз, мени оннан қайтарың, қадаған етиң”, деп айтар еди.



👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz
#ибрат_алың!

Муҳаммад ибн Баўир улы Жафарға (Аллаҳ екеўиненде разы болсын):
“Ҳәй балам! Аллаҳ үш нәрсени үш нәрсениң ишине жасырды.
Аллаҳ разылығын тааты ишине жасырған. Соның ушын таат ибадатлардан биреўин пәс санама, бәлким разылығы сол ибадаттың ишинде болыўы мүмкин.
Аллаҳ, ғәзебин гүнаҳ ҳәм масияттың ишине жасырған. Соның ушын гүнаҳлардан биреўин болсада пәс санама, бәлким ғәзеби сол гүнаҳтың ишинде болыўы мүмкин. Аллаҳ, өзиниң досларын, яғный ўәлий адамларды халықтың ишине жасырған. Соның ушын халықтың ишинен бирер кисини пәс санама, бәлким сен пәс көрген киси Аллаҳтың досты болыўы мүмкин”.

♻️ @MagzaniyshanUz
🔥6
#ибрат_алың!

Сиздиң дәрежеңиз қаерде қайым қылынған болса сол орында болады

Егер сен Аллаҳ алдындағы қәдириңди билиўди қәлесең, Аллаҳ сени қайсы орынға қойғанына бақ!
Егер Аллаҳ сени зикирине бәнт қылған болса, Ол Зат сени еслеўди қәлегенин бил.
Егер Аллаҳ сени Қуранға бәнт қылса, Ол Зат сени жәннеттеги жоқары дәрежелерге көтерилиўиңди қәлепти.
Егер Аллаҳ сени ибадатқа бәнт қылып қойса, Ол Зат сени Өзине жақынластырыўды қәлепти.
Егер Аллаҳ сени дүньяға бәнт қылып қойса, Ол Зат сени Өзинен алыслатыўды қәлепти.
Егер Аллаҳ сени адамларға (олардың гәп-сөзлери, кемшиликлерине) бәнт қылса, Ол Зат сени хорлаўды қәлепти.
Егер Аллаҳ сени дуўаға бәнт қылса, Ол Зат саған бериўди қәлепти.

Демек, нениң үстинде бәнт екениңе итибар бер, дәрежең не менен бәнт болғаныңа байланыслы екен.



👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz
👍4
#ибрат_алың!

Бир кимсе солиҳлардың бириниң алдына өсекшилик хабары менен келди.
Сонда солиҳ киси: “Сен алдыма төмендеги үш жынаят пенен келдиң”.
1. Бирәдарым менен мениң арама суўықшылық түсирдиң, узақластырдың.
2. Қәтиржем қәлбимди, бәнт қылып, тынышсызлантырдың.
3. Мениң нәздимде өзиңниң дәрежеңди түсирдиң”, деди.

🍂🍁🍂🍁🍂🍁🍂🍁🍂🍁🍂

👇👇👇👇👇
✈️ @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍5