#ибрат
Шайх Мағомисий айтады: “Анаң бир нәрсени сораса, ләббәй деп айтқанын қылыўыңның өзи жақсылық емес. Бул бәрибир де мойныңдағы мәжбүриятың.
Ҳақыйқый жақсылық - сорамасынан алдын, шақырмастан алдын анаңның мүтәжлигин көзинен билип алыўың”.
✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨
👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz

Таң намазынан уйықлап қалған киси жетерли дем алдым деп ойлайды.
Бирақ ол бийшара, бир неше минут Аллаҳ алдында турыўдың ләззетин билмейди. Қәлегенинде уйықлап, қәлегенинде оянып, намаздың ўақытларына итибарсыз болсаң, демек кеўилсизлик ийиримине түсип қалыпсаң. Әслинде намаз, дүнья ҳәм ақыреттеги рәҳәт ҳәм жақсылық дереги.
Сен Аллаҳтан көре меҳрийбанын таба алмайсаң. Аллаҳқа ант, егер сәжде қылыўшы өзин орап туратуғын раҳматты қай дәрежеде екенин билгенинде, басын сәждеден көтермес еди.
Таң намаз оқыўшы кимселер жетискенликке ерискенлер есапланады. Жүзлери нурлы, маңлайы жарқыраған, ўақытлары берекели болады. Егер сен олардың бири болсаң, бул пазылға еристиргени ушын Аллаҳқа ҳамд айт. Егер олардан бири болмасаң Аллаҳ сени де олардан бири қылыўын сора.
Таң намаз сондай гөззал ибадат! Оның парызын ада етиў менен Аллаҳтың қорғаўына киресең. Сүннетин бежериў менен дүнья ҳәм ондағы жақсы нәрселерди қолға киритесең. Ондағы оқыған Қураның гүўа қылынады.
Себеби, таң намазын оқыў күндиз ҳәм түн периштелери жыйналатуғын намаз болып есапланады.

Егер Аллаҳ таман басып өтилетуғын жолдан қәдем менен жүрилетуғын болса, мәрреге ҳәммеден алдын денеси жеңил адам жетип алған болар еди. Лекин Аллаҳ таман болатуғын усы жарыс қәлиб пенен болады. Әмеллерин рия (хожа көрсинлик) қылмай, жасырын ада еткенлерге алғыслар болсын. Сиз ҳәм биз бенен бир ҳаўадан нәпес алып жүрген сондай адамлар бар, олардың ақырет диярындағы мал мүлки соншелли көп болып, ол жерде үлкен қасырлар қурып қойылған.
Аллаҳ бәршемизди, ата-аналарымыз ҳәмде досларымызды әне сондай жәннет ийелеринен қылсын!
✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨

Бала анасының қәбири алдына барып, сондай деди: “Анажан, келеғойың. Оқытыўшым мени ҳәр күни урады, ҳәмме оқыўшылар алдында мени жылатады, ҳәр дайым: “Анаң итибарсыз. Саған итибар бермейди”, дейди.
Ҳәй адам баласы! Биреўдиң кеўилине азар бериўден алдын сөзлериңди тәрезиге салып көр!

Фазл ал Бармакий әкесине меҳрийбан перзент еди. Әке бала зинданда кезлеринде, әке салқын суўдан азар көрген соң, перзент гүзедеги суўды қарнына қойып турар, суўдың муздайлығы бираз жылыған соң, әкеси оннан пайдаланар еди.

#ибрат_алың!
Бир кимсе солиҳлардың бириниң алдына өсекшилик хабары менен келди.
Сонда солиҳ киси: “Сен алдыма төмендеги үш жынаят пенен келдиң”.
1. Бирәдарым менен мениң арама суўықшылық түсирдиң, узақластырдың.
2. Қәтиржем қәлбимди, бәнт қылып, тынышсызлантырдың.
3. Мениң нәздимде өзиңниң дәрежеңди түсирдиң”, деди.
🍂🍁🍂🍁🍂🍁🍂🍁🍂🍁🍂
👇👇👇👇👇
✈️ @MagzaniyshanUz

Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ибрат
Қиямет күни балаңыз Аллаҳ алдында турып:
- Әкежан, не ушын мени шет елге саяҳатқа алып бармадыңыз, деп даўа қылмайды.
- Әкежан, не ушын маған компьютер ҳәм уялы телефон алып бермегенсиз, деп даўа қылмайды.
- Әкежан, не ушын маған даңғаралы ҳәўли қурып бермегенсиз, мазалы тағамлар менен сыйламағансыз, деп даўа қылмайды.
Бирақ Қиямет күни:
- Әкежан, Аллаҳқа қандай ибадат қылыўды не ушын үйретпегенсиз?!
- Әкежан, не ушын маған Қуран оқыўды үйретпегенсиз?!
- Әкежан, не ушын намаз оқымағанымда мени буннан қайтармағансыз?! деп даўа қылыўы анық.
📧 @MagzaniyshanUz

Суфян ас-Саўрий раҳимаҳуллаҳ сондай деген: “Бир гүнаҳ қылғаным ушын бес ай таҳажжуд намазынан маҳрум болдым”.
✈️ @MagzaniyshanUz
Суфян ас-Саўрий раҳимаҳуллаҳ сондай деген: “Бир гүнаҳ қылғаным ушын бес ай таҳажжуд намазынан маҳрум болдым”.
✈️ @MagzaniyshanUz
#ибрат
Күнлердиң тез өтип баратырғаны қорқынышлы!
Басымды көпшикке қойып қоймастан таң атады. Еле оянып оянбастан уйықлаў ўақты болады. Күнлер тоқтамастан өтпекте. Өзиме өзим: “Ҳақыйқатта әмеллер дәптерин солиҳ әмеллерге толтырған адам ҳақыйқый бақтияр есапланады”, деп айтаман. Дөгеректе болып атырған ҳәдийселер де жүдә тезлик пенен болып өтпекте. Өлим бир бири менен жарысып атырғандай тез жетип келмекте. Сондай екен солиҳ әмеллерди бежериўге асығың, бир бириңизге сәлем бериң, азанды муаззин менен тәкирарлаң, бес мәҳел намазды ўақтында оқың, нәпислериңизди (шайтаннан) қорған қылың, ағайын-туўысқан менен байланысты тиклең, сизлерге шын муҳаббат қойғанларды асыраң, адамларға күле шырай менен қараң, Қуранды қолдан келгенше яд алың, садақа қылың, тасбеҳ, истиғфар, тәкбир айтың, ораза тутың, Нәбий алайҳиссаламға салаўат айтың, қәлиблериңизди ақыретке байлаң, дүнья бир жағдайда даўам етпейди ҳәм дүньяда мәңги қалмайсызлар…
✨ ✨ ✨ ✨ ✨ ✨ ✨ ✨ ✨ ✨ ✨
✅ @MagzaniyshanUz

Айырым ўақытлары инсанды шайтан ўасўаса қылмаса да қәте жолда даўам етебереди,себеби айырым инсанлардың нәпси шайтанлардай болып кетеди. Бундай кисилерге рамазан айында шайтанлардың кисенлениўи де тәсир қылмайды,гүнаҳ қылабереди.
- «Оның жақыны (шайтан): «Я Рәббимиз, оны мен (туўры жолдан) азғырғаным жоқ, бирақ оның өзи (туўры жолдан) узақ адасыўда болды», – дейди.», деди
[ Қоф сүреси 27 - аят. ]
Шейх Абдулазиз Торифий

Ҳәр биримиздиң әшкар болмаған, айтылмаған гүнаҳымыз бар. Сол жағдай айып ҳәм гүнаҳлары әшкар болғанларды масқара қылыўға алып бармаўы керек. Аллаҳ ҳәлимлиги менен гүнаҳыңа жараса жаза бермей артқа сүриўи, сени мақтаныўға алып бармасын.
Аллаҳ айыбыңды жаўып, тосыпты, ол инсандикин тоспапты. Абайлы бол, оның гүнаҳын масқаралап күлгениң себебинен Аллаҳ жасырған гүнаҳыңды ашып жибермесин.
Себеби Аллаҳ әдалатлы, мазлумның ҳаққын, ол гүнаҳкар болса да алып береди.

Бир гүнаҳкар ҳаял мусылман, тақўадар, солиҳ ҳәм гөззал бир жигитке ашық болып қалды. Жигит усы әтираптағы бир мешитке қатнар, бирақ ҳәрдайым Аллаҳтан қәўипте жүрер еди. Ол жигитти бир неше мәрте өз үйине шақырды, бирақ жигит бас тартты. Ҳаял жигитти өзине қаратыў ушын көп шаралар қоллады, бирақ бәршеси пайдасыз болды. Ҳаялдың қәлбинен жигит күшли орын алған болса, жигиттиң қәлбинен Аллаҳ орын алған еди. Нийетине жетисе алмаған ҳаял сыйқыр қылыўға қол урып, жигитти кешеси келетуғын қылып сыйқырлады. Ярым түнде жигит өзинде бир нәрселерди сезе баслады. Бир нәрселер оны қаергедур тартар еди. Жигиттиң кеўлинде сол ҳаялды көриўди қәлеў пайда болып, күшейе баслады. Жигит оған қарсы шығыўға ҳәрекет қылар, бирақ қолынан келмес еди. Ақырында, аяқлары оны көшеге қарай баслады. Сонда жигит әкесиниң алдына барып, “Әкежан, мени байлап қойың” деп айтыўға мәжбүр болды. Әкеси әўели буннан бас тартты, бирақ улы сөзинде турып алған соң, илажсыз үйдиң үстинине байлап қойды. Жигит: “Әкежан, дат деп жыласамда арқанды шешпең”, деп тайынлады. Ўақыт өткен сайын жигиттиң дат-ўайы артып барар, жылап, аўырықтан бақырар еди. Таң атқан соң, жигиттиң даўысы шықпай қалды. Әкеси жанына барғанда ол өмир менен хошласып болған еди. Бәрекелли! Қәлби пәк жигит өлим азабында да Рәббисине қиянет қылмады. Соның ушын Аллаҳ та оны қорғап, гүнаҳтан сақлады ҳәм гөззал өлим менен марапатлады.

Ақырғы демде
Бир солиҳ жигит Хизр алайҳиссаламды көргиси келеберетуғын болып қалды. Нийети оның дуўасын алыў еди. Бир шайхтың алдына барып, “Хизр алайҳиссалам менен ушырастыр” деп көп жалынып жалбарына бергеннен соң шайх:
- “Маған жақынырақ отырда көзиңди жум” - деп буйырды. Бир минуттан соң “аш” деп әмир қылды. Жигит Кабаның алдында көрди. Таң қалды, жүреклери хапырығып кетти.
- “Усы жерде отыр, таң намазын оқығаныңнан соң оң тәрепиңде ақ кийимде Хизр алайҳиссаламды көресең оған беккем жабыс” - деп және буйырды шайх. Жигит таң намазын оқығаннан соң асығып оң тәрепке қарады. Аппақ кийимли бир шырайлы бир киси отырар еди. Шайхтың “жабыс” деген сөзин материяллық жабысыў деп ойлаған жигит ол кисиниң қолын беккем услап алды:
- “Сиз Хизрсызба?” - деди ол. “Аллаҳ ақыбетиңди ҳайырлы қылсын, мени қойып жибер”. “Яқ әўўели айтың, сиз Хизрсызба?”. “Аллаҳ ақыбетиңди ҳайырлы қылсын, қойып жибер”. Жигит услап алған кисиниң Хизр алайҳиссалам екенлигин анық билип, кейин оннан дуўа қәлемекши болды.
“Айтың — деди ол. Айтың, Хизрсызба ырасын айтың?”. Сонда Хизр алайҳиссалам деди: - “Ҳәй жигит! Кеше сени кәрамат пенен бул жерге келтирип қойған киси бүгин иймансыз жағдайда дүньядан көз жумды. Мен сениң ақыбетиң ҳайырлы болсын деп дуўа қылып атырман, буннан артық саған не керек?”. Аўа, бир өмир ийман менен ибадат пенен өтип атырман деп ғурырланып жүрген инсан ақырғы демлерде адасыўы, шубҳаланып қалыўы, нәтийжеде тили кәлимаға бармай қалыўы мүмкин. Аллаҳ буннан өзи асырасын. Аллаҳ бәршемиздиң ақыбетимизди ҳайырлы қылсын. Әмин!

Адам баласы дүньядан өтер ўақтында, оның нәпси үш нәрседе қатты пушайман болады:
- Топлап, көбейтирген дүньясына ҳеш тоймағанына;
- Жетип болмас, арзыў-үмитлерге берилгенине;
- Өзинен алдын берилген жол азығы (ақырет ушын саўап әмеллер) ди жақсылап алмағанына.
Ҳасан Басрий
✅ @MagzaniyshanUz
Адам баласы дүньядан өтер ўақтында, оның нәпси үш нәрседе қатты пушайман болады:
- Топлап, көбейтирген дүньясына ҳеш тоймағанына;
- Жетип болмас, арзыў-үмитлерге берилгенине;
- Өзинен алдын берилген жол азығы (ақырет ушын саўап әмеллер) ди жақсылап алмағанына.
Ҳасан Басрий
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ибрат
Қиямет күни балаңыз Аллаҳ алдында турып:
- Әкежан, не ушын мени шет елге саяҳатқа алып бармадыңыз, деп даўа қылмайды.
- Әкежан, не ушын маған компьютер ҳәм уялы телефон алып бермегенсиз, деп даўа қылмайды.
- Әкежан, не ушын маған даңғаралы ҳәўли қурып бермегенсиз, мазалы тағамлар менен сыйламағансыз, деп даўа қылмайды.
Бирақ Қиямет күни:
- Әкежан, Аллаҳқа қандай ибадат қылыўды не ушын үйретпегенсиз?!
- Әкежан, не ушын маған Қуран оқыўды үйретпегенсиз?!
- Әкежан, не ушын намаз оқымағанымда мени буннан қайтармағансыз?! деп даўа қылыўы анық.
✈️ @MagzaniyshanUz
Қиямет күни балаңыз Аллаҳ алдында турып:
- Әкежан, не ушын мени шет елге саяҳатқа алып бармадыңыз, деп даўа қылмайды.
- Әкежан, не ушын маған компьютер ҳәм уялы телефон алып бермегенсиз, деп даўа қылмайды.
- Әкежан, не ушын маған даңғаралы ҳәўли қурып бермегенсиз, мазалы тағамлар менен сыйламағансыз, деп даўа қылмайды.
Бирақ Қиямет күни:
- Әкежан, Аллаҳқа қандай ибадат қылыўды не ушын үйретпегенсиз?!
- Әкежан, не ушын маған Қуран оқыўды үйретпегенсиз?!
- Әкежан, не ушын намаз оқымағанымда мени буннан қайтармағансыз?! деп даўа қылыўы анық.
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ибрат
Адамларды жаманлықтан қайтарып, жақсылыққа шақырып, бирақ өзи жаманлықтан қайтпаған адамды уламаларымыз шамға теңейди. Яғный шамның жарығы менен биреўлер дурыс жол таўып атыр, ал өзи болса шамға уқсап ерип атыр. Журт оның жарығы менен ҳидаят табады, ал өзи қияметте өкинип қалады.

Бир киси мешитке кирип намаз оқыды ҳәм жылай баслады. Оны көрген саҳабий Абу Умома Баҳилий разияллаҳу анҳу деди:
“Қәне енди сол исиңди үйиңде қылғаныңда еди!”

Ибн Асокир раҳимаҳуллаҳ өзиниң “Тарих”ында келтиреди:
Абу Бакр Шиблий раҳимаҳуллаҳ қайтыс болғанынан соң жақынларынан бири оны түсинде көрип сорады:
- Аллаҳ сизге қандай мәмиле қылды?
Шиблий деди:
- Аллаҳ мени алдында тик турғызып қойып сорады:
- Ҳәй Абу Бакр! Сени неге мағфират қылғанымызды билесеңбе?
- Салиҳ әмеллерим себепли.
- Яқ.
- Ибадатлардағы ықласым себепли ме.
- Яқ
- Қылған ҳажым, оразам ҳәм намазым себепли ме?
- Яқ.
- Салиҳ инсанлар алдына барғаным ямаса илим жолында қылған сапарларым ушын шығар?
- Яқ.
- Ҳәй Рәббим! Булар мен нәжет береди деп исенген әмеллерим еди. Сен солар себепли әпиў етесең деп ойлар едим.
- Яқ! Сени булар себепли әпиў еткеним жоқ.
- Болмаса мени не себепли әпиў еттиң кеширдиң?
- Есиңдеме, Бағдад көшелеринен биринде кетип баратырғаныңда кишкентай пышық баласын көрип қалдың. Ол суўықтан қалтырар еди. Суўықтың қаттылығы ҳәм қардың күшлилигинен дийўалларға тығылып алар еди. Оған рейимиң келип қолыңа алдың. Қойныңа тығып ысыттың. Оны суўықтан қорғадың.
- Еследим.
- Әне сол жанўарға рейим қылғаның себеп Биз де саған рейим қылдық!
Ҳайўанға көрсетилген рейимниң баҳасы усы болса. Инсанға көрсетилсе қандай болар екен?

Кәмбағал ҳәм нашар кисилер менен бирге отырыўда нәпис ушын даўа бар. Бунда тийкарында Аллаҳтың қаза қадарына, ҳүкимине қарсы шыққан жанға шыпа бар.