Mag'zaniyshan.uz
1.1K subscribers
6.49K photos
408 videos
1 file
2.05K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, Кегейли районы "Мағзан ийшан" жаме мешитиниң Telegram каналы!
Download Telegram
Зикир - Аллаҳ таала менен бенде ортасындағы ашық дәрўазалардан бири, бенде оны ғәплет пенен жаўып қоймаса.

• «ЛӘӘ ИЛӘӘҲӘ ИЛЛАЛЛАҲ» (10 мәрте)

• «АСТАҒФИРУЛЛАҲ» (10 мәрте)

• «СУБҲАНАЛЛАҲ» (10 мәрте)

• «АЛЛАҲУ АКБАР» (10 мәрте)

• «ӘЛҲАМДУЛИЛЛАҲ» (10 мәрте)

• «РОББИҒФИРЛИЙ» (10 мәрте)

• «СУБҲАНАЛЛАҲИ ЎӘ БИҲАМДИҲИ» (10 мәрте)

• «СУБҲАНАЛЛАҲИЛ ЪАЗИЙМ» (10 мәрте)

• «АЛЛАҲУММА СОЛЛИ ЪӘЛӘӘ СӘЙЙИДИНӘ МУҲАММАД» (10 мәрте)

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Ата-анаға жақсылық қылыў - қаншелли ўападар екениңди билиў ушын рәббәний имтиҳан ҳәм дүньяўий мийзан.
Ҳәмиледарлығында сени көтерип жүрген анаңа, саған ержетирген әкеңе жақсылық қылыўға қәдир болмасаң, демек, Жаратыўшыңа таат ибадат қылыўға да қәдир емес екенсең!

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Қуран оқылып атырғанда телефон шуқламаң!

“Қуран тиләўат қылынғанда Оны тыңлаң ҳәм үндемей турың, сонда раҳматқа ериссеңиз”

(Аьраф сүреси, 204-аят).

Қуран тиләўат қылынып атырғанда басқа нәрселерге шалғымаўлық талап етиледи.

Бир киси бул ҳаққында усындай ҳикая қылады:

“Қуран оқып атырған едим, қолымда Мусҳаф (Қуран китап) бар еди. Телефоныма келген хабарларды оқыў пикири ойыма келди. Мен қирааттан тоқтап, телефоныма келген хабарларды бирме-бир оқый басладым. Мусҳаф қолымда турар еди. Хабарлар арасында Мәлик ибн Динар раҳимаҳуллаҳтың төмендеги сөзлерин оқып, өзимнен уялып кеттим:”

“Ким жаратылыстың сөзинен жүз бурып, Аллаҳтың Сөзине үлпет болмаса, әлбетте, оның илими кем, қәлби көр болыпты ҳәм өмирин зая қылыпты”.

Доктор Аҳмад Иса ал-Маьсараўий

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Неге түнги намазға (таҳажжуд) қәдир болып оқый алмаймыз?

🪶Әбиў Сулайман Дороний раҳимаҳуллаҳ сондай деди:

⤵️“Қаншалап (харам менен табылған, таярланған) азық-аўқатлар бар, түнги намаздан тосып қояды? Қаншалап (тийкары харам ойынлардағы) нәзерлер бар, (Қураны кәриймдеги) сүрениң қирәәтинен тосып қояды!”

🪶Фузайл ибн Ияз раҳимаҳуллаҳ сондай деди:

⤵️“Түнги намаз ҳәм күндизги нәпил оразаға қәдир болмай атырсаңба, демек, жаманлықларың сени орап, байлап алғаны ушын бул неьматтан маҳрумсаң”.

Әзизлер ҳәр биримиз өзимизди оңлап, қәтелеримизди дүзетип барсақ, Аллаҳ жақсы көрген дәрежелерге ерисемиз иншә аллаҳ. Себеби нийетимизде сол емеспе?

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
🕌 Өмириңиздиң тәртибсизлигинен, қәлиб тынышсызланыўынан азаб шегип атырған болсаң, қол телефоныңды үйде қалдыр-да, намаздан кейин мешитте жалғыз қалып, тасбеҳ айт. Аллаҳқа жолығыў пурсаты жақын қалғаны ҳаққында ойла. Сонда өмириңе тынықлық ҳәм пәклик жаўылғанын көресең.

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Күнлик ўазыйпа:

🤎 Аллаҳумма солли ъала Нәбиййина Муҳаммад (100 мәрте)

"Шаңарағыңды намаз (оқыў)ға буйыр ҳәм (өзиң де) буған (намазға) сабырлы бол! Биз сеннен ырысқы сорамаймыз. (Керисинше,) Биз саған ырысқы беремиз. Ақыбет (жақсылығы) – тақўалыларға". Тоҳа сүреси, 132-аят

#намаз_ўақытлары

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
بِسْــــــــــــــــــــــمِ ﷲِالرَّحْمَنِ الرَّحِيم  

☀️ Ассаламу алайкум ўә роҳматуллоҳи ўә барокатуҳ! 

Бүгин дүйшемби 🕊
5 - Зулқаьда 1445 ж
13 - Май 2024 ж


Күниңиз ҳайырлы ҳәм берекетли болсын! ☀️💓💓

  @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Ассаламу алайкум!

Күниңиз мазмунлы өтсин!
Қәлиблеримиз ийман нуры менен жарқын болсын!

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#мағлыўмат

   ⤵️Таң аттырсаңыз, кеш болыўын күтип жасамаң, күниңизди жақсы ислер менен өткериўге ҳәрекет етиң.

   ⤵️Еле жетип келмеген келешекти деп, бүгиниңди қуры ойлар менен өткерип қоймаң. Бүгиниңди дүзетсең, ертеңги күниң де жақсы болады.

   ⤵️Жүрегиңизден көре алмаўшылықты шығарып таслаң, душпаншылықты, жек көриўшиликти жоқ етиң.

   ⤵️Маған жақсылық жоқ екен деп адамлардан узақласпаң, ислериңиздиң ҳәммесин есап-китаплы қылың, адамларға бийҳуўда араласыўды кемейтириң.

   ⤵️Китап инсанның ең жақсы жолдасы, солай екен, китаплар менен сәўбетлес болың, илимге жақын болың, мәрипатты дос тутың.

📚«Өкинбе» китабынан

✈️ @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
ӘДЕП
Бир жигит анасының қоңсыдан дуз сорап атырғанын көрип қалды.
Жигит анасынан сорады:
- Анажан! Неге қоңсыдан дуз сорайсыз? Мен дузды қалта-қалта әкелип қояман-ғо!
Анасы деди:
- Балам! Олар кәмбағал. Олар ҳәр дайым бизден анаў-мынаў нәрсе сорап турады. Мен де оларды қыйнап қоймайтуғын нәрсени олардан сорап турыўды қәледим. Тийкарында дузға мениң мүтәжлигим жоқ. Бирақ мен оларға биз де оларға мүтәжлигимизди көрсетиўди қәледим. Әне сонда олар бизден қәлеген нәрселерин тартынбай сорайбереди!

Алтын суўы менен жазылғандай әдеп екен!

✈️ @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Ҳәр бир сәжде гүнаҳларға каффарат болады

Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам сондай деген: “Көп сәжде қыл, себеби Аллаҳқа қылған ҳәр бир сәждең ушын Ол сени бир дәреже көтерип, бир гүнаҳыңды кеширеди” (Имам Муслим, Имам Термизий, Имам Насаий, Имам ибн Можа рәўияты)

✈️ @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
ЫШҚЫ
Әбиў Язид Бистомий қуддиса сирруҳ айтады:
“Адамлар есап-китаптан қорқады, оннан қашады. Мен болса Аллаҳ тааладан мени сораў есап қылыўын сорайман!”
Ол кисиден буның себебин сорағанда. Әбиў Язид Бистомий сондай жуўап берди:
“Қәнекей Ол маған сораў есап қылыў ўақтында: “Ҳәй бендем!”, деп жиберсе мен: “Ләббәй Рәббим!”, десем. Маған Оның “бендем” деп айтыўы дүнья ҳәм ондағы бәрше нәрседен жақсырақ. Кейнен мени не қылса қылаберсин!”.

Шайх Закария Ансарий раҳимаҳуллаҳтың “Натоижул афкорил қудсийя” китабынан

✈️ @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Ҳәр күни 135 есе көбирек саўап;
— Ҳәптеде 945 есе көбирек саўап;
— Айда 4050 есе көбирек саўап;
— Бир жылда 48000 есе көбирек саўап.


Бул мешитте жәмәәтте қатынаспай, үзирсиз үйинде намаз оқыйтуғынлар маҳрум болатуғын саўаптың өлшеми. Ойлап көр достым! Бул Аллаҳтың алдындағы дәреже, инсанлардың емес.

✈️ @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Күнлик ўазыйпа:

🤎 Аллаҳумма солли ъала Нәбиййина Муҳаммад (100 мәрте)

"Шаңарағыңды намаз (оқыў)ға буйыр ҳәм (өзиң де) буған (намазға) сабырлы бол! Биз сеннен ырысқы сорамаймыз. (Керисинше,) Биз саған ырысқы беремиз. Ақыбет (жақсылығы) – тақўалыларға". Тоҳа сүреси, 132-аят

#намаз_ўақытлары

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
بِسْــــــــــــــــــــــمِ ﷲِالرَّحْمَنِ الرَّحِيم  

☀️ Ассаламу алайкум ўә роҳматуллоҳи ўә барокатуҳ! 

Бүгин сийшемби 🕊
6 - Зулқаьда 1445 ж
14 - Май 2024 ж


Күниңиз ҳайырлы ҳәм берекетли болсын! ☀️💓💓

  @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Ассаламу алайкум!

Жаңа таңға жеткерген Аллаҳқа шүкирлер болсын. Бүгинги күниңиз жақсылықларға толы болсын!


✈️ @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
📖 ҚУРАН ОҚЫҢ - БАХЫТЛЫ ӨМИР КЕШИРЕСИЗ!

Ибн Аббас разияллаҳу анҳума:
“Қуран оқып, оған әмел қылған кисиниң дүньяда адаспаўы ҳәмде ақыретте бахытсыз болмаўына Аллаҳ таала кепиллик берген”, деди ҳәм усы аятты оқыды: “Сизлерге Мен (тәреп)тен ҳидаят келгенинде ким Мениң ҳидаятыма ерсе, жолдан азбас ҳәм бахытсыз болмас”.

✈️ @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Балаларыңызды тәрбия қылыўға көп урынабермең. Олар бәрибир сизге уқсаўға ҳәрекет қылады. Сиз өзиңизди тәрбия қылың жетеди сол…

Ибн Холдун

✈️ @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Анаңыз бенен аўқатланып оның көзин қуўантыўыңыз, мен ушын нәпил ҳаж қылыўыңыздан жақсырақ.

Ҳасан Басрый раҳимаҳуллаҳ

✈️ @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
​​🤟 Нийет қалыс болсын

Расулаллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның бизлерге қалдырып кеткен тәлиматларынан бири сол, мөмин киси илимсиз жағдайда өзгелер менен таласып-тартыспаўы лазым болады. Аллаҳ таала айтады:


“Аллаҳтың аятлары ҳаққында өзлерине келген ҳүжжет-дәлилсиз таласып-тартысатуғынлар Аллаҳ тәрепинен де, ийман келтиргенлер тәрепинен де қатты ғәзепке қалады. Аллаҳ сондай етип, ҳәр бир кибирли ҳәм зорлық қылыўшылардың қәлбин муҳырлар” (Ғофин сүреси, 35-аят).

Пайғамбарымыз алайҳиссалам бизлерди илимсиз тәризде таласып-тартысыўымыздан қайтарыўына себеп, илимсиз таласып-тартысып атырған киси жәҳиллиги себепли боқтан ҳәм жалған сөзлерди айтады. Каьб ибн Мәлик разияллаҳу анҳудан рәўият қылынған ҳәдисте Расулаллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам сондай деген: “Ким илимди уламалар менен бирге жүриў, жәҳиллер менен таласып-тартысыў яки адамларды өзине қаратыў ушын үйренсе Аллаҳ таала оны дозаққа киргизеди” (Имам Термизий рәўияты.

Усы ҳәдисте “ким илимди уламалар менен бирге жүриў ушын үйренсе” деп айтылыўынан мақсет, башарият пайдасы, ямаса жер жүзин абаты ушын ямаса ибадатты дурыс ада етиў ушын емес, бәлки адамлар оны алым десинлер ушын, нәтийжеде алымлар қатарынан орын алыў ушын үйренген болса, делинип атыр. Демек, бундай кисиде ықлас болмайды, нийет дурыс болмаған болады ҳәм Аллаҳ ушын қалыс илим алмаған болады. Соның ушын да оның барар жери дозақ. Әбиў Умома Баҳилий разияллаҳу анҳудан рәўият қылынған ҳәдисте Расулаллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Ҳеш бир қәўим ҳидаят тапқанынан соң адаспаған, тек таласып-тартысқан соң адасыўға кеткен”, деди ҳәм усы аятты тиләўат қылды:

“Олар оны саған тек таласып-тартысыў ушынғана мысал келтирди. Себеби, олар душпаншы қәўимдир” (Зухруф сүреси, 58-аят).
(Термизий рәўияты).
Яғный оларды ҳақты қәлемейди, мақсетлери тек таласып-тартысыўдан ибарат.

🪶 Ҳомиджон Ишматбеков

✈️ @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM