Mag'zaniyshan.uz
1.11K subscribers
6.54K photos
410 videos
1 file
2.06K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, Кегейли районы "Мағзан ийшан" жаме мешитиниң Telegram каналы!
Download Telegram
#таңғы_тилек

АССАЛАМУ АЛАЙКУМ!

🌙 РАМАЗАННЫҢ 25-КҮНИ МҮБӘРЕК БОЛСЫН! 🤲


🌟 Аманлықта дийдарласыўды несийбемизге жазғанына шүкир!

🌸 Өмириңиздиң және бир таңы мүбәрек ҳәм қайырлы болсын!

🌸 Аллаҳым ҳәр бир қылып атырған қайырлы исиңизден, басқан ҳәр бир қәдемиңизден разы болсын!

🌸 Дениңиз саў, қәлбиңиз тыныш болыўын тилеймен.

🌸 Ҳадал тапқаныңыз тек ғана қуўанышқа, жақсылыққа буйырсын.

🌸 Ибадатларыңыз әжир-саўапларға толы болсын!

🌸 Ақыретте тутқан оразаңыз сизди Райян дәрўазасынан жәннетке алып кирсин!

РАМАЗАННЫҢ ЖИГИНМА БЕСИНШИ КҮНИ МҮБӘРЕК БОЛСЫН!!!

Аллаҳтың аманлығы
Пайғамбар ﷺның дуўасы
Қуранның нуры
Рамазанның пазыйлети күн даўамында сиз бенен болсын!


Қайырлы таң!!!

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
بِسْــــــــــــــــــــــمِ ﷲِالرَّحْمَنِ الرَّحِيم  

☀️ Әссаламу алайкум ўә роҳматуллоҳи ўә барокатуҳ! 

Бүгин пийшемби 🕊
25 - Рамазан 1445 ж
4 - Апрель 2024 ж


Күниңиз ҳайырлы ҳәм берекетли болсын! ☀️💓💓

  @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Рамазан — қайыр-сақаўат айы

Алла таала: «Рамазан айы, адамларға ҳидаят, туўры жол ҳәм (ҳақ пенен наҳақты) ажыратыўшы ҳүжжетлерден ибарат Қуран нәзил етилген (ай)», деп баян етеди (Бақара сүреси 185-аят).Рамазан айы басқа айларға салыстырғанда үстин ҳәм пазыйлетли ай. Аллаҳ таала Рамазан айын басқа барлық айлардан жоқары дәрежеге кѳтерди. Оны көплеген уллы пазыйлетлер ҳәм уллы жеңилликлер менен белгили етти.
Анас разияллаҳу анҳудан рәўият қылынады: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Ең абзал садақа Рамазанда етилген садақадур”, деди. Мешитимиздиң ишки имканиятларынан келип шығып ҳәм қәўендерлер кѳмегинде Рамазан айы мүнәсибети менен мәҳәллелердеги жәрдемге мүтәж, кем тәмийнленген, бағыўшысынан айрылған ҳәм нәгиранлығы болған пуқараларғы азық-аўқат ѳнимлеринен материаллық жәрдемлер бермекте. Әлбетте мүтәжлерге жәрдем бериў, олардың ҳалынан хабар алыў да саўап әмеллерден.
Аллаҳ таала усы айда қылып атырған барлық ибадатларымыз, атап айтқанда, қайыр-садақаларымызды Ѳз дәргайында қабыл етсин! Әмин

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
🙃26 - күн. «ТАРАЎИҲ» намазы пазыйлети.

يگیرمه التینچی کیچده تراویحنی اوقوسه بلند قیلغايخدای تعالی اول کیشیغه قرق يلليك ثوابني. 

Жигирма алтыншы түнде тараўиҳ оқыса, қырық жыллық нәпил ибадаттың саўабы бериледи.

📚 «Мажмаъул Мақсуд» китабынан

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ифтарлық

   АЎЫЗ АШЫЎ ДУЎАСЫ

   «Аллооҳуммә ләкә сумту ўә бикә әәмәнту ўә аълайкә тәўәккәлту ўә аъләә ризқикә әфтарту, фәғфирлий мәә қоддәмту ўә мәә аххарту бироҳмәтика я арҳамар рооҳимийн.» 

   Мәниси: Аллаҳым, усы оразамды Сен ушын туттым ҳәм Саған ийман келтирдим ҳәм Саған тәўекел қылдым ҳәм берген ырысқың менен аўыз аштым. Ҳәй, меҳрийбанлардың ең Меҳрийбаны, мениң алдынғы ҳәм кейинги гүналарымды мәғфират қыл.

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
🙄Күнлик ўазыйпа:

Аллаҳумма солли ъала Нәбиййина Муҳаммад
(100 мәрте)

"Шаңарағыңды намаз (оқыў)ға буйыр ҳәм (өзиң де) буған (намазға) сабырлы бол! Биз сеннен ырысқы сорамаймыз. (Керисинше,) Биз саған ырысқы беремиз. Ақыбет (жақсылығы) – тақўалыларға". Тоҳа сүреси, 132-аят

#намаз_ўақытлары

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#рамазан_2024 #ораза #аўыз_жабыў_дуўасы


   АЎЫЗ ЖАБЫЎ ДУЎАСЫ

   «Нәўәйту ән әсуўмә соўмә шәҳри ромәдоонә минәл фәжри иләл мәғриби, холисол лилләәҳи таъааләә Аллооҳу Әкбар». 

   Мәниси: Рамазан айының бүгинги оразасын таң атқаннан қуяш батқанша тутыўды нийет еттим. Қалыс Аллаҳ ушын, Аллаҳ Уллы.


@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
بِسْــــــــــــــــــــــمِ ﷲِالرَّحْمَنِ الرَّحِيم  

☀️ Әссаламу алайкум ўә роҳматуллоҳи ўә барокатуҳ! 

Бүгин Жума 🕊
26 - Рамазан 1445 ж
5 - Апрель 2024 ж


Күниңиз ҳайырлы ҳәм берекетли болсын! ☀️💓💓

  @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Рамазан айында нәпислеримизден үстин келип, кейнен жылдың қалған бөлиминде болса қарсысында хор болыў оразадан мақсет қылынған нәрсе емес.

Ҳақыйқый ораза - жыл бойы утысты қолға киритип, заман ҳәм мәкан жөнинен қандай өзгерис болса да сол утыслықты услап қалыўға айтылады.


👇👇👇👇👇

♻️ @MagzaniyshanUz
#хабар

😢 Хатмы Қуранға мәрҳәмәт!

Абдуллаҳ ибн Масъуд: «Ким Қуранды хатм қылса, оның ушын қабыл болыўшы дуўа бар», деди. Абдуллаҳ өзи қашан Қуран хатм қылса, шаңарақ әҳлин жийнап, дуўа қылатуғын еди, олар "Әмин!" деп туратуғын еди».

😙Кегейли районы "Мағзан ийшан" жаме мешити әзийз халқымызды бүгин яғный 5-апрель күни саат 21:20да оқылатуғын тараўиҳ намазына мирәт етип қалады. Иншааллаҳ Аллаҳ тааланың изни менен ертең Қураны кәрийм толық хатм қылынып болынады.

https://t.iss.one/magzaniyshanuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
ТҮНДЕ ИБАДАТ ҚЫЛМАҚШЫ БОЛСАҢЫЗ,ПЕСИН НАМАЗЫНАН СОҢ УЙЫҚЛАП АЛЫҢ!

Ибн Аббас разияллоҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Нәбий саллаллаҳу алайхи уа саллам:
«Сәҳәр тағамынан таңғы оразасына, қайлула уйқысынан түнги қиямға жәрдем алыңлар», деди».
Ибн Мажа, Ҳәким хәм Табараный рәўият қылған.
Түсиндирме: Сәҳәрлик қылыўдан мақсет күндиз тутатуғын ораза ушын таярлық көрип,қуўатлы болып алыу. Егер сәҳәрлик қылынбаса, киси таңғы оразасын тутыўға қыйналады.
Сондай ақ, күндизи уйықлап алмаса, түнде бийдар болып, ибадат қылыўға қыйналады. Ким түнде ибадат қылмақшы болса (тарауих,қәдир түни), күндизи Песин менен Намазлыгер ортасында уйықлап алыў керек. Күндиздиң ортасында уйықлаў араб тилинде «қайлула» делинеди.
Көринип турыпты, Ислам буйырған ибадатларды ада етиў ушын инсан өзин қыйнауы шәрт емес. Бәлки шөлкемлестирип, хеш қыйналмастан ибадат қылыў керек.

Шайх Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуф

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM