Mag'zaniyshan.uz
1.1K subscribers
6.53K photos
409 videos
1 file
2.06K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, Кегейли районы "Мағзан ийшан" жаме мешитиниң Telegram каналы!
Download Telegram
​​#мағлыўмат

❣️Биз Ҳәзирети Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламды таныймыз ба?!

Билемиз бе?
    Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам көшеде кетип баратырғанын да балаларға сәлем берер еди.

Билемиз бе?
     Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам қол берип көриссе тап сол адам қолын тартып алмағанша қолларын биринши болып алмас еди.

Билемиз бе?
     Биреў Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламға сөйлесе оған жүзи ҳәм денеси менен жүзленер еди.

Билемиз бе?
    Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан биреў бир нәрсе сораса ҳеш қашан жоқ демеген.

Билемиз бе?
     Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам қоллары менен ҳеш кимди бир мәрте де урмаған.

Билемиз бе?
    Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам өз нәпсилери ушын ҳеш қашан ғәзеп қылмаған.

Билемиз бе?
    Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ең үлкен мүсийбетлер менен сыналған. Жетим болған. Дәслеп пақыр болған. Жақсы көрген ҳаялларынан айырылған. Ҳәммеси болып 7 перзент көрген, 6 перзентин өз қолы менен қәбирге қойған. 

Билемиз бе?
    Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам палкер, сыйқыршы, жинли, гәззап киби сөгисли сөзлер менен кемситкен душпанларының ҳеш бирин сөкпеген еди.

Билемиз бе?
    Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам хызметкери Анас ибн Малик разыяллаҳу анҳуға ҳеш қашан "неге бундай қылдың" яки "неге қылмадың" деп кейимеген.

    Аллооҳумма солли ўә сәллим ўә бәәрик алайҳи ўә аләә әәлиҳи ўә асҳаабиҳи әжмаъийн.


Каналға ағза болыў
🎚️ @Magzaniyshanuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#мағлыўмат

   Таң аттырсаңыз, кеш болыўын күтип жасамаң, күниңизди жақсы ислер менен өткериўге ҳәрекет етиң.

   Еле жетип келмеген келешекти деп, бүгиниңди қуры ойлар менен өткерип қоймаң. Бүгиниңди дүзетсең, ертеңги күниң де жақсы болады.

   Жүрегиңизден көре алмаўшылықты шығарып таслаң, душпаншылықты, жек көриўшиликти жоқ етиң.

   Маған жақсылық жоқ екен деп адамлардан узақласпаң, ислериңиздиң ҳәммесин есап-китаплы қылың, адамларға бийҳуўда араласыўды кемейтириң.

   Китап инсанның ең жақсы жолдасы, солай екен, китаплар менен сәўбетлес болың, илимге жақын болың, мәрипатты дос тутың.

«Өкинбе» китабынан

Каналға ағза болыў
✈️ @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#мағлыўмат

РАЖАБ АЙЫ 🌙

     Ражаб айы ҳижрий-қамарий айлардың жетиншиси болып, шаҳруллоҳ яғный Алланың айы деп уллыланады. Өйткени, “Ражаб” сөзи сөзликте “уллылаў”, “ҳүрмет көрсетиў” мәнилерин аңлатады. Ислам келиўинен алдын да араблар бул айды уллылағаны ҳәм ҳүрметлегени себепли “Ражаб” деп атаған.
   Ражаб айы кирсе, Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:  Рәббим! Ражаб ҳәм шаъбан айларында бизге берекет бер ҳәм бизлерди рамазан айына аман-есен жеткер, - деп тилек тилеген.
Ражаб айында әҳмийетли тарийхый ўақыялар жүз берген. Атап айтқанда;
-  Нуҳ алайҳиссалам топан басланғанда Ражаб айының биринши күни кемеге минген;
- Расулуллаҳқа биринши ўаҳий Ражаб айында нәзил болған;
- Исро ҳәм Меъраж ўақыясы да уламалардың сөзлерине көре Ражаб айында жүз берген.
Ражаб айы динимизде уллыланған айлардан болғаны ушын онда көплеп нәпил ораза тутыўға, салиҳ әмеллер ислеўге ҳәрекет етиледи.

✈️ @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#мағлыўмат

ИСРО ҲӘМ МЕРАЖ

«Исро» - Аллаҳ таала Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламды түнниң бир бөлегинде Мәккәдағы Масжидул Ҳарамнан Қуддустағы Масжидул Ақсоға сейил қылдырыўы.
Ал, «Мераж» Аллаҳ таала Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламды Қуддусы шәрийфтен жоқарыға, яғный өзиниң Дәргайына көтерип алып шығыўы.
Исро ҳәм Мераж ўақыясының Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Пайғамбар болғанынан
кейин, Мәккә дәўиринде, Исламға шақырыў қуўдалаў менен табыс ортасында турған бир пайытта,
ҳижраттан бир жыл алдын, пайғамбарлықтың 13-жылы, робиъул әўўәл айы, дүйшемби күни, 52 жасқа толғанында, ояў ҳалында, руўх ҳәм денеси менен, Жәбрайыл периште менен бирге, Буроқ атлы мөжизалы көликте, түнниң бир белегинде, бир
мәрте жүз бергенин көпшилик уламалар атап өткен.
Мераж мөжизасы Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан баска ҳеш бир пайғамбарға берилмеген.
    
✈️ @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
​​#рамазан_2024 #мағлыўмат

ТАРАЎИҲ НАМАЗЫ ҚАЛАЙ ОҚЫЛАДЫ?

  Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм. Тараўиҳ – истираҳат(рәҳәтлениў) мәнисиндеги "тарўиҳа" сөзиниң көплик формасы. Төрт рәкат оқып, артынан дем алынғаны ушын бул намаз усылай аталған.
    Рамазан айы пазыйлетлерге бай. Оның пазыйлетлеринен бири ай даўамында қуптан намазынан кейин тараўиҳ намазын оқыў. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам тараўиҳ намазы ҳаққында сондай деген:
Аллаҳ таала Рамазан оразасын парыз етти ҳәм мен оның қыямын сизлер ушын сүннет еттим. Ким ийман ҳәм исеним менен, саўап үмитинде ораза тутса, түнлери намазда тик турса, анадан туўылған күниндей гүналарынан пәк болады".
(Имам Насаий рәўияты).

Ҳәдистеги Рамазанның түнлеринде тик турыў, дегенде тараўиҳ намазын орынлаў түсиниледи. Демек, ықлас пенен саўап үмитинде Рамазан оразасын тутып, тараўиҳ намазын оқысақ, Рамазан айы жуўмақланыўы менен анадан туўылған баладай гүналардан қутыламыз, инша Аллаҳ.
Тараўиҳ намазын оқыў еркеклерге де, ҳаялларға да атап өтилген сүннет. Тараўиҳти жалғыз оқыў мүмкин, бирақ жәмәәт пенен оқылса, жәмәәтке ўәде етилген саўапқа ерисиледи. Еки адам да жәмәәт есапланады. Қанша жәмәәт көп болса, сонша саўабы да көп болады.
Тараўиҳ намазына азан ҳәм тәкбир айтылмайды.

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
​​#мағлыўмат #зикир

“Мәшааллаҳ”, “Иншәаллаҳ”, “Субҳаналлаҳ”…
Бул сөзлердиң мәнисин билесизбе?

Келиң олардың мәниси менен танысамыз.

“Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳим” - ҳәр бир жақсы исти усы сөзлер менен баслаймыз.
Мәниси: “Меҳрийбан, рейимли Аллаҳтың исми менен”.

“Субҳаналлаҳ” - әжеплениў, таңланыў аңлатпасы.
Мәниси: “Аллаҳ ҳәр қандай нуқсанлардан пәкдур”.

“Аллаҳу әкбар” - Аллаҳ уллы.

“Мәшааллаҳ” - заўық алыў, таң қалыў аңлатпасы.
Бир жақсы нәрсени көргенде көзиңиз тиймеўи ушын да “Мәшааллаҳ”, деў керек.
Мәниси: “Аллаҳтың қәлеўи”.

“Әлҳамдулиллаҳ” - Аллаҳ тааланың неьматларына шүкир айтқанда, утыслар, жетискенликлер ҳаққында айтылғанда сондай-ақ, “Жумыслар қалай?”, “Ден-саўлығың жақсыма?” киби сораўларға жуўап берилгенде шүкир келтириў.
Мәниси: “Аллаҳ таалаға ҳәмдлер болсын!”

Шүкиргенде де “Әлҳамдулиллаҳ”, деў керек. Буны еситкен адам “Ярҳамукаллаҳ” (Аллаҳ сизге раҳым қылсын) деп жуўап қайтарыў керек. Шүкирген адам оған жуўап ретинде: “Яҳдийкумуллаҳ” (Аллаҳ сизди ҳидаят қылсын), дейди.

“Әстағфируллаҳ” - “Аллаҳ мени кеширсин”, “Аллаҳтан мағфират сорайман”.

“Иншааллаҳ” - енди болатуғын, қылмақшы болған исти Аллаҳ тааланың қәлеўине байлаў.
Мәниси: “Аллаҳ қәлесе” (“Қудай қәлесе”).

Ләә иләҳә иллаллаҳ Муҳаммадур Расулуллаҳ - Аллаҳтан басқа илаҳ жов, Муҳаммад Аллаҳтың Расулы.

Жәзәәкумуллаҳу хойрон - Аллаҳ сизди жақсылық пенен сыйласын.

Ўә ийякум - Сизге де.

Бәәракаллаҳ - Аллаҳ сизге берекет берсин.

Тақоббалаллаҳ - Аллаҳ қабыл қылсын.

Иннә лиллааҳи ўә иннәә илайҳи рожиъуўн - Бәршемиз Аллаҳтикимиз, бәршемиз Оның алдына қайтамыз.

Нәъуузубиллаҳ - Аллаҳ асырасын.

Тәўаккалту ъалаллаҳ - Аллаҳқа тәўекел.

Ораза - бир нәрседен өзин тыйыў. Таң атқаннан күн батқанша нийет пенен оразаны ашыўшы нәрселерден өзин тыйыў.

Тараўиҳ - рәҳәт-дем алыў деген мәнини аңлатады. Рамазанда бийдар болып оқылатуғын намаз. Бул намаз дем алыў есапланады, ҳәр төрт ракатты оқып болғаннан кейин дем алынады.

Ләйләтул Қәдир - “Қәдир түни”. Бул мүбәрек кеше “Қәдир” деп айтылыўының еки түрли мәниси бар. Бириншиси “қәдир”, яғный қәдири уллы, екиншиси “қадар”, яғный бенделердиң қадарын белгилеў. Себеби Қәдир кешеси қәдири уллы кеше. Қәдир кешеси бенделердиң бир жыллық қадарлары - тағдирлери белгиленетуғын кеше.

Питир садақасы - Рамазаннан питирге (аўыз ашықлығына) шығыў мүнәсибети менен берилетуғын садақа.

Фидя - сөзликте мәниси “пидә қылыў” болып, шәрият ҳүкимине көре, мәлим бир нәрсениң орнына мал сарыплаў “фидя бериў” дейиледи.

Саллаллаҳу алайҳи ўә саллам - ол затқа Аллаҳтың салаўату сәлеми болсын (әнбиялардың, әдетте Муҳаммад алайҳиссаламның исмлери келгенде айтылатуғын салаўат)

Алайҳиссалам - ол затқа Аллаҳтың сәлеми болсын (пайғамбарларға айтылады)

Разияллаҳу анҳу - Аллаҳ оннан разы болсын (саҳабаларға айтылады)

Раҳматуллаҳи алайҳ - оған Аллаҳтың раҳматы болсын (әдетте өмирден өткен уллы затларға айтылады)

Раҳимаҳуллаҳ - Аллаҳ оған раҳым қылсын (әдетте өмирден өткен уллы затларға айтылады)

Ҳафизаҳуллаҳ - Аллаҳ оны ҳифзу қорғаўында сақласын (әдетте ҳүрметли инсанларға тири ўақытында айтылады)

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
​​#мағлыўмат

Мусылманман деген киси Пайғамбарымызды өз Ата-анасын танығандай таныўы зәрүр!

Пайғамбарымыз Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам, 6-әсирде миладий 571-жылда, рабиул-әўўәл айының 12-күни, дүйшемби күни Мекке қаласында туўылған, 40 жасында нәбий болған ҳәм миладий 634 жылы, ҳижраттың 10-жылы, рабиул әўўәл айының 12-күни дүйшемби күни Мадинада 63 жаста қайтыс болған. 99 исми бар соннан 4 теўин әлбетте билиўимиз керек:

1-Муҳаммад
2-Мустафа
3-Маҳмуд
4-Аҳмад

Жәми 11 ҳаялы 2 шорысы болған.
Расулуллаҳтың ҳаялларының исимлери:
1-Ҳадиша бинти Ҳуўайлит
2-Саўда бинти Зама
3-Айша бинти Әбиў Бәкир
4-Ҳафса бинти Умар
5-Зайнаб бинти Ҳузайма
6-Умму Салама бинти Әбиў Умайя
7-Зайнаб бинти Жаҳш
8-Жуўайрия бинти Ҳорис
9-Умму Ҳабиба бинти Әбиў Суфян
10-Сафия бинти Ҳуяй
11-Маймуна бинти Ҳорис
12-(шорысы) Мария Қибтия
13-(шорысы) Райҳона

Пайғамбарымыздың әкесиниң исми Абдуллаҳ. Анасының исми Әмина. Атасының исми Абдулмутталиб (Шайба) 9 әмекиси болған, соннан 5 сеўи Пайғамбар болмасынан алдын қайтыс болған, 4 теўи Пайғамбарлық ўақытларында жасап өткен, исимлери:

1– Әбиў Талиб. (мушрик болған)
2- Ҳамза разияллаҳу анҳу (мөмин болған)
3- Аббас разияллаҳу анҳу (мөмин болған)
4- Әбиў Лаҳаб (мушрик болған)

6 ажапасы болған:

1- София
1- Умму Ҳаким
3- Арўа
4- Барра
5- Отика
6- Умайма

Пайғамбарымыздың 7 перзентлери болған: 4 қыз 3 ул.
Қызларының исми:

1- Умму Кулсум
1- Руқайя
3- Зайнаб
4- Фатима

Улларының исми:

1- Қасым
2- Абдуллаҳ
3- Ибраҳим
тек Ибраҳим улын Мария шорысынан көрген, қалған перзентлерин Ҳадиша Анамыздан көрген.

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#мағлыўмат

МАРҲУМЛАРДЫ ЗИЯРАТЛАЎ ТӘРТИБИ

Шәриятымыз бойынша зиярат етпекши болған адам алдын жуўынып, зиярат қағыйдаларын бир қатар еслеп алыўы зәрүр. Егер хожалығы менен баратуғын болса, онда бала-шағасына зияратқа барыў, ол жерде жүриў әдеплери, дурыс кийинип барыў әдеплерин үйретиўи лазым. Өзи де барғаннан кейин қайсы аятты оқыйжағын бир қатар тәкирар етип, кимлерди дуўа етиўин бир еслеп алғаны мақул.
Қәбирстанға киргенде не ислениўи ҳаққында мына ҳәдисте айтылған:

Пайғамбарымыз қәбирстанды зыярат қылыўға барғанда былай деген:
«Ҳәй мөминлер, қәбирстан әҳли, сизлерге сәлем болсын. Қуда қәлесе бизлер де келип сизлерге қосыламыз. Өзимизге ҳәм сизге Алладан тынышлық-саламатлық тилеймен».

Пайғамбарымыздың бул сөзлери қәбирстанды зыяратламақшы болған ҳәр бир адамға қолланба болыўы керек. Қәбирстанға кирип марҳумларға сәлем бергеннен кейин, илажы барынша мәйитке жақын барып, қублаға қарап отырып, Қураны кәрим аятларынан тилаўат қылып, дуўа оқылады. Жақын барыўдың илажы болмаса, мүмкиншилиги болған жерден дуўа қылынады.

Саҳаба Жобир р.а. былай рәўият қылады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам қәбирлердиң үстин ганч қылыўдан, үстине тас қойып, тасқа «Бисмиллаҳ»ты, «Лә илаҳа иллаллаҳ»ты ҳәм Қуран аятларын жазыўдан ҳәмде қәбирди басыўдан ҳәм оны аяқ асты қылыўдан қайтарды». Муслим рәўияты.

Барғанда да перзентлериниң әдеп пенен жүриўин бақлап барыўы керек. Бул ислер хожалық баслығының ўазыйпасы есапланады.
Инсан тирилигинде қандай ҳүрметке ылайық болған болса, өлгеннен кейин де сол ҳүрметте турады. Бул ҳаққында Айша р.а. анамыз былай деген: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ҳәм әкем Әбиў Бакр р.а. көмилген үйге оларды зыярат қылыў ҳәм үйди сыпырып, тазалаў ушын киргенимде, олардың биреўи ерим, екиншиси әкем деп орамалсыз кире беретуғын едим, кейин ала ол жерге екинши халифа Умар р.а. көмилгеннен кейин ол адамнан уялып, орамал жамылып киретуғын болдым». Имам Аҳмад рәўияты.

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#мағлыўмат

   ⤵️Таң аттырсаңыз, кеш болыўын күтип жасамаң, күниңизди жақсы ислер менен өткериўге ҳәрекет етиң.

   ⤵️Еле жетип келмеген келешекти деп, бүгиниңди қуры ойлар менен өткерип қоймаң. Бүгиниңди дүзетсең, ертеңги күниң де жақсы болады.

   ⤵️Жүрегиңизден көре алмаўшылықты шығарып таслаң, душпаншылықты, жек көриўшиликти жоқ етиң.

   ⤵️Маған жақсылық жоқ екен деп адамлардан узақласпаң, ислериңиздиң ҳәммесин есап-китаплы қылың, адамларға бийҳуўда араласыўды кемейтириң.

   ⤵️Китап инсанның ең жақсы жолдасы, солай екен, китаплар менен сәўбетлес болың, илимге жақын болың, мәрипатты дос тутың.

📚«Өкинбе» китабынан

✈️ @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
​​#мағлыўмат

Ҳижрий айлардың мәнилери ҳаққында:

1. Муҳаррам — мәниси ҳарам етилген, дегени. Айға қарап есапланатуғын жыл есабының биринши айының бундай аталыўына себеби, бул ай - мусылманшылықтан алдыңғы дәўирлерде де урыс ҳарам етилген болғанынан усындай аталған.

2. Сапар — бир мәниси сары рең, деген мәниде. Екинши мәниси босап қалыў, дегени. Алдыңғы дәўирлерде усы ай киргенде көпшилик саҳралы адамлар тижәрат ушын үлкен қалаларға шығып кеткен ҳәм саҳрадағы үйлер босап қалған, сонлықтан усындай аталған.

3-4. Робиул әўўәл - Робиул ахир. Үшинши ҳәм төртинши айлардың мәниси, бәҳәр, көркемлик, дегени.

5-6. Жумадул әўўәл. Жумадул ахир — жумад сөзи музлаў, қатып қалыў деген мәниде. Аўўал - биринши, ахир - екинши дегени.

7. Ражаб - уллылаў дегени.

8. Шаъбан — бөлиниў дегени. Саҳралылар усы айда топар топар болып бөлинип суў излеген.

9. Рамазан - ыссы дегени.

10. Шәўўәл — таўсылыў, тоқтаў дегени.

11. Зул қаъда — отырып қалыў деген мәнини аңлатады. Усы айда ҳәмме ҳәрекетлер тоқтап, әскерлер үйлеринде отырып қалғаны ушын усындай аталған.

12. Зул ҳижжа — ҳаж ийеси дегени. Алдыңғы дәўирлерде усы айда ҳажға шыққанлығы ушын усындай аталған.

@MagzaniyshanUz
#мағлыўмат

АШУРА КҮНИ

Ашура күни де берекетли күнлерден есапланады. Онда қылынған ибадатлар да, саўаплы әмеллер де пазыйлетли саналады.

Ашура күнинде қылынатуғын ең үлкен саўаплы әмеллер:

1. Ораза тутыў;
2. Зәкат бериў;
3. Тырнақларды алыў;
4. Ғусыл қылыў;
5. Наўқасты көриўге барыў;
6. Алымлардың алдына барып, нәсият еситиў;
7. Жетимлерге саўғалар берип, ғамхорлық көрсетиў;
8. Кийим иҳсан қылыў;
9. Жаназа намазына қатнасыў;
10. Силаи раҳм;
11. Төрт рәкат нәпил намаз оқыў;
12. Шаңарағына кеңшилик, байрам қылып бериў;
13. Қарыз бериў;
14. Адасқан адамға жол көрсетиў;
15. Ифтарлық бериў;


❗️Ашура күни 2024-жылдың 16-июль, сийшемби күнине туўры келеди.❗️

✈️ @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
​​#мағлыўмат

Мусылманман деген киси Пайғамбарымызды өз Ата-анасын танығандай таныўы зәрүр!

Пайғамбарымыз Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам, 6-әсирде миладий 571-жылда, рабиул-әўўәл айының 12-күни, дүйшемби күни Мекке қаласында туўылған, 40 жасында нәбий болған ҳәм миладий 634 жылы, ҳижраттың 10-жылы, рабиул әўўәл айының 12-күни дүйшемби күни Мадинада 63 жаста қайтыс болған. 99 исми бар соннан 4 теўин әлбетте билиўимиз керек:

1-Муҳаммад
2-Мустафа
3-Маҳмуд
4-Аҳмад

Жәми 11 ҳаялы 2 шорысы болған.
Расулуллаҳтың ҳаялларының исимлери:
1-Ҳадиша бинти Ҳуўайлит
2-Саўда бинти Зама
3-Айша бинти Әбиў Бәкир
4-Ҳафса бинти Умар
5-Зайнаб бинти Ҳузайма
6-Умму Салама бинти Әбиў Умайя
7-Зайнаб бинти Жаҳш
8-Жуўайрия бинти Ҳорис
9-Умму Ҳабиба бинти Әбиў Суфян
10-Сафия бинти Ҳуяй
11-Маймуна бинти Ҳорис
12-(шорысы) Мария Қибтия
13-(шорысы) Райҳона

Пайғамбарымыздың әкесиниң исми Абдуллаҳ. Анасының исми Әмина. Атасының исми Абдулмутталиб (Шайба) 9 әмекиси болған, соннан 5 сеўи Пайғамбар болмасынан алдын қайтыс болған, 4 теўи Пайғамбарлық ўақытларында жасап өткен, исимлери:

1– Әбиў Талиб. (мушрик болған)
2- Ҳамза разияллаҳу анҳу (мөмин болған)
3- Аббас разияллаҳу анҳу (мөмин болған)
4- Әбиў Лаҳаб (мушрик болған)

6 ажапасы болған:

1- София
1- Умму Ҳаким
3- Арўа
4- Барра
5- Отика
6- Умайма

Пайғамбарымыздың 7 перзентлери болған: 4 қыз 3 ул.
Қызларының исми:

1- Умму Кулсум
1- Руқайя
3- Зайнаб
4- Фатима

Улларының исми:

1- Қасым
2- Абдуллаҳ
3- Ибраҳим
тек Ибраҳим улын Мария шорысынан көрген, қалған перзентлерин Ҳадиша Анамыздан көрген.

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#мағлыўмат

РАЖАБ АЙЫ 🌙

     Ражаб айы ҳижрий-қамарий айлардың жетиншиси болып, шаҳруллоҳ яғный Алланың айы деп уллыланады. Өйткени, “Ражаб” сөзи сөзликте “уллылаў”, “ҳүрмет көрсетиў” мәнилерин аңлатады. Ислам келиўинен алдын да араблар бул айды уллылағаны ҳәм ҳүрметлегени себепли “Ражаб” деп атаған.
   Ражаб айы кирсе, Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:  Рәббим! Ражаб ҳәм шаъбан айларында бизге берекет бер ҳәм бизлерди рамазан айына аман-есен жеткер, - деп тилек тилеген.
Ражаб айында әҳмийетли тарийхый ўақыялар жүз берген. Атап айтқанда;
-  Нуҳ алайҳиссалам топан басланғанда Ражаб айының биринши күни кемеге минген;
- Расулуллаҳқа биринши ўаҳий Ражаб айында нәзил болған;
- Исро ҳәм Меъраж ўақыясы да уламалардың сөзлерине көре Ражаб айында жүз берген.
Ражаб айы динимизде уллыланған айлардан болғаны ушын онда көплеп нәпил ораза тутыўға, салиҳ әмеллер ислеўге ҳәрекет етиледи.

✈️ @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM