Mag'zaniyshan.uz
1.1K subscribers
6.64K photos
418 videos
1 file
2.07K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, Кегейли районы "Мағзан ийшан" жаме мешитиниң Telegram каналы!
Download Telegram
Диний тараў ўәкиллери президентлик сайлаўында белсенди қатнаспақта

Бүгин елимизде әҳмийетли сиясий ўақыя – Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы болып өтпекте. Қарақалпақстан Республикасы сайлаўшыларынан бириншилерден болып имам хатиблер, имам найыплар, кексе жастағы нураный ҳажы аталарымыз ҳәм апаларымыз, сондай-ақ, Нөкис Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты оқытыўшылары менен исши хызметкерлери де өзлериниң конституциялық ҳуқықынан пайдаланып, Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында өз шаңарақ ағзалары менен белсенди қатнаспақта.
Демократиялық принциплер тийкарында өтип атырған президентлик сайлаўында сайлаўшылар өзлерине мүнәсип көрген талабанға даўыс берип, өз халқы, Ўатаны, шаңарағы ҳәм келешеги ушын бийпарық емеслигин көрсетип, ҳәр бир даўыс шешиўши әҳмийетке ийе болыўы мүмкинлигин сезинген ҳалда қатнаспақта.
Атап өтиў тийис, бул жылғы президентлик сайлаўы халықаралық принциплер тийкарында, сайлаўшылардың белсенди қатнасыўы менен өзгеше пайызлы өтпекте. Себеби, пуқаралардың сиясий белсендилиги өз ара татыўлықты, ел-журтқа сүйиспеншиликти, ертенги күнге болған исенимди аңлатады.
Аллаҳ таалаға шексиз шүкирлер болсын, ҳақыйқатында да, елимизде соңғы жыллары диний-ағартыўшылық тараўда үлкен унамлы өзгерислер ҳәм реформалар нәтийжесинде бир ғана Қарақалпақстан Республикасының өзинде қаншадан-қанша жаңа мешитлердиң ашылыўы, алдынғыларының толық реконструкциядан шығыўы, ҳаж ҳәм умра зыяратлары ушын квоталардың көбейтилиўи, улыўма мөмин-мусылманларға кең имканиятлардың жаратылыўы Аллаҳ тааланың елимизге берген уллы неъматларынан есапланады.
Бүгинги сайлаўларда тек ғана жасы уллы аталарымыз ҳәм апаларымыз емес, ал жасларымыз да белсенди қатнасып өз келешегине, журт тәғдирине бийпарық емеслигин әмелде тастыйықламақта.
Аллаҳ тааладан елимиздиң тынышлығын мәңги ҳәм халқымыздың ырысқы-несийбесин мол әйлеп, мәмлекетимизде өткерилип атырған президентлик сайлаўы бәрше ушын қайырлы болыўын сорап, дуўа қыламыз.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#нәсият

Намазда болсаң, қәлбиңди абайла!
Адамлар арасында болсаң, тилиңди абайла!
Биреўдиң үйинде болсаң, көзиңди абайла!
Аўқат үстинде болсаң, асқазаныңды абайла!
Еки нәрсени ҳеш еслеме:
Бириншиси: Адамлардың саған қылған жаманлығын;
Екиншиси: Адамларға қылған жақсылығыңды.
Еки нәрсени ҳасла умытпа:
Бириншиси: Аллаҳ әззә ўә жәлләни.
Екиншиси: Ақырет диярын.

♻️ @MagzaniyshanUz
📆 Күнлик ўазыйпа:

Аллаҳумма солли ъала Нәбиййина Муҳаммад
(100 мәрте)

"Шаңарағыңды намаз (оқыў)ға буйыр ҳәм (өзиң де) буған (намазға) сабырлы бол! Биз сеннен ырысқы сорамаймыз. (Керисинше,) Биз саған ырысқы беремиз. Ақыбет (жақсылығы) – тақўалыларға". Тоҳа сүреси, 132-аят

#намаз_ўақытлары

✈️ @MagzaniyshanUz
بِسْــــــــــــــــــــــمِ ﷲِالرَّحْمَنِ الرَّحِيم  

☀️ Әссаламу алайкум ўә роҳматуллоҳи ўә барокатуҳ! 🦋

🦋🦋🦋🦋🦋🦋🦋🦋🦋🦋

Бүгин дүйшемби🕊
22- Зулҳижжа 1444 ж
10 - Июль 
2023 ж

Күниңиз ҳайырлы ҳәм берекетли болсын!
☘️🌺☘️🌹☘️🌼☘️🌹🍀🌷🌱

 ♻️@MagzaniyshanUz
#аят

Тек: «Аллаҳ қәлесе», (–деп айт. Бул сөзди) умытсаң, (есиңе түскенде) Рәббиңди есле («иншааллаҳ», дең) ҳәм: «Қәнекей, Рәббим мени буннан да жақынырақ туўры жолға ҳидаят қылса», – деп айт.

Каҳф сүреси, 24-аят.



👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz
Қулласы, сигарета ғам-тәшўишиңди кетире алмайды. Қосық ямаса гитара ямаса басқа соған уқсаған гүнаҳлар жүрегиңниң езилгенин кетире алмайды. Ғапыллар бул нәрселерди қәлибтиң ағарыўы деп ойлайды. Дегенменен, булар қараңғылық, тек қана жүректиң ғамын ҳәм хорлықты көбейтеди.



👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz
Қуранды үйренген кисиниң қәдир-қымбаты артып барабереди.

Имам Шофеьий



👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz
Қәбилетиң ҳәм жетискенликлериңе ҳасад қылмайтуғын бирден-бир инсан әкең! (Перзент әкениң мийўеси. Адамлар перзенттеги жетискенликлерди көрип, бундай табыс артында турғаны ушын “Әкесине рақмет”, деп айтады)

Әкееее….



👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz
Абдуллаҳ ибн Амр разияллаҳу анҳу: “Қурбақаларды өлтирмеңлер! Себеби олардың сизлер еситип атырған сайраўы - тасбеҳ айтып атырғаны болады”, деди.
Олар тасбеҳ айтыўдан тоқтаса, душпанына жем болады…



👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz
Фатиҳа сүреси Аллаҳтың ғәзебинен тосады.
Ясин сүреси Қияметтеги шөллеўден тосады.
Мүлик сүреси қәбир азабынан қутқарады.
Кәўсар сүреси душпанлықтан тоқтатады.
Кафирун сүреси өлим ўақтындағы күпирден тосады.
Ихлас сүреси мунафықлықты жоқ етеди.
Фалақ сүреси ҳасадтан тосады.
Нәс сүреси ўасўасадан тосады.



👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz
Бийшара адамзат! Ҳәр күни өмиринен бир күн қысқарып барады. Бүгин де өмиринен қысқарды, лекин оның пәрўайы пәлек. Егер мал мүлки кемейсе жүдә итибарлы болар еди. Негизинде мал дүньяның орнын толтырса болады, лекин өтип атырған өмирдиң орнын ҳеш нәрсе менен толтырып болмайды.



👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz
#ҳәдис

Анас ибн Мәлик разияллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
“Расулаллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Жас жигит ғарры адамды жасы үлкенлиги ушын ҳүрмет етсе, Аллаҳ таала сол жигиттиң тағдирине қартайғанында оны ҳүрмет қылатуғын адамды жазып қояды”, деди.

Имам Термизий рәўияты



👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz
#ҳәдис

Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам таҳарат қылып атырған Саьдтың қасынан өтип баратырып, “Бул қандай ысапгершилик?” деди. Саьд: “Таҳаратта да ысырап боладыма?” деди. Сонда Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Аўа. Ҳәтте ағып турған дәрьяның жағасында болсаң да”, деди.

Имам Аҳмад ҳәм Ибн Можа рәўияты

Пикир: Таҳараттағы суўды ысырап қылдың десе, басқа нәрселердеги ысырап қандай болар екен?



👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz
Перзент тәрбиясында жети зәҳәрден абайлы болың:

1. Бир бирине салыстырыў. Баланы бир бирине салыстырып, ажыратыў оның өмирин ўайран етеди.
2. Физикалық қопаллық, урыў ямаса қопал, уят сөз ислетиў. Булар баланың өзине болған исеним ўайран етеди.
3. Масқаралаў. Ҳәр дайым масқара қылынған бала өзин ҳүрмет қылмайтуғын болып қалады.
4. Артықша еркелетиў. Көп еркелетилген, талтайып кеткен бала жуўапкершиликти билмейтин болып қалады.
5. Артықша тергеў. Ҳәр дайым қадағалаў ҳәм артықша пикир талап қылыў басқалар пикирин қабыл қылыў өзгешелигинен маҳрум қылады.
6. Бийпарўалық. Баланың дәртине қулақ салмаўлық, оны менен сәўбетке ўақыт ажыратпаў ондағы қәтиржемлик сезимин ўайран етеди.
7. Инталантырмаў. Марапатланбаған бала жаңалық жаратыўдан, дөретиўшилик қылыўдан маҳрум болады.



👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz
Инсанның Аллаҳ таала менен биринши байланысы Оны таныў.
Екиншиси нәписин Оған итаат қылыў ушын үндеў.
Үшиншиси Оған ибадат қылыў.
Төртиншиси солиҳ әмел қылып, Оған жақынласыў.
Сонда нәпсиң аманда болады, бақытлы өмир сүресең ҳәмде дүнья ҳәм ақырет неьматларына байланасаң.




👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz
📆 Күнлик ўазыйпа:

Аллаҳумма солли ъала Нәбиййина Муҳаммад
(100 мәрте)

"Шаңарағыңды намаз (оқыў)ға буйыр ҳәм (өзиң де) буған (намазға) сабырлы бол! Биз сеннен ырысқы сорамаймыз. (Керисинше,) Биз саған ырысқы беремиз. Ақыбет (жақсылығы) – тақўалыларға". Тоҳа сүреси, 132-аят

#намаз_ўақытлары

✈️ @MagzaniyshanUz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#видео
🕌 Кегейли районы "Мағзан ийшан" жаме мешити имам-хатиби

🎤 Юсупов Арзыўбай

▶️ Тема: Жасларды бузғыншы идеялардан сақлайық

📌 #МАРУЗА
04:06

@MagzaniyshanUz