Mag'zaniyshan.uz
1.1K subscribers
6.53K photos
409 videos
1 file
2.06K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, Кегейли районы "Мағзан ийшан" жаме мешитиниң Telegram каналы!
Download Telegram
#зикир

Дүньядағы мәканды қолға киритиў ушын пикир (анық мақсет, реже) керек.
Жәннеттеги мәканға ерисиў ушын зикир (Аллаҳқа ибадат, таат) керек.
Бизди көбинесе зикирден дүнья ислерине пикир бәнт етеди. Аллаҳты зикир қылмастан жылдамларың, ўақтың өтип атырған екен, бир тасбеҳ ямаса истиғфар айтып болса да, қәлбиңди оят. Себеби ғәплет дәрт, Аллаҳтың зикири болса даўа.



👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz
#зикир

Америкалық алымлар алып барған излениўлерден, сондай-ақ, мусылман уламалардың излениўлеринен мәлим болыўынша, Аллаҳ таала ҳаққында пикир жүритиў руҳый тынышсызланыўды жеңиллетер екен.
Қәнийгелердиң айтыўынша, Аллаҳ таалаға ийман келтирген, шыпа бериўге тек Аллаҳ таала қәдир екенине исенген адамлар динди бийкар етиўши даҳрыйларға қарағанда көбирек ҳәм тезирек шыпа табар екен. Излениўлердиң нәтийжесине көре, Аллаҳ таала ҳаққында пикир жүритиў барысында мийде жүз беретуғын электромагнит толқынларда өзгерис жүзеге келеди. Соның ушын шыпакерлер наўқасларға көбирек зикир қылып, дуўаға кеўил бөлиўди мәсләҳәт береди. Бул нәрсе наўқастың шыпа табыўында, әсиресе, өткир кеселликлерде үлкен жәрдем береди. Сондай-ақ, излениўшилер Аллаҳты зикир қылған инсан организминде арнаўлы гормонлар ажыралып шығып, жүрек искерлигине ҳәмде улыўма адамның руҳый жағдайына жақсы тәсир қылыўын да айтқан.
Субҳаналлаҳ! Рәббимиз бизге Өзин зикир қылыўды буйырған ҳәм Өзиниң зикири менен қәлблер тынышланыўын енгизип қойған!
“(Мөминлер) ийман келтирип, кеўиллери Аллаҳтың зикири менен ләззетленеди. Билип қойың, Аллаҳтың зикири менен кеўиллер ләззетленеди (ҳәм тынышланады).”
(Раьд сүреси, 28 аят)



👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz
​​#зикир_ҳәм_дуўа

Намазға турыўды қәлеген ўақытың айтылатуғын зикир

Умму Рофиъ разияллоҳу анҳадан рәўият қылынады:
«Мен Расулуллаҳ соллаллоҳу алайҳи ўасалламға: «Ҳәй Расулуллаҳ, маған бир әмелди көрсет, оны менен Аллаҳ маған әжир берсин», дедим. Сонда Расулуллаҳ соллаллоҳу алайҳи ўасаллам: «Ҳәй Умму Рофиъ, егер намазға турсаң, Аллаҳға он мәрте тасбиҳ, он мәрте тәҳлил, он мәрте таҳмид, он мәрте тәкбир, он мәрте истиғфар айт. Тасбиҳ айтқаныңда, Аллаҳ: «Бул Мен ушын», дейди. Тәҳлил айтсаң да, Аллаҳ: «Бул Мен ушын», дейди. Ҳәмд айтсаң да, «Бул Мен ушын», дейди. Тәкбир айтқаныңда да, «Бул Мен ушын», дейди. Егер истиғфар айтсаң, «Буны бежердим» (яғни, гунаҳларын әпиў еттим), дейди», дедилер».

Ибн Сунний рәўиятлары.

*Тасбиҳ - субҳаналлаҳ
*Таҳлил - Ләә иләҳә илләллаҳ Муҳаммадур расулаллаҳ
*Таҳмид - Әлҳамдулиллаҳ
*Тәкбир - Аллаҳу әкбар
*Истиғфар - Әстағфируллаҳ

Имам Наўаўийдиң «Әл-Әзкар» китабынан

@MagzaniyshanUz
#зикир

Шайтанның инсанға қоятуғын ең биринши дузағы оның тилин зикирден тоқтатыў. Егер тил байлап, шеклеп қойылса, инсан денесиниң тийкарғы бөлимлери шайтанға тәслим болады.
“Оларды шайтан ийелеп алып, оларға Аллаҳты еслетиўди умыттырды” (Мужодала сүреси, 19 аят)

✈️ @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#зикир

“Ләә иләҳә иллаллаҳ” калимасы менен дем ал!
Расулаллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламға салаўат айтыў менен қуўанышта бол!
Истиғфар айтыў менен нәпсиңди айыпла!
“Иннә лилләәҳи ўә иннәә илайҳи рожиьун” деў менен кеўилсиз бол!
(Көзиң тиймеўи ушын) көзиңниң зәҳирин “Мәә шәә-аллаҳ, ләә қуўўәтә иллә биллааҳ” пенен сындыр!
“Субҳаналлаҳ” пенен таңлан!
“Бисмиллаҳ” пенен басла!
“Әлҳамдулиллаҳ” пенен тамамла!

✈️ @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#зикир

   Ким тасбеҳти көп айтса қәлби ашылады...

Субҳаналлоҳ
Субҳаналлоҳ
Субҳаналлоҳ


   Ким ҳәмдты көп айтса оның артынан жақсылықлар ереди...

Әлҳамдулиллаҳ
Әлҳамдулиллаҳ
Әлҳамдулиллаҳ


   Ким истиғфарды көп айтса оған жаўық есиклер ашылады...

Әстағфируллоҳ
Әстағфируллоҳ
Әстағфируллоҳ



Каналға ағза болыў
@MagzaniyshanUz
#зикир

Аллаҳты зикир қыл!
Аллаҳ
зикири Рәбб разылығы, инсанды бахытлы қылады, шайтанды қуўғын қылып, үмитсиз қылады, қапалықты кеткизеди ҳәм (қиямет күни) тәрезини толтырады.

📿 Ләә иләәҳә илләллооҳ (10 мәрте)

📿 Әстәғфируллооҳ (10 мәрте)

📿 Субҳааналлооҳ (10 мәрте)

📿 Аллооҳу акбар (10 мәрте)

📿 Әлҳәмду лилләәҳ (10 мәрте)

📿 Роббиғфирлий (10 мәрте)

📿 Субҳәәналлооҳи ўә биҳәмдиҳи (10 мәрте)

📿 Субҳәәналлооҳил ъазийм (10 мәрте)

📿 Аллооҳумма солли ъаләә сәййидинәә Муҳаммад (10 мәрте).

🔵 @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#зикир

Шайх Муҳаммад Ротиб Наблусий былай дейди:
"Мен сизлерге бир усыныс айтпақшыман, өзим буны ҳәр күни таң намазынан кейин айтып шығаман. Олар төмендегилер:

1. "Әстағфируллооҳәл ъазийм ўә әтуўбу иләйҳ" - 100 мәрте.

2. "Аллооҳуммә солли ъаләә сәййидинәә Муҳаммәдин ўә ъаләә әәлиҳи ўә соҳбиҳии ўә сәллим" - 100 мәрте.

3. "Субҳаанәллооҳи ўәлҳамдулилләәҳи ўә ләә иләәҳә илләллооҳу ўәллооҳу әкбар" - 100 мәрте.

4. "Субҳаанәллооҳи ўә биҳамдиҳии, субҳаанәллооҳил ъазиийм" - 100 мәрте.

5. "Ләә ҳаўлә ўә ләә қуўўәтә илләә билләәҳи" - 100 мәрте.

6. "Ҳасбияллооҳу ўә ниъмәл ўәкиийл" - 100 мәрте.

Бул зикирлерди айтыўға шама менен 20 минут яки бираз көбирек ўақыт кетеди. Егер сиз бул зикирлерди айтсаңыз, Аллаҳ таала сизди Өзи қоллайды.


@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
​​#мағлыўмат #зикир

“Мәшааллаҳ”, “Иншәаллаҳ”, “Субҳаналлаҳ”…
Бул сөзлердиң мәнисин билесизбе?

Келиң олардың мәниси менен танысамыз.

“Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳим” - ҳәр бир жақсы исти усы сөзлер менен баслаймыз.
Мәниси: “Меҳрийбан, рейимли Аллаҳтың исми менен”.

“Субҳаналлаҳ” - әжеплениў, таңланыў аңлатпасы.
Мәниси: “Аллаҳ ҳәр қандай нуқсанлардан пәкдур”.

“Аллаҳу әкбар” - Аллаҳ уллы.

“Мәшааллаҳ” - заўық алыў, таң қалыў аңлатпасы.
Бир жақсы нәрсени көргенде көзиңиз тиймеўи ушын да “Мәшааллаҳ”, деў керек.
Мәниси: “Аллаҳтың қәлеўи”.

“Әлҳамдулиллаҳ” - Аллаҳ тааланың неьматларына шүкир айтқанда, утыслар, жетискенликлер ҳаққында айтылғанда сондай-ақ, “Жумыслар қалай?”, “Ден-саўлығың жақсыма?” киби сораўларға жуўап берилгенде шүкир келтириў.
Мәниси: “Аллаҳ таалаға ҳәмдлер болсын!”

Шүкиргенде де “Әлҳамдулиллаҳ”, деў керек. Буны еситкен адам “Ярҳамукаллаҳ” (Аллаҳ сизге раҳым қылсын) деп жуўап қайтарыў керек. Шүкирген адам оған жуўап ретинде: “Яҳдийкумуллаҳ” (Аллаҳ сизди ҳидаят қылсын), дейди.

“Әстағфируллаҳ” - “Аллаҳ мени кеширсин”, “Аллаҳтан мағфират сорайман”.

“Иншааллаҳ” - енди болатуғын, қылмақшы болған исти Аллаҳ тааланың қәлеўине байлаў.
Мәниси: “Аллаҳ қәлесе” (“Қудай қәлесе”).

Ләә иләҳә иллаллаҳ Муҳаммадур Расулуллаҳ - Аллаҳтан басқа илаҳ жов, Муҳаммад Аллаҳтың Расулы.

Жәзәәкумуллаҳу хойрон - Аллаҳ сизди жақсылық пенен сыйласын.

Ўә ийякум - Сизге де.

Бәәракаллаҳ - Аллаҳ сизге берекет берсин.

Тақоббалаллаҳ - Аллаҳ қабыл қылсын.

Иннә лиллааҳи ўә иннәә илайҳи рожиъуўн - Бәршемиз Аллаҳтикимиз, бәршемиз Оның алдына қайтамыз.

Нәъуузубиллаҳ - Аллаҳ асырасын.

Тәўаккалту ъалаллаҳ - Аллаҳқа тәўекел.

Ораза - бир нәрседен өзин тыйыў. Таң атқаннан күн батқанша нийет пенен оразаны ашыўшы нәрселерден өзин тыйыў.

Тараўиҳ - рәҳәт-дем алыў деген мәнини аңлатады. Рамазанда бийдар болып оқылатуғын намаз. Бул намаз дем алыў есапланады, ҳәр төрт ракатты оқып болғаннан кейин дем алынады.

Ләйләтул Қәдир - “Қәдир түни”. Бул мүбәрек кеше “Қәдир” деп айтылыўының еки түрли мәниси бар. Бириншиси “қәдир”, яғный қәдири уллы, екиншиси “қадар”, яғный бенделердиң қадарын белгилеў. Себеби Қәдир кешеси қәдири уллы кеше. Қәдир кешеси бенделердиң бир жыллық қадарлары - тағдирлери белгиленетуғын кеше.

Питир садақасы - Рамазаннан питирге (аўыз ашықлығына) шығыў мүнәсибети менен берилетуғын садақа.

Фидя - сөзликте мәниси “пидә қылыў” болып, шәрият ҳүкимине көре, мәлим бир нәрсениң орнына мал сарыплаў “фидя бериў” дейиледи.

Саллаллаҳу алайҳи ўә саллам - ол затқа Аллаҳтың салаўату сәлеми болсын (әнбиялардың, әдетте Муҳаммад алайҳиссаламның исмлери келгенде айтылатуғын салаўат)

Алайҳиссалам - ол затқа Аллаҳтың сәлеми болсын (пайғамбарларға айтылады)

Разияллаҳу анҳу - Аллаҳ оннан разы болсын (саҳабаларға айтылады)

Раҳматуллаҳи алайҳ - оған Аллаҳтың раҳматы болсын (әдетте өмирден өткен уллы затларға айтылады)

Раҳимаҳуллаҳ - Аллаҳ оған раҳым қылсын (әдетте өмирден өткен уллы затларға айтылады)

Ҳафизаҳуллаҳ - Аллаҳ оны ҳифзу қорғаўында сақласын (әдетте ҳүрметли инсанларға тири ўақытында айтылады)

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#зикир

Шайтанның инсанға қоятуғын ең биринши дузағы оның тилин зикирден тоқтатыў. Егер тил байлап, шеклеп қойылса, инсан денесиниң тийкарғы бөлимлери шайтанға тәслим болады.
“Оларды шайтан ийелеп алып, оларға Аллаҳты еслетиўди умыттырды” (Мужодала сүреси, 19 аят)

✈️ @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#зикир

Абдуллаҳ ибн Масъуд разыяллаҳу анҳу: "Мусылман бенде қашан «Субҳаанәллооҳи, ўәлҳамду лилләәҳи ўә ләә иләәҳә илләллооҳу ўәллооҳу әкбар ўә тәбәәрокәллооҳу» десе, бир периште оларды қысымлап алып, қанаты астына қояды ҳәм аспанға алып шығады. Ол периштелердиң қайсы жәмәәти алдынан өтсе, әлбетте, олар сол сөзлерди айтыўшыға истиғфар айтады. Бул жаңағы периште Аллаҳтың алдына жетип барғанша, даўам етеди», – деди.

«Ҳәдис ҳәм турмыс» китабынан

✈️ @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#дуўа #зикир

     ТАҢҒЫ ЗИКИР

     Умма Салама разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: "Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам таң намазында сәлем берип:
     "Аллооҳуммә инний әс-әлукә ъилмән нәәфиъан ўә ризқон тоййибән ўә ъамәлән мутәқоббәләә", деп айтар еди".

     Мәниси: Аллаҳым, Сеннен пайдалы илим, пәкизе ырысқы, қабыл болатуғын әмел сорайман.

  🪶 Ибн Мажа раўияты
     

✈️ @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM