Mag'zaniyshan.uz
1.1K subscribers
6.6K photos
415 videos
1 file
2.07K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, Кегейли районы "Мағзан ийшан" жаме мешитиниң Telegram каналы!
Download Telegram
#нәсият

Әўели Аллаҳқа исениң кейин болса өзиңизге. Айыпларыңызды жақсылап танып алың.
Исенебериң, егер сиз сол айыпларыңыздан қутылсаңыз, арзыўларыңыздың әмелге асыўына бир адым қалады… Өз қәтелериңизди ядыңызда тутың, бирәдарларыңыз, жақын аға-инилериңизди қасыңызда сақлап қалыўды қәлесеңиз олардың қәтелерин есиңизден шығарың. Соны билиң, ҳақыйқый саадат - киси басқалардың айыбын қойып, өз айыплары менен бәнт болыўында.

“Жәннет бостанындағы шаңарақлы кешелер” китабынан

✈️ @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#нәсият

Қәлбиң тынышланған сәждеден руўҳың тоймағанша басыңды көтерме!
Қәлбиңдеги ең жасырын сырларды жайнамазға төгип сал. Егер сен кимге ибадат қылып атырғаныңды билгениңде еди, сәждеде мойның ийилген жағдайда қалыўға қумар болар едиң. Сен сәждеде ўақтыңда адамлар нәздинде пәсленген боласаң, тийкарында жоқарыға көтерилип атырған боласаң.
Аллаҳым! Денем де, қәлбим де сәўлеленген сәжде бер! Себеби егер қәлиб сәжде қылса, Аллаҳқа жақынласып, көтериледи ҳәм ләззетке айланады. Сондай екен, сәжде қылып Аллаҳқа жақынлас!

✈️ @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#нәсият

Өзиңизди үндемей турып, ойлай бериўге әлетлениў орнына Аллаҳты зикир қылыңлар, истиғфар сораңлар, ҳәмде Оны пәклеп, тасбеҳ айтыңлар. Тиллериңизди зикирге әдетлентириң.
Зикирге үйренип ҳәм әдетленгеннен соң ол ҳасла үндемей зикирсиз турмайды.

Түсиндирме: Аллаҳ таала тилди сөйлеў ушын жаратқан. Егер оны зикир ҳәм тасбеҳ айтыў менен жылаўламаса, ол пайдасыз сөзлерди сөйлеўге шуңғып кетеди.

✈️ @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#нәсият

Өмирде қандай жасап атырсыз?
— Үмитсизликке түспе! Үмитсизлик Аллаҳтын раҳматына шүкир қылынбаған болады.
— Ғәзепленбе! Ғәзеп пазыйлетлерди жоққа шығарады.
— Кек сақлама! Кек сақлаў өмирдиң гөззалығын өширип жибереди.
— Қапа болма! Қапалық денеге де, нервқа да зиян жеткизип, шыдап болмас ғам-қайғыға дуўшар болады.
— Заманлар ықтияры Аллаҳтың қаза ҳәм қадар салтанаты астында екенин умытпа!
Әтирапыңдағы ўақияларға бийпарўа болма!
Басқаларға шын жүректен муңлас болыў - инсаный өзгешеликлерден.
Ҳәргиз менмен болмаң!
Басқаларға жақсылықта раўа көриў инсаный пазыйлетлердиң ең гөззалы.

✈️ @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#нәсият

Мал-дүньяны жақсы көрсең, есап-китапты да умытпа!
Қасырларды жақсы көрсең, қәбирлерди де умытпа!
Гүнаҳ ҳәм мәсиятты жақсы көрсең, тәўбени ҳәм гүнаҳларды кешириўшини умытпа!
Адамларды жақсы көрсең, Жаратқанды да умытпа!
Дүньяны жақсы көрсең, ақыретти де умытпа!


☀️☀️☀️☀️☀️☀️☀️☀️☀️☀️☀️

✈️ @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#нәсият

Қәлбиң тынышланған сәждеден руўҳың тоймағанша басыңды көтерме!
Қәлбиңдеги ең жасырын сырларды жайнамазға төгип сал. Егер сен кимге ибадат қылып атырғаныңды билгениңде еди, сәждеде мойның ийилген жағдайда қалыўға қумар болар едиң. Сен сәждеде ўақтыңда адамлар нәздинде пәсленген боласаң, тийкарында жоқарыға көтерилип атырған боласаң.
Аллаҳым! Денем де, қәлбим де сәўлеленген сәжде бер! Себеби егер қәлиб сәжде қылса, Аллаҳқа жақынласып, көтериледи ҳәм ләззетке айланады. Сондай екен, сәжде қылып Аллаҳқа жақынлас!

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#нәсият

ОРАЗАҢДЫ БУЗЫП ҚОЙМА!!!

Әмеллерди шырайлы сүуретте ада етпестен, оразаңды бузып қойма.
— Намазыңды зая қылыу арқалы оразаңды бузба
— Садақа үлеспестен, оразаңды бузба.
— Сезимге берилип, басқаларды сөгиу арқалы оразаңды бузба.
— Миймандаршылықты көбейтип, оразаңды бузба.
— Көп сөйлеп өсекшилик қылып, оразаңды бузба.
— Ата анаға ақ болып, оразаңды бузба.
— Көзиңди нәмахрамларға қаратып, оразаңды бузба.
— Папиросқа тәслим болып, оразаңды бузба.
— Уақытыңды зая етип, оразаңды бузба.
— Ҳиджабқа бийпәруа болып, оразаңды бузба.
— Ағайын, туысқан менен байланысты үзип, оразаңды бузба.

"Рамазан ҳикметлери" китабынан

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#нәсият

Сәләфи солиҳлардан бири айтады:
Егер кисиниң әжели жетсе, өлим периштесине мәййиттиң басын ийискелеўге әмир етиледи. Сонда ол: “Басында Қуранды таўып атырман”, дейди.
Оған: “Қәлбин ийиске”, дейилгенде, “Қәлбинде оразаны таўып атырман”, дейди. Оған еки аяғын ийискелеўди буйырады.
“Еки аяғында қиямда таўып атырман”, дейди. Сонда: “Ол жанын сақлапты, Аллаҳ та оны сақлайды”, дейиледи. Соның ушын да сәләфи солиҳлар Аллаҳтың китабы (Қуран)ға ықласлы болып, оны жақ тислери менен беккем тиследи. Аллаҳтың китабын яд алыўдан басқа ҳеш нәрсени үстин қоймады.


“Қуран қарыйларына нәсиятнама” китабынан

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#нәсият

Дуўаның күшин жеңил санамаң. Себеби Жер жүзинде дуўаңыздан да күшлирек нәрсе жоқ. Ҳәттеки қабылы кешиккенин көрсеңиз де дуўада беккем болабериң, исениң, садық қәлибтен шыққан дуўа өмир тәрезилерин де өзгертирип, айлантырып жибереди.
Ҳәр дайым ядыңызда тутың, Нуҳ алайҳиссаламның: “Әлбетте, мен жеңилдим, жәрдем бер”, дуўалары себебинен дүньяны суў басты.
Сулайман адайҳиссалам:
“Рәббим, мени мағфират қыл ҳәм маған өзимнен кейин ҳеш ким жетисе алмайтуғын патшалықты бер…”, дуўасы менен жер жүзиниң мүлки ийеси патшасы болған. Сораўың қанша үлкен болса да, Аллаҳтың қүдирети кең екенлигин умытпа.

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#нәсият

Ораза себепли баўырда бираз қурғақлық пайда болады. Егер оны суў менен ылғаллантырылса, ол кезде баўыр азықлықтан пайда алыўды даўам етеди. Сол себеп те шөллеп турған оразадар аўыз ашар ўақтында алдын бираз суў ишип, соң жеўди басласа, пайдалы болады.

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#нәсият

Шаьбий сондай деген екен:
“Расгөйлик саған зиян жеткизиўин билип турсаң да рас сөйле. (Себеби, зиян болып көринсе де) раслық бәрибир саған пайда келтиреди. Саған пайдасы тийиўин билип турсаң да жалған сөйлеме, себеби (пайдалы болып көринип турған) жалған бәрибир саған зиян келтиреди”.
“Унўаанул бәййән” китабынан

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#нәсият

Ата-анаңа қылған жақсылықлардың ең үлкени - солиҳлығың себепли адамлар ата-анаң ҳаққына дуўа қылыўы, сендеги жақсы әмелди көрип, “Аллаҳ ата-анаңды раҳматына алсын”, “ Тәрбия берген ата анаңды Аллаҳ мағфират қылсын”, “Атаңа рақмет” деп, олардың ҳаққына дуўа қылыўы.


👇👇👇👇👇

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#нәсият

Мал-дүньяны жақсы көрсең, есап-китапты да умытпа!
Қасырларды жақсы көрсең, қәбирлерди де умытпа!
Гүнаҳ ҳәм мәсиятты жақсы көрсең, тәўбени ҳәм гүнаҳларды кешириўшини умытпа!
Адамларды жақсы көрсең, Жаратқанды да умытпа!
Дүньяны жақсы көрсең, ақыретти де умытпа!


@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#нәсият

Төрт нәрсе бар, оны қылғаны менен патша болсада, қәдири түсип қалмайды:
1. Отырған жеринен әкесине (ҳүрмет ушын) орнынан турса.
2 Оннан тәлим алып атырған алым
(устаз)ына қызмет қылса.
3 Билмеген нәрсеси ҳаққында сораў берип сораса.
4. Мийманға
(иззет көрсетип) қызмет қылса.

✈️ @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM